Емлениў ушын гейде мәмлекетлик медицина мәкемелерине мүрәжат етилсе, гейде жеке меншик клиникаға барылады. Медициналық хызметлердиң баҳаларының жоқарылығы болса халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламы ушын сапалы медициналық хызметтен пайдаланыў имканиятын жоқ етеди.
Жаңа редакциядағы Конституцияда ҳәр ким денсаўлығын сақлаў ҳәм маман медициналық хызметтен пайдаланыў ҳуқықына ийе екени, Өзбекстан пуқаралары медициналық жәрдемниң кепилленген көлемин нызамда белгиленген тәртипте мәмлекет есабынан алыў ҳуқықына ийе екени көрсетип өтилген.
Пуқаралардың саламатлығы тәмийинленгенлиги жәмийет абаданлығының белгилеринен бири. Мәмлекетимизде халықтың финанслық қыйыншылыққа ушырамай, зәрүр медициналық жәрдем алыўын тәмийинлеў және халықтың саламатлығын беккемлеўге үлкен итибар қаратылып келинбекте.
Елимизде медициналық қамсызландырыў системасы енгизилгенине еле онша көп ўақыт болмаған. Президентимиздиң 2020-жыл 12-ноябрьдеги "Денсаўлықты сақлаў системасын шөлкемлестириўдиң жаңа модели ҳәм мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин Сырдәрья ўәлаятында енгизиў илажлары ҳаққында"ғы қарарына бола, бул система басқышпа-басқыш әмелге асырылымақта.
Президентимиз Олий Мажлис Нызамшылық палатасының усы жыл 20-ноябрьдеги мәжилисинде және бир мәрте денсаўлықты сақлаў мәселелерине итибар қаратып, "Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў ҳәм халыққа кепилленген пакет тийкарында медициналық жәрдем көрсетиў системасы келеси үш жылда барлық қала, район ҳәм аўылларды қамтып алыўы зәрүр," деп атап өтти.
Биринши мәрте Сырдәрья ўәлаятында мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша тәжирийбе-сынақ жойбарының нәтийжеси бүгин нелерде көринбекте? Бул модель менен барлық аймақларды қамтып алыў бойынша және қандай жумыслар режелестирилген?
Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қорының атқарыўшы директоры Зоҳир Эрматов пенен сәўбетимиз усы ҳаққында болды.
- Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин тәжирийбе-сынақ тәризинде Сырдәрья ўәлаятында енгизиўден гөзленген тийкарғы мақсет халықтың финанслық қыйыншылыққа дус келмей, зәрүр медициналық жәрдем алыўын тәмийинлеў және халықтың саламатлығын беккемлеўге қаратылған, -дейди Зоҳид Ерматов. - Өткен ўақыт ишинде медициналық хызметлерди сатып алыў жолға қойылды. яғный медицина мәкемелери менен дүзилген шәртнамаға бола, олардың жумысы қаржыландырылды. Кепиллик пакети ислеп шығылды ҳәм басланғыш медициналық жәрдемниң бийпул екенлиги белгилеп қойылды.
Жойбар шеңберинде шаңарақлық шыпакер, әмелиятшы ҳәм патронаж мийирбийкеси және акушеркадан ибарат медицина бригадалары шөлкемлестирилди. Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң стандартлары тийкарында үскенеленген шыпакер тексериўи, саламат аўқатланыў ҳәм саламат турмыс тәризи ханалары және профилактика мектеплери шөлкемлестирилди. Кепиллик берилген пакет шеңберинде дәри-дәрмақ және медициналық буйымлар ҳәм тутыныў материаллары менен тәмийинленди. Онда, созыўшы кеселликлерди шыпакердиң электрон рецептине тийкарланып дәриханалардан бийпул берилетуғын 11 атамадағы дәри менен амбулатор емлеўдиң реимбурсация системасы енгизилди. Дәрихана тәрепинен берилген дәрилердиң баҳасы Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры есабынан референт баҳалар тийкарында қаплап берилиўи жолға қойылды.
Барлық медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелери компьютер техникасы менен тәмийинленип, жумыс процеси санластырылды. Онда наўқасларды дизимге алыў, электрон медициналық карта жүргизиў, оларды шыпакерге жибериў, шыпакер қабыллаўына жазылыў, электрон рецепт жазыў сыяқлы имканиятлар жаратылды.
