Англияның Ньюкасл университети илимпазлары тәрепинен алып барылған соңғы изертлеўлерге қараганда, көк шайды турақлы ишиў Альцгеймер кеселлиги ҳәм деменцияның басқа да түрлеринен қорғаўы мүмкин.
“Phytomedicine” академиялық журналында басып шығарылған изертлеўге бола, тийкарғы көк шай денени рак кеселлигинен қорғаўда әҳмиетли роль атқарыўы мүмкин.
Көк шай қурамындағы антиоксидантлар қартайыўға қарсы тәсирге ийе болып, териниң гөззаллығы ҳәм жаңалығын тәмийинлеўи мүмкин.
Және бир изертлеў көк шай экстракти болған препаратлар териниң дүзилисин жақсылайды ҳәм майда бүртиклер пайда болыўын азайтады деп болжамақта.
Сондай-ақ, көк шай стресс ҳәм қәўетерге қарсы гүресиўде де нәтийжели. Мысалы, нерв ҳалатын сапластырыўға жәрдем бериўши аминокислота болған L-теанин тынышландырыўшы қәсийетке ийе.
Қалаберсе, алдынғы изертлеўлерде көк шайды турақлы ишетуғын кексе адамларда когнитив функцияның төменлеўи аз екенлиги анықланған.
Көк шай экстрактындағы флавоноидлар мийдеги дофамин ҳәм серотонин дәрежесин асырыўға жәрдем бериўи ҳаққында да дәлил бар.
Буннан тысқары, көк шай экстракти 24 саат ишинде метаболизм тезлигин 4 процентке, майлардың оксидлениўин 17 процентке ҳәм инсулинге сезгирликти 13 процентке арттырыўы мүмкин.