Себебиe, Президентимиздиң 2025-жыл 5-майдағы "Билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў ҳәмбилимлендириў хызметлерин көрсетиў системасынжетилистириў бойынша қосымша илажларҳаққында"ғы пәрманына муўапық, 2025/2026-оқыў жылынан баслап оптималластырылған күндизгибилимлендириў ҳәм аралықтан оқыў системасыенгизилмекте.
Бул реформа дәўир руўхын сәўлелендириўменен бирге билимлендириўдиң сапасын арттырыў, студентлер ушын теңдей имканият жаратыў, еңтийкарғысы, илим менен өндирис арасында реал интеграцияны тәмийинлеўге хызмет етеди. Жаңамодель, биринши гезекте, жумыс пенен бәнт, бирақбилим алыўға умтылып атырған жаслар ушынүлкен қолайлық береди. Енди студентлерсабақларда қатнасыў менен бирге, жумысын даўаметтириўи, илимий излениўлерин әмелий орталықтаалып барыўы мүмкин.
Қолайластырылған билимлендириў формасыҳәптениң белгили күнлеринде ғана сабақөтилетуғын, қалған ўақыт еркин ҳәм аралықтанисленетуғын аралас формат болып есапланады. Онда оқыў жүклемеси интенсивлестириледи. Зәрүрбилим қысқа мүддетте тереңлестирилген тәриздебериледи. Жумыс ислеп атырған қәнигелер билималыўды даўам етеди. Реал турмыстағы машқалаҳәм әмелият пенен тиккелей байланыслыизертлеўлер исленеди. Билимлендириўдиң булжаңа модели "жумыс ҳәм илимди үйлестириў" концепциясын қәлиплестиреди.
Оптималластырылған ҳәм аралықтан билимбериў формаларынан халықаралық көлемде кеңпайдаланылады. Айырым мәмлекетлердиң булбағдардағы тәжирийбеси Өзбекстанғаэкономикалық ҳәм социаллық шараятларғабейимлескен алдынғы көзқарасларды қабыл етиўимканиятын бермекте. Мәселен, Германияда “duale Masterprogramme” деп аталыўшы еки тәреплемемагистратура бағдарламалары кең тарқалған. Булмоделде студент ҳәптениң белгили күнлерисабақларда қатнасады, қалған күнлери болсашәртнама тийкарында өндирис ямаса хызметкөрсетиў кәрханаларында ислейди. Студенттиңоқыў қәрежети көбинесе жумыс бериўшитәрепинен қапланады. Бул үш тәреплеме - университет, жумыс бериўши ҳәм студент арасындағы шәртнама тийкарында қәлиплеседи. Бул модель теориялық билим ҳәм әмелийтәжирийбени үйлестиреди. Диссертация болса әйнежумыс орнындағы реал машқалаларғатийкарланады.
Қубла Кореяда кешки магистратура бағдарламалары кең тарқалған. “Evening GraduateSchool” аты менен белгили бул системада сабақларәдетте саат 18:30 дан кейин басланады. Студентлеркүндиз жумыс ислейди, кешки ўақыттауниверситетке барады ямаса гейде онлайн сабақларға қатнасады. Айырым университетлераралас тәлим (hybrid learning) формасын да усынысетеди. Онда теориялық сабақлар аралықтан, әмелийсабақлар болса тиккелей өткериледи. Бул жерде де диссертация темалары жумыс орнындағытәжирийбеге тийкарланады. Баҳалаў нормаларыболса оқыўға қатнасыў, өз бетинше тапсырмалар, жойбар жумыслары ҳәм жуўмақлаўшыимтиханларды өз ишине алады.
АҚШтың көплеген университетлериндемагистратура басқышы “Part-Time GraduatePrograms” сыпатында шөлкемлестириледи. Яғныйстудентлер ҳәптесине бир-еки күн кешки ямаса дем алыс күнлериндеги сабақларда қатнасады. Билимлендириў процеси әдетте интерактив форматта - кейс-стади, топарлық жойбарлар, презентациялар тийкарында алып барылады.Онлайн тәлимди қоллап-қуўатлаў ушынуниверситетлерде Learning Management System (LMS) платформалары, мәселен, Canvas ямасаBlackboard актив қолланылады. Көплеген жумысбериўшилер магистратурада оқыў қәрежетин төлепбериў арқалы хызметкерлерин хошаметлейди. Баҳалаў системасы оқыў жүклемеси, қатнасыў, қадағалаў жумыслары ҳәм жуўмақлаўшы жойбартийкарында әмелге асырылады.
Уллы Британияда болса билимлендириўдиң“Flexible Learning” модели бар. Ол әдетте аралас, яғный “blended learning” формасындашөлкемлестириледи. Онда сабақлардың 60 проценти аралықтан, 40 проценти жүзбе-жүз түрдешөлкемлестириледи. Студент сабақларплатформасына қәлеген ўақытта кирип, лекцияларды көрип шығыўы ҳәм тапсырмалардытапсырыўы мүмкин. Жүзбе-жүз шынығыўлар болсасеместр даўамында бир неше мәрте интенсив жыйналыс түринде өткериледи. Баҳалаў жойбаржумыслары, портфолиолар ҳәм онлайн тестлерарқалы әмелге асырылады. Бул модель шеткиаймақлардағы ямаса сырт елде жумыс ислепатырған инглис пуқаралары ушын, әсиресе, қолайлық жаратпақта.
Солай етип, оптималластырылған ямасабейимлесиўши магистратура бағдарламаларыстуденттиң жумыс искерлиги менен оқыўынсәйкеслендириў, билимлендириў қәрежетлериназайтыў, теория ҳәм әмелият сәйкеслигинтәмийинлеў ҳәм билимлендириўди турмысқажақынластырыўға хызмет етпекте. Бул тәжирийбеӨзбекстан ушын да әҳмийетли. Жаңаша қатнасзаманагөй мийнет базарының талапларына сәйкескеледи. Жасларға өзгериўшең турмыс шараятынабейимлесип, жеке талапларды есапқа алған ҳалдаоқыў имканиятын береди. Қалайынша?
Бириншиден, оптималластырылғанбилимлендириў формасы жумыс ислеп атырғанжаслар ушын үлкен қолайлық жаратады. Оларжумысын даўам еттирген ҳалда, ҳәптениң белгилибир күнлеринде сабақларда қатнасыўы мүмкин. Усы тәризде студентлер оқыў ҳәм жумыстымуўапықластырып, әмелиятта жүзеге келгенмашқалаларды илимий қатнас пенен шешиўдиүйренеди.
Екиншиден, бул формат студенттиң ўақыт ҳәморын еркинлигин тәмийинлейди. Яғный аралықтанямаса аралас түрдеги сабақлар жәрдеминдесабақларды онлайн платформалар арқалы қәлегенорын ҳәм ўақытта үйрениўи мүмкин. Әсиресе, шетки аймақларда жасайтуғын ямаса майыплығыбар жаслар ушын бул үлкен қолайлық.
Үшиншиден, оптималластырылғанбилимлендириўде оқыў жүклемеси нәтийжелирежелестирилип, оқыў бағдарламалары әмелиятқабағдарланады. Бул болса студентлерге тереңтеориялық билим алыў менен бирге, өз тараўындаәмелий көнликпелерди раўажландырыўға имканиятбереди. Магистрлик диссертациялары тиккелейстуденттиң жумыс орны ямаса жумыс тараўыменен байланысқан жағдайда жазылады. Бул болсаолардың илимий ҳәм кәсиплик потенциалынарттырады.
Төртиншиден, оптималластырылған түрдеоқыў қәрежетти азайтады. Турақлы дәраматдәрегине ийе болған студент финанслықбийғәрезлигин сақлап қалған ҳалда сапалы билималыўда даўам етеди.
Бесиншиден, бул модель арқалы студентлерарасында социаллық теңлик ҳәм имканиятлар теңсалмақлылығы тәмийинленеди. Яғный ҳәр қыйлысоциаллық қатламдағы жаслар, атап айтқанда, шаңарақ басшылары, майыплар ямаса сырт елденқайтып келген ўатанласларымыз да оқыўды даўаметтириўи мүмкин.
Соның менен бирге, бул моделдиңнәтийжелилигин арттырыў, студентлердиңталаплары ҳәм мийнет базарының талапларынатолық сәйкес келиўин тәмийинлеў ушын айырымтәреплерге итибар қаратыў зәрүр, деп ойлаймыз. Соның ишинде, Германия тәжирийбеси тийкарындауниверситет, жумыс бериўши ҳәм студент арасындаүш тәреплеме шәртнама тийкарында бирге ислесиўмоделин жолға қойыў зәрүр. Бул арқалы студентлероқыў менен бирге, ислеп, әмелиятта реал билимҳәм көнликпе пайда етеди. Әсиресе, педагогика, инженерлик, IТ ҳәм экономика сыяқлы бағдарлардабул нәтийжели болады.
Аралықтан билимлендириўдиң сапасыплатформаның функционаллығы ҳәминтерактивлигине байланыслы. Сонлықтан, миллий санлы билимлендириў платформасын(мәселен, LMS — Learning Management System) ислеп шығыў ямаса бар системалардымодернизациялаў әҳмийетли. Платформалардалекция видеолары, тестлер, тапсырмалар ҳәмилимий изертлеўлер бойынша форумлар болыўыкерек.
Жумыс бериўшилер хызметкерлериниң оқыўынқоллап-қуўатлаў ушын салық жеңилликлери ямасасубсидия механизмлери енгизилиўи мүмкин. Булхызметкерлердиң маманлығын арттырыўдыхошаметлеп, кәрханалар менен жоқарыбилимлендириў арасындағы байланыстыбеккемлейди.
Магистратура бағдарламалары өндиристегиреал машқалаларды шешиўге бағдарланған болыўыкерек. Соның ушын ҳәр бир факультетте санаат, бизнес, мәмлекетлик сектор менен бирге ислесиўтийкарында әмелий курслар ҳәм жойбартапсырмалары ислеп шығылыўы зәрүр.
Билимлендириўде теңликти тәмийинлеў ушынаралықтан магистратура шеңберинде имканиятышекленген топарлар (ҳаяллар, майыплар, мигрантлар) ушын мәмлекет тәрепинен арнаўлыквота, стипендия ямаса жеңиллетилген кириўтәртиби белгилениўи мүмкин.
Қолайластырылған билимлендириўде ҳәр бирстуденттиң магистрлик диссертациясы жумысорнындағы ямаса жәмийеттеги машқалалардышешиўге қаратылған болыўы мақсетке муўапық. Буның ушын менторлық системасы енгизилиўикерек.
Булар Өзбекстанның глобал билимлендириўмайданында күшли орынға ийе болыўына хызмететеди. Демек, бүгинги реформалардың орайындаинсан капиталы турыпты. Магистратура басқышының бейимлестирилген формасызаманагөй экономикаға таярланған, еркинпикирлейтуғын, белсенди ҳәм инновациялықжаслар әўладын тәрбиялаў қуралы болыпесапланады. Бул тәжирийбе Өзбекстандабилимлендириўге қаншелли үстин итибарқаратылып атырғанын және бир мәртетастыйықлайды.
Сардор ДОНАЕВ,
физика-математика илимлериниң докторы,
профессор