Атап айтқанда, тутыныўшылар ҳуқықларының кепилликлерин тәмийинлеў ҳәм пуқаралардың әдил судлаўға исенимин арттырыў, парламентлик қадағалаўды әмелге асырыўға қаратылған нызам жойбары додаланды.
Енди сатып алыўшы одометрдиң көрсеткиши өзгергени ямаса алмастырылғаны ҳаққында хабардар етиледи.
Мәжилисте бир топар депутатлар тәрепинен нызамшылық басламасы ҳуқықы тийкарында ислеп шығылған "Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында"ғы нызам жойбары концептуаллық жақтан биринши оқыўда көрип шығылды.
Жойбар менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске бир қатар қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў усыныс етилмекте.
Атап айтқанда, автотранспорт қуралының жүрип өткен жолын көрсететуғын қурылма - одометр көрсеткишлериниң өзгергени ямаса оның алмастырылғаны ҳаққында транспорт сатылғанша қарыйдарға мағлыўмат бермегени ушын жуўапкершилик илажларын белгилеў нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, жас өспиримлер қатнасыўындағы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди көрип шығыўда педагог ямаса психологтың қатнасыўы нәзерде тутылмақта. Бундай жумысларды көрип шығыўда педагог ҳәм (ямаса) психологтың қатнасыўын тәмийинлеў ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы жумысларды көрип шығыўға ўәкилликли болған уйымларға (лаўазымлы шахсларға) жүкленеди.
Буннан тысқары, ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылатуғын шахстың, жәбирлениўшиниң, адвокат ҳәм нызамлы ўәкилдиң судьяның ямаса лаўазымлы шахстың қатнасыўынан бас тартыў ҳуқықы, сондай-ақ, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ис жүргизиўде қатнасыўға тосқынлық ететуғын жағдайлар белгиленбекте.
Нызам жойбарында бир ярым жылға шекемги мүддетке арнаўлы ҳуқықтан айырыў жазасын тайынлаўда арнаўлы ҳуқықтан айырыў мүддетин қысқартыў ҳаққында мүрәжат етиў мүмкиншилиги мүддеттиң ярымы, бир ярым жылдан үш жылға шекемги мүддетке тайынлаўда болса мүддеттиң үштен еки бөлеги өткенинен кейин берилиўи нәзерде тутылмақта. Онда арнаўлы ҳуқықтан айырыў мүддетин қысқартыў ҳаққында мүрәжат етиў ҳуқықына ийе болмаған шахслар категориясы нәзерде тутылған.
Бул нызам жойбары тутыныўшылар ҳуқықларының кепилликлерин тәмийинлеўге, жас өспиримлердиң ҳуқықларын ҳәр тәреплеме қорғаўға, жумысларды көрип шығыўда оларды психологиялық қоллап-қуўатлаўға, сондай-ақ, пуқаралардың әдил судлаўға болған исенимин беккемлеўге қаратылған.
Мәжилисте нызам жойбары депутатлар тәрепинен қабыл етилди.
Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери комитетиниң мәлимлемеси тыңланады
Кейинги жыллары елимизде улыўма миллий татыўлық, аўызбиршилик ҳәм татыўлықты беккемлеў, барлық пуқаралар ушын тең ҳуқық ҳәм имканиятлар жаратыў, көп миллетли халқымыздың жанажан Өзбекстанымыздың раўажланыўындағы белсендилигин арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Конституцияның 4-статьясында Өзбекстан өз аймағында жасап атырған миллет ҳәм халықлардың тиллерине, үрп-әдетлери менен дәстүрлерине ҳүрмет пенен қатнаста болыўды тәмийинлейтуғыны, олардың раўажланыўы ушын шараятлар жарататуғыны белгиленген.
Бүгинги күнде елимизде 130 дан аслам миллет ҳәм халық ўәкиллери бирден-бир шаңарақ, бирден-бир халық сыпатында улыўмахалықлық татыўлық, дослық ҳәм өз-ара ҳүрмет руўхында жасап атырғаны мине усы конституциялық норманың әмелий көриниси болып есапланады.
Усы жылдың өзинде бул бағдардағы жумысларды жаңа басқышқа көтериўге қаратылған Президент пәрманы ҳәм қарары қабыл етилди. Атап айтқанда, 2025-жыл 19-марттағы қарар менен тастыйықланған режеге муўапық, Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери комитетине улыўма миллий татыўлық ҳәм сырт елдеги ўатанласлар менен байланысларды беккемлеў бойынша мәмлекетлик сиясатты нәтийжели әмелге асырыў ўазыйпасы жүкленди.
Соннан келип шығып, мәжилисте Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери комитети баслығының бул мәселе бойынша мәлимлемесин тыңлаў бойынша тийисли қарар қабыл етилди.





