Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң теңизге шығыўға ийе болмаған раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша үшинши конференциясындағы шығып сөйлеген сөзи

    Ҳүрметли делегациялар басшылары!

    Бәринен бурын, Түркменстан Президенти ҳүрметли Сердар Гурбангулиевич Бердимуҳамедовқа ҳәм Түркменстан халқының Миллий жетекшиси, Халық Мәсләҳәти Баслығы ҳүрметли Гурбангули Мяликгулиевич Бердимуҳамедовқа шын жүректен қабыллағаны ҳәм бүгинги конференцияны жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын миннетдаршылық билдиремен.

    Бул форумның Түркменстанның басламасы менен Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен жәрияланған Халықаралық тынышлық ҳәм исеним жылында, Каспий әжайыбаты - гөззал Авазада өткерилип атырғаны рәмзий мәниге ийе.

    Өзбекстан туўысқан Түркменстанның Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў, глобал ҳәм регионаллық турақлылық және абаданлықты тәмийинлеўге қаратылған ҳәрекетлерин жоқары баҳалайды ҳәм қатаң қоллап-қуўатлайды.

    Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриш мырзаға теңизге шығыўға имканияты жоқ мәмлекетлердиң машқалаларын тийкарғы халықаралық мәселе сыпатында алға қойыўға жеке итибар көрсетип киятырғаны ушын айрықша миннетдаршылық билдиремен.

    Биз Аваза сиясий декларациясын толық қоллап-қуўатлаймыз ҳәм он жыллық Ҳәрекетлер бағдарламасын әмелге асырыўда белсене қатнасамыз.

    Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

    Бүгинги конференцияда додаланып атырған мәселелер бәршемиз ушын турмыслық әҳмийетке ийе.

    Мәмлекетимиз теңиз коммуникацияларына тек ғана бир неше мәмлекетлердиң аймағы арқалы шығыўы мүмкин екенлигин атап өтиў керек. Биз ушын дерлик үш мың километр қашықлықта жайласқан портлардан географиялық узақлық бир қатар объектив машқалаларды пайда етпекте. Булар - жоқары тарифлер, транспорт коридорлары ҳәм инфраструктуралардың өткериў имканиятының шекленгени, сондай-ақ, басқа мәмлекетлердиң бажыхана-транзит сиясатына байланыслылығында көзге тасланбақта.

    Жәҳән банкиниң мағлыўматларына бола, транспорт қәрежетлериниң үлкенлиги ҳәм транзит системасының турақсызлығы себепли Орайлық Азия регионы ҳәр жылы жалпы ишки өнимниң еки процентине шекем жоғалтпақта. Логистика қәрежетлери өнимлердиң улыўма баҳасында 60 процентке шекем жетпекте. Бул цифр халықтың орташа көрсеткишлеринен бир неше есе жоқары.

    Сол себепли исенимли жаңа транзит коридорлары ҳәм логистика инфраструктурасын раўажландырыў Орайлық Азияда турақлы раўажланыўдың әҳмийетли факторына айланбақта.

    Бүгин бизди бирлестирген күн тәртиби фундаменталь мәселе - әдиллик мәселесине байланыслы. Бул - теңизге шығыў жолына ийе болмаған мәмлекетлерге жәҳән экономикасында теңдей шараятларда қатнасыў имканиятын тәмийинлеў болып есапланады.

    Бул оғада әҳмийетли ўазыйпаны шешиў ушын үш принципиал шәртти орынлаў зәрүр. Булар - турақлы раўажланыў тийкары сыпатында инфраструктураны модернизациялаў, транзит машқалаларын сапластырыў мақсетинде өз-ара байланыслылықты күшейтиў, глобал тең ҳуқықлықтың әҳмийетли элементи болған раўажланыў ҳуқықын тәмийинлейди.

    Усы мақсетте Өзбекстанда соңғы жыллары, жеке меншик секторды жедел тартқан ҳалда, заманагөй транспорт-логистика тармақларын қурыў бойынша системалы қәдемлер тасланғанын айрықша атап өтпекшимен.

    Мәмлекетимиз логистика ашық-айдынлығы мәселелеринде жоқары динамика көрсетпекте. Саўда-транспорт процесслерин санластырыў бағдарында комплексли илажлар әмелге асырылмақта.

    Экономикада структуралық реформалар, саўда системасының либералластырылғаны ҳәм инвестициялық орталықтың түп-тийкарынан жақсыланғаны салмақлы нәтийжелер бермекте. Бәсеки артты, инновациялық раўажланыў жеделлести.

    Орайлық Азияда өз-ара исеним ҳәм шериклик жаңа дәрежеге көтерилгени болса жедел өзгерислерге күшли түртки бермекте.

    Ҳәзирги күнде регионымызда бирден-бир транспорт-логистика мәканы қәлиплеспекте. Орайлық Азияны Шығыс ҳәм Батыс, Арқа ҳәм Қубла арасындағы толық транзит хабына айландырыў ушын бағдарлама ҳәм жойбарлар әмелге асырылмақта.

    Кейинги жылларда өз-ара саўда көлеми 4,5 есеге, инвестициялар болса еки есеге өсти. Қоспа кәрханалардың саны бес есеге көбейди.

    Усы жылы шериклеримиз бенен биргеликте Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан темир жолының қурылысына киристик. Өзбекстан - Түркменстан - Иран - Түркия транспорт коридорында жүк тасыў көлеми сезилерли дәрежеде өсти.

    Ҳүрметли конференция қатнасыўшылары!

