Өзлигимиз тек ғана өзимиздиң ким екенимизди аңлаў емес, ал ертеңги күнге болған исенимимиздиң қаншелли беккемлиги де болып есапланады. Қуўанышлысы, биз бүгин өзлигиниң қорғаўшысы болған ҳәм жарқын келешек тийкарын илим-ағартыўшылық ҳәм исеним менен қурып атырған жәмийетлердиң қатарындамыз. Ерисилип атырған нәтийжелер тийкарында болса, сөзсиз, мәмлекетимиз тәрепинен тәлим-тәрбия тараўына қаратылып атырған жоқары итибар тур. Өйткени, жоқарыда айтқан жоқары мақсетлерди жетик тәлим-тәрбия системасысыз әмелге асырыў мүмкин емес.
Усы жыл 15-май күни Президентимиздиң басшылығында мектеп билимлендириўи бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде көтерилген мәселелер әмелге асырылып атырған жумыслардың аналитикалық жуўмағы, сондай-ақ, келешектеги ҳәрекетлер ушын өзине тән қолланба ўазыйпасын атқарады.
Мәмлекетимиз басшысы жаңа Өзбекстанды қурыў жолында саламат, билимли ҳәм ўатансүйгиш әўладты тәрбиялаў ең тийкарғы ўазыйпалардан бири екенин айрықша атап өтти. Бул бийкарға емес, әлбетте. Ҳәр қандай елдиң ертеңги күни оның жаслары қандай билим ҳәм тәрбия алыўына байланыслы екени күндей анық. Кейинги жети жыл ишинде мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўине бағдарланып атырған қаржының муғдары жети есеге артқаны, быйыл болса 60 триллион сумға жеткени тек ғана санлар емес, ал тараўға қаратылып атырған үлкен итибардың әмелдеги көриниси болып есапланады. Мектеплерде бир миллионға шамалас, бақшаларда болса бир ярым миллион жаңа орын жаратылатуғыны, бақша жасындағы балалардың қамтып алыныўы үш есеге кеңейип, 78 процентке жеткени де буны анық тастыйықлайды.
Бирақ ерисилген жетискенликлер менен бир қатарда системада өз шешимин күтип турған мәселелер де бар екени сыр емес. Билимлендириў бағдарламаларын дүньяның ең алдынғы тәжирийбелери тийкарында жаңалаў, заманагөй сабақлықлар жаратыў, мектеплерди зәрүр үскенелер менен тәмийинлеў бағдарында үлкен жумыслар исленбекте. Бирақ муғаллимлер жаңаша ислеў усылларын қай дәрежеде өзлестирип атырғаны, бул болса, өз гезегинде, билимлендириўдиң сапасына қандай тәсир көрсетип атырғаны сыяқлы сораўлар күн тәртибинде турыпты.
Муғаллим - реформалардың тийкарғы
ҳәрекетлендириўши күш
Муғаллимлердиң маманлығы, тил билиўи, оқыўшыларды баҳалаўдың жаңаша системасы сыяқлы тәреплерди есапқа алып, оларға оннан аслам түрдеги үстеме енгизилгени жақсы жаңалық. Нәтийжеде 60 мың муғаллим бүгинги күнде 8 миллион сумнан 12 миллион сумға шекем айлық ис ҳақы алмақта. Бақша тәрбияшыларының мийнет ҳақылары да 65 процентке арттырылып, мектеп муғаллимлериниң менен теңлестирилгени, жаңа оқыў жылынан баслап болса мектеп басшылары ҳәм бақша басшыларының айлықлары 7-10 миллион сумнан артыўы да олардың мийнетин мүнәсип қәдирлеў жолындағы әҳмийетли қәдемлер болып есапланады.
Соның менен бирге, еки жыл алдын муғаллимлерге категория бериўдиң ашық-айдын ҳәм санластырылған системасына өтиўи тараўдағы ҳақыйқый жағдайды көрсетип берди. Өткен жылы 341 мың муғаллим жаңа система бойынша имтихан тапсырған болса, олардың 102 мыңы, тилекке қарсы, бул сынақтан өте алмаған. Бул жағдай, әлбетте, терең таллаўды ҳәм тийисли жуўмақлар шығарыўды талап етеди. Бәлким, бул узақ жыллар даўамында қәлиплескен айырым көзқараслардың бүгинги күн талапларына жуўап бермей атырғанынан дәрек береди. Жумысқа қабыл етиўде де енди дипломға емес, ал талабанның билим ҳәм маманлығына итибар қаратылып атырғаны ҳәм бул жаңа система арқалы сынақтан өткен 13 мың талабанның 6 мыңының билими жетерли, деп табылмағаны да педагог кадрлар таярлаў системасын терең қайта көрип шығыў зәрүрлигин көрсетеди.
Әсиресе, 61 жеке меншик жоқары билимлендириў мәкемесинде педагоглар таярланып атырған болса да, олардың ҳеш биринде химия, биология, физика сыяқлы анық пәнлер бойынша оқытыўшылар таярланбай атырғаны ойландыратуғын мәселе. Ақыры, бул пәнлерсиз заманагөй технологиялардың раўажланыўын көз алдымызға келтирип болама?
Демек, оқытыўшылардың маманлығын үзликсиз арттырып барыў, ең соңғы билимлендириў методикалары, санлы технологиялар менен ислеўге үйретиў, дөретиўшилик ҳәм аналитикалық пикирлеў қәбилетин раўажландырыўға қаратылған жаңаша системаны жолға қойыў әҳмийетли. Бунда ҳәр бир оқытыўшының талапларын есапқа алатуғын, көбирек әмелиятқа сүенетуғын ҳәм нәтийжеге бағдарланған бағдарламалар керек.
Заманагөй дүньяда жаслар тәрбиясы -
итибарсыз қалдырып болмайтуғын мәселе
Мәжилисте көтерилген және бир оғада әҳмийетли мәселе жоқары класс оқыўшыларының күнине сегиз саатқа шекем ўақытын мобиль телефон ҳәм социаллық тармақларда өткерип атырғаны болып есапланады. Бул жағдай тек ғана муғаллимлер ҳәм мектеп администрациясын емес, ал ҳәр бир ата-ананы да айрықша тәшўишке салыўы керек. Телефон ҳәм интернет, сөзсиз, бүгинги күнде билим алыў, дүньяны билиў ушын үлкен имканият. Бирақ оннан нормадан артық ҳәм мақсетсиз пайдаланыў оқыўшының сабаққа қызығыўшылығын азайтыўы, денсаўлығына ҳәм руўхыйлығына унамсыз тәсир көрсетиўи, турмыслық жанлы қатнасықлардан узақластырыўы мүмкин.
Бул машқаланы тек ғана қадаған етиў менен шешиўге болмайды. Бәринен бурын, ата-аналардың өзи перзентлерине өрнек болыўы, олар менен көбирек сәўбетлесиўи, китап оқыўға, спортқа, көркем өнерге қызықтырыўы зәрүр. Мектеплерде болса санлы билимлендиў сабақлары арқалы оқыўшыларға интернеттен дурыс пайдаланыўды, керекли мағлыўматты табыўды, ҳәр қыйлы унамсыз тәсирлерден сақланыўды үйретиў әҳмийетли. Соның менен бирге, мектептен тысқары билимлендириўди раўажландырыў, балалардың бос ўақтын мазмунлы өткериўи ушын қызықлы дөгереклердиң жумысын және де күшейтиў керек.
Мәмлекетимиз басшысы мәжилисте Наманганда оқыўшыларға автомобильди ижараға бериў ҳәўиж алғаны ақыбетинде ҳәр айда 10-15 жас майып болып қалып атырғаны, өлим менен жуўмақланып атырған жағдайлар да көп екенин атап өтти.
Ишки ислер уйымларының баслықлары, ўәлаят, район прокурорлары нызам үстинлигин тәмийинлеўде немқурайдылыққа жол қойып атырғанын атап өтти. Президентимиз тәрепинен балаларға машина басқарыўын бергенлик ушын жуўапкершиликти күшейтиў бойынша нызам жойбарын таярлаў тапсырмасы берилди. Ҳақыйқатында да, жас өспиримлердиң ис-ҳәрекетлерин қадағалап турыў, оларға дурыс жол көрсетиў тек ғана ҳуқық қорғаў уйымларының емес, ал пүткил жәмийетимиз, ҳәр бир шаңарақтың ўазыйпасы болыўы мақсетке муўапық.
"Айрықша тоқсан күнлик":
ҳәрекетлерди жеделлестириў шешими
Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги системасында "айрықша тоқсан күнлик" жумыс тәртиби жәрияланыўы тараўдағы машқалаларды жеделлик пенен сапластырыў, реформаларды жеделлестириў бағдарында мәмлекетимиз басшысы тәрепинен қойылған қатаң талап болып есапланады. Хош, бул мүддетте нелерге ерисиў мүмкин? Бәринен бурын, буннан гөзленген тийкарғы мақсет - бар имканиятлардан үнемли пайдаланыў, жумыс усылларын нәтийжелиликке тийкарланған тәризде шөлкемлестириў, системадағы ҳәр бир хызметкердиң жуўапкершилигин күшейтиў ҳәм анық нәтийжелерге ерисиў потенциалын арттырыў болып есапланады.
Бақшалардың саны артып, 7 мың мәмлекетлик ҳәм 31 мыңнан аслам жеке меншик бақша жумыс ислеп турғаны, олардағы балаларды қамтып алыў 2,3 миллионға жеткени қуўанышлы. Бирақ, Президентимиздиң атап өткениндей, "Қамтып алыў артты, бирақ сапа бойынша ислейтуғын жумысларымыз көп. Бақшалар тек ғана тәрбия емес, ал балада билим алыў ушын дәслепки көнликпелерди қәлиплестиретуғын орынға айланыўы керек." Жүдә орынлы пикир. Әйне бақшада баланың дүньяға көзқарасы, қызығыўшылығы ҳәм қәбилети қәлиплесе баслайды. Сол себепли усы жылдан баслап алдынғы сырт ел тәжирийбелери, соның ишинде, Сингапур методикасы тийкарында мектепке таярлаў топарлары ҳәм баслаўыш класслар ушын оқыў бағдарламаларын бир-бирине бейимлестириў, балаларды математика, тәбийғый пәнлер ҳәм технологияларға сын көзқарастан ҳәм дөретиўшилик қатнас жасаўға үйрететуғын бағдарламалардың жаратылыўы келешек ушын әҳмийетли тийкар болады. Мәмлекетлик ҳәм жеке меншик бақша тәрбияшыларының билим ҳәм шеберлигин, психологиялық таярлығын арттырыў мақсетинде кәсиплик сертификатлаў системасының енгизилиўи де сапа артыўына хызмет етеди.
Жаслардың ўақты бийкар өтпесин - миллет раўажланыўына
хызмет қылсын
Мәжилисте жаслардың бос ўақтын дурыс шөлкемлестириў мәселесине де үлкен итибар қаратылды. "Бәркамал әўлад" балалар мектеплери, "Ёшлик" спорт жәмийети ҳәм Республикалық оқыўшы жаслар орайын бирлестирип, бирден-бир система жаратыў, оларды толық оңлап, ең заманагөй ҳәм дөретиўшилик бағдарларда үскенелеў, шет тиллери, жасалма интеллект, программаластырыў ҳәм анимация сыяқлы жаңа дөгереклер ашыў - булардың барлығы жасларымыздың интеллектуаллық өсиўи, қызығыўшылықларының жүзеге шығыўы ҳәм келешекте өз орнын табыўы ушын кең жол ашады.
Оқыўшылар арасында ишки туризмди раўажландырыў, Қарақалпақстан, Хорезм, Самарқанд, Бухара ҳәм Ташкент қаласындағы "Бәркамал әўлад" орайларында "Балалар туристлик базалары"н шөлкемлестириў ҳәм ҳәр жылы бир миллион оқыўшыны Өзбекстан бойлап саяхатқа алып шығыў тапсырмасы да оғада әҳмийетли. Бул арқалы жаслар өз елиниң бай тарийхы, гөззал тәбияты ҳәм мәденияты менен жақыннан танысады, бул болса олардың қәлбинде ўатанға муҳаббат ҳәм миллий мақтаныш сезимлерин және де күшейтеди.
Миллий руўхтағы контент - руўхый қорғаў қуралы
Балаларды интернеттеги зыянлы мәлимлемеден сақлаў бойынша көп жумыслар исленип атырғанына қарамастан, Президентимиздиң атап өткениндей, "зыянлы мәлимлемелерге қарсы тура алатуғын миллий контент жаратыў, оларды үгит-нәсиятлаў, дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаў бойынша профессионал шөлкем жоқ еди". Енди Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги жанында Балалар контентин раўажландырыў орайының дүзилиўи бул бағдардағы бослықты толтырыўға жәрдем береди. Бул орай балалардың руўхый дүньясы ҳәм денсаўлығына унамсыз тәсир ететуғын мағлыўматларды таллайды, жергиликли дөретиўшилерге миллий қәдириятларымызға сәйкес контент жаратыў ушын буйыртпалар береди, тараў ушын кадрлар таярлайды. Бул жумыста Қори Ниёзий атындағы илимий-изертлеў институтының илимий жәрдем көрсетиўи де үлкен әҳмийетке ийе.
Бирақ бул мәселе тек ғана бир орайдың ўазыйпасы болып қалмаўы, барлық тийисли министрликлер ҳәм шөлкемлер бул жумысқа үлес қосыўы зәрүр екенлиги айрықша атап өтилди. Елимиздеги 900 ге шамалас театр, мәденият үйи, концерт заллары, 1,5 мыңға шамалас спорт объекти, 200 дем алыў орны ҳәм 2 мыңнан аслам туристлик орынның имканиятларынан толық пайдаланыў, орынлардағы амфитеатр ҳәм сейил етиў орынларында ҳәр күни мәдений илажлар, концертлер, көркем өнер көргизбелери, поэзия кешелерин өткериў, пайтахтымыздағы Жаңа Өзбекстан бағында ашық аспан астында музыкалық бағдарламалар шөлкемлестириў, спорт тараўында 6 миллион жасты қамтып алыў - булардың барлығы жас әўладтың руўхый дүньясын байытыўға, олардың дөретиўшилик ҳәм физикалық имканиятларын жүзеге шығарыўға хызмет етеди.
Бақлаў ҳәм жуўапкершилик ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли
Мәжилисте белгилеп берилген ўазыйпалар ҳәм илажлардың орынланыўын қадағалаў ушын арнаўлы штаб дүзилиўи ҳәм бул процесс тиккелей Президенттиң қадағалаўында болыўы реформалардың өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырылыўын тәмийинлейди. Район ҳәкимлерине ҳәр айда мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими баслықлары, мектеп директорлары ҳәм бақша басшылары менен ушырасып, машқалаларды орнында шешиў ўазыйпасы жүкленгени, сондай-ақ, билимлендириў тараўы басшыларын тараўға байланыслы болмаған мәжилислерге тартпаў ҳаққында қатаң ескертиў де орынлардағы басшылардың жуўапкершилигин арттырып, олардың бар итибарын билимлендириўдиң сапасын жақсылаўға қаратыўға имканият береди.
Жуўмақлап айтқанда, Президентимиздиң басшылығында өткен бул мәжилис Өзбекстан билимлендириў системасында жаңа ҳәм және де жоқары басқышқа қәдем қойылып атырғанынан дәрек береди. Белгиленген ўазыйпалардың шын кеўилден орынланыўы, ҳәр бир басшы ҳәм хызметкердиң өз жумысына ҳүжданлы қатнас жасаўы, ата-аналар ҳәм кең жәмийетшиликтиң белсене қатнасыўы жаңа Өзбекстан ушын мүнәсип әўладты тәрбиялаўдай уллы мақсетке ерисиўде әҳмийетли фактор болады. Бул жолда ҳәммемиз бир тән, бир жан болып, перзентлеримиздиң айдын келешеги ушын бар күш ғайратымызды аямаўымыз керек. Себеби, билимлендириўге қаратылған ҳәр бир инвестиция ертеңги күнимиз, миллетимиз келешеги ушын қосылған бийбаҳа үлес болып есапланады.
Жонибек АЛИЖОНОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы