Өзин заманагөй демократия ҳәм еркинликке тийисли деп есаплайтуғынлар қарсылық билдиреди: бул инсан ҳуқықларын кемситиў, дүньялық мәмлекетлер принциплерине қайшы, жәмийетимиз еркин ҳәм ҳәр ким өзи қәлегенинше жасаўға ҳақылы, деп. Дурыс гәп, бирақ "Мәҳәлле не дейди?" деген сораўға ўақты-ўақты жуўап излемесек, адамгершилик нормалары, мәнаўият шегараларына зыян жетеди. Себеби, жәмийеттиң тийкарғы буўыны - мәҳәллениң ўазыйпасы, бизиңше, адамларды қадағалаў емес, ал дурыс басқарыў, дурыс өзекке салыў болып табылады.
Өзин-өзи басқарыўдың әҳмийетли институты болған мәҳәлле жумысының ҳуқықый тийкарларын жетилистириў мәселеси мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде әмелге асырылатуғын ўазыйпа сыпатында баҳаланып, айрықша итибар қаратылып киятырғаны бийкарға емес. Қалаберди, жаңа редакциядағы Конституцияда да пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ушын бир қатар ҳуқықлар нәзерде тутылды. Енди мәҳәллениң өзинде 70 тен аслам мәселе, соның ишинде, тәрбия ҳәм саламат орталықты тәмийинлеў жойбарларын басқарыў, материаллық жәрдем ҳәм кредитлер мәселесин шешиў, системаны толық санластырыў, мәҳәлле баслығының ўәкилликлерин кеңейтиў сыяқлы тәреплерге итибар қаратылды.
"Мәҳәллелерди орынларда машқалаларды шын мәнисинде шешетуғын институтқа айландырыўымыз зәрүр. Және тәжирийбе арттырамыз, және өзгертемиз. Турмыс бизди соған мәжбүрлеп атыр. Ҳәзирги қәўиплерге шешим табамыз десек, бизиң бирден-бир жолымыз - мәҳәлле, мәҳәлле, мәҳәлле ҳәм және бир мәрте мәҳәлле болады. Мәҳәлле системасының абырайын қанша көтерсек, адамлар исенеди, адамлар бизден разы болады". Мәмлекетимиз басшысының бул сөзлери бүгин өз дәлилин тапқанына бәршемиз гүўа болып атырмыз.
Ағартыўшылық сиясатының хабарлары
Бүгин қәдириятлар бесиги, тәрбия ошағы болған мәҳәлле менен руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ўәкиллериниң барған сайын беккемленип атырған бирге ислесиўинен мақсет не? Бул аўқам берип атырған ҳәм оннан күтилип атырған нәтийже қандай? Не ушын енди бул қурамға ҳажы зыяратын орынлаған мыңлаған ҳажыларымыз да қосылды?
Республикамызда мәҳәлле, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ўәкиллери ҳажылар менен биргеликте үгит-нәсият илажларын өткериўдиң механизмлери, усыллары жетилистирилгени бийкарға емес. Тәкирар болса да айтыў керек, мәнаўият, бәринен бурын, шаңарақтан, ағартыўшылық болса мәҳәлледен басланады. Кәмил тәрбия, қәдириятлардың қәдирин арттырыў, дәстүрлерди сақлаўды мақсет еткен екенбиз, мәҳәлле үгит-нәсиятлаў орнына, шаңарақлар тийкарғы жумыс орнына, ҳәр бир перзент келешеги белсендилердиң мақсетине айланыўы шәрт.
Мәмлекетимиз басшысының басшылығында Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң 2023-жыл 22-декабрь күни болып өткен кеңейтилген мәжилисинде бул бағдарда бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилген еди. Оннан алдын, яғный 2023-жыл 16-17-ноябрь күнлери Президентимиз Сурхандәрья ўәлаятына сапары ўақтында Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңеслериниң жумысшы структурасы сыпатында аймақлардағы төрт секторға қосымша бесинши - руўхыйлық секторын шөлкемлестириў бойынша усыныс билдирген еди. Сектордың "Сурхандәрья тәжирийбеси"н жаратыў ўазыйпасы белгилеп берилгени мәҳәллени жәмийеттиң руўхый көринисине айландырыў бойынша жаңа күшлерди ҳәрекетке келтирди.
Руўхыйлық секторына шөлкем ҳәм кәрханалардың жуўапкер басшылары, зыялылар бириктирилип, аймақлардың социаллық-руўхый картасы жаратылды. Сектор жәмийеттеги машқалаларға системалы қатнас жасап, исленип атырған жумысларды муўапықластырып атыр. Руўхыйлық секторын шөлкемлестириў арқалы социаллық-руўхый орталықты турақластырыў, халықтың кең қатламын китапқумарлыққа тартыў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, мәденият ҳәм көркем өнерге қызықтырыў, умытылып баратырған миллий қәдириятларымыз ҳәм дәстүрлеримизди ғалаба ен жайдырыў және халқымыз арасында мийрим-шәпәәтти күшейтиў сыяқлы бир қатар әҳмийетли ўазыйпалардың орынланыўы тәмийинленбекте.
