Бирлескен гүрес дүньясы (United World Wrestling - UWW) тәрепинен усы жылдың декабрь айында 2025-жылғы спорт мәўсиминиң жуўмақлары бойынша дүнья жүзи рейтинги жәрияланды. Жаңаланған мағлыўматларға бола, грек-рим гүреси бойынша Өзбекстан сайланды командасының бир ўақыттың өзинде үш ўәкили өз салмақ категорияларында биринши орынларды ийеледи.
Ташкентте Өзбекстан медиа футбол лигасы - United MFL дәслепки мәўсиминиң басланыўына бағышланған конференция болып өтти. Илажда Спорт министрлиги, Миллий олимпиада комитети ҳәм Өзбекстан футбол ассоциациясының жуўапкерлери қатнасып, елимизде биринши мәрте әмелге асырылып атырған жойбарға ҳәр тәреплеме жәрдем берди.
Өткен ҳәптениң ақырында ҳәр қыйлы мәмлекетлерде қылышласыў бойынша жаслар арасында Жәҳән кубогиниң басқышлары болып өтти. Ташкент қаласында шпага бойынша жас өспиримлер арасында өткерилген командалық жарыста спортшыларымыз үшинши орынды ийеледи. Венгрияда қылышпаз қызларымыз да бронза медалларын қолға киргизди.
7-14-декабрь күнлери Дубай қаласында (БАӘ) жас өспиримлер арасында Параазия ойынлары болып өтти ҳәм оның жуўмағында Өзбекстан сайланды командасы улыўма командалық есапта биринши орынды ийеледи. Миллий делегация күни кеше Ташкентке қайтты.
Ташкентте Халықаралық автомобиль федерациясының (FIA) жыл жуўмақларына бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов басшылығындағы делегация Халықаралық автомобиль федерациясы (FIA) президенти Муҳаммад бин Сулайым менен ушырасыў өткерди.
Ташкент қаласындағы "Өзбекстан" халықаралық әнжуманлар сарайында FIA Бас Ассамблеясы ҳәптелигиниң салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.
12-декабрь күни Ташкентте Халықаралық автомобиль федерациясы (FIA) Бас Ассамблеясы ҳәм FIA Awards сыйлықлаў мәресими болып өтеди. Әҳмийетлиси, бул тарийхый илаж Орайлық Азияда биринши мәрте өткерилмекте.
Пусан қаласында (Корея Республикасы) Жәҳән антидопинг агентлигиниң (WADA) гезектеги Жәҳән конференциясы болып өтпекте. Абырайлы форумда Өзбекстан спорт министри Адҳам Икрамов ҳәм Миллий антидопинг агентлиги директоры Абдушукур Содиқов қатнаспақта.
Бүгиннен баслап Президентлик олимпиадасының "Жаңа Өзбекстанның олимпиада шыңлары" спорт бағдарламасы рәсмий түрде басланды.