Венгрия Бас министри Виктор Орбан басшылығында өткен илажда Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоған ҳәм Түркий мәмлекетлер шөлкеми бас хаткери Кубаничбек Омуралиев де қатнасты.

Күн тәртибине муўапық, шөлкем шеңбериндеги көп тәреплемели бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары бойынша пикир алысты, әмелий бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң басында жер жүзинде геосиясий ҳәм геоэкономикалық қарама-қарсылықлар регионаллық келиспеўшиликлер ҳәм климат өзгериўи ақыбетлери күшейип атырған бүгинги қурамалы жағдай тезлик пенен өзгерип атырғанын атап өтти.

Президентимиз әҳмийетли халықаралық машқалаларды шешиўде, биринши гезекте, халықаралық ҳуқық нормалары ҳәм БМШ Режесине сүйенген ҳалда шөлкем мәмлекетлериниң улыўма көзқарас ҳәм позицияларын беккемлеў керек екенлигин атап өтти.

Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңбериндеги әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелерине тоқтап, Өзбекстан жетекшиси бул бағдарда иске қосылмаған үлкен потенциал бар екенлигин көрсетип өтти ҳәм бир қатар жаңа усыныслар билдирди.

Сиясий жақтан Өзбекстан басламасы менен Түркий мәмлекетлер арасында стратегиялық шериклик, мәңги дослық ҳәм туўысқанлық ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылыўы үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Бул ҳүжжет халықларымызды және де жақынластырыў ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиўдиң узақ мүддетли ҳуқықый базасын беккемлеўге хызмет ететуғынына исеним билдирилди.

Президентимиз саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм транспорт-коомуникациялық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратты. Атап айтқанда, Шөлкем мәмлекетлерин улыўма сыртқы саўда айланысында өз-ара саўда үлесин арттырыў мақсетинде «Түрк-трейд» онлайн платформасын жаратыў ҳәм Товар алмасыўды көбейтиў бойынша әмелий бағдарлама қабыл етиў усыныс етилди.

Транскаспий халықаралық коридоры арқалы жүк тасыў көлеминиң өсиўин тәмийинлеў ҳәм бажыхана-шегара тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў мақсетинде мәмлекетимиз басшысы бул жөнелис бойлап "бир айна" ҳәм "жасыл коридорлар" системасын тез пурсатта енгизиўге шақырды. Бул бағдардағы бирге ислесиўди кеңейтиў мақсетинде усы жылы ноябрь айында Ташкент қаласында Түркий мәмлекетлердиң мултимодал транспорт ҳәм логистика халықаралық форумын өткериў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы Түркий инвестициялық қорының шөлкемлестирилгенин қоллап-қуўатлап, инновациялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў ушын Биргеликтеги венчур компаниясы ҳәм Шөлкемге ағза мәмлекетлердиң инвестициялық имканиятларын усынатуғын бирден-бир порталды шөлкемлестириў әҳмийетли екенин атап өтти.

Санаат кооперациясы тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў мақсетинде химия, энергетика, таў-кән, жеңил санаат, фармацевтика, былғары аяқ кийим, азық-аўқат ҳәм қурылыс тармақларында ири өндирис қуўатлықларын шөлкемлестириў бойынша айрықша бағдарлама ислеп шығыў усыныс етилди.

Мәмлекетимиз басшысы климат күн тәртибине тоқтап, жақында Самарқанд қаласында өткен Халықаралық климат форумы даўамында "жасыл" раўажланыў тараўында глобал ҳәм регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў бойынша бир қатар әҳмийетли басламалар алға қойылғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Венгрия Бас министри Виктор Орбанның Будапешт қаласында Қурғақшылықтың алдын алыў институтын иске қосыў басламасы қоллап-қуўатланды. Оның жумысына жәрдемлесиў ҳәм мақсетли жойбарларға кеңирек тартыў ушын қурғақшылық ҳәм экологиялық машқалалардың алдын алыў бойынша биргеликтеги "жол картасы"н ислеп шығыў усыныс етилди.

Өзбекстан Президенти илим, мәденият ҳәм билимлендириў тараўларындағы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратты. Ташкент қаласында Түркий мәмлекетлер халықаралық университетиниң ашылыўы шөлкемге ағза мәмлекетлердиң билимлендириў бағдарламаларын әмелге асырыў ҳәм қәбилетли жасларды таярлаўға мүнәсип үлес болатуғыны атап өтилди.

Өзбекстан жетекшиси Халықаралық түркий мәденият шөлкеми - ТҮРКСАЙ жумысы ҳәм структурасын жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў ҳәм Түркий мәденият қоры кеңесиниң гезектеги мәжилисин Өзбекстанда өткериўди усыныс етти.

Сөзиниң жуўмағында Өзбекстан Президенти түркиялы белгили илимпаз, биохимик, Нобел сыйлығының лауреаты Азиз Санжарды Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық сыйлыққа миясар болғаны менен қутлықлады.

Саммит жуўмағында Будапешт декларациясы, сондай-ақ, бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары бойынша басқа да бир қатар ҳүжжетлер қабыл етилди.