Онда мәмлекетимиздиң ертеңги күнине бийпәрўа болмаған барлық қатнасыўшылары - мектеп оқыўшылары, студентлер, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлердиң ўәкиллери, сондай-ақ, 18 жастан 70 жасқа шекемги пуқаралар қатнасыўы мүмкин.

Чемпионат номинациясы - "Ең көп терек еккен тәбият қорғаўшысы".

Жарыс өткерилетуғын орынлар ҳаққындағы мағлыўматлар чемпионат өткерилетуғын айдың 1-сәнесине шекем Экология министрлиги аймақлық басқармаларының рәсмий телеграм каналларында жәрияланады.

Аймақларда арнаўлы комиссиялар дүзиледи, олар:

1-мартқа шекем (бәҳәрде) ҳәм 1-ноябрьге шекем (гүзде) өткерилетуғын аймақларды анықлайды;

тереклердиң түрлери ҳәм саны ҳаққында мағлыўматларды усынады;

нәллерди егиў тәртибин белгилейди (аралық, шуқырлардың тереңлиги, суўғарыў нормалары ҳәм басқалар).

Терек егиў жумыслары саат 8:00 ден 12:00 ге шекем, егилген нәллерди есаплаў ҳәм жеңимпазларды анықлаў жумыслары болса 15:00 ге шекем даўам етеди.

Онда ҳаўа-райының шараятына қарап өткериў сәнесине өзгерис киргизилиўи мүмкин.

Эко-чемпионат "Жасыл мәкан" миллий жойбары шеңберинде өткерилип, 2030-жылға шекем халықтың экологиялық мәдениятын арттырыў концепциясында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўға қаратылған.

Басламаның тийкарғы мақсетлери:

климат өзгериўи ақыбетлерин жумсартыў;

халық, әсиресе, жаслар арасында экологиялық акцияларды ғалаба ен жайдырыў;

тәбиятты миллий қәдирият сыпатында қәстерлеп сақлаўды қәлиплестириў;

терек егиў бойынша билим ҳәм тәжирийбени арттырыў;

экологиялық мәдениятты раўажландырыў.

Жуўмақ шығарыўда қағыйда бузыўшылық пенен егилген тереклер (суўғарылмаған, керекли тереңликте егилмеген ҳәм т.б.), сондай-ақ, қатнасыўшыға басқа шахслар (қозғалысы шекленген адамлардың жәрдемшилеринен тысқары) жәрдем берген жағдайлар есапқа алынбайды.

Жеңимпазлар чемпионат жуўмақланған күни анықланып, төмендегише сыйлықланады:

ақшалай сыйлық - 3 миллион сум,

жеңимпаз дипломы менен,

қымбат баҳалы саўғалар

Концепцияда атап өтилгениндей, чемпионаттың өткерилиўи терек егиўди ғалаба ен жайдырыў, жасыл аймақлардың пайдасы ҳаққында халықты хабардар етиў, көклемзарластырыў дәстүрлерин, экологиялық мәдениятты раўажландырыў ҳәм тәбиятты қорғаў тараўындағы волонтёрлық басламаларын қоллап-қуўатлаўға хызмет етеди.