Мәлимлеме технологиялары тараўында жойбар басқарыўшылығынан баслап фрилансерлик бағдарына шекем жоқары нәтийжелерди атап өтип атырған ҳаял-қызлар ҳаққында "Олар технологиялар келешегин жаратып атыр", деп сөзсиз айтыў мүмкин.

Бул тек ғана сөз емес, анық нәтийжелер менен тастыйықланған ҳақыйқат. 2025-жылы "Бир миллион программист", "Бес миллион жасалма интеллект жетекшилери", "IТ қалаша", "Муҳаммед Хорезмий мийрасхорлары" жойбарлары, "Абаданлыққа қарай" бағдарламасы арқалы бийпул билим алған және жеке меншик билимлендириў орайларында мәлимлеме технологиялары бағдарында оқыған 560 мың жастың 281 мыңы, яғный 50,5 процентин қызлар қурады. Кейинги үш жылда болса мәлимлеме технологиялары бағдарында билим алған қызлардың үлеси 2 есеге артты.

Қызларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде өткерилип атырған ICT4 Girls олимпиадасы ҳәм жазғы дем алыў орайлары жүзлеген жасларды қамтып алмақта. Сондай-ақ, тек ғана усы жылдың өткен дәўиринде “GAP” ҳаял-қызлар IТ клубы шеңберинде 6 ўәлаятта 1150 қыз тараўды үйренген болса, жақында 14 қәбилетли қыз “Yulduz Tech Awards” сыйлығы менен сыйлықланды. Coursera платформасында Өзбекстан жасалма интеллект курсларында ҳаял-қызлардың белсендилиги бойынша Global Leader деп тән алынды.

Әсиресе, қызлардың медицина, билимлендириў, илим тараўындағы умтылыслары, санлы технологияларды енгизиў, соның ишинде, жасалма интеллект имканиятларынан пайдаланыў бағдарында алып барып атырған изленислери итибарға ылайық.

Дүньядағы ең жақсы инвестор - мениң анам!

Нодира Иброҳимова, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты:

- Сурхандәрьяның алыс Хуфар аўылында туўылғанман. Тил үйрениў ҳәм технологиялар тараўына қызығыўыма анам түртки болған. Төрт-бес жасымда үш тилдеги әлипбени ядтан билетуғын едим. Мектепте өзбек тилинде билим алғаныма қарамастан, шет тиллерин де бирдей өзлестирип барғанман. Ҳәзир 5 тилде еркин сөйлесемен.

Кейин ала Ташкент қаласындағы Инҳа университетине IТ бағдарында шәртнама тийкарында оқыўға қабыл етилдим. Мен таңлаған тараў тек ғана шаңарағымыз емес, ал елимизде де еле жаңалық еди. Соған қарамастан, шараятымыз жетерли болмаса да, анам оқыўым ушын барлық имканиятты иске қосты. Тынымсыз мийнет етти ҳәм бизди камалға келтирди. Нәзеримде, дүьнядағы ең жақсы инвестор - мениң анам! Барлық жетискенликлеримниң тийкарында анамның мийнети бар екенин терең сезинип тураман ҳәм кеўлимди миннетдаршылық сезимлери ийелейди.

Инҳа университетин 3+1 бағдарламасы арқалы Қубла Кореяда тамамладым. Бул IТ бағдарында билимимди беккемлеўиме тийкар жаратты. Мине, 10 жылдан берли тараўда жумыс алып барып атырман. Программалық тәмийнатты раўажландырыў, машина үйрениўи (ML/AI), санлы денсаўлықты сақлаў жойбарлары, билимлендириў ҳәм менторинг, әсиресе, ҳаял-қызлар ҳәм жасларды IТге тартыў ҳәм инклюзив билимлендириўди раўажландырыў - жумысымның тийкарғы бағдарлары.

Усы күнге шекем АҚШ, Малайзия, Марокаш, Қубла Корея, Камерун және Европа ҳәм ҒМДА мәмлекетлеринде тәжирийбе арттырып, халықаралық технологиялық жойбарларда қатнастым ҳәм жоқары нәтийжелерге еристим. IТ бағдарында Польшада өткерилген ири саммитте биринши мәрте өзбекстанлы қыз сыпатында қатнасып, елимиздеги жедел өзгерислер ҳаққында 10 мың адамлық аудиторияда шығып сөйлеўге миясар болды.

2019-жылдан берли Санлы технологиялар министрлиги ҳәм IТ парк жәрдеминде Өзбекстанда STEM тараўындағы 50 ге шамалас ең қәбилетли ҳаял-қыздан ибарат делегацияны “Perspektywy Women in Tech (PWiT) Summit” саммитинде қатнасыў ушын басшылық етип келмектемен. Олардың көпшилиги ҳәзир ири технология компанияларында жумыс ислемекте. Пүткил Европа бойлап бакалавриат ҳәм магистратура бағдарламаларында IТ бағдарында билим алыўды даўам еттирмекте.

Жақынларымның көпшилиги шыпакерлер болғаны ушын ба, балалықтан медицинаға байланыслы қандай қолланба болмасын, оқып-үйрениўге ҳәрекет етемен. Тараўға қызығыўшылығым оны жасалма интеллект пенен байланыстырыўыма түртки болды. Денсаўлықты сақлаў бағдарында заманагөй технологияларды раўажландырыўды мақсет еттим.

Чикагодағы StrataJazz компаниясында АҚШтағы 100 ден аслам емлеўхана мағлыўматларын таллаў бойынша тәжирийбе арттырдым. Камерунның Яунде қаласында жасалма интеллект арқалы микроскопиялық қан анализлери тийкарында безгекти тиф кеселлигинен ажыратыў халықаралық жойбарында қатнасып атырман.

2025-жылы Стенфорд университети ортопедиялық хирургия бөлими профессоры менен биргеликте жамбас-сан шығыўын жасалма интеллект арқалы ерте анықлаў темасында илимий излениў басладым. Ҳәзирги ўақытта АҚШтың Стэнфорд ҳәм Уллы Британияның University College London университетлери изертлеўиме қызығыўшылық билдирген.

Өткен жылы Ангор районында мектеп оқыўшылары ҳәм майыплығы болған шахслар ушын мәлимлеме-коммуникация технологиялары, келешек кәсиплер бағдарында тренинглер шөлкемлестирдим. Сабақларда халықаралық ҳәм жергиликли университетлер ушын грант алыў тәртиплери бойынша түсиник берилди. Илажларда жети жастан жетпис жасқа шекемги болғанлар қатнасты.

ИКТ саўатлылығын, мәмлекетимиздиң экспорт потенциалын арттырыў ҳәм Өзбекстанды регионаллық IТ орайына айландырыў бағдарындағы пикирлерим қоллап-қуўатланбақта. Сондай-ақ, бул тараўға инклюзив жасларды ҳәм ҳаял-қызларды тартыў бағдарындағы жумысларым итибардан шетте қалмады. Быйыл Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлыққа миясар болдым. Бул мен ушын үлкен мақтаныш. “Yulduz Tech Awards” таңлаўындағы жеңимпазлық болса әрманларыма қанат бағышлады. Келешекте жасалма интеллект жәрдеминде ерте диагностика моделлерин изертлеў арқалы денсаўлықты сақлаў тараўының раўажланыўына үлес қосыў - ең үлкен мақсетлеримнен бири.

Келешек медицинасы IТге байланыслы

Ирода Муҳиддинова, Ташкент педиатрия медицина институты студенти, 27-поликлиника шаңарақлық шыпакери:

- Медицина бағдарында оқып атырған болсам да, технологияларға қызығыўшылығым бир неше жыл алдын басланған. Неврология ҳәм инсан мийи қалай ислеўин үйрениў процесинде мынадай жуўмаққа келдим: келешек медицинасын мәлимлеме технологияларсыз көз алдымызға келтирип болмайды. Әсиресе, жасалма интеллект жәрдеминде кеселликлерди ерте анықлаў имканияты мени жүдә қызықтырды. Усы қызығыўшылық медицина ҳәм технологияларды бирлестириў идеясын берди. MindTech жойбары үстинде жумыс басладым.

Медицина тараўында оқыў менен бирге технологиялар менен шуғылланыў бир қарағанда түсиниксиз болып көриниўи мүмкин. Бирақ тийкарында бул еки тараў бир-бирине жүдә жақын. Заманагөй медицинада мағлыўматлар анализи, санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект оғада әҳмийетли орын ийелейди. Әсиресе, неврология, медициналық психология ҳәм ЖИ жәрдеминде кеселликлерди ерте анықлаў, медицина ҳәм мәлимлеме технологияларын бирлестирген илимий жойбарлар үстинде ислеў тилеги мени тыныш қоймады.

Неврологиялық кеселликлер көп жағдайларда анықланады. Бул болса емлеў нәтийжелилигине унамсыз тәсир етеди. Жойбар жасалма интеллект жәрдеминде неврологиялық кеселликлерди ерте диагнозлаўға қаратылған. Әсиресе, паркинсон кеселлигин ерте басқышта анықлаў машқаласына шешим болады.

Инсанның раўажланыўында әтирапындағылардың қоллап-қуўатлаўы жүдә үлкен әҳмийетке ийе. Ата-анам ҳәм устазларым жаңа идеялар үстинде ислеўден қорықпаў, бәрқулла алға умтылыўым үлкен табысқа алып келетуғынын айтып, руўхландырып турады. Ҳәр қыйлы илимий конференциялар ҳәм стартап бағдарламаларында қатнасыў арқалы болса үлкен тәжирийбе топладым. Илимий излениўлерим ҳәм жойбарларым менен түрли халықаралық конференциялар ҳәм таңлаўларда қатнасыў имканиятына ийе болдым.

Жақында “Yulduz Tech Awards 2025” таңлаўында жеңимпаз болдым ҳәм мүнәсип сыйлықландым. Еле де жеңис шадлығы кеўлимди тәрк етпеген. Хошамет инсанды жаңа шеклерге қарай ийтермелейди. Келешекте медицина ҳәм технологияларды бирлестирген инновациялық жойбарлар үстинде ислеўди даўам еттирмекшимен. Әсиресе, жасалма интеллект жәрдеминде неврологиялық кеселликлерди ерте диагнозлаў бойынша изертлеўлеримди даўам еттириў нийетиндемен.

Халықаралық TEDx шөлкеминде жойбарыма тийкар салдым

Севинч Мавлонова, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты:

- Өткен жылы "Санлы әўлад қызлары" таңлаўында LLS (Life Learning School) стартап жойбарымыз жеңимпаз деп табылды. Жойбар мектеп оқыўшылары ушын жасалма интеллект жәрдеминде ислейтуғын билимлендириў платформасы. Бул платформа оқыўшылардың билим дәрежесин таллап, оларға жекелестирилген билимлендириў режесин усынады ҳәм нәтийжели оқыў имканиятын береди. Бул жетискенлик бизге АҚШтың Гарвард ҳәм МIТ сыяқлы абырайлы университетлеринде билим алыў ҳәм тәжирийбе арттырыў имканиятын берди.

Табысқа ерисиў ушын халықаралық дәрежедеги билим, мәселен, Apple ямаса Гарвард курсларының сертификатына ийе болыў, халықаралық конференцияларда қатнасыў зәрүр. Буннан тысқары, тек ғана техникалық билимлер менен шекленип қалмастан, эмоционаллық интеллект, адамлар менен ашық-айдын сөйлесе алыў ҳәм көпшилик алдында шығып сөйлеў көнликпелерине ийе болыў әҳмийетли.

Халықаралық TEDx шөлкеми шеңберинде TEDxNewUU жойбарына тийкар салдым. TEDx дүнья бойлап шөлкемлестирилетуғын еркин конференциялар сериясы болып, онда инновациялық идеялар, илимий жетискенликлер ҳәм социаллық машқалалар бойынша илҳамландырыўшы шығып сөйлеўлер усынылады. Бул платформа арқалы жаслар өз идеяларын кең аудиторияға жеткериў имканиятына ийе болады. Өзбекстанда TEDx илажлары арқалы биз жаслар арасында инновациялық пикирлеў, жетекшилик ҳәм глобаллық пикирлеўди қәлиплестириўге үлес қоспақтамыз.

Бул ҳәрекетлер келешектеги табысларым ушын беккем тийкар болды. Атап айтқанда, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық мәлимлеме технологиялары тараўындағы жумысым, стартап жойбарларым, жаслар менен ислеп атырған жумысларым ҳәм ҳаял-қызларды технология тараўына тартыўдағы басламаларым ушын берилди.

Сыйлық маған жүдә үлкен жуўапкершилик жүкледи. Енди тек ғана жеке раўажланыўым емес, ал жәмийет ушын да пайда келтириўим керек екенлигин терең сездим. Өзимди раўажландырыў менен бирге Өзбекстан жаслары, атап айтқанда, ҳаял-қызлардың аты дүнья мәлимлеме технологиялары әлеминде жаңлаўы ушын бар билим ҳәм тәжирийбемди жумсайман.

Ҳәзир IТ тараўында стартап экосистемасы жедел раўажланбақта. Келеси бес жылда өз стартап жойбарларымды халықаралық дәрежеге алып шығыў, оларды кеңейтиў ҳәм көбирек адамға пайда келтириўди мақсет еткенмен. Сондай-ақ, қызларды IТ тараўына тартыў бойынша жумысларды және де күшейтиў, оларға илҳам бериў ҳәм әмелий жәрдем көрсетиўге ҳәрекет етемен.

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы

Рисолат МАДИЕВА таярлады.