Поэзия мүлкиниң султаны Алишер Наўайы "Ҳайрат-ул аброр" шығармасында мәҳәлле ҳаққында сөз етип, оны "қала ишиндеги қалаша" деп атайды:
"Қалалар атын мәҳәлле етип,
Болды соң жүз қала Ҳири ат етип".
Сондай-ақ, "Вақфия" шығармасында ойшыл өзи жасаған мәҳәлледе көплеген қайырқомлық жумысларын әмелге асырғанлығы баян етиледи. Наўайы өз есабынан мәҳәллесинде мешит, медресе ҳәм мектеп қурдырған. Жаплар қаздырып, мәҳәллени бағ-бақшаға айландырған. Оның қәўендерлигинде мәҳәлле жоллары оңланып, салмалар үстине беккем көпирлер қурылған.
Саҳыпқыран Әмир Темур "Түзиклери"нде жәмәәт болып жасаў, аймақларда адамлардың бир жағадан бас шығарып, аўызбиршиликте жасаўын бирден-бир системаға салғаны, қатаң нызам-қағыйдалары ҳәм бул бағдардағы тәжирийбелериниң унамлы тәреплерин баян етеди:
"Әмир еттим, урыс күнлеринде ҳәм салтанат ислерин басқарыўда мыңбасының ҳүкими жүзбасыға, жүзбасының онбасыға, онбасының ҳүкими қол астындағыларға енгизиледи. Егер бул дүзимге қарсылық етсе, жазаға тартылсын".
Интизам, басшы тапсырмасына әмел етиў ҳәм ўазыйпаларды өз ўақтында орынлаў шығыс басқарыўының тийкары есапланған. Бул, өз гезегинде, пуқаралардың жәмийетлик турмыста орны бар екенлигин, онда болып атырған ўақыяларға байланыслылығын билдирип, сырттан келетуғын қәўип-қәтерлерге қарсы бир жан-бир тән болып, қатаң тәртипте бирлесиўине хызмет еткен. Әмир Темур пуқараларды улыўма мәп әтирапында бирлестириўдиң ең әдалатлы жолын тапқаны ушын да узақ ҳүкимдарлық еткен. Сөзсиз, оның мың-мыңлаған әскерлериниң артында мыңлаған шаңарақлар, мәҳәллелер ҳәм өз басшысынан мийрим-шәпәәт, әдалат ҳәм қорғаў көрген халық турған. Әне усы бирлесиў Амир Темур жеңислерине тийкар жаратқан.
Абу Наср Фарабий былай жазады: "Ҳәрбир инсан өз тәбияты менен сондай жаратылған, ол жасаў ҳәм жоқары дәрежедеги жетискенликке ерисиў ушын көп нәрселерге мүтәж болады. Ол жалғыз өзи бундай нәрселерди қолға киргизе алмайды, оларға ийе болыў ушын адамлар жәмәәтине зәрүрлик туўылады".
Демек, инсан дөгерекке умтылады, қоршаған орталық пенен үнлес жасайды. Оның материаллық жақтан кемшилиги болмаўы мүмкин, бирақ материаллық оның шын мәнисиндеги бахытын тәмийинлей алмайды. Ол руўхый мәдет, қуўатлылықты адамлардан алады. Инсан жәмийеттен өзине руўхый шериклер, руўхый пикирлеслер табады.
Тарийх бетлерин ашқанымызда, адамзат буннан үш мың жыл бурын да бирден-бир исеним астында бирлесип, жәмәәт болып жасағанын көремиз. Мәҳәлле түсинигиниң сол дәўирлерде-ақ тамыр жайғанына исеним пайда етемиз. Аўыр күнлерде ийинлес болып сынақлардан өтиў, бахытлы күнлерди биргеликте жаратыў, социаллық-экономикалық машқалаларды мәсләҳәтлесип шешиў, салық тайынлаў ҳәм жыйнаў, душпан бастырып келгенде мобилизация жәриялаў, душпанлар менен питим дүзиў, соқлығысыўларды тоқтатыў ҳәм урыслардың алдын алыў ушын да бир жағадан бас шығарып, мәҳәлле болып жасаў тәжирийбеси бар еди. Эрамызға шекем шөлкемлестирилген Қанғ, Даван мәмлекетлеринде бул структура ақсақаллар кеңеси сыпатында хызмет еткенлиги тарийхый дереклерде өз сәўлелениўин тапқан.
Даңқлы тарийхымыз бир мақсет әтирапында бирлесиў бизге ата мийрас, баба мийрас болып келгенлигин көрсетеди. Жаңа Өзбекстанның социаллық-экономикалық раўажланыўы мәҳәлле системасында инсан қәдирин жоқары орынға көтерди. Елимизде пуқаралардың мәплери ҳәмме нәрседен үстин. Миллий қәдириятлар тийкарына қурылған ҳәм раўажланып атырған жәмийетимизде әдеп-икрамлылық пазыйлетлеримиздиң барлығы келешек әўладқа сиңдирилиўи керек. Соның ушын да бизде "Бир балаға жети мәҳәлле ата-ана", деген гәп бар.
Бизлердиң ҳәр биримиз жети мәҳәлле жасларының тәрбиясына руўхый жуўапкермиз. Өз ўақтында шаңарағымызда камалға келип атырған перзентлер мәҳәлле, қоңсы-қобалар менен мүнәсибетте қәлиплеседи. Ақылын таный баслағаннан соң, мәҳәлледеги теңлеслериниң дөгерегинен руўхый үлги алады. Оның әдеп-икрамлылық тәрбиясына мәҳәлле орталығы күшли тәсир етеди. Ҳәр бир мәҳәллениң мақтанышы болған ҳүрметли адамлары бар. Адамлары мийнеткеш, ағартыўшы, ҳадал, меҳирли ҳәм сабырлы мәҳәллелерден пайыз айрылмайды. Әйне сол мәҳәллелердиң адамлары кәмбағал болмайды, өзине тоқ жасайды. Берекет ең дәслеп қатаң тәртип, мийрим-шәпәәт, бирин-бири аяў, түсиниў, қоллап-қуўатлаў ҳәм бир муш болып бирлесиўде болып есапланады.
Әзелден өнермент адамлар жасайтуғын аймақлар абат болған. Яғный адамларды мийнет, өнер ҳәм ағартыўшылық бирлестирген. Мәҳәллелердиң атлары да халық шуғылланған өнерментшилик түри менен аталған. Мысалы: Темиршилер, Өнерментлер, Нағыс ойыўшылар, Кесте тигиўшилер, Тоқыўшылар, Арқаншылар, Нанбайлар, Патыршылар, Ширепазлар, Ершилер, Зергерлер, Зерлеп тигиўшилер, Телпек сатыўшылар, Кепсерлеўшилер сыяқлы. Аўыллық жерлердеги молшылықты да биргеликте исленген мийнет, өнерди қызғанбаў сыяқлы уллы пазыйлетлерде көриў мүмкин.
Бир-бирин таныған, аўыр ўақытта қол созған, дәртиңди, шаңарақлық жағдайыңды көзиңнен қарап билген мәҳәлледегилер ҳаққында "Узақтағы туўысқаннан жақындағы қоңсың жақсы", "Қапталдағы қоңсың - жан қоңсың", "Гилем сатсаң қоңсыңа сат, бир шетинде өзиң отырасаң", "Қыямет күни қоңсыдан соралады", деген мәнили гәплер бар. Бул гәплердиң астында әлем-әлем мәни жатыр. Мәҳәллени менсинбейтуғын, тапқан бир тутам пулына мәп болып, өзгелерди масқаралайтуғын адамлар барып-барып мәҳәлледен айырылып қалады. Мәҳәлледен айырылып қалыў болса аўыр иснад яңлы гәп.
Әтираптағылар көргенде терис қарап өтип кетиўинен жаман көринис бар ма екен? Мәҳәлледе қандай да бир илаж ямаса мәсләҳәт жыйналысы болса-да, көпшилик "Әй, пәленшеге айтпаң, ол ҳәммени бүлдреди, сол билмей-ақ қойсын", деп айтыўынан сақласын. Соның ушын да мәҳәллениң абырайлы адамлары мәҳәлле менен есапласпай қойғанлар менен өз алдына сөйлеседи, кеўлине жол таўып, мәҳәллеге қосылыўына ериседи.
Бул бағдарда да мәселеге унамлы қатнас жасаў керек. Жақсы адам болыўы мүмкин, бирақ бәнтлиги себепли мәҳәлле кеңсесине кирип-шығыўға ўақты жоқ. Гейде "Сулайман таўдың алдына келмеген екен, таўдың өзи Сулайманның алдына барыпты", дегениндей, сол адамның алдына "мәҳәлле жетилиги" барыўы, мәҳәлледеги жумыссызларға жумыс табыўда, мүтәжлерге мүриўбет көрсетиўде оның потенциалынан пайдаланыўы жақсы нәтийжелер бериўи тәжирийбеде өз дәлилин тапқан.
"Мәҳәлле маған не берди?" дейтуғын емес, "Мен мәҳәллеге не бердим?" дейтуғынлар көбейди. Жақсылықлардан руўхланған адамлар өз-өзинен мәҳәлледе бирлести. Биргеликте ерисип атырған жетискенликлеримиз де бизди және де бирлестирди.
2026-жылдың елимизде "Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў жылы" деп аталыўы да биргеликте ерисиўимиз шәрт болған мақсетлерге илҳамландырды. Бүгинги күнде мәҳәллелеримизге 5-6 жылдан берли келмеген адам оларды таныймай қалмақта. Саўлатлы имаратлар, тегис жоллар, көркем гүзарлар бой тикледи. Заманагөй мектеплердиң ашылыўы, жәмийетте муғаллимлердиң статусының көтерилиўи, орайдан ең шетки аймақлардағы мәҳәллелеримизге шекем медициналық хызмет сапасының артыўы халқымыздың ертеңги күнге исенимин беккемлемекте.
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы тәрепинен шөлкемлестирилген "Ағартыўшылық кәрўаны" жойбары кирип бармаған мәҳәлле қалмады. Жойбар шеңберинде Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында "Цивилизациялар - шахслар - ойлап табыўлар", "Тири тарийх", "Абадан турмысқа дәслепки қәдем", "Илимпазлар ҳәм жаслар ушырасыўы", "Социаллық идеялар форумы", "Жаңа Өзбекстан - Жаңа Ренессанс тийкары" сыяқлы 70 ке шамалас илимий-ағартыўшылық форум ҳәм илаж шөлкемлестирилип, оларға 40 мыңға шамалас қатнасыўшы тартылды.
"Ағартыўшылық арқалы кәмбағаллықты қысқартыў" бағдарламасы шеңберинде аўыр социаллық категориядағы 1024 мәҳәллеге абырайлы, нураный илимпазлар, жазыўшы-шайырлар, театр ҳәм көркем өнер ғайраткерлери "руўхый жәрдемши" сыпатында бириктирилди. "Руўхый жәрдемшилер" тәрепинен мәҳәлледе кәмбағал шаңарақ ағзаларының жумыс ислеўге болған қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде "Абадан турмысқа биринши қәдем" жойбары шеңберинде 17 461 түрли руўхый-ағартыўшылық илаж өткерилди.
"Руўхый жәрдемши"лер бириктирилген мәҳәллелерде үзликсиз өткерилген илажлар, дөгерек сәўбетлери, жеке тәртиптеги сөйлесиўлер өз нәтийжесин берди. Жойбар нәтийжесинде адамларда жумыс ислеўге қызығыўшылық артқанының гүўасы болдық.
"Руўхый жәрдемшилер"диң жумысы, әсиресе, ҳаял-қызлар арасында жақсы нәтийже бермекте. Халқымызда "Ел анасына ереди", деген нақыл бар. Бунда да көп ҳикмет жасырынған. Бул ҳикметли сөзди жасаўға, умтылыўға хошаметти арттырыў ушын қолланыў мүмкин екен.
Өзим "руўхый жәрдемши" болып жумыс алып барған 5 мәҳәлле басшыларынан алған жуўмақларым мәҳәллелерде руўхый орталық кескин өзгергенин көрсетти. Ертели-кеш көшеге шығып, бир нәрселерге налынып, өсек айтып отыратуғын ҳаяллар кем-кемнен азайып атыр. Күйеўи дәрамат алып келетуғын ямаса өмирлик жолдасы сырт елден пул жиберетуғын айырым ҳаяллардың кафелердеги бийҳуўда кеўил ашар отырыспалары қысқарып, олар "мәҳәлле жетилиги" усынған жумысларға орналасып, дәрамат таба баслады.
Дурысын айтыў керек, дәслеп жумыс усыныс етилген кәрханаларда мийнет ҳақы 2-3 миллион сумнан басланады. Жумыс орнының мәҳәллеге жақынлығы, жолға узақ ўақыт ҳәм жол ҳақы жумсалмаўы сыяқлы қолайлықларды "руўхый жәрдемши" түсиндирип барады. Ең әҳмийетлиси, бир неше айдан кейин мийнет ҳақының артыўы, мәҳәлле ҳәм қоңсылар алдында "жумыссыз" деген жарлықтың алып тасланыўы олардың турмысына жыллылық, жақты нур алып киреди. Мәҳәллениң жәрдеми менен кәсип-өнер курсларында бийпул оқып, тигиў машиналарында өз мийнетине жараса қаржы таба баслаған ҳаял-қызлар менен сәўбетлер оларды мәҳәлле менен байланыстырыў қаншелли үлкен әҳмийетке ийе екенин көрсетти.
Дурыс, бул иске бирден, ғалаба түрде кирисип кетилгени жоқ. Бирақ 1 "руўхый жәрдемши" дәслеп 2-3 адамға руўхый жәрдем берген болса, 1 ай ишинде 10, 2 ай ишинде 20, 4-5 ай ишинде болса 50 ден аслам адамның жумыс таўып, үлкен қәлеў менен мийнет етиўин баслаўына себеп болыўы мүмкин.
Халықтың социаллық белсендилигиниң артыўы улыўма кейпиятқа тәсир етеди. Китапқумарлық мәдениятын арттырыў ҳәм миллий қәдириятларды үгит-нәсиятлаў жумыслары "Әҳмийетли 90 күн" жойбары шеңберинде жаз мәўсиминде, мыңлаған оқыўшылар дем алысқа шыққаннан соң, қатнасыўшылардың қамтып алыўын кеңейтти. "Китап кәрўаны" арқалы мәҳәлле китапханаларына саўға сыпатында дүрдана шығармалар кирип келгени, китапқумарлардың жазыўшы ҳәм шайырлар менен жанлы пикирлесиўлер өткергени умытылмас естеликке айланды.
Жақында 94 жасты қарсы алған устаз журналист, Өзбекстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери Яйра Садуллаева менен руўхый раўажланыўымыз ҳаққында узақ сәўбетлестик. Оның толқынланып айтқан гәплери ҳеш есимнен шықпайды. Нураный жазыўшымыз былай деди:
"Президентимиздиң өзи елимиздеги әпиўайы халық пенен тез-тез ушырасыўы, мәҳәллелерге барып, нураныйлар менен қушақ ашып көрисиўи, кишкене балаларды баўырына басып сөйлесиўи, алыс аўылларға барғанында шаңарақларға кирип халқымыздың ҳал-жағдайын сораўы бәршемиздиң кейпиятымызды көтереди. Усы уллы жасқа жетемен дегенше мен де өмирдиң ашшы-душшысын көп бастан кеширдим.
Журналист көзқарасынан алыс аўыллардағы төбесинен жамғыр өткен мектеплер, ойлы-бәлент жоллар, пәскелтек, пахса дийўаллы аўыл ҳәўлилери, үйлерден бир топар нәрестелери менен ерте таңнан пахта атызларына атланған аўыл ҳаяллары, жуқпалы кеселликлерге толы емлеўханалар көз алдымнан кетпейди. Үлкен-үлкен мәҳәллелердиң ортасында бир ямаса еки дүкән болатуғын еди. Базарлардағы антисанитариялық жағдайды еслесем, елеге шекем кеўлим қайғыға толады.
Мине бүгин тойлар "Мөлшер" жойбары тийкарында өтпекте. Адамлардың кейпияты миллий қосықларымыз, бақсыларымыз айтқан дәстанлар менен қосықларға үнлес болмақта. Әзиз ўатанласларымыздың жүрис-турысы, кийинислерине қарап заўықланаман ҳәм мәденият та жәмийеттиң руўхый раўажланыўы екенине исенемен.
Бүгин мәҳәллелеримизди аралап, кеўлиң жайнайды. Дурыс, соңғы жыллары аяғым ақсаңлап, пәнт берип атыр. Бирақ перзентлерим автомашинада ҳәптесине еки мәрте қаламызды ҳәм елимиздеги жаңа имаратларды тамашалаўға алып барады. Журт гөззаллықларын көрип кеўлим көтериледи, кеўлим жайнайды. Соның ушын перзентлерим мени тез-тез сейилге алып шығыўды әдет еткен. Елимиздиң жәннетий жамалын көриўге жеткергенине шүкир".
Ҳақыйқатында да, мәҳәлле халқы арасында көпшилик болып зыяратларға барыў, театр ҳәм тамашаларға шаңарағы менен барыў дәстүрге айланды. "Мәрипат" үгит-нәсиятлаўшылар жәмийетиниң ағзалары болған белгили илимпазлар, көркем өнер ғайраткерлери, жазыўшы ҳәм шайырлар Қарақалпақстанның Мойнақтағы аўылларынан Қашқадәрьяның ең шетки аўылы Ғилонға шекем, Сурхандәрьяның Байсындағы Жоқары Машайына шекем, Ферғананың Сохы ҳәм Наўайы ўәлаятының Танги Жуманына шекем, Самарқанд ўәлаятының Ургут районындағы Чаршынар, Жиззақтың қайта ашылған Манас мәҳәллесине шекем жаңа Өзбекстанның руўхын, мәңгилик мәңги қәдириятларын, руўхый ғәзийнесин тасып жүриўши кәрўан болып кирип барды.
Президентимиз баслап берген бул саўлатлы кәрўанның нурлы мәнзиллери мәҳәллелеслеримиздиң дөгерегинде, мәҳәллелеримизде. Себеби, өмиримиздиң мазмуны усы ўатанға хызмет етиўден ибарат. Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетимизди раўажландырыўда пидайылық көрсетиў ҳәр биримиздиң ҳүждан исимиз.
Зульфия МУМИНОВА,
Өзбекстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери,
"Мәрипат" үгит-нәсиятшылар жәмийети ағзасы