    Бүгин улыўма қәўип-қәтер ҳәм машқалаларды жеңип өтиў бойынша анық, әмелий ҳәм институционаллық жақтан тәмийинленген қарарлар оғада әҳмийетли болып есапланады.

    Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан төмендегилерди усыныс етеди.

    Бириншиден, халықаралық транспорт коридорлары ҳәм инфраструктурасын жедел раўажландырыў ушын муўапықластырылған ҳәрекетлер зәрүр.

    Биз Өзбекстан - Аўғанстан - Пакистан темир жолын қурыў жойбарын таярлаў ҳәм әмелге асырыўды жеделлестириў тәрепдарымыз. Бул перспективалы коридорды қурылып атырған Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан темир жол магистралы менен байланыстырыў кең регионымызда жаңа саўда-экономикалық мәкан ҳәм турақлы транспорт инфраструктурасын қәлиплестириў ушын үлкен имканиятлар ашады.

    Биз, сондай-ақ, Орта коридорды раўажландырыўға тийкарғы әҳмийет қаратамыз. Оны толық иске қосыў ушын, биринши гезекте, келисилген транзит сиясаты, тәртип-қағыйдаларды әпиўайыластырыў ҳәм контейнерлерде жүк тасыў ушын қолайлы тарифлерди енгизиў әҳмийетли.

    Екиншиден, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң қәўендерлигинде теңизге шығыў жолына ийе болмаған мәмлекетлер ушын Транзит кепилликлери ҳаққындағы глобаллық келисимди ислеп шығыўды усыныс етемиз.

    Бундай механизм портлар ҳәм коммуникациялардан әдил пайдаланыў шәртлерин тәмийинлейди, жүк тасыўда қәўип-қәтерлерди азайтады, глобал логистикада теңсизликти азайтыўға хызмет етеди.

    Үшиншиден, ири инфраструктуралық жойбарларды қаржыландырыў ушын бейимлесиўшең инвестициялық қуралларға талап барған сайын артып бармақта.

    Орайлық Азия мәмлекетлериниң транспорт инфраструктурасын раўажландырыў ушын зәрүр болған инвестициялар жылына дерлик 40 миллиард доллар, деп баҳаланбақта.

    Усы мүнәсибет пенен Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң қәўендерлигинде Теңизге шығыўға имканияты жоқ мәмлекетлердиң логистика интеграциясына жәрдемлесиў қорын шөлкемлестириўди усыныс етемиз. Бул қорға донор мәмлекетлер, халықаралық раўажланыў институтлары ҳәм глобал бағдарламалардың ресурсларын кеңнен тартыў мақсетке муўапық.

    Төртиншиден, теңизге шығыўға имканияты жоқ мәмлекетлердиң Глобал әззилик индексин ислеп шығыў басламасын алға қоямыз.

    Бул мәмлекетлеримиздиң транзит бағдарындағы шекленген имканиятларын қалыс көрип шығыў ҳәм ҳәзирги шараятлардан келип шығып, халықаралық финанслық-техникалық бағдарламаларды кеңейтиў ҳәм ресурсларды нәтийжели бөлистириўдиң тәсиршең қуралына айланады.

    Ең тийкарғысы - бул индекс мәмлекетлеримиздиң бәсекиге шыдамлылығы ҳәм исбилерменлик орталығын әдил баҳалаўда есапқа алыныўы керек.

    Бесиншиден, Өзбекстанда аграр тармақты раўажландырыў ушын Инновациялық хабты жаратыў бойынша усынысымызды әмелге асырыў принципиаллық әҳмийетке ийе, деп есаплаймыз.

    Бул хаб бейимлесиўшең агротехнологияларды енгизиў, суўды үнемлеў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўге байланыслы инновациялық жойбарларды алға қойыў, өз-ара билим ҳәм тәжирийбе алмасыўға хызмет етеди.

    Алтыншыдан, улыўма қәўип-қәтерлерди биргеликте сапластырыў бойынша анық усыныслар ислеп шығыўға мәмлекетлеримиздиң жетекши экспертлери ҳәм "ақыл орайлары"н жедел тартыў әҳмийетли.

    Бул бағдарда халықаралық әнжуман ҳәм дөгерек сәўбетлерин өткериўди усыныс етемиз. Бундай илажлардың күн тәртибине мәмлекетлеримиздиң глобал өндирис шынжырларына терең интеграциясын тәмийинлеў, жасалма интеллект ҳәм санлы технологияларды жедел раўажландырыў, трансшегаралық инвестицияларды кеңейтиў ҳәм стартапларды қоллап-қуўатлаў мәселелерин киргизиў мүмкин.

    Өзбекстан, сондай-ақ, теңизге шығыў жолына ийе болмаған мәмлекетлер ушын Халықаралық таллаў орайының жумысына қосылыў нийетинде.

    Ҳүрметли делегациялар басшылары!

    Глобал базарларға шығыў ҳәмме ушын тең болыўы керек. Бул - тек ғана экономикалық зәрүрлик емес, ал биринши гезекте, турақлы раўажланыўдың әҳмийетли факторы, халықаралық қатнасықларда исеним ҳәм бирге ислесиў шәрти болып есапланады.

    Өзбекстан глобаллық раўажланыўдың және де әдалатлы архитектурасын қәлиплестириў бағдарында конструктивлик ҳәм узақ мүддетли шерикликке бәрқулла ашық ҳәм таяр екенин сизлерге және бир мәрте билдирмекшимен.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates