Соңғы жыллары Польша мийнет базары көплеген тараўларда маман жумысшы күшиниң жетиспеўшилиги машқаласына дус келмекте. Бул ҳаққында Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги мәлимлеме хызметиниң баслығы Ортиқхожа Норов хабар берди.
Поляклар бул машқаланы Орайлық Азия, атап айтқанда, өзбекстанлы жумысшылар менен шешиўди қәлейди. Dziennik Wschodni журналында атап өтилиўинше, Польша жумыс бериўшилери өзбеклерди мийнеткеш, өз кәсибин жақсы көретуғын ҳәм тәртипли, басқа қәнигеликлерди ийелеўге умтылыўшы, деп биледи.
Дәслеп, қурылыс, өндирис, логистика, мебель ислеп шығарыў тараўында пуқараларды жумысқа тартыў режелестирилген.
Журналда атап өтилиўинше, Орайлық Азия, әсиресе, Өзбекстан сырт елде жақсы мийнет шараятларын излеп атырған маман жумысшылардың көплиги менен ажыралып турады. Бурын жумыс ислеў ушын Россияға барған өзбекстанлылар енди инсан ҳуқықлары принциплери ҳәм жумысшылар ҳуқықлары әмел етилетуғын Европада ислеў тилегин билдирмекте. Польшаның компаниялары буны есапқа алып тек ғана мийнет базарына тартыў мүмкин болған жумысшылар бар емес, ал олардың маманлығын да қәдирлеп, бул потенциалдан көбирек пайдаланыўды қәлейди.
Усы мақсетте Worksоl сыяқлы Польша бәнтлик агентликлери Польша мийнет базарында өсип баратырған талапты қанаатландырыў ушын Өзбекстан ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлеринен жумысшыларды жоллаў ушын кең имканиятларды излей баслады. Worksоl компаниясы Өзбекстанда өз ўәкилханасын да ашқан.
Өзбекстан пуқараларының көпшилиги ана тилинен тысқары рус тилинде де сөйлеседи, бул болса польшалы жумыс бериўшилер менен сөйлесиўди аңсатластырады. Себеби Польшаның көплеген кәрханаларына украинлар, беларуслар, молдаванлар да жумысқа тартылғаны ушын рус тилинде сөйлеўши координаторлар бар.
Мағлыўматларға бола, ҳәзирги ўақытта Польшада 20 мыңнан аслам өзбекстанлы бар.