Мусылман әлеминде ҳажылыққа уллы мақам сыпатында қаралған. Бул статус ийелери саламат исеними, руўхыйлығы, адамгершилиги, ийгиликли әмеллери менен, қалаберсе, әтираптағылар арасында да усы сыпатларды үгит-нәсиятлаўы менен басқаларға үлги болған.
Мәмлекетимиз басшысы өткен жылы Қурбан ҳайыты мүнәсибети менен Өзбекстан халқына жоллаған қутлықлаўында "Үмит етемиз, ҳажыларымыз ўатанымызға қайтқанынан соң, жәмийетимиздеги мийрим-шәпәәт орталығын және де беккемлеў, жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық пенен гүресиў, жаслар тәрбиясы ҳәм шаңарақлардың татыўлығын күшейтиўде үлги көрсетеди", деп жоқары исеним билдирген еди.
Бул шақырық ҳаж зыяратын орынлап атырған ўатанласларымыз тәрепинен де қанаатланыўшылық пенен қабыл етилди. Өзбекстан мусылманлары ийгиликли шақырық орнындағы бир аўыздан мүрәжат пенен Президентимиздиң шақырығына "лаббай" деп жуўап берди.
- Халықаралық майданда идеологиялық, идеялық ҳәм информациялық гүреслер күшейип баратырған ҳәзирги қыйын ҳәм қәўетерли дәўирде руўхый-ағартыўшылық жумысларды жаңа талаплар тийкарында шөлкемлестириў зәрүр, - дейди Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Ташкент қаласы бөлиминиң баслығы Муҳайё Исмоилова. - Жасларымызды ҳәр қыйлы идеологиялық ҳүжимлерден қорғаў, ўатанласларымыздың турмысқа саналы мүнәсибетин қәлиплестириў, әтирапта жүз берип атырған ўақыяларға байланыслылық сезимин арттырыў, мәмлекетимиздиң ғәрезсизлигине, тыныш-татыў турмысымызға қәўип туўдырыўы мүмкин болған ҳүжимлерге қарсы избе-из гүресиўде жеке мәмлекетимиз басшысы тәрепинен ҳажыларымыздың руўхыйлық үгит-нәсиятлаўшысы сыпатында қатарымызға мирәт етилиўи алдағы жумысларымыздың нәтийжелилиги, избе-излиги ҳәм сапасына кепиллик берди.
Жети ата-анасы бар балалар
Халқымызда "Бир балаға жети мәҳәлле ата-ана" деген мақал бар. Бүгин бул мақал еле де әҳмийетке ийе болмақта. Бул заман талабы, әлбетте. Усы жерде бир турмыслық мысал келтирейик.
Балалықтан бирге өскен теңлес мәҳәллелесим бар. Аты сыр болсын. Өзине тоқ шаңарақта өсти. Ата-анасы ҳеш нәрседен кем қылмады. Өспиримлик дәўиринде ислемеген тәртипсизлиги жоқ еди: мектепте сабақларын таслап кетти, ишиўшиликке ҳәм шегиўшиликке берилди, гүдибузар бола баслады, урлық ҳәм тонаўшылық иследи. Ишиўшилик, шегиўшилик, гүдибузарлығы жетпегендей, урлық ҳәм адам тонаўды кәсип етип алғанына бәримиз ҳайран қалдық. Себеби оның буған улыўма зәрүрлиги, мүтәжлиги жоқ еди. Ата-анасының қалтасын пулға толтырып қойған еди. Мениңше, сол 1990-жыллардағы турақсыз ямаса "көше" орталығына бейим жаслардың көпшилиги сондай еди.
Қулласы, усы жигит мәҳәлледеги үйлерге урлыққа түсип, аўлақ жерлерде жолаўшыларды тонаў, жәмийетлик транспортта жат кисилердиң қалталарын қараў, автомобиллерди алып қашыў менен шуғылланатуғын көшебузарына айланды. Усы тайпадағы жаслар топарына араласып қалды. Ата-анасын, аға-инилерин уятқа қойды. Нәтийжеде қамаққа алынып, узақ мүддет жазасын өтеди. Ҳәзир инсап кирген, барлық жаман әдетлерин таслап, еткен ислеринен пушайман. Пайтахттағы аўқатланыў орайларының биринде аспазлық етеди. Жақында көшеде көрип қалып, тоқтадым. Машинада сөйлесип кеттик, мәнзилге жеткеннен кейин де гүрриңимиз әдеуир даўам етти. Жасы елиўлерден асқан мәҳәллелесим әдеўир сабырлы, ойшыл болып қалған еди.
