Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" атамасындағы III халықаралық форумның ашылыў мәресиминде шығып сөйлеген сөзи

    Сиясат 17 қыркүйек 2025 1440

    Ассалаўма әлейкум, ҳүрметли мийманлар! Ҳүрметли форум қатнасыўшылары! Ханымлар ҳәм мырзалар!

    Сизлерди мәмлекетимизде кәмбағаллықты қысқартыў бойынша үшинши мәрте өткерилип атырған халықаралық форумда шын жүректен қутлықлаўдан оғада қуўанышлыман.

    Пурсаттан пайдаланып, бүгинги әнжуманда қатнасып атырған Ислам раўажланыў банкиниң президенти Муҳаммад ал-Жассир мырзаға, Азия раўажланыў банкиниң вице-президенти Инг-Минг Янг мырзаға, Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги (JICA) бас вице-президенти Сачико Имото ханымға, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили Каха Имнадзе мырзаға, Жәҳән банкиниң кәмбағаллықты қысқартыў бойынша глобал директоры Луис Фелипе Лопез-Кальва мырзаға ҳәм барлық мийманларымызға терең миннетдаршылық билдиремен.

    Миймандос Өзбекстан жерине, бийтәкирар Наманган диярына хош келдиңиз!

    Қәдирли дослар!

    Хабарыңыз бар, буннан он жыл алдын Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен Турақлы раўажланыў мақсетлери ҳаққында әҳмийетли ҳүжжет қабыл етилген еди. 2030-жылға шекем глобал көлемде кәмбағаллықты сапластырыў усы мақсетлердиң бириншиси сыпатында белгилеп алынған.

    Бәршемиз көрип турмыз, ҳәзирги ўақытта адамзат ақыбетин алдыннан айтып болмайтуғын оғада кескин ҳәм қурамалы дәўирди басынан өткермекте. Дүньяда геосиясий, экономикалық ҳәм социаллық турақсызлық барған сайын артып бармақта.

    Жер жүзинде бақланып атырған климат өзгерислери, суў тамтарыслығы ҳәм пандемиялар себепли алдымызда аўыр ҳәм машақатлы сынақлар пайда болмақта.

    2015-жылдан берли глобал экономикалық өсиў тезлиги орташа 3 процентти қурап, алдынғы он жыллыққа салыстырғанда төменледи. Ақыбетинде егер бес жыл алдын дүньяда 650 миллион халық кәмбағаллықта жасаған болса, бүгин олардың саны 800 миллионнан асты.

    Бул жағдай барлық мәмлекетлер, халықаралық шөлкемлер, улыўма, дүнья жәмийетшилиги алдына жаңа ҳәм әҳмийетли ўазыйпаларды қойып, оларға шешим табыў бойынша оператив қарарлар қабыл етиўди талап етпекте.

    Бүгинги әнжуманымызда қатнасып атырған 30 дан аслам абырайлы шөлкем ҳәм 200 ге шамалас халықаралық экспертлер алға қоятуғын усыныс ҳәм басламалар усы машқалаларға комплексли шешим табыўға хызмет етеди, деп исенемен.

    Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

    Жаңа Өзбекстанда барлық реформалар "Инсан қәдири ушын" деген принцип тийкарында әмелге асырылмақта.

    Соңғы сегиз жылда адамлардың ҳуқықын қорғаў, оларды мүнәсип жумыс орны менен тәмийинлеў, дәраматын арттырыў, турмыс шараятын жақсылаўға қаратылған үлкен жумысларды әмелге асырдық. Барлық ҳәрекетлеримиз ҳәр бир инсан, әсиресе, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар өз потенциалын толық көрсетиўи ушын шараят жаратыў ҳәм имканиятларды кеңейтиўге қаратылды.

    Ең қыйын дәўирде кәмбағаллыққа қарсы гүресиўди мәмлекетлик сиясат дәрежесине алып шығып, оны улыўма миллий ҳәрекетке айландырдық. Ашық айтыў керек, сол ўақытта бизде кәмбағаллық дәрежесин баҳалаў бойынша анық норма ҳәм методология жоқ еди. Жәҳән банки ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң институтлары менен биргеликте халықаралық тәжирийбе тийкарында кәмбағаллықтың миллий нормаларын ислеп шықтық.

    Жаңаланған Конституциямызда пенсиялар, напақалар ҳәм социаллық жәрдем муғдарлары ең кем тутыныў қәрежетлеринен аз болмаўын қатаң белгилеп қойдық.

    Экспертлердиң есап-санақларына бола, бул жумысларды баслағанымызда халқымыздың үштен бир бөлеги кәмбағаллық шегарасында жасайтуғын еди.

    Избе-из реформаларымыз себепли 7,5 миллион халық кәмбағаллықтан шығарылып, кәмбағаллық дәрежеси 2024-жылы 8,9 процентке түсирилди. Жылдың ақырына шекем оны 6 процентке шекем азайтыўды мақсет еткенбиз.

    Әлбетте, қысқа мүддетте бундай нәтийжелерге ерисиў өз-өзинен болған жоқ. Өткен дәўирде экономикамыз 2 есеге өскени, жыл жуўмағы менен халықтың жан басына дәрамат 3,5 мың долларға жетиўи бул бағдарда әҳмийетли фактор болып хызмет етпекте.

    Биз жаңа баслама ҳәм тәжирийбелерди сынақтан өткерип, дүньядағы унамлы жетискенликлерди үйренип, кәмбағаллықты қысқартыў бойынша Жаңа Өзбекстан моделин жараттық. Бәринен бурын, өтиў дәўириниң әҳмийетли инструменти болған мәнзилли социаллық дәптерлерди енгизип, барлық жәрдемге мүтәж шаңарақларды қамтып алдық.

    Бир ғана мысал, пандемия дәўиринде 800 мың шаңараққа бийпул дәри-дәрмақ, 255 мың шаңараққа азық-аўқат өнимлери, және 1 миллион 200 мың шаңараққа социаллық напақалар берилди.

    Қаншелли аўыр болмасын, изленип, имканият таўып, бул мақсетлер ушын жәми 8 миллиард долларлық қаржы ҳәм жеңилликлер бердик. Нәтийжеде 5 миллион 200 мың адамды "кәмбағаллық қақпаны"на түсип қалыўдан қорғадық ҳәм соның менен бирге, экономикалық рецессияның алдын алдық.

    Жәмийеттиң ең төменги буўынына шекем түсип, "мәҳәлле кесиминде" ислесиў системасын жолға қойғанымыз өзин ҳәр тәреплеме ақлады. Ҳәр бир шаңарақ пенен индивидуал реже тийкарында ислеп, дәраматты арттырыў ушын жетерли ресурс ажыраттық.

    Мәҳәллелерди абат етиў, адамлардың турмысын жақсылаў ҳәм исбилерменлик инфраструктурасын раўажландырыўға ҳәр жылы 2,5-3 миллиард доллар қаратып атырмыз.

    Аўыл халқын дәраматлы етиў ушын, 235 мың гектар пахта ҳәм ғәлле майданын қысқартып, адамларға 30-50 сотыхтан жер ажыратыўдың жаңа механизмин енгиздик. Бул жумысларымыз 800 мың адамның дәраматын арттырыўда әҳмийетли қәдем болды.

    Жетекши исбилерменлердиң жәрдеминде қыйтақ жерде дәраматлы егинлерди егиў ҳәм жетистирилген өнимди кепилликли сатып алыў системасын жолға қойдық.

    Әҳмийетлиси, халықты кәмбағаллықтан шығарыў ҳәм дәраматлы етиўде ҳәр бир аймақтың өз тәжирийбеси пайда болды.

    Бүгинги форумға басшылық етип атырған Наманганда да киши бизнес, өнерментшилик, заманагөй санаат зоналарын раўажландырыў бойынша үлги жаратылды.

    Бир сөз бенен айтқанда, ҳәр бир мәҳәллеге бизнес орталығы, ҳәр бир шаңараққа абаданлық кирип келгенин адамлар өз турмысында сезинбекте. Бундай кең көлемли ис-ҳәрекетлеримиз есабынан Өзбекстан 2030-жылға шекем кәмбағаллықты 2 есе қысқартыў бойынша алған миннетлемесин ўақтынан бурын орынлаўға ҳәрекет етпекте.

    Усыларды есапқа алып, бүгин жаңа, және де жоқары шеклерди белгилеп алыўға таярмыз.

    2030-жылға барып, халықаралық нормаларға бола, Өзбекстанда абсолют кәмбағаллықты толық сапластырыў ушын барлық имканиятларымыз бар ҳәм биз буны әлбетте иске асырамыз!

    Әзиз мийманлар!

    Алдымызға қойған мақсетлерге ерисиў ушын жети тийкарғы бағдарды өз ишине алған "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасын әмелге асырмақтамыз.

