Ҳүрметли Тулия Эксон Ханым Уллы Мәртебели Мырза!
Ҳүрметли Мырза Мартин Чунгонг!
Ҳүрметли парламентлердиң басшылары ҳәм ағзалары!
Ханымлар ҳәм мырзалар!
Парламентлераралық Аўқамның 150-юбилей Ассамблеясында қатнасыў ушын дүньяның барлық континентлеринен келген абырайлы делегацияларды Өзбекстан жеринде шын жүректен қутлықлаўдан оғада қуўанышлыман.
Өз қатарында 181 миллий парламент ҳәм 15 регионаллық аўқамды бирлестирген Аўқамның Ассамблеясы биринши мәрте Орайлық Азия регионында болып өтпекте. Әнжуманның гөззал пайтахтымыз - Ташкент қаласында өткерилип атырғаны бизге үлкен мақтаныш бағышлайды.
Бундай жоқары исеним ҳәм ҳүрметти биз елимизде алып барылып атырған кең көлемли демократиялық реформалар, парламентаризм ҳәм ўәкиллик ҳәкимиятын раўажландырыў бағдарында ерисилип атырған үлкен нәтийжелердиң тән алыныўы, деп қабыл етемиз.
Мен де 15 жыл даўамында парламент ағзасы болғанман. Дүньяны тыныш-татыў, жәмийетлерди және де абадан етиўге қаратылған уллы хызметиңиз қаншелли жуўапкершиликли екенин жақсы билемен ҳәм түсинемен.
Сизлер - мисли халықларды бир-бирине байланыстыратуғын беккем дослық көпирисиз. Сизлер адамлардың дәрти ҳәм машқалаларын ең төменги системадан баслап, керек болса, регионаллық ҳәм халықаралық көлемге алып шығыўға, оларға нәтийжели шешим табыўға уқыплы болған қүдиретли күшлерсиз.
Әлбетте, сизлер өз халықларыңыздың ерк-ықрарын көрсетип, миллий раўажланыў моделлерин ислеп шығыўда, заманагөй қәўип-қәтерлерге мүнәсип жуўап бериўде үлкен роль атқармақтасыз.
Пурсаттан пайдаланып, Парламентлераралық Аўқам басшылығына, шөлкемге ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлердиң нызам шығарыўшы уйымлары ҳәм халықаралық парламент аўқамларының ўәкиллерине шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.
Өзбекстанға хош келдиңиз, әзиз мийманлар!
Ҳүрметли Ассамблея қатнасыўшылары!
Сыр емес, соңғы жыллары дүньяның түрли регионларында қураллы соқлығысыўлар, экологиялық ҳәм техноген апатшылықлар, экономикалық кризислер, "саўда урыслары", терроризм ҳәм экстремизм қәўип-қәтерлери барған сайын күшейип бармақта. Бундай оғада қыйын шараятта дүньяда тынышлықты сақлаў, социаллық раўажланыў ҳәм әдилликти тәмийинлеўде парламентлердиң қатнасыўы ҳәм тәсирин арттырыўды заманның өзи талап етпекте.
Ўәкиллик дипломатиясын әмелге асырыў, әҳмийетли мәселелерди халықлар ҳәм мәмлекетлердиң улыўма мәплери тийкарында системалы шешиўде Парламентлераралық Аўқам абырайлы ҳәм ең ири көп тәреплеме институтқа айланғанын айрықша атап өтпекшимен.
Аўқамның Бирлескен Миллетлер Шөлкеминде турақлы бақлаўшы статусына ийе екени оның глобал турақлылық ҳәм аўызбиршиликке қосып атырған үлесиниң көриниси болып есапланады. Бүгинги әнжуманда 140 қа шамалас мәмлекеттен 2 мыңнан аслам қатнасыўшылар қатнасып атырғаны да пикиримниң айқын дәлили болып есапланады.
Бизиң басламамыз бенен Ассамблея "Социаллық раўажланыў ҳәм әдиллик ушын парламент ҳәрекети" атамасында өткерилип атырғаны әлбетте терең рәмзий мәниге ийе.
Таллаўларға бола, кейинги отыз жылда жәҳән жалпы ишки өниминиң көлеми 4,5 есеге артқан. Бирақ, тилекке қарсы, инсанияттың кәмбағал қатламларының дәраматлары дерлик өзгермеген. Егер бул тенденция сақланып қалса, 2030-жылға барып дүнья халқының 575 миллионы кәмбағаллықта жасайды. 84 миллион бала болса билим алыў имканиятынан айырылады.
Өз-өзинен белгили, бул жағдай экономика ҳәм жәмийетке үлкен зыян жеткереди, социаллық-экономикалық институтлардың жумысын әззилетеди, ақыр-аяғында адамлардың имканиятларын шеклейди.
Әлбетте, бундай теңсизликтиң тийкарғы себеплерин анықлаў ҳәм оның ақыбетлерине қарсы гүресиў бәршемиздиң тийкарғы ўазыйпамыз болып есапланады.
Бул бағдарда мәмлекетлердиң ўәкилликли уйымлары арасында көп қырлы бирге ислесиўди жолға қойыў ҳәм буннан былай да кеңейтиў улыўма раўажланыўымызға мүнәсип үлес қосады, деп исенемен.
Бул бағдарда парламентлер ең жақсы дәстүр ҳәм алдынғы тәжирийбелерди иске қосыў ҳәм алмасыў, өз-ара ҳәрекетлерди бирлестирген ҳалда, бар интеллектуаллық потенциалы ҳәм күшин толық жумсайтуғынына үмит етемен.
Бәршеңизге мине усындай мақтанышлы жумыста үлкен табыслар ҳәм әўметлер тилеймен.
Ҳүрметли делегациялардың басшылары ҳәм ағзалары!
Бүгинги күнде Жаңа Өзбекстан артқа қайтпайтуғын демократиялық реформалар ҳәм прагматикалық сыртқы сиясат жолынан исенимли қәдем таслап, дүнья жәмийетшилиги менен ашық ҳәм жедел сөйлесиў алып бармақта.
Биз мәмлекетимизде күшли ҳәм жуўапкершиликли парламентти қурыў, нәтийжели парламент дипломатиясын енгизиў ушын кең шараятлар жаратып атырмыз.
"Өзбекстан - 2030" стратегиясында парламент институтын раўажландырыўды әҳмийетли ўазыйпа сыпатында айрықша белгиледик. Соңғы жыллары нызам шығарыўшы ҳәкимияттың жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстағы орнын арттырыўға қаратылған 20 дан аслам нызамлар қабыл етилди.
Әсиресе, 2023-жылы улыўмахалықлық референдум арқалы қабыл етилген жаңа Конституцияда парламент ўәкилликлери кескин арттырылды. Олий Мажлис Нызамшылық палатасының толық ўәкилликлери 5 тен 12 ге, Сенаттың ўәкилликлери болса 14 тен 18 ге жеткерилди. Суд, коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм бәсеки уйымларын қәлиплестириў бойынша Президенттиң бир қатар ўәкилликлери нызам шығарыўшы ҳәкимиятқа өткерилди. Парламенттиң Ҳүкиметти қәлиплестириўдеги қатнасы, ҳуқық қорғаў уйымлары үстинен қадағалаў механизмлери және де күшейтилди.
Бул өзгерислерге сәйкес түрде аймақларымызда да халық депутатлары жергиликли кеңеслериниң ўәкилликлери кеңейтилди. Соның ишинде, 30 дан аслам ўәкилликлер жергиликли кеңеслерге өткерилди ҳәм бул процесслер избе-из даўам еттирилмекте.
