Кейинги жылларда Өзбекстанда мәҳәлле институтын реформалаў, оны халыққа жақын ҳәм тәсиршең механизмге айландырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. "Мәҳәлле жетилиги" системасы енгизилип, 100 ден аслам хызмет түрлери, соның ишинде, кредит, субсидия, компенсация ҳәм материаллық жәрдем мәҳәлле дәрежесине өткерилгени нәтийжесинде 7,5 миллион пуқара кәмбағаллықтан шығыў имканиятына ийе болды, жумыссызлық 2 есеге азайды, 3 мың 500 ден аслам мәҳәлле заманагөй көриниске ийе болды.
Мәҳәлле баслықларының ўәкиллик мүддети үш жылдан бес жылға узайтылды. Олардың басшылығында жетерли ўәкиллик, ресурс ҳәм шараятлар менен тәмийинленген вертикал басқарыў системасы жаратылды. Жойбарларды жеделлестириў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў ушын ҳәр бир мәҳәллеге банкир ҳәм салықшылар бириктирилип, инфраструктура ушын өз алдына қаржылар ажыратылмақта.
Мәмлекетимиз басшысы көплеген мәҳәллелерде сезилерли нәтийжелердиң көзге тасланып атырғаны, бирақ айырымларында елеге шекем биргеликте жумыс алып барыў жолға қойылмағанын атап өтти.
- Мениң Норин районы Шўрариқ мәҳәллесине келиўим ҳәкимлер, республика, ўәлаят ҳәм район дәрежесиндеги басшылар, "жетилик"тиң көзқарасын ашыўы, олардың қәнигелик ҳәм көзқарасларын раўажландырыў, сапалы ҳәм жетик ислеўине түртки болыўы керек, - деди Президент.
Өткен ҳәптеде қабыл етилген қарарға бола, 33 район ҳәм 330 социаллық қорғаўға мүтәж мәҳәлле анықланған.
Бул районлардың ҳәр бирине 100 миллиард сумнан, ҳәр бир мәҳәллеге 5 миллиард сумнан ажыратылады. Бул мақсетлерге Жәҳән банки ҳәм Ислам раўажланыў банкинен тартылған қосымша 100 миллион доллар қаратылмақта. Тийкарғы "драйвер" жойбарлардың инфраструктурасына және 2 триллион сум ажыратылады.
Улыўма, бағдарламаны қаржыландырыўға 7 триллион сумнан аслам қаржы қаратылады.
Ўәлаят ҳәкимлерине 2 еўден, район ҳәкимлерине биреўден машқалалы мәҳәллелерди таңлап, оларды раўажландырыў ушын 5 миллиард сумнан қаржы ажыратыў ўазыйпасы қойылды. Елимизде және кеминде 236 мәҳәлле жақсыланыўы керек екенлиги айрықша атап өтилди.
Буннан бир ай бурын "Басламалы бюджет" шеңберинде мәҳәлле халқы тәрепинен басланған жойбарларға да қаржы берилетуғыны ҳаққында қарар қабыл етилген еди. Жоллар, ишимлик суўы қубырлары, мектеп ямаса бақшаларды оңлаўды пуқаралардың өзи басласа, қәрежеттиң ярымын мәмлекет өз мойнына алады. Келеси жылы және мың усындай жойбар ушын 500 миллиард сум ажыратылады.
Президент жаңа басламаны да жәриялады: усы жылдан баслап Салық комитети жер ҳәм мүлк салықларын төлеў дәрежеси бойынша "Ең жақсы салық төлеўши мәҳәлле" рейтингин қәлиплестиреди.
Топ 100 ге кирген мәҳәллелерге қосымша жеңилликлер бериледи: "Басламалы бюджет" шеңберинде инфраструктура қәрежетлериниң 75 проценти мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи ҳәм ҳәр бирине 2 миллиард сумнан ажыратылады.
Нызамшылық палатасының депутатларына өз округиндеги мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылаў ушын 3 миллиард сумнан бериледи.
Санитариялық, экологиялық ҳәм нызамсыз қурылыслар бойынша жыйналған жәриймалардың 10 проценти мәҳәлле бюджетинде қалдырылады. 2026-жылдан олардың бюджетине ҳәр жылы кеминде 200 миллиард сум ажыратылады.
Улыўма етип айтқанда, жыл даўамында 2 мың мәҳәллеге барлық дәреклер есабынан қосымша 8,5 триллион сумға шамалас қаржы ажыратылады.
Район ҳәкимлерине берилген имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў, "жетилик" пенен жумысты жаңаша көзқараслар тийкарында жолға қойыў бойынша тапсырмалар берилди.
Атап айтқанда, "Шурариқ" мәҳәллеси алты қоңсылас мәҳәллеге хызмет көрсетиў орайына айланбақта. Исбилерменлер бул басламадан руўхланып, онлаған жаңа жойбарларды алға қоя баслады. Архитектор ҳәм урбанистлердиң тартылғаны 7 мәҳәллени комплексли жаңалаў режесин ислеп шығыў имканиятын берди.
Ўәлаят ҳәм район ҳәкимлерине "реформа штаблары" менен бирге 33 район ҳәм 330 мәҳәлледе де усындай жумысты жолға қойыў ўазыйпасы қойылды.
Мәжилисте исбилерменликти раўажландырыў мәселелерине де тоқтап өтилди.
Ҳәр бир мәҳәллениң потенциалы ҳәм халықтың талабынан келип шығып, қәнигелесиўди белгилеў керек. Сол тийкарда кеминде 200 мың халықтың бәнтлигин тәмийинлейтуғын микро жойбарлар қәлиплестириледи.
Мәҳәллелерге пайдаланылмай атырған 2 мың квадрат метрге шекемги мәмлекетлик объектлерди аукционға шығарыў ҳуқықы берилди. Енди мәҳәлле баслығы ҳәм ҳәким жәрдемшиси 5 мың квадрат метрге шекемги мүлкти аукционда сатыў имканиятына ийе болады, түскен қаржының 70 проценти мәҳәллениң ықтыярында қалады ҳәм инфраструктураға бағдарланады.
Мәҳәлле имаратларын заманагөй хызметлер орайына айландырыў тилегиндеги исбилерменлерге қосымша имканиятлар бериледи.
Оған бола, биринши қабатында "мәҳәлле жетилиги" жайласқан имаратларды қурып атырған исбилерменлер қалаларда үш жыл, аўыллық жерлерде жети жыл мүддетке жер ҳәм мүлк салығынан азат етиледи. Сондай-ақ, бул дәўирде пайда ҳәм айланыстан алынатуғын салық ставкасы 50 процентке азайтылады.
Мәжилисте мәҳәллелерде социаллық орталықты беккемлеў, жаслар менен алып барылып атырған тәрбиялық жумысларды жетилистириў бойынша системалы шешимин күтип атырған бир қатар мәселелер көрсетип өтилди.
Ажырасыўлардың көбейип атырғаны, алимент төлеўден бас тартыў, шаңарақ ҳәм перзентлерди кредит қарыздарлығы менен қалдырыў жағдайлары, жақын туўысқанлар ҳәм жас некелердиң ақыбетлери ҳәкимлер, мәҳәлле ўәкиллери, нуранийлар ҳәм пүткил жәмийетшиликти айрықша тәшўишке салыўы керек екенлиги атап өтилди.
Жасларға шаңарақ қурыў тек ғана саналы қарар емес, ал ерли-зайыплы ҳәм перзентлер алдындағы үлкен жуўапкершилик екенин, неке шәртнамасын дүзиў тәреплердиң ҳуқықларын қорғаўға, ажырасыў жағдайында шаңарақтың аўыр материаллық жағдайының алдын алыўға хызмет ететуғынын түсиндириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәжилисте айырым мәҳәллелерде тазалық ҳәм абаданлық мәселелерине итибар берилмей атырғаны, турақ жайлар, қурылыс объектлери, салма ҳәм қыябанлар әтирапында санитариялық талапларға әмел етилмей атырғаны көрсетип өтилди. Усы мүнәсибет пенен пүткил республикамыз бойлап тазалық ҳәм тәртип айлығы жәрияланыўы белгиленди. Қала ҳәм район ҳәкимлери, олардың абаданластырыўға жуўапкер орынбасарларына тийисли тапсырмалар берилди.
Буннан былай "мәҳәлле жетилиги" ҳәм халық тәрепинен жасыл аймақ шөлкемлестириў басламасы алға қойылса, район ҳәкими бул ушын 10 сотихқа шекем жер ажыратыўы шәрт. Онда бул участкалардан мақсетли пайдаланыў үстинен қатаң жәмийетлик қадағалаў орнатылыўы, оларды басқа мүтәжликлерге бериўге ҳәр қандай ҳәрекетлерге нызам шеңберинде шек қойылыўы белгиленген.
Президентимиз "мәҳәлле жетилиги" жумысын комплексли баҳалаў системасын енгизиў бойынша тапсырма берди.
Район ҳәкимлерине жылдың жуўмағы бойынша ең нәтийжели 10 команданы хошаметлеў ҳәм оларға қосымша үстемелер белгилеў тапсырылды. Буннан былай "жетилик" ағзалары менен айырым бағдарлар бойынша ҳәр қыйлы мәжилислер өткериў қадаған етилетуғыны айрықша атап өтилди.
- Ҳәр бир мәҳәллеге Жаңа Өзбекстанның нәпесин алып кириў - бул "мәҳәлле жетилиги"ниң биргеликте жумыс алып барыўын тәмийинлеў, - деди Президент.
Мәжилисте жуўапкерлер ҳәм аймақлар басшыларының есабаты тыңланды, мәҳәлле басшылары менен ашықтан-ашық сөйлесиў өткерилди.









