Мәмлекетлик емес суд экспертлериниң ҳуқықый статусы белгиленбекте.
Дәслеп мәжилисте "Суд-экспертлик жумысы ҳаққында"ғы нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды.
Елимизде суд-экспертлик тараўын буннан былай да жетилистириў, бул бағдардағы бар машқалалар бойынша илимий изертлеўлер алып барыў, суд экспертизасы теориясы ҳәм әмелиятын раўажландырыў, суд-экспертлик шөлкемлериниң жумысын қоллап-қуўатлаў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта.
Нызам жойбары менен мәмлекетлик емес суд экспертлериниң ҳуқықый статусы белгиленбекте. Илимий мәкемелерге (шөлкемлерге) суд-экспертлик жумысын олардың қәнигелескен жумысына муўапық әмелге асырыў имканияты берилиўи нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, суд-экспертлик изертлеўлерин өткериўде алдынғы сырт ел тәжирийбесин және де кеңнен қолланыў мақсетинде суд экспертизасын тайынлайтуғын уйымға (ямаса шахсқа) өз басламасы ямаса мәмлекетлик суд-экспертиза шөлкеми басшысының өтинишине бола сырт мәмлекетлерден қәнигелерди суд экспертлери сыпатында тартыў ҳуқықын бериў усыныс етилмекте.
Сондай-ақ, нызам жойбарында адвокатлардың сораўларына, сондай-ақ, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларына муўапық мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес суд экспертлери тәрепинен шәртнама тийкарында изертлеўлер өткериў ҳәм экспертлик жуўмақлар бериў тәртиби нәзерде тутылмақта.
Суд-экспертлик жумысының исенимлилигин арттырыў мақсетинде аккредитация ҳәм валидация институтларын шөлкемлестириў усыныс етилмекте. Буннан тысқары, мәмлекетлик емес суд экспертлерин бирлестиретуғын ҳәм оларға жәрдем көрсететуғын Суд экспертлери палатасын шөлкемлестириў ҳәм оның ўазыйпалары белгиленбекте.
Депутатлар нызам жойбарын ислеп шығыўда сырт мәмлекетлердиң суд-экспертлик жумысын тәртипке салатуғын нормативлик ҳүжжетлери үйренилип, есапқа алынғанын атап өтти.
Нызам жойбары суд экспертлери жумысының ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге, эксперт жуўмақларының исенимлилигин арттырыўға қаратылған.
Нызам жойбары депутатлар тәрепинен биринши оқыўда қабыл етилди.
Жақсы қоңсышылық, исеним ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықлары беккемленбекте.
Депутатлар "Өзбекстан Республикасы, Қырғызстан Республикасы ҳәм Тәжикстан Республикасы арасында үш мәмлекет мәмлекет шегараларының тутасқан жери ҳаққындағы Шәртнаманы (Хоженд, 2025-жыл 31-март) ратификациялаў ҳаққында"ғы нызам жойбарын ҳәр тәреплеме көрип шықты.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң беккем сиясий ерк-ықрары себепли кейинги жылларда Орайлық Азия түп-тийкарынан өзгерип, жаңа көриниске ийе болғаны атап өтилди. Регион коньструктивлик сөйлесиў, исеним ҳәм ҳәр тәреплеме бирге ислесиў мәканына айланды. Бүгин Орайлық Азиядағы қатнасықлар жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўге тийкарланған.
Үш мәмлекет арасындағы шегара мәселелериниң тәртипке салыныўы көп жыллық машақатлы мийнет, өз-ара ҳүрмет, суверенитет ҳәм тең ҳуқықлылық принциплерине тийкарланған шын жүректен сөйлесиў ҳәм бирге ислесиў нәтийжесинде ерисилген. Бул шәртнама пүткил регионды және де жақынластырыўда үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.
Шәртнамаға 2025-жыл 31-март күни Хоженд қаласында үш мәмлекет басшыларының жоқары дәрежедеги ушырасыўында қол қойылған. Ҳүжжетте үш мәмлекеттиң мәмлекетлик шегаралары тутасқан орын, сондай-ақ, бул аймақта мәмлекетлик шегаралар сызықларының өтиў орны белгиленген.
Бул шәртнаманың қабыл етилиўи туўысқан үш мәмлекет арасындағы жақсы қоңсышылық, исеним ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеўге, Орайлық Азия регионының халықаралық абырайын арттырыўға хызмет етеди.
Буннан тысқары, ҳүжжет үш мәмлекет пуқаралары арасындағы байланысларды жеделлестириў, шегараалды аймақлардың экономикалық бирге ислесиўин беккемлеў, шегараалды саўданы кеңейтиў, биргеликтеги инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў ушын беккем ҳуқықый тийкар жаратады.
Нызам жойбары депутатлар тәрепинен қабыл етилип, Сенатқа жиберилди.
Жоқары билимлендириўге тийисли квалификацияларды тән алыў ҳаққындағы глобал конвенция ратификацияланды
Буннан соң депутатлар "Жоқары билимлендириўге тийисли квалификацияларды тән алыў ҳаққындағы Глобаллық конвенцияны (Париж, 2019-жыл 25-ноябрь) ратификациялаў ҳаққында"ғы нызам жойбарын көрип шықты.
Бул Конвенция Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң жоқары билимлендириў тараўындағы биринши глобаллық шәртнамасы екени атап өтилди. Атап айтқанда, ҳүжжет пенен пүткил дүнья бойлап жоқары оқыў орынларына кириў имканиятын ҳәм олар арасындағы мобилликти жақсылаў мақсетинде оқыў курслары, мағлыўмат ҳәм маманлық ҳүжжетлерин тән алыўдың универсал принциплери белгиленбекте.
Конвенция преамбула, 6 бөлим ҳәм 25 статьядан ибарат болып, жоқары билимлендириў тараўындағы маманлықларды тән алыўдың әдил, ашық-айдын ҳәм кемситиўсиз глобал тийкарын жаратыў, аймақлараралық академиялық мобилликти кеңейтиў, студентлер, оқытыўшылар ҳәм изертлеўшилер маманлығын тән алыўға жәрдемлесиў, сондай-ақ, ҳүжжеттиң тийкарғы мақсетлери болған барлық аймақлар ушын билимлендириў ҳүжжетлерин тән алыўдың улыўма ҳәм муўапықластырылған принциплерин ислеп шығыўға қаратылған.
Бул Конвенцияның ратификацияланыўы жоқары билимлендириў тараўындағы қәнигеликлерди әдил, ашық-айдын ҳәм кемситиўсиз тән алыў ушын ҳуқықый тийкар жаратады, сондай-ақ, регионлараралық академиялық мобиллик ҳәм қәнигеликлерди тән алыў әмелиятын жетилистириўге қаратылған универсал принциплерди енгизиў ушын жаңа имканиятлар ашады.
Соның менен бирге, Глобал конвенция студентлерге жетекши сырт ел жоқары оқыў орынларында билимлендириўди даўам еттириў ҳәм илимий изертлеўлер алып барыў имканиятын жаратады, сондай-ақ, басқа да жетекши қатнасыўшы мәмлекетлер менен билимлендириў тараўында еки тәреплеме бирге ислесиўди және де кеңейтиў, оларды ғалаба ен жайдырыў ҳәм халықаралық илимий бирге ислесиўди раўажландырыўға хызмет етеди.
Нызам жойбары депутатлар тәрепинен қабыл етилип, Сенатқа жиберилди.
Мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў бойынша жумыслар ҳаққындағы мәлимлеме тыңланады
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Ҳәрекетлер бағдарламасына муўапық, төменги палатаның мәжилислеринде ҳүкимет ағзаларының, мәмлекетлик уйымлар басшыларының өз жумысы, нызамлардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўы ҳаққындағы есабатлары тыңланбақта.
Атап айтқанда, гезектеги жалпы мәжилисте Әдиллик министри А.Ташқуловтың "Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тараўында халыққа қосымша қолайлықлар жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында"ғы мәлимлемесин тыңлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде мәмлекетлик хызметлер көрсетиў системасын жетилистириў ҳәм пуқаралардың аралықтан турып электрон мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Бул жумыслардың нәтийжесинде Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы көрсетилип атырған хызметлер саны 508 ге, Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы көрсетилип атырған хызметлер саны 780 ге жетти.
Соның менен бир қатарда, көрилип атырған илажларға қарамастан, алыс ҳәм шетки аймақларда жасайтуғын пуқараларға мәмлекетлик хызметлер көрсетиўди тәмийинлеўде машқалалар бақланбақта.
Соннан келип шығып, бул мәселе бойынша Әдиллик министриниң мәлимлемесин тыңлаў бойынша тийисли қарар қабыл етилди.
Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри мәлимлеме береди
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2025-жыл 29-июль күни өткерилген турмыслық коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў илажлары бойынша презентациясында белгиленген тийкарғы ўазыйпалардан келип шығып, мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша системалы жумыслар даўам еттирилмекте, оның үстине тараўда ерисилген жетискенликлер ҳәм бар машқалалар турақлы түрде парламент дәрежесинде додаланып келинбекте.