Миллий парламентимизде ҳаял-қызлардың үлеси бүгинги күнде 38 процентке жетти. Бул көрсеткиш Парламентлераралық Аўқам тәрепинен жоқары тән алынып, Азия регионында соңғы отыз жылда ең жоқары өсиў сыпатында баҳаланғаны бизге айрықша қанаатланыўшылық бағышлайды.
Буннан тысқары, 2021-жылы Олий Мажлис палаталары жанында биринши мәрте жаслар парламентлериниң жумысы жолға қойылды.
Ҳәзирги ўақытта миллий парламентимиз 100 ге шамалас сырт елли бирге ислесиўшилер менен тығыз байланыслар орнатқан. 80 қоспа дослық топарлары ҳәм комиссиялары нәтийжели ислемекте.
Өзбекстан парламентлик бағдарда глобал әҳмийетке ийе болған бир қатар халықаралық басламаларды алға қойып келмекте. Атап айтқанда, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының "Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўди жеделлестириўде парламентлердиң ролин күшейтиў ҳаққында"ғы резолюциясы қабыл етилди.
Аўқам менен биргеликте Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ушын ҳәр еки жылда Парламентлераралық глобал бирге ислесиў форумы өткерилип келинбекте.
Өзбекстан ўәкиллери Азия Парламентлери Ассамблеясы, Орайлық Азия парламентлери форумы, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Парламент Ассамблеясы, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Парламентлер Ассамблеясы ҳәм басқа да платформаларда белсене қатнаспақта.
Улыўма, бүгинги күнде ўәкилликли уйымларымыз Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў, пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў, социаллық қорғаў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў, гендер теңликти тәмийинлеў, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша да өз мойнына үлкен жуўапкершилик алған.
Бул ийгиликли мақсетлерди жүзеге шығарыў ушын парламентимизде жетерли потенциал, жоқары ой-пикир ҳәм бай тәжирийбеге ийе, сайлаўшылардың беккем исенимине ерискен жанкүйер ҳәм пидайы халық ўәкиллери жумыс алып бармақта.
Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!
Дүньяда жүз берип атырған бүгинги глобал өзгерислер Парламентлераралық Аўқам ҳәм миллий парламентлеримиздиң алдына жаңадан-жаңа ўазыйпаларды қоймақта.
Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан бул Шөлкемниң толық ҳуқықлы ағзасы сыпатында оның барлық структуралары ҳәм форумларының жумысында белсене қатнасып келмекте. Глобал күн тәртибиндеги тийкарғы бағдарлар бойынша нәтийжели әмелий бирге ислесиўди жолға қойғанбыз.
Рухсатыңыз бенен төмендеги мәселелерге айрықша тоқтап өтпекшимен.
Биринши. Дүньяның түрли регионларындағы келиспеўшиликлер глобал ҳәм регионаллық тынышлық ҳәм қәўипсизликке үлкен қәўип туўдырмақта.
Өзбекстан ҳәр қандай қарама-қарсылық ҳәм келиспеўшиликлерди тек дипломатия ҳәм тыныш сөйлесиўлер жолы менен шешиўдиң исенимли тәрепдары екенин және бир мәрте атап өтпекшимен.
Украина әтирапындағы жағдай бойынша басланған сөйлесиўлер процеси өзиниң унамлы нәтийжесин беретуғынына үмит етемиз.
Ең аўыр машқалаларға халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған нормалары, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Режеси ҳәм резолюциялары тийкарында шешим табыў әҳмийетли, деп есаплаймыз.
Соның ишинде, Палестина - Израил келиспеўшилигиниң бирден-бир ҳәм әдил шешими "еки халық ушын - еки мәмлекет" принципин әмелге асырыўдан ибарат.
Бизге қоңсы болған Аўғанстан ҳаққында тоқтап өтпеў мүмкин емес. Бул мәмлекеттиң халықаралық майданда жеккеленип қалыўына жол қоймаў, әмелдеги ҳүкимет пенен конструктивлик сөйлесиў орнатыў, Аўғанстанға Орайлық Азия регионының ажыралмас бөлеги ҳәм жаңа имканиятлар мәканы сыпатында қараў зәрүр, деп есаплаймыз. Бул бағдарда парламентлердиң жәрдемине исенемиз.
Улыўма алғанда, Өзбекстан Бирлескен Миллетлер Шөлкемин универсал ҳәм альтернативсиз бирден-бир глобаллық структура сыпатында тән алады. Биз бул бағдарда Бас хаткер Антониу Гутерриштиң усы халықаралық шөлкемди терең реформалаў, оның потенциалын арттырыў бойынша алып барып атырған системалы ҳәрекетлерин толық қоллап-қуўатлаймыз.
Соның менен бирге, Евроазия топарының Екинши жер жүзилик урыста ерисилген Жеңистиң 80 жыллығына бағышланған билдириўин толық алғыслаймыз.
Екинши. Дәўиримиздиң өткир машқаласына айланған, планетамыздың раўажланыўына үлкен тосқынлық болып атырған климат өзгерислери бәрқулла дыққатымыз орайында болыўы керек. Себеби оның аянышлы ақыбетлери, бәринен бурын, раўажланып атырған мәмлекетлерге күшли тәсир етпекте.
Париж келисими шеңберинде ҳәм углерод нейтраллығына ерисиў бағдарында өзимизге алған миннетлемелерди толық орынлаў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли.
Бул мәселелерди күни кеше Самарқандта болып өткен халықаралық климат форумында да ҳәр тәреплеме додаладық.
Мәмлекетлердиң климат сиясаты бойынша алдыңғы басламаларын қоллап-қуўатлаў, қайта тикленетуғын энергия дәреклери ҳәм "жасыл" технологияларға өтиўди хошаметлеў парламентлердиң әҳмийетли ўазыйпасына айланса, әлбетте, салмақлы жетискенликлерге ерисемиз.
Климат өзгериўи темасы Ассамблеяның күн тәртибиндеги баслы мәселелерден бири сыпатында турақлы орын ийелеўи керек, деп есаплаймыз.
Үшинши. Ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қатаң белгилеў социаллық раўажланыўдың тийкарғы шәртлеринен бири болып есапланады.
Таллаўларға бола, экономиканың барлық тармақларында ҳаял-қызлардың ерлер менен теңдей қатнасыўы тәмийинленсе, жәҳән жалпы ишки өниминиң көлеми 26 процентке өседи. Дүнья көлеминде ҳаял депутатлардың үлеси 1995-жылдағы 11,3 проценттен усы жылға келип 27,2 процентке көтерилгени әлбетте қуўанышлы жағдай.
Жәмийетти басқарыўда ҳаял-қызлардың белсендилигин қоллап-қуўатлаў бойынша тәсиршең илажлар жәрдеминде, әлбетте, жаңа нәтийжелерге ерисемиз.
Кейинги жыллары елимизде Бирлескен Миллетлер Шөлкеми институтлары ҳәм Парламентлераралық Аўқам менен биргеликте Азия ҳаял-қызлар форумы ҳәм Жәҳән парламентлери ҳаял басшыларының 14-саммити нәтийжели өткерилгенин айрықша атап өтпекшимен.
Сол себепли бизиң басламамыз бенен алға қойылып атырған Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының "Азия ҳаял-қызларының социаллық-экономикалық, сиясий-ҳуқықый ҳәм мәдений-гуманитарлық белсендилигин арттырыў ҳаққында"ғы резолюциясын қоллап-қуўатлайтуғыныңызға үмит етемен.
Төртинши. Жаслардың парламент жумысы менен бир қатарда жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында толық қатнасыўы ушын олардың ҳуқықлары менен имканиятларын кеңейтиў оғада әҳмийетли мәселе болып есапланады.
Парламентлер ушын жаңа әўладты тәрбиялаў, бул бағдарда нәтийжели халықаралық бирге ислесиўди жолға қойыў келешегимиздиң әҳмийетли факторы болып есапланады. Соның ушын миллий парламентлер ҳәм Аўқам жумысына жасларды жедел тартып, турақлы қарым-қатнасты күшейтиў зәрүр, деп ойлайман. Бул бағдарда Парламентлераралық Аўқам системасы шеңберинде Жаслар парламентлери глобал платформасын шөлкемлестириў ҳәм оның шөлкемлестириў форумын Өзбекстанда өткериўди усыныс етемен.
Бесинши. Ҳәр бир инсанның социаллық қорғаўға болған ҳуқықларын тәмийинлеў, халықаралық стандарт ҳәм нормалар тийкарында сапалы хызметлер көрсетиў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли мәселе болып есапланады.
Биз Өзбекстанды социаллық мәмлекет, деп жәриялап, халықтың ҳәр тәреплеме қорғалыўын тәмийинлеўди сиясатымыздың тийкарғы бағдары етип белгиледик. "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасын әмелге асырып атырмыз.
Кейинги сегиз жылда 7 миллионнан аслам халық кәмбағаллықтан шығарылып, оның дәрежеси 35 проценттен 8,9 процентке түсирилди. Усы жылы бул көрсеткишти 6 процентке төменлетиўди мақсет еткенбиз.
Усы жылы сентябрь айында елимизде болып өтетуғын кәмбағаллықты қысқартыўға бағышланған халықаралық конференция жумысында мәмлекетлериңиз парламентлериниң ўәкиллерин белсене қатнасыў ушын мирәт етемиз.
Және бир әҳмийетли мәселе. Ҳәзирги күнде барлық тараўларға кеңнен кирип атырған жасалма интеллект тараўында системалы бирге ислесиўди күшейтиўди бүгинги заманымыздың өзи бизден талап етпекте.
Жасалма интеллекттен пайдаланыў этикасы бойынша модель нызам ислеп шығылса, бул инновациялық ҳуқықый тийкар дүнья көлеминде тез раўажланып атырған бул тараўды нәтийжели тәртипке салыўда барлық мәмлекетлер ушын өзине тән үлги болар еди.
Ҳүрметли парламентлердиң басшылары ҳәм ағзалары!
Бизиң барлық усыныс ҳәм басламаларымыз Парламентлераралық аўқамның Стратегия мақсетлерине толық сәйкеслиги менен әҳмийетли болып есапланады.
Соның менен бирге, көзқарасларымыз бүгинги тарийхый Ассамблея жуўмақлары бойынша қабыл етилетуғын Ташкент декларациясында да өз көринисин табады, деп исенемен.
Әлбетте, дүньядағы ҳеш бир мәмлекет ҳәм жәмийет тек ғана көплеген нызамлар ямаса қарарлар қабыл етиў менен раўажлана алмайды. Бәршемиз бул жолда бирлесип, нызам дөретиўшилиги руўхын күшейтип, бар билим ҳәм тәжирийбемизди бирден-бир мақсетке қаратыў арқалы улыўма мақсетимизге ерисе аламыз.
Ассамблея шеңберинде өтип атырған 70 ке шамалас ҳәр қыйлы илаж ҳәм дебатларда парламентлер алдында турған ең тийкарғы ўазыйпалар бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылады ҳәм перспективалы режелер белгилеп алынады, деп исенемен.
Қабыл етилетуғын барлық қарарлар болса көп қырлы ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиўимиз тарийхында жаңа бет ашады.
Әзиз дослар!
Халықаралық жәмийетшиликтиң Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў, социаллық әдиллик ҳәм теңликти тәмийинлеў және жоқары демократиялық қәдириятларды алға қойыў жолындағы ийгиликли жумысыңызда бәршеңизге беккем денсаўлық ҳәм таўсылмас күш-ғайрат яр болсын!
Ассамблея жумысына үлкен жетискенликлер ҳәм табыслар тилеймен.
Итибарыңыз ушын рахмет.