Қарарға бола, медицинаның бирлемши бөлиминде 30-65 жастағы ҳаяллардың электрон базасы (дизими) қәлиплестириледи, оларды медициналық көрикке шақырыў системасы жаратылады.

Ҳәр жылы 30-50 жастағы ҳаялларда жатыр мойны раги скрининги адам папилломасы вирусын полимераза шынжырлы реакциясын тексериў усылы арқалы анықлаў ҳәм суйықлық цитологиясы усылында тексериў жолы менен әмелге асырылады.

30–65 жастағы ҳаяллар ҳәр 2 жылда бир рет медицина хазметкерлери тәрепинен бирлемши танлап алыўдан басланады.

Скрининг нәтийжесинде онкологиялық кеселликке шалынғанлығы анықланған наўқаслардың кеселлигин анықлаў ҳәм емлеў менен байланыслы қәрежетлер бюджет есабынан қаржыландырылады.

2025-жыл 1-январьдан баслап:

-онкоқадағалаў ханалары ушын акушер-гинеколог шыпакер ҳәм мобиль ҳәм стацтонар маммографлар жумысын 2 сменада шөлкемлесриў ушын рентген-лаборантлар штатлары енгизиледи;

– Маммография сүўрети бойынша оқыў орайы шөлкемлестириледи;

– адам паппилома вирусы диагностикасы ушын қолланылатуғын тест системалары сапасын қадағалаў бойынша референс-лаборатория жумысы жолға қойылады;

– жатыр мойны ҳәм көкирек бези раги скринингине мәмлекетлик емес медициналық шөлкемлери кеңнен тартылады.

2025-жыл 1-майға шекем:

-жатыр мойны рагы скрининги ҳәм көкирек бези рагин ерте анықлаў сапасын баҳалаў ҳәм мониторинг етип барыў системасы;

– скрининг программасына киргизилген ҳаяллар менен қайтадан байланысыў системасы енгизиледи.