Наўайы - ҳәм аймақ, ҳәм инфраструктура, ҳәм санаат потенциалы жағынан үлкен ўәлаят. Кейинги жети жылда 8 миллиард доллар инвестиция киргизилип, 6 мың 500 жойбар иске қосылған. Быйыл 2 миллиард 200 миллион долларлық 577 жойбар жуўмақланбақта.
Мәмлекетимиз басшысының өткен айда ўәлаятқа сапары ўақтында экономиканы буннан былай да раўажландырыў, қосымша имканиятларды излеп табыў бойынша тапсырмалар берилген еди. Мәжилисте усы тийкарда таярланған усыныслар көрип шығылды.
Мәселен, Кармана районындағы химия технопаркине тутас жайлаў жеринде жаңа санаат кәрханаларын жайластырыў мөлшерленбекте. Инфраструктура ҳәм шийки зат бар болғаны себепли ол жерде келеси жылдың өзинде каолин, кварц, диоксид кремний, гезлеме бояўы жойбарларын баслаў мүмкин.
Қытайлы инвесторлар Хатирчи районында кварц ҳәм гранитти қазып алыў және қайта ислеў басламасын билдирген. Конимех, Нәўбәҳәр ҳәм Үшқудық районларында жайласқан 11 пайдалы қазылма майданы да өзлестириў ушын перспективалы.
"Айдарк ўл" әтирапындағы 150 гектарда мийманхана ҳәм дем алыў орынлары қурылса, 10 мыңға шекем туристлерге хызмет көрсететуғын жойбарлар әмелге асырылады, 200 жумыс орны жаратылады. Нуратаның Сентоб, Хатирчиниң Лангар ҳәм Ангидон аўылларында 200 шаңарақлық мийман үйиниң шөлкемлестирилиўи жылына 600 мыңға шамалас туристлерди тартыў, 500 халықтың бәнтлигин тәмийинлеў имканиятын береди.
Елимиздеги жайлаўлардың 43 проценти Наўайы ўәлаятында, бирақ оның тек ғана 5 процентинен пайдаланылмақта. Соның ушын 350 мың гектар жайлаўға дрон менен климатқа сай азықлық егинлери, дәрилик ҳәм приправа туқымлары себиледи және халыққа бөлистириледи. Тамды ҳәм Үшқудық районларында ешки ҳәм қойшылық раўажландырылады.
Сондай-ақ, Тамды ҳәм Нурата районларын қурылыс материаллары, шарўашылық ҳәм туризмге, Хатирчини тоқымашылық ҳәм мийўе-овош жетистириўге қәнигелестириў ушын барлық шараят бар. Атап айтқанда, Хатирчиде гени өзгермеген ҳәм органикалық өним сертификатын беретуғын заманагөй лаборатория шөлкемлестирилмекте. Бул районда 500 гектар, Нәўбәҳәрде 200 гектар таўлы жерлерде интенсив бағ ҳәм жүзимзарлар жаратылады.
Атызларда ҳәм мәҳәллелерде базарға қолайлы өнимлер жетистириў хошаметленеди. Соның ишинде, Италиядан күнгебағар туқымын алып келип, тәкирарий егин сыпатында 10 мың гектарда егиў усыныс етилмекте. Нәтийжеде 5 мың халық қосымша дәраматқа ийе болады, ислеп шығарылатуғын күнгебағар майы ўәлаят халқының жыллық талабын қаплайды. Пахташылықта да аймақтың топырағына сәйкес, суўға шыдамлы ғаўашаның Қытай сортларын егиў кеңейтиледи.
Усы жылдың өткен дәўиринде ўәлаятта 111 мың халық жумысқа жайластырылған. 2025-жылы 140 мың халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, 10 мың шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыў мақсет етилген.
Мәжилисте Наўайы ўәлаяты ҳәкими усындай ресурсларды иске қосыў, 2025-жылы тармақ кәрханаларынан тысқары 2 миллиард доллар инвестиция тартыў, 320 миллион доллар экспортты тәмийинлеў бойынша режелерин таныстырды.
Бирақ, булар ўәлаяттың потенциалы дәрежесинде емеслиги себепли режелерди қайта көрип шығыў тапсырылды.
Жаңа жойбарларды көбирек Конимех, Нурата, Хатирчи ҳәм Тамды районларында жайластырыў әҳмийетли екенлиги көрсетип өтилди. Жумыссыз халықты заманагөй кәсиплерге оқытып, елимизде ҳәм сырт елдеги жоқары дәраматлы жумысларға жайластырыў ўазыйпасы белгиленди. Экономикалық имканиятлары кең, соның менен бирге, халқы салыстырмалы көп болмаған Наўайы ўәлаятын жумыссызлықтан жырақ аймаққа айландырыў мүмкин екенлиги атап өтилди.