Наўқасларға тек ғана шаңарақлық шыпакер жолламасы тийкарында бийпул медициналық жәрдем көрсетиў тәртиби енгизилди. Нәтийжеде емлеўханаға шаңарақлық шыпакер жолламасы менен мүрәжат етиў жолға қойылды.
Жойбар шеңбериндеги жумыслар нәтийжесинде басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелерине қатнаўлар саны 20, күндизги стационарда емленгенлер саны болса 75 процентке артты. Тар тараў қәнигелерине мүрәжатлар саны 7, районлық ҳәм қалалық емлеўханаларда емленген наўқаслар саны 10 процентке азайды. Ўәлаят емлеўханаларында наўқасларға көрсетилип атырған жоқарғы технологиялық хирургиялық операциялардың саны 92, емлеўханаларға наўқасларды тийкарсыз жатқызыў көрсеткиши 45 проценттен 20 процентке шекем азайғаны мәмлекетлик медициналық қамсызландырыўдың нәтийжелилигинен дәрек береди.
Әлбетте, мүрәжатлардың тийкарғы бөлеги шаңарақлық шыпакер арқалы болмақта. Тар тараў шыпакерлерине мүрәжатлар саны бир неше процентке азайды.
Медициналық хызметтиң сапасын, нәтийжелилигин ҳәм ғалаба ен жайдырылыўын, басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем көлемин арттырыў, тараўға басқышпа-басқыш медициналық қамсызландырыў системасын енгизиў, медициналық хызметлер базарында заманагөй бәсеки орталығын жаратыў, сол тийкарда халықтың кепилленген ҳәм сапалы медициналық жәрдем алыў имканиятларын кеңейттириўди кеңейтиўди нәзерде тутқан бул моделдиң нәтийжеси бирлемши системада бир қатар өзгерислерге тийкар болды.
Мәселен, басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем системасы қайта қәлиплестирилди, медицина шөлкемлерин қаржыландырыў нәтийжелилиги артты, денсаўлықты сақлаў системасында санластырыў процесслериниң терең кирип барыўы тәмийинленди. Бул болса, өз гезегинде, халыққа медициналық жәрдем көрсетиўдиң сапасын арттырыўға хызмет етпекте.
- Қайси сырт ел тәжирийбеси қолланылды? Олардың абзаллығы нелерден ибарат еди?
- Медициналық қамсызландырыў системасы дүнья жүзи көлеминде кеңнен қолланылып, жақсы нәтийже бермекте. Бул система халықты социаллық қорғаў ҳәм саламатластырыўдың тийкарғы қуралларынан бири болып, ашық-айдынлықты тәмийинлеў менен бирге пуқараларға оператив сапалы медициналық жәрдем көрсетиўди тәмийинлеўге хызмет етеди.
Медициналық қамсызландырыў системасын енгизиў ҳаққында қарар қабыл етиўде ЖДСШ экспертлери, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар, атап айтқанда, Денсаўлықты сақлаў министрлиги қәнигелериниң қатнасыўында халықаралық тәжирийбе, түрли мәмлекетлерде денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыўдың әҳмийетли тенденциялары үйренилди. ЖДСШ, Жәҳән банки ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлердиң усыныслары инабатқа алынды.
Мәселен, Уллы Британия, Испания, Түркия, Эстония, Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан ҳәм басқа да мәмлекетлердиң тәжирийбесинде денсаўлықты сақлаў системасы структурасының өзине тән өзгешеликлери, медициналық хызметлер көрсетиў, бирлемши ҳәм стационар медициналық жәрдемниң өз-ара интеграциясы, медицина мәкемелерин мәлимлемелестириў ҳәм бизнес процесслерин санластырыў және жаңа қәржылай механизмлери толық үйренилди. Кепилленген медициналық жәрдем көлемин анықлаў ҳәм оны алыўда наўқастың бағдарын белгилеў мәселесине үлкен итибар қаратылды ҳәм мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан берилип атырған дәри-дәрмақ, қәрежет материаллары ҳәм медициналық буйымлар пакети кеңейттирилди.
Ҳәр бир мәмлекеттиң тәжирийбеси индивидуал ҳәм айрықша болып есапланып, жетискенликлери ҳәм кемшиликлери бар. Басқа мәмлекетлердиң тәжирийбеси олардың кемшиликлерин тәкирарламаў имканиятын береди. Бул болса жаңа ҳәм нәтийжели усылларды енгизиўдиң ўақтын қысқартады.
- Усы жылдың 1-октябринен мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлери Сырдәрья ўәлаятында ҳәм Ташкент қаласында енгизиле басланды. Халық ушын қандай жеңилликлер нәзерде тутылған?
- Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиз тәрепинен кепилленген бийпул медициналық хызметлер системасын енгизиў, мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў арқалы халыққа финанслық жеңиллик жаратыў ҳәм денсаўлықты сақлаў системасының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған жаңа механизмлер жолға қойылды. Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў системасы шеңберинде бийпул медициналық хызметлер көрсетилип, дәри-дәрмақлар усынылады. Бул хызметлер ҳәм дәри-дәрмақларды тәмийинлеўде халықтың ийинине қосымша финанслық жүк жүкленбейди, яғный қамсызландырыў ушын қосымша төлем өндирилмейди. Хызметлер ҳәм дәри-дәрмақлар салық төлемлеринен қәлиплескен мәмлекетлик бюджет есабынан қаржыландырылады, бул болса қамсызландырылған шахслардың медициналық жәрдемнен пайдаланыў имканиятын кеңейтеди.
Бул механизм арқалы халыққа медициналық жәрдемниң кепилленген көлемлери белгиленбекте. Булар мәмлекетлик бюджет есабынан қаржыландырылатуғын ҳәм мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры қаржылары есабынан көрсетилетуғын медициналық хызметлер ҳәм дәри-дәрмақларды өз ишине алады.
Оған бола, халықтың бийпул медициналық хызметлерден пайдаланыўы ушын белгиленген мүддетлерде медициналық тексериўден өтиў, шаңарақлық шыпакерге ямаса медициналық бригадаға мүрәжат етиў талап етиледи.
Сондай-ақ, дәри-дәрмақ шыпакер тәрепинен рәсмийлестирилген электрон рецепт тийкарында бериледи ҳәм бул қәрежетлер қамсызландырыў қоры тәрепинен қапланады. Бул реимбурсация бағдарламасында әмелге асырылып, финанслық ашық-айдынлықты тәмийинлеўге хызмет етеди.
Мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес медицина мәкемелери медициналық хызметлер көрсетиўде қатнаспақта. Бул болса мәмлекетлик ҳәм жеке меншик сектордың медицина тараўындағы бирге ислесиўин күшейтип, халықтың кең қатламы медициналық хызметлерден пайдаланыў имканиятын арттырады.
Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерине бола, районлық, ўәлаятлық ҳәм республикалық емлеўханаларда кеселликтиң аўыр дәрежесине қарап бийпул емленетуғын кеселликлер дизими тастыйықланады ҳәм әмелиятқа енгизилиўи нәзерде тутылмақта. Сондай-ақ, жеңиллетилген категорияға киретуғын шахслар шыпакердиң көрсетпесине бола мәлимлеме системасы арқалы қәлиплестирилетуғын жоллама тийкарында мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан бийпул емленеди. Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыўдың бирден-бир мәлимлеме системасы, электрон мағлыўматлар базасы ҳәм басқа да мәлимлеме ресурсларының жаратылғаны, медициналық хызметлерди көрсетиўде қолайлық ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлейди.
Бул болса коррупциялық жағдайлардың алдын алады. Мәселен, бурын пуқаралар шаңарақлық шыпакер қабыллаўына кириў ушын саатлап гезекте туратуғын, емлеўханаға жоллама алыў ушын бир неше қәнигеге мүрәжат ететуғын еди. Енди мәлимлеме бағдарламасы арқалы наўқасларды аралықтан турып дизимге алыў, шыпакерге жибериў, емлеўханада емлениўи ушын жоллама алыў, электрон рецепт жазыў сыяқлы имканиятлар жаратылды. Онда инсан факторы қатнаспайды ҳәм өз гезегинде коррупциялық жағдайлардың алды алады.
- Жеңиллетилген категорияға киретуғын шасларға қандай медициналық хызметлер көрсетилиўи жолға қойылады?
- Жеңиллетилген категорияға киретуғын шахсларға медициналық жәрдем көрсетилиўи ҳәм көрсетилетуғын медициналық хызметлер қәрежетлери Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры тәрепинен мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаплап берилиўи жолға қойылды.
Бул хызметлерди көрсетиўде мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес медицина шөлкемлери тартылды ҳәм жеңиллетилген категорияға киретуғын наўқасларды қәнигелестирилген медициналық жәрдем алыў ушын жоллаўдың ашық-айдын механизмлери енгизилди. Соның ишинде, оларға мәмлекетлик емес медицина шөлкемлеринде мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан бийпул медициналық жәрдем көрсетиў биринши мәрте жолға қойылды. Наўқаслардың медициналық шөлкемлерде емлениўи ушын жумсалған барлық қәрежетлер, соның ишинде, қымбат баҳалы жумыс материаллары, протезлердиң қәрежетлери толық қор тәрепинен қаплап берилиўи тәмийинленбекте. Кеселликлердиң халықаралық классификациясы тийкарында диагноз қойыў ҳәм емлеў стандартлары, клиникалық протоколларға әмел еткен ҳалда сапалы медициналық жәрдем көрсетиў илажлары көрилди.
Жеңилликли категорияға киретуғын шахсларды емлеў процесинде қаржының жумсалғаны ҳәм медициналық процедуралардың ҳақыйқый орынланғаны ҳәм олардың көрсетилген медициналық хызметлердиң сапасынан разылығы қор тәрепинен жолға қойылған қайта байланыс системасы арқалы турақлы қадағалап барылып, коррупция қәўип-қәтерлерди азайтыўға ерисилмекте.
Аймақлық медицина мәкемелери қор менен жеңиллетилген категорияға киретуғын шахсларды емлеў бойынша шәртнама дүзиўи нәтийжесинде бул шахсларға жоқары технологиялық медициналық жәрдем жақынластырылды ҳәм оларға қолайлықлар жаратылды. Жеңиллетилген категорияға киретуғын шахсларға көрсетилген медициналық хызметлер қәрежетлерин қор тәрепинен қаплаў процесслери санластырылды ҳәм инсан факторы азайтылды.
- Реимбурсация қандай жеңиллик ҳәм имканият береди?
Бул система халықты дәри-дәрмақ пенен тәмийинлеў, айырым хроник кеселликлерди емлеў ушын шыпакер тәрепинен буйырылған дәрилер қәрежетлерин мақсетли компенсация етиўди нәзерде тутады. Дәри қабыл етиў ҳәр қандай кеселликти емлеўдиң ажыралмас бөлеги болып табылады. Бирақ амбулатор жағдайда үзликсиз емлеў системасы еле жетилиспеген. Сол себепли, халықтың зәрүр дәри-дәрмақтан пайдаланыў имканиятын арттырыў мақсетинде реимбурсацияны әмелиятқа енгизиў зәрүрлиги жүзеге келди.
Денсаўлықты сақлаў системасының басланғыш буўыны мәкемелеринде халықаралық тәжирийбелер тийкарында бир қатар бағдарламалар әмелге асырылып, халыққа кепилленген пакет шеңберинде бийпул медициналық жәрдем көрсетиў ҳәм дәри менен тәмийинлеў илажлары көрилмекте.
Сондай-ақ, хроник кеселликлерди амбулатор шараятта емлеўде зәрүр болатуғын айырым дәрилер менен наўқасларды дәрихана арқалы бийпул тәмийинлеў бағдарламасы ислеп шығылды.
Хроник кеселликлерди амбулатор емлеў ушын қабыл етилетуғын 11 түрдеги дәри-дәрмақлардың дизими қәлиплестирилди ҳәм дәриханалардан бийпул бериў системасы енгизилди. Онда шаңарақлық шыпакер жазған электрон рецепт тийкарында наўқас қор менен шәртнама дүзген дәриханалардан дәрилерди бийпул алады.
Бул системаны Сырдәрья ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласында раўажландырыў мақсетинде бир қатар жумыслар исленбекте. Атап айтқанда, Сырдәрья ўәлаятында "Д" категориясындағы наўқаслардың дизими қәлиплестирилип, 2023-жылы 15 мың 447 наўқасқа рецептлер жазып берилди. Оның ушын қор тәрепинен 1 миллиард 300 миллион сумнан аслам қаржы қаратылған.
Денсаўлықты сақлаў системасын заманагөйлестириўге қаратылған әҳмийетли қәдемлер халыққа медициналық хызметлерден бийпул пайдаланыў имканиятын кеңейтеди. Бул реформалар мәмлекеттиң денсаўлықты сақлаў системасының турақлы раўажланыўына хызмет етеди.
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы
Рисолат МАДИЕВА сәўбетлести.