- Ақмақ болған екенмен, - деди көзиме қарамаўға тырысып. - Өмиримди өзим ойран еттим, күшке толған, ата-анамның хызметин ететуғын дәўиримди қолдан бердим. Өз ўақтында ҳеш кимниң үгит-нәсиятына қулақ түрмедим. Туўысқанларым, қоңсылар, мәҳәлле, досларым сөйлегенде қулағым герең, көзим соқыр екен. Ата-анамның "Мәҳәлле-көше не дейди енди?" деп күйиниўи де муз жүрегиме азғантай болса да тәсир етпеди. Билесең бе, усындайда ашыўым келетуғын еди. Булардың менде не жумысы бар деп ашыўланар едим, жекиринип таслар едим. Басқыншылығымнан, қолымнан ҳәрқандай жаманлық келетуғынынан көпшилик меннен қорқып та сөйлей алмайтуғын еди. Тап ҳәмме маған душпан еди. Негизинде олар ҳақыйқый досларым екенин, маған жаны ашып атырғанын кеш түсиндим.
Бул гәплердеги өкиниш, әрман ҳәм пушайман шын кеўилден екенине исеним пайда еттим. Бирақ соңғы айтқанларынан оның да, мениң де кеўлимиз толды:
- Енди мени толқынландырған нәрсени айтаман. Жазаны өтеў ўақтында өтмишимди талқыладым, қәтелеримди түсиндим, жуўмақлар шығардым. Бир нәрседен қорықтым: үйге қайтқан соң, бир ўақытлары меннен жәбир көрген жақынларым, адамлар, мәҳәллем, қоңсылар мени қабыл етер ме екен? Исенесең бе, қабыл етти. Соның менен бирге және аяққа турыўыма, өз орнымды табыўыма шын кеўилден жәрдемлести. Хабарың бар, бир неше жыл бурын ата-анам өлип кетти. Мен қамалғанда мәҳәллемиздеги Абрар ағаның баласы Ибрайым жас жигит еди, ҳәзир баслық болыпты. Үйиме келип мәсләҳәт берди. Берекет тапқыр, қасындағы жәрдемшилерин иске қосып, кемис-қутығымды дүзетиўге бас-қас болды, ҳәзирги жумысыма орналастырып қойды. Бир ярым жыл болды, гейде Ибрайым, гейде профилактика инспекторы, және басқа белсендилер қоңыраў етип турады. Не машқала, қандай кемшилик бар, деп сорайды. Мине, бүгин сен алысымды жақын етип, үйиме әкелип қойдың. Өмирге қайтқаным усы шығар! …
Үзликсиз процесс
Мәҳәллени - руўхыйлық ҳәм уллы қәдириятлар бесиги деймиз. Бул бесикти болса, әлбетте, нуранийлеримиз тербетеди. Бүгин елимизде 3 миллионнан аслам кекселер өмир сүрмекте. Оларсыз жаслардың тәрбиясы ҳәм мәнаўиятына итибардан нәтийже күтип болмайды. Тәлим-тәрбияда тәнепис болмайды. Усы мәнисте, жас әўлад пенен ислесиўде, руўхый-ағартыўшылық тараўда кекселердиң жәрдеминен пайдаланыў үлкен әҳмийетке ийе.
Президентимиздиң 2023-жыл 11-марттағы "Кекселерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў және олардың социаллық белсендилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарары бул бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм кексе әўлад ўәкиллериниң бай турмыслық тәжирийбесинен ақылға уғрас пайдаланыўда әҳмийетли фактор болмақта.
Усы қарардың орынланыўы шеңберинде мәмлекетимиз бойлап "Бир нураний - он жасқа жуўапкер" принципине муўапық, жаслар ҳәр бир мәҳәлледеги турмыслық тәжирийбеге ийе, заманагөй пикирлейтуғын белсенди нуранийларға, сондай-ақ, машқалалы шаңарақларға "Кекселер мәсләҳәти" топарларының бир ағзасы бириктирилген. Бул жумыслар профилактикалық есапта турған жасларды саламат турмысқа қайтарыў, тыныш емес шаңарақларды жарастырыў ҳәм ажырасыўлардың алдын алыўда нәтийже бермекте.
Бүгин ҳәр бир нураний мәҳәлледе өз орны, айтар гәпи ҳәм сөзиниң салмағы бар. "Ғары билгенди пери билмейди" деген гәп бийкарға айтылмаған. Олардың турмыслық тәжирийбеси, руўзыгершиликтиң ойлы-бәлентлигин жақсы өзлестиргени жасларды дурыс бағдарға бурыўда мақсетке муўапық болмақта. Сол себепли, егер қандай да бир машқала ямаса мәселе алдында қыйсық қәдем тасламақшы болған жаслар болса, таяр турсын, ҳә демей сол сораў жаңлайды: "Мәҳәлледегилер не дейди?".
Нодир МАҲМУДОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы