АОК жуўапкерлери Өзбекстанға келип, мәмлекетте алып барылып атырған үлкен раўажланыў жумысларына жоқары баҳа берген. Ташкентте қурылып атырған Олимпиада қалашасы тек ғана жаслар Азия ойынлары ушын емес, комплексти келешекте өзбек спортының раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығатуғын илимий-методикалық кластерге айландырыў нәзерде тутылған. Онда заманагөй спорт объектлеринен тысқары Спорт министрлиги, көплеген федерация ҳәм ассоциациялар, спорт академиясы, спорт медицинасы илимий-әмелий орайы сыяқлы имаратлар да орын алып, бул орайда сайланды командаларды таярлаўдағы теория ҳәм әмелият бирлеседи.
Пандемиядан кейинги шеклеўлер себепли Олимпиада қалашасының қурылысы ушын зәрүр қураллар жеткериў процесинде үзилислер бақланғаны ҳәм пайдаланыўға тапсырыў мүддети кешигиўин инабатқа алған ҳалда Өзбекстан тәрепи АОК дан беллесиўди және бир жылға изге созыўды сорады.
Бирақ, Олимпиада спорт түрлериндеги беллесиўлер келешекте Дакар-2026 жас өспиримлер жазға Олимпиада ойынларына таңлап алыў ўазыйпасын орынлайтуғыны нәзерде тутылғаны себепли АОК III жаслар Азия ойынлары 2025-жылы шөлкемлестирилиўи әҳмийетли екенин билдирди.
Сол себепли, АОК III жаслар Азия ойынларын өткериўди Бахрейнге тапсырды ҳәм Өзбекстанға Ислам тилеклеслиги ойынлары яки Жаўынгерлик өнери ҳәм жабық имаратлардағы Азия ойынлары сыяқлы үлкенлер көлеминдеги ири комплексли илажларды өткериўге таярлық көриўди усыныс етти.
Атап өтиў керек, Өзбекстан ғалабалық спорт ҳәм олимпиада ҳәрекетин раўажландырыўға садық қалмақта. Усы мәнисте, Олимпиада қалашасын қурыў, уннан үнемли пайдаланыў ҳәм оның негизинде спортымызды жаңа басқышқа көтериў бойынша Президент тәрепинен берилген барлық тапсырмалардың орынланыўы тәмийинленеди ҳәм келешекте бул комплекс ири спорт илажларын өткериўге ҳәр тәреплеме таяр болады.