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги жалпы мәжилисинде Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қ.Шариповтың "Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўы ҳәм тараўда коррупция факторларын сапластырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында"ғы мәлимлемесин тыңлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимиздиң билимлендириў системасында коррупцияның ҳәр қандай түрин сапластырыў ҳәм тараўды коррупциядан жырақ системаға айландырыўға қаратылған процесслерди санластырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Соның менен бир қатарда, көрилип атырған илажларға қарамастан, жоқары билимлендириў мәкемелериниң жумысында мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыў, студентлерди баҳалаўдың ашық-айдын системасын енгизиў, мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў мәкемелерин лицензиялаў, сондай-ақ, жасларда коррупцияға маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириў менен байланыслы айырым машқалалар сақланып қалмақта.
Жоқарыдағылардан келип шығып, мәжилисте бул мәселе бойынша Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң мәлимлемесин тыңлаў бойынша тийисли қарар қабыл етилди.
Энергетика министриниң жуўабы көрип шығылды
Мәжилисте депутатлар "Қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыў, соның ишинде, қуяш панеллерин орнатыў бойынша жумыслар көлемин кеңейтиў илажлары ҳаққында"ғы парламентлик сораўға энергетика министриниң жуўабын да көрип шықты.
Усынылған мағлыўматта атап өтилиўинше, бүгинги күнде Өзбекстанда улыўма қуўатлылығы 4 682 МВт болған 12 қуяш ҳәм 5 самал электр станциясында "жасыл" энергия ислеп шығарылмақта. Сондай-ақ, энергетика системасының турақлылығын тәмийинлеў мақсетинде үш энергия сақлаў системасы иске қосылды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 16-февральдағы "2023-жылда қайта тиклениўши энергия дәреклерин ҳәм энергия үнемлеўши технологияларды енгизиўди жеделлестириў илажлары ҳаққында"ғы қарарының орынланыўы шеңберинде елимизде улыўма қуўатлылығы 1 857 МВт болған қуяш панеллери ҳәм 4,838 миллион литр көлемдеги қуяш коллекторлары орнатылды.
Нәтийжеде 2,21 млрд кВт/саат электр энергиясы ҳәм 669,7 млн куб метр газ үнемленип, атмосфераға 875 мың тонна зыянлы элементлер (СО2) шығарылыўының алды алынды.
Бүгинги күнде республикамызда улыўма қуўатлылығы 770 МВт болған 7 қуяш панеллерин ислеп шығарыў кәрханасы жумыс алып бармақта, бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда бир қанша жоқары. Сондай-ақ, қуяш суў ысытыў қурылмаларын ислеп шығарыў бойынша 5 жергиликли кәрхана шөлкемлестирилген.
Сондай-ақ, министрдиң жуўабында бир қатар сырт ел компаниялары Өзбекстанда самал генераторлары ушын комплектлеўши бөлеклер, соның ишинде, самал электр станциялары ушын самал пәрелери ҳәм минараларын ислеп шығарыў заводларын қурыўды режелестирип атырғаны атап өтилген. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасының Қоңырат районында самал электр станциялары ушын минаралар ислеп шығарыў кәрханалары бар. 2030-жылға шекем қуяш фотоэлектр станцияларының улыўма қуўатлылығын 9,4 ГВт ға жеткериў режелестирилген.
Атап өтилгениндей, министрлик тәрепинен бул бағдарда белгили жумыслар әмелге асырылмақта, бирақ бул тараўда өз шешимин күтип турған мәселелер де бар.
Депутатлар басланған жумысларды избе-из даўам еттириў, қуяш панеллерин орнатыўды жеделлестириў, сондай-ақ, "жасыл энергия"ның басқа түрлеринен, соның ишинде, самал энергиясынан пайдаланыўды кеңейтиў мақсетинде елимизде самал генераторлары ҳәм қуяш суў ысытыў коллекторларын ислеп шығарыўды шөлкемлестириў, ескирген қуяш панеллериниң қоршаған орталыққа унамсыз тәсириниң алдын алыў, сондай-ақ, "жасыл энергия" дәрежесин арттырыў бойынша усынысларды алға қойды.
Бул мәселе бойынша парламентлик қадағалаў орнатыў зәрүр екенлиги атап өтилип, энергетика министриниң жуўабы мағлыўмат ушын қабыл етилди.





