Бул бағдарда алға қойылып атырған басламалар тийкарында инсан капиталына инвестиция киргизиў, интеллектуаллық потенциалды арттырыў ҳәм илимди экономикалық өсиўдиң тийкарғы драйверине айландырыў сыяқлы үлкен мақсетлер жәмленген.

Президентимиздиң "Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар системасын жетилистириўдиң қосымша илажлары ҳаққында"ғы пәрманы болса бул процесслерге және де күшли пәт бағышлайды. Бул ҳүжжет тараўдағы реформаларды избе-из даўам еттирип, жоқары билимлендириў ҳәм илимди пүткиллей жаңа басқышқа алып шығыў ушын беккем тийкар жаратады.

Бес таяныш принцип - жаңа система тийкары

Реформалар орайында "5 Т" принципи - билимлендириў, тәрбия, изертлеў, коммерцияластырыў ҳәм системалы жетилистириў тийкарғы орын ийелейди. Бул қатнас жоқары билимлендириў системасына пүткиллей жаңа мазмун бағышлайды. Енди университетлер билим бериўши мәкеме болыў менен бирге, жас әўладтың дүньяқарасы, жуўапкершилиги ҳәм социаллық белсендилигин арттырыўға хызмет ететуғын орталық сыпатында қәлиплеседи.

Билимлендириў заманагөй билим ҳәм көнликпелерди бериўди аңлатса, тәрбия жасларда ўатансүйиўшилик, пуқаралық жуўапкершилик ҳәм қәдириятларға садықлықты беккемлеўге хызмет етеди. Изертлеў болса университетлердиң илимий потенциалын арттырыў, жаңа билим ҳәм шешимлер жаратыўға қаратылған. Онда халықаралық билимлендириў ҳәм илимий бағдарламаларда белсене қатнасыў, алдынғы сырт ел тәжирийбесин енгизиў үлкен әҳмийетке ийе.

Ең әҳмийетли жаңалықлардан бири - коммерцияластырыў принципи, ол илимий қолланбаларды әмелиятқа енгизиў, инновацияларды экономикаға алып кириў ҳәм олардан қун жаратыўды нәзерде тутады. Әсиресе, аймақлардағы әҳмийетли машқалаларға шешим болатуғын әмелий жойбарларды ислеп шығыў ҳәм оларды коммерцияластырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Соның менен бирге, таярланып атырған кадрлардың мийнет базарында өз орнын табыўы, питкериўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеў мәселеси тийкарғы ўазыйпаға айланбақта. Системалы жетилистириў болса бул процесслердиң барлығын үзликсиз ҳәм нәтийжели шөлкемлестириўге хызмет етеди.

Бул қатнас жоқары билимлендириўди тек билим бериў системасы шеңберинен шығарып, оны мәмлекет раўажланыўының әҳмийетли драйверине айландырады. Енди университетлерде жаратылған илимий идеялар лабораторияларда қалып қоймайды, ал өндириске, бизнеске ҳәм жәмийетлик турмысқа кирип барады.

Ең әҳмийетлиси, университетлер енди илимий идеялар қәлиплесетуғын, стартаплар пайда болатуғын, инновациялар коммерцияластырылатуғын ҳәм экономикаға реал үлес қосатуғын заманагөй интеллектуаллық орайларға айланбақта. Бул болса, өз гезегинде, жаслардың басламасын қоллап-қуўатлаў, оларды илимий излениў ҳәм жаңалық жаратыўға ийтермелеў, ең тийкарғысы, билимге тийкарланған экономиканы қәлиплестириўге тийкар жаратады.

"U-10": Миллий изертлеў университетлери

Жаңа системаның ең әҳмийетли ҳәм стратегиялық жаңалықларынан бири "U-10" жойбары шеңберинде миллий изертлеў университетлерин қәлиплестириў болып табылады. Бул баслама арқалы мәмлекетимизде илимий потенциалды бирлестириў, билимлендириў ҳәм изертлеўди үйлестириў және университетлерди глобал илимий мәканның белсенди қатнасыўшысына айландырыў мақсет етилген.

"U-10" шеңберинде илимий-изертлеў жумысы тийкарғы болған, жоқары интеллектуаллық орталыққа ийе, инновация жарата алатуғын заманагөй университетлер таңлап алынады. Олардың жумысының тийкарын илимий кластерлер қурайды. Яғный, бир университет әтирапында жергиликли ҳәм сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлери, илимий шөлкемлер, санаат кәрханалары ҳәм бизнес субъектлерин бирлестирген бирден-бир экосистема пайда болады.

Бундай көзқарас илимий идеяларды жеделлик пенен әмелиятқа енгизиў, өндирис пенен илим арасындағы үзликсиз байланысты тәмийинлеў имканиятын береди. Ең әҳмийетлиси, изертлеў нәтийжелери лаборатория шеңберинде қалып кетпей, экономика тармақларына енгизиледи.

"U-10" университетлери абырайлы сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелери менен тығыз бирге ислеседи. Бул болса қоспа билимлендириў бағдарламалары, еки дипломлы системалар, халықаралық илимий жойбарлар ҳәм академиялық алмасыўларды кеңейтиўге жол ашады. Нәтийжеде миллий университетлеримиз халықаралық рейтинглерде мүнәсип орын ийелеў, ең алдынғы билимлендириў ҳәм изертлеў стандартларын енгизиўге ериседи.

Бул университетлер мәмлекет тәрепинен күшли финанслық қоллап-қуўатланады. Илимий кластерлер шеңберинде әмелге асырылатуғын жойбарларға ири көлемде қаржы ажыратылыўы, заманагөй лабораториялар шөлкемлестирилиўи, қәбилетли илимпазлар ҳәм жас изертлеўшилерди тартыў ушын кең имканиятлар жаратылады.

Ең әҳмийетли тәрепи - "U-10" тек ғана университетлерди раўажландырыў жойбары емес, ал пүткил илим ҳәм инновация экосистемасын қәлиплестириў модели болып есапланады. Бул система арқалы Өзбекстанда күшли илимий мектеплер пайда болады, жаңа әўлад изертлеўшилери қәлиплеседи ҳәм инновациялық экономикаға беккем тийкар жаратылады.

Усы тәризде "U-10" жойбары мәмлекетимизди Орайлық Азияда билимлендириў ҳәм илим орайына айландырыў жолындағы ең әҳмийетли қәдемлерден бирине айланады.

Нәтийжеге қарап қаржыландырыў

2027-жылдан баслап жоқары билимлендириў мәкемелерин қаржыландырыў системасында пүткиллей жаңа қатнас енгизиледи. Бул университетлердиң жумысын нәтийжелилик, сапа ҳәм анық нәтийжелерге байланыстырыўға қаратылған системалы реформа болып есапланады.

Жоқары билимлендириў мәкемелери миллий рейтинг тийкарында баҳаланады. Бул рейтингте университетлердиң оқыў процеси, илимий потенциалы, халықаралық белсендилиги, санластырыў дәрежеси, сондай-ақ, питкериўшилердиң мийнет базарындағы орны сыяқлы әҳмийетли көрсеткишлер есапқа алынады. Яғный, билимлендириў мәкемеси қаншелли сапалы билим берсе, қаншелли илимий жаңалық жаратса ҳәм оның питкериўшилери турмыста өз орнын тапса, соншелли жоқары баҳаланады.

Соған сәйкес түрде қаржыландырыў да дифференциал түрде әмелге асырылады. Жоқары нәтийже көрсеткен, нәтийжели жумыс алып барған университетлер көбирек финанслық хошаметке ийе болады. Бул болса ресурсларды әдил бөлистириў, оларды ең нәтийжели ислеп атырған мәкемелерге бағдарлаў имканиятын береди.

Және бир әҳмийетли тәрепи - бир студентти оқытыў қәрежетлери де анық өлшемлер тийкарында есапланады. Онда профессор-оқытыўшылардың жүклемеси, билимлендириў бағдарының қурамалылығы, материаллық-техникалық базасы, университеттиң илимий бағдарланғанлығы ҳәм аймақлық өзгешеликлери сыяқлы факторлар есапқа алынады. Бул болса ҳәр бир бағдар ҳәм ҳәр бир мәкемениң өзине тән тәреплерин есапқа алған ҳалда қаржыландырыўды тәмийинлейди.

Ең әҳмийетлиси, бул система университетлер арасында саламат бәсеки орталығын қәлиплестиреди. Енди ҳәр бир жоқары билимлендириў мәкемеси тек ғана режени орынлаў емес, ал анық нәтийже - сапалы билимлендириў, күшли илимий жумыс ҳәм питкериўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеў ушын ҳәрекет етеди. Нәтийжеде жоқары билимлендириў системасында "нәтийжелилик - тийкарғы өлшем" принципи қарар тапты. Бул болса пүткил системаны және де ашық, әдил ҳәм бәсекиге шыдамлы етиўге хызмет етеди.

Илим: сапа ҳәм нәтийжелиликке өтиў

Бүгинги реформалар шеңберинде илим тараўына мүнәсибет пүткиллей жаңа басқышқа көтерилмекте. Илимий изертлеўлерди қаржыландырыў системасы түп-тийкарынан қайта көрип шығылып, оның тийкарына сапа, нәтийжелилик ҳәм әмелий нәтийже принциплери қойылмақта.

Енди мәмлекет тәрепинен ажыратылатуғын қаржылар анық тийкарғы бағдарларға бағдарланады. Бул болса илимий изертлеўлердиң мәмлекеттиң раўажланыўы менен үзликсиз байланыслы болыўын тәмийинлейди. Илимий жойбарларды таңлаў болса тек ғана ишки баҳалаў менен шекленип қалмастан, халықаралық экспертиза тийкарында әмелге асырылады. Абырайлы сырт ел шөлкемлери ҳәм жетекши университетлердиң қатнасыўындағы баҳалаў системасы изертлеўлердиң сапасы ҳәм қалыслығын кепиллейди.

Ең әҳмийетли өзгерислерден бири әмелий нәтийжеге бағдарланғанлық болып табылады. Енди илимий қолланбалардан анық экономикалық ҳәм социаллық нәтийже бериў талап етиледи. Жаратылған илимий идеялардың өндириске енгизилиўи, жаңа технологиялар, өним ҳәм хызметлерге айланыўы тийкарғы ўазыйпаға айланбақта.

Сондай-ақ, ажыратылып атырған қаржылардың кеминде ярымы мәмлекет экономикасы ушын стратегиялық әҳмийетке ийе болған тийкарғы тараўларға бағдарланатуғыны белгиленбекте. Бул болса энергетика, аўыл хожалығы, санаат, мәлимлеме технологиялары сыяқлы тармақларда илимий шешимлерди жедел енгизиўге хызмет етеди.

Және бир әҳмийетли тәрепи - қаржыландырыў системасының ашық-айдын ҳәм нәтийжеге байланыслылығы тәмийинленбекте. Жойбарлар белгиленген нәтийжелилик көрсеткишлерине ерискен жағдайда қаржыландырыў даўам еттириледи. Бул болса ҳәр бир илимий жәмәәтти жуўапкершилик пенен ислеўге, анық нәтийжеге ерисиўге ийтермелейди. Улыўма алғанда, бул қатнас илимди экономикалық өсиўдиң әҳмийетли факторына айландырыўға тийкар жаратады.

Өзбекстан - халықаралық билимлендириў хабы

Реформалар шеңберинде мәмлекетимиздиң жоқары билимлендириў системасын халықаралық майданда алып шығыў, Өзбекстанды региондағы абырайлы билимлендириў орайына айландырыў тийкарғы ўазыйпалардан бири сыпатында белгиленбекте. Бул бағдардағы ҳәрекетлер елимиздиң ашық-айдынлық сиясаты, интеллектуаллық потенциалы ҳәм билимлендириўдиң сапасының өсип атырғанын дүньяға көрсетиўге хызмет етеди.

Усы мақсетте “Study in Uzbekistan” платформасын және де жетилистириў ҳәм раўажландырыў нәзерде тутылған. Бул платформа сырт елли абитуриентлер ушын мәмлекетимиздиң жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў процесслерин әпиўайыластырады, оларға қолайлы ҳәм ашық-айдын қабыллаў имканиятларын жаратады. Ең әҳмийетлиси, университетлерге сырт елли студентлерди еркин қабыл етиў ўәкиллигиниң берилиўи олардың халықаралық бәсекиге шыдамлылығын арттырады, билимлендириў бағдарламаларын дүнья талапларына сәйкес түрде жетилистириўге түртки береди.

Ҳәр жылы 500 ге шекем қәбилетли сырт елли студент ушын грантлар ажыратылыўы нәзерде тутылмақта. Бул елимиздиң билимлендириў мәкемелерине сырт ел пуқаралары арасынан қәбилетли жасларды және де жедел тартыў, ҳәр қыйлы мәденият ҳәм тәжирийбелер алмасыўын күшейтиў, академиялық орталықты және де байытыў имканиятын береди. Бундай орталық, өз гезегинде, студентлеримиздиң дүньяға көзқарасын кеңейтеди, оларды глобал пикирлейтуғын қәнигелер сыпатында қәлиплестиреди.

Бул реформалар арқалы Өзбекстан билимлендириў экспортын избе-из әмелге асырады, халықаралық билимлендириў базарындағы орнын беккемлейди. Келип атырған ҳәр бир сырт елли студент билим алыў процесинде елимиздиң мәденияты, потенциалы ҳәм имканиятлары менен жақыннан танысады.

Усы тәризде Өзбекстан басқышпа-басқыш региондағы билимлендириў хабына айланып барады. Бул болса тек ғана билимлендириў тараўында емес, ал мәмлекетимиздиң халықаралық абырайын арттырыўда да әҳмийетли фактор болады.

Санластырыў ҳәм жаңа инфраструктура

Пәрман менен санластырыў мәселесине де айрықша әҳмийет қаратылмақта. Бүгинги заманда санлы технологиялар билимлендириўдиң сапасын арттырыў, басқарыўды нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм инсан факторының тәсирин азайтыўда шешиўши факторға айланбақта. Сонлықтан, жоқары билимлендириў системасында заманагөй санлы инфраструктураны қәлиплестириў тийкарғы ўазыйпалардан бири сыпатында белгиленген.

Соның ишинде, "Карьера" платформасының иске қосылыўы питкериўшилерди жумыс пенен тәмийинлеўде пүткиллей жаңа қатнасты енгизеди. Бул платформа арқалы студентлердиң билим ҳәм көнликпелери, қызығыўшылықлары және мийнет базарының талаплары арасында нәтийжели байланыс тәмийинленеди. Бул болса питкериўшилердиң өз қәнигелиги бойынша жумыс табыў имканиятларын сезилерли дәрежеде арттырады.

"Студенттиң санлы паспорты"н енгизиў ҳәр бир студент ҳаққындағы барлық мағлыўматлар - оқыў көрсеткишлери, белсендилиги, жетискенликлери ҳәм көнликпелерин бирден-бир системада жыйнаў имканиятын береди. Бул мағлыўматлар билимлендириўдиң сапасын таллаў, индивидуал қатнасты күшейтиў ҳәм студентлерди хошаметлеўде айрықша әҳмийетке ийе.

Соның менен бирге, барлық электрон хызметлерди бирлестиретуғын бирден-бир билимлендириў порталын жаратыў режелестирилген. Бул платформа арқалы студентлер, профессор-оқытыўшылар ҳәм билимлендириў мәкемелери арасындағы өз-ара байланыслар әпиўайыластырылады, хызметлер "бир айна" принципи тийкарында көрсетиледи. Бул болса ўақыт ҳәм ресурсларды үнемлеў, артықша бюрократиялық процесслерди қысқартыўға хызмет етеди.

Және бир әҳмийетли бағдар жасалма интеллект тийкарында баҳалаў системаларын енгизиў болып есапланады. Бул арқалы билимлерди баҳалаў процесинде қалыслық, анықлық ҳәм ашық-айдынлық тәмийинленеди, инсан факторы менен байланыслы субъективликлер сапластырылады. Ҳәзирги ўақытта аралықтан билимлендириўди буннан былай да жетилистириў, оның сапасын арттырыў ушын кең имканиятлар жаратылады.

Студент - система орайында

Әмелге асырылып атырған реформалардың ең әҳмийетли тәрепи инсан факторына, яғный студентке қаратылып атырған итибардың кескин артыўында болып есапланады. Жаңа көзқараста студентке тек ғана билимлендириў процесиниң қатнасыўшысы емес, ал пүткил системаның орайлық фигурасы сыпатында қаралмақта.

Енди билимлендириў процеси студенттиң еркин пикирлеўин, таллаў қәбилетин ҳәм әмелий көнликпелерин раўажландырыўға бағдарланады. Баҳалаў системасы да әйне усы нормаларға тийкарланады, яғный ядлаў емес, ал түсиниў, пикир жүргизиў ҳәм шешим табыў қәбилети үстин әҳмийетке ийе. Бул болса жасларды таяр билим тутыныўшысынан ғәрезсиз пикирлейтуғын, интакер шахсқа айландырыўға имканият береди.

Билимлендириў ҳәм әмелияттың үнлеслигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Жоқары билимлендириў мәкемелери өндирис, бизнес ҳәм шөлкемлер менен тығыз бирге ислесиўде жумыс алып барып, студентлердиң оқыў процесинде-ақ әмелият өтеўи, реал жумыс орталығын сезиўи ушын кең имканиятлар жаратады. Бул болса питкериўшилердиң мийнет базарына таяр ҳалда кирип келиўин тәмийинлейди.

Социаллық қорғаў ҳәм имканиятларды кеңейтиў де реформалардың әҳмийетли бағдарларынан бири болып есапланады. Студентлер ушын қолайлы билимлендириў орталығын жаратыў, оларды қоллап-қуўатлаў, әсиресе, социаллық жәрдемге мүтәж жасларға кеңнен имканиятлар бериў арқалы билимлендириўде теңлик ҳәм әдиллик тәмийинленеди.

Ең әҳмийетли жаңалықлардан бири - питкериўшилердиң жумыс пенен тәмийинлениўи билимлендириўдиң сапасына берилген тийкарғы баҳа өлшемине айланбақта. Енди университет жумысы тек ғана диплом бериў менен емес, ал оның питкериўшилери қай дәрежеде турмыста өз орнын таўып атырғанына қарап баҳаланады. Бул болса жоқары билимлендириў системасын және де жуўапкершиликли, нәтийжеге бағдарланған ҳәм турмыс пенен тығыз байланысқан системаға айландырады. Ең әҳмийетлиси, бундай қатнас арқалы билимли, бәсекиге шыдамлы ҳәм заман талапларына жуўап беретуғын жаңа әўлад қәлиплеседи.

Бүгин басланған реформалар мәнисине бола тек ғана бир тараўдағы өзгерислер емес, ал мәмлекетимиз раўажланыўының узақ мүддетли бағдарын белгилеп беретуғын әҳмийетли стратегиялық қәдем болып есапланады. Себеби жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар системасы ҳәр қандай мәмлекеттиң интеллектуаллық потенциалы, экономикалық қүдирети ҳәм келешектеги раўажланыўын белгилейтуғын тийкарғы үстинлерден бири болып есапланады.

Әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар нәтийжесинде жаңа Өзбекстанда жоқары билимлендириў системасы мазмуны ҳәм мәниси жағынан жаңа көриниске ийе болмақта. Ол бәсекиге шыдамлылығы менен ажыралып туратуғын, инновацияларды жаратыў ҳәм енгизиўге уқыплы, халықаралық майданда мүнәсип орын ийелей алатуғын системаға айланып бармақта. Университетлер тек билим бериўши мәкеме емес, ал илимий ҳәм экономикалық раўажланыўға хызмет ететуғын заманагөй интеллектуаллық орай сыпатында қәлиплеспекте.

Тийкарғысы, бул реформалар арқалы инсан капиталына итибар пүткиллей жаңа басқышқа көтерилмекте. Жасларымыз ушын кең имканиятлар жаратылып, олардың билим алыўы, излениўи ҳәм өз потенциалын жүзеге шығарыўы ушын беккем тийкар жаратылмақта. Әне усы процесслердиң нәтийжесинде билимли, интакер, заманагөй пикирлейтуғын ҳәм глобал бәсекиге таяр жаңа әўлад қәлиплеседи.

Әйне усындай әўлад мәмлекетимиздиң ертеңги күни, оның турақлы раўажланыўы ҳәм халықаралық майдандағы табысының ең исенимли кепили болып есапланады.

Қоңыратбай ШАРИПОВ,

жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри