Малайзия басшылығы Шавкат Мирзиёев пенен қызғын ушырасыўлар өткериў ушын қатаң протокол қағыйдаларынан шегинди - Шерзод Асадов

    Бир неше минут алдын Өзбекстан Президентиниң Малайзияға соңғы 20 жыл ишиндеги дәслепки рәсмий сапары жуўмақланды. Президенттиң баспасөз хаткери Шерзод Асадов бул сапар етиў бойынша пикирлерин билдирди.

    Шерзод Асадов дипломатиялық тәжирийбеси ҳәм баспасөз хаткери сыпатындағы жумысына тийкарланып еки мәмлекет басшылары арасындағы қызғын мүнәсибет ҳәм рәсмий емес сөйлесиў оғада жарқын тәсир қалдырғанын атап өтти.

    Атап өтилиўинше, бул гөззал ҳәм миймандос мәмлекет басшылары Өзбекстан жетекшиси менен қызғын ушырасыўлар өткериў ушын қатаң протокол қағыйдаларынан шегинип, жоқары ҳүрмет ҳәм исеним билдирди.

    "Атап айтқанда, президентимизди күтип алыўға Малайзия парламенти спикери шыққаны, малайзиялы кәсиплеслеримиздиң айтыўынша, бул мәмлекеттиң протокол әмелиятында бурын бақланбаған ўақыя болды. Буннан тысқары, Малайзия Бас министри Анвар Иброҳим Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа пүткил күн даўамында, барлық рәсмий илаж ҳәм ушырасыўларда шериклик етти. Ҳәттеки, сөйлесиўди даўам еттириў ушын Өзбекстан Президентине ажыратылған резиденцияға жеке өзи барды. Кейин олар биргеликте, бир машинада Petronas бас резиденциясына жол алды, ол жерде компания басшылары менен ушырасыў өткерди.
    Өзбекстан Президенти ҳүрметине шөлкемлестирилген рәсмий қабыллаў мәресиминде Малайзия көркем өнер шеберлери өзиниң бай тарийхы ҳәм мәденияты менен бир қатарда халқымыздың қосықлары, аяқ ойынларынан ибарат концерт бағдарламасын көрсеткени де айрықша итибардың көриниси болды", деп жазады Өзбекстан Президентиниң баспасөз хаткери.

    Шерзод Асадов бундай рәсмий емес ҳәм шын кеўилден қатнасық еки жетекшиниң тығыз дослығынан, Өзбекстан ҳәм Малайзия халықларының бир-бирине болған жоқары ҳүрметинен, еки тәреплеме қатнасықлардың айдын перспективасынан дәрек беретуғынын айрықша атап өтти.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates