Мәресимде Өзбекстан Бас министриниң орынбасары Жамшид Хожаев басшылығындағы мәмлекетимиз делегациясы, Корея ҳүкимети ўәкиллери ҳәм Hyundai Rotem компаниясының басшылары қатнасты.
Өзбекстан темир жоллары менен 2024-жыл июнь айында қол қойылған шәртнама шеңберинде "Жалолиддин Мангуберди" атамасындағы Өзбекстан жоқары тезликте ҳәрекетлениўши темир жоллары жаңа паркиниң биринши поезды Hyundai Rotem компаниясы тәрепинен ислеп шығарылған.