Атап өтилиўинше, Өзбекстанның “Centrum Air” авиакомпаниясы усы жылы 3-июль күни "Нөкис - Ақтаў - Нөкис" жөнелиси бойынша жаңа турақлы рейсти жолға қойды.

Жаңа рейстиң ашылыўы мүнәсибети менен Ақтаў халықаралық аэропортында салтанатлы күтип алыў мәресими болып өтти. Илаж Бас консулхана ҳәм Манғыстаў ўәлаяты ҳәкимлиги менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Ҳәр ҳәптеде еки мәрте әмелге асырылатуғын турақлы пәрўазлар Өзбекстанға туристлер ағымының артыўына, өз-ара сапарлардың санының көбейиўине, саўда-экономикалық байланыслардың беккемлениўине хызмет етеди.