    Бәринен бурын, кәмбағал халықты тек ғана жумысқа жайластырыў емес, ал турақлы жумыс орынларын көбейтип, адамлар турақлы дәрамат дәрегине ийе болыўы ушын шараят жаратып атырмыз.

    Жедел инвестициялық сиясатымыз себепли усы жылдың өзинде 35 миллиард доллар инвестиция есабынан 9 мыңнан аслам жаңа кәрхана, 300 мыңға шамалас жоқары дәраматлы жумыс орны шөлкемлестирилмекте.

    Қолайлы исбилерменлик орталығы есабынан өткен сегиз жылда 700 мың исбилермен өзиниң турақлы бизнесине ийе болды.

    Итибарлысы - мәмлекет бизнеске шараят жаратып берип атыр, исбилерменлер болса өзине социаллық жуўапкершилик алып, мүтәж халықты жумыслы ҳәм дәраматлы етиўде жәрдемлеспекте. Мине, усындай нәтийжели бирге ислесиў себепли усы жылдың өзинде 270 мыңнан аслам кәмбағал шаңарақ ағзасы турақлы жумыслы болды.

    Биз ҳәзирги технологиялар әсиринде IТ, жасалма интеллект, финтех сыяқлы адамларға жоқары дәрамат келтиретуғын тараўларда стартаплар экосистемасын раўажландырыўға үлкен итибар қаратпақтамыз.

    Жыл басынан берли стартапларға 270 миллион доллар ямаса өткен жылға салыстырғанда 4 есеге көп сырт ел инвестициясы киргизилди. Бул бағдардағы жумысларды және де күшейтип, бир ғана Жәҳән банки менен биргеликте баҳасы 100 миллион доллар болған жаңа жойбарларды баслап атырмыз.

    Биз мәмлекетимизде кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың дәраматларын көбейтиў бойынша халықаралық шөлкемлер ҳәм абырайлы финанс институтлары менен белсене ислеспектемиз. Бул бағдарда Ислам раўажланыў банки менен биргеликте аўылларда жасаў шараятын жақсылаў, жол қурылысы, медицина ҳәм билимлендириў хызметлерин кеңейтиў бойынша әмелге асырылып атырған 5 миллиард долларлық жойбарлар айрықша әҳмийетке ийе.

    Бул жойбарларды қоллап-қуўатлап, Өзбекстанда кәмбағаллықты қысқартыўға үлкен үлес қосып атырған банк президенти Муҳаммад ал-Жассир мырзаның хызметлерин жоқары қәдирлеймиз.

    Мине усы имканияттан пайдаланып, бундай кең көлемли реформаларды әмелге асырыўда бизге жақыннан жәрдем берип атырған барлық халықаралық финанс институтлары ҳәм бирге ислесиўши мәмлекетлердиң делегацияларына шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

    Екиншиден, адамлардың билимин арттырмай турып, оларды "кәмбағаллық ийриминен" шығарыў мүмкин емес.

    Сол себепли сапалы билимлендириў тийкарында инсан капиталын раўажландырыў, узақ мүддетли келешекте кәмбағаллықты қысқартыўдың тийкарғы "драйвери" болып қалады.

    Бир ғана мысал, балаларымыздың бақшалардағы қамтып алыныўы 27 проценттен 78 процентке артқаны нәтийжесинде 1 миллион ҳаял-қызларымыз билим алыў, кәсип-өнер үйрениў ҳәм дәрамат табыў имканиятына ийе болды. Биз бул жумысларды даўам еттирип, кәмбағал шаңарақлардың перзентлерин мектепке шекемги билимлендириў менен толық қамтып алыў ушын барлық шараятларды жаратамыз. Бундай шаңарақлардың перзентлери ушын шет тили ҳәм кәсип-өнер үйрениўге кететуғын қәрежетлердиң 80 процентин қаплап беремиз ҳәм бул арқалы 100 мың кәмбағал шаңарақ перзентлерин қамтып аламыз.

    Ҳәр бир кәмбағал шаңарақта кеминде 1 жоқары мағлыўматлы жигит ямаса қыз болыўы ушын жеңиллетилген тәлим кредити ҳәм мәмлекетлик грантларды көбейтемиз.

    Кейинги бес жылда 800 мыңнан аслам халықты заманагөй кәсиплерге үйретип, оларды жоқары дәраматлы жумысларға жайластырдық. Келешекте бул әмелиятты және де кеңейтемиз. Халықаралық стандартлар тийкарында Кәсипке таярлаў халықаралық орайларын шөлкемлестирип, олардың питкериўшилерине сырт елде тән алынатуғын сертификатлар бериўди жолға қоямыз.

    Үшиншиден, биз ҳаял-қызларды жәмийеттиң белсенди ағзасына айландырыў мәселесин де мәмлекетлик сиясат дәрежесине алып шықтық.

    Буннан бир әсир алдын уллы бабамыз Абдулла Авлоний: "Қызлар билим алыўға ҳәммеден көбирек умтылыўы керек, себеби, бул билимлер менен олар келешек әўладты тәрбиялайды", - деген.

    Бул сөзлердиң қаншелли дурыс екенин бүгин турмыстың өзи және бир мәрте тастыйықламақта.

    Соның ушын биз ҳаял-қызларға жоқары оқыў орнында оқыў ушын процентсиз кредит ажыратыў, магистратурада бийпул билим алыў системасын енгиздик. Бүгинги күнде студентлердиң 53 процентин ҳаял-қызлар қурап атырғаны, усы жылдың өзинде 1 миллион 700 мың ҳаял-қыз жумыслы болғаны қуўанышлы. Бул жумысты даўам еттирип, "Санлы әўлад қызлары" бағдарламасы шеңберинде 50 мың қызларды IТ, финтех ҳәм жасалма интеллектке оқытамыз.

    Ҳаял-қызлар жәмийеттиң барлық буўынларында өз орнын табыўына жәрдемлесиў турақлы итибарымыз орайында болады.

    Быйыл ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў ушын 1,5 миллиард доллар ажыраттық. Бул қаржыларды және де көбейтип, келеси жылы және 2 миллион ҳаял-қыз турақлы дәраматлы болыўы ушын шараят жаратамыз.

    Келеси жылдан мийнет базарында ҳаял-қызлар ушын тең шараят жаратыў мақсетинде социаллық қамсызландырыў системасының қамтып алыўын кескин арттырамыз. Бул - олардың кәмбағаллыққа түсип қалмаўын кепиллейди.

    Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги орны ҳәм абырайын және де арттырыў бойынша жаңа тәжирийбелер менен ортақласыў мақсетинде келеси жылы Наманганда өтетуғын Исбилермен ҳаял-қызлар Азия форумына бәршеңизди мирәт етемен.

    Төртиншиден, инсан саламатлығын қорғамай турып, оның имканиятларын толық жүзеге шығарыў мүмкин емес.

    Бул бағдарда 140 мың кәмбағал шаңараққа шыпакер бириктирип, оларды жылына бир мәрте толық медициналық тексериўден өткериўди жолға қойдық. Енди, кепилленген медициналық хызметлерди көбейтип, кәмбағал шаңарақлардың оған жумсайтуғын қәрежетин 2 есеге қысқартамыз. Онда оларға бийпул дәри ҳәм кепилленген медициналық хызметлер пакети бериледи.

    Бесиншиден, социаллық қорғаўға мүтәж халық пенен мәнзилли ислесиў - кәмбағаллыққа қарсы гүресиўдеги тийкарғы бағдарлардан бири.

    Биз бул системаны түп-тийкарынан реформалап, алдын 6 мәмлекетлик шөлкемде болған ўәкилликлерди бирден-бир - Социаллық қорғаў миллий агентлигине бирлестирдик.

    Қысқа мүддетте ҳәр бир район ҳәм қалада 100 ден аслам социаллық хызметлерди "бир айна" принципи тийкарында көрсететуғын "Инсан" орайларын шөлкемлестирдик. Ҳәр бир мәҳәлледе социаллық хызметкер халық пенен проактив усылда ислемекте.

    Усы жылдың өзинде 2 миллион 700 мың халыққа социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлер көрсетилди. Әсиресе, кәмбағал шаңарақлардың күтимге мүтәж ағзаларына жаңа социаллық хызметлерди жолға қойғанымыз, 50 мың мийнетке жарамлы халық ушын жумыс ислеў имканиятын жаратты.

    Биз бул бағдардағы жумысларымызды келешекте және де кең көлемде даўам еттиремиз.

    Жәҳән банки менен социаллық хызметлердиң сапасын ҳәм қамтып алыўын арттырыў мақсетинде 100 миллион долларлық жойбарды басладық.

    Имканияты шекленген халықтың кәмбағаллыққа түсип қалыў итималы жоқары. Соның ушын оларды қоллап-қуўатлаў, инклюзивлик тийкарында жәмийетке интеграциялаў бойынша жаңа қатнасларды ислеп шықтық.

    Мүнәсип мийнет шараятын жаратқанымыз ушын быйыл майыплығы болған 150 мың шахс жумысқа жайласты. Оларға турмыслық зәрүр медициналық үскенелер, коляска ҳәм протезлер бийпул жеткерип берилмекте.

    Имканияты шекленген балаларды мектеп ҳәм кәсиплик билимлендириў менен қамтып алыў ушын өз алдына бағдарламаларды әмелге асырмақтамыз.

    Өзбекстанда аўыр жағдайға түсип қалған балаларға ғамхорлық етиў ҳәм оларды зорлықтың ҳәр қандай көринисинен қорғаў бағдарында жаңа тәжирийбе жаратылды.

    Алтыншыдан, аймақларда инфраструктураны жақсылаў, адамларға жасаў ушын қолайлы шараятлар жаратыў - көп өлшемли кәмбағаллықты қысқартыўда әҳмийетли қәдем болады.

    Усы мақсетте дерлик 3,5 миллион халық жасайтуғын, шараяты аўыр 1 мың мәҳәлледе инфраструктураны жақсылап атырмыз. Нәтийжеде усы жылдың өзинде 470 мың шаңараққа қараслы қыйтақ жерге суў барды, және 790 мың шаңарақта электр энергиясы тәмийнаты жақсыланды.

    Келеси жылы мәҳәллелерде инфраструктураны жақсылаў, жумыс орынларын көбейтиў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаўға және 400 миллион доллар ажыратпақтамыз. Онда 32 район ҳәм социаллық шараяты аўыр 328 мәҳәллени таңлап алып, оларды раўажландырыў бойынша өз алдына бағдарлама қабыл етемиз. Бул - жаңа тәжирийбе болады.

    Сондай-ақ, 810 мәҳәлледе суў, канализация, жол, мектеп ҳәм бақша қурыў бойынша 1,3 миллиард долларлық жойбарлар әмелге асырылады.

    Турақ жайға мүтәж ҳәм дәраматы төмен халыққа ипотека системасынан пайдаланыў ушын ҳәр жылы 200 миллион доллар субсидия ажыратылады.

    Халықаралық финанс институтлары раўажланып атырған мәмлекетлерде инфраструктуралық жойбарларды қаржыландырыўда кәмбағаллықты қысқартыў талабын киргизсе, бул да мақсетке муўапық болады, деп ойлайман.

    Жетиншиден, биздеги мәмлекетлик қәрежетлердиң 70 проценттен асламы әйне Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ушын жумсалмақта.

    Соның менен бирге, глобал көлемде Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ушын раўажланып атырған мәмлекетлерге жылына 4 триллион доллардан аслам қаржы зәрүр. Бундай шараятта қәўип-қәтерлерди объектив баҳалаў, финанслық ресурсларды тартыў, олардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша "кәмбағаллыққа қарсы гүресиўдиң жаңа финанслық архитектурасы"на зәрүрлик сезилмекте.

    Бул мәселелерге шешим табыў мақсетинде 2026-жылы ески Хийўа қаласында халықаралық финанс институтлары, донор шөлкемлер ҳәм бирге ислесиўши мәмлекетлердиң қатнасыўында жоқары дәрежедеги конференция өткериўди усыныс етемиз.

    Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!

    Инсан қәдирин улығлаў арқалы адамлар ушын мүнәсип шараят жаратыў, бул бағдарда кәмбағаллықты қысқартыў - Жаңа Өзбекстандағы барлық реформалардың тийкарғы мақсети болып есапланады.

    Өзбекстан артқа қайтпайтуғын реформалар жолынан исенимли барып, кәмбағаллықты қысқартыў бағдарында да, Турақлы раўажланыў мақсетлерине толық ерисиў бойынша да барлық миннетлемелерин орынлаўға ҳәрекет ететуғынына исенемен.

    Бүгинги әнжуман бәршемиз ушын нәтийжели ҳәм пайдалы сөйлесиў майданына айланады ҳәм мен оған исенемен.

    Сизлерди және бир мәрте шын жүректен қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, оғада мақтанышлы ҳәм уллы жумысыңызда үлкен табыслар, әнжуман жумысына болса табыслар тилеймен.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates