Әдиллик министриниң мәлимлемеси тыңланды
Мәжилисте Әдиллик министри А.Тошқуловтың "Мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде коррупция факторларының алдын алыў ҳәм бул тараўда халыққа қосымша шараятлар жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында"ғы мәлимлемеси тыңланды.
Атап өтилгениндей, мәмлекетлик уйымлар жумысын санластырыў ҳәм автоматластырыў арқалы халық ҳәм исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик хызметлер көрсетиў системасын түп-тийкарынан реформалаў, бюрократиялық тосқынлықларды қысқартыў, инсан факторын минималластырыў ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, республикамыздың 208 район ҳәм қаласында Мәмлекетлик хызметлер орайлары, алыс ҳәм таўлы аймақларда олардың 138 филиалы жумыс алып бармақта. Олар заманагөй имаратлар, электрон нәўбет системасы, инфокиосклар, балалар мүйешлери, саламатлық орайлары, китапханалар ҳәм басқа да объектлер менен тәмийинленген.
Мәмлекетлик хызметлер орайларының хызметлеринен пайдаланыў дәрежеси жылдан-жылға артып баратырғаны атап өтилди. Бүгинги күнде Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы 770 тен аслам, Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы 500 ден аслам хызмет көрсетилмекте.
Бул орайларға күнине орташа 100 мыңға шамалас пуқара мүрәжат етеди. Тек ғана усы жылдың 9 айында олар тәрепинен 19,7 миллионнан аслам хызмет көрсетилген болып, бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 3,5 миллионға көп.
Халық ҳәм исбилерменлерден 150 түрдеги ҳүжжет ҳәм мағлыўматнама талап етилиўиниң бийкар етилиўи оларға 22,7 миллиард сумнан аслам қаржыны үнемлеў имканиятын берди. Буннан тысқары, 200 ден аслам түрдеги мәмлекетлик хызметлер ушын арза бериў процеси "үш қәдем" принципи тийкарында әпиўайыластырылғаны әҳмийетли.
Атап өтилгениндей, өзине-өзи хызмет көрсетиў системасын раўажландырыў мақсетинде 200 ге шамалас мәҳәлледе 24/7 режиминде ислейтуғын интерактив киоскалар орнатылған. Өткен жылы көрсетилген 27,4 миллион хызметтиң 13,8 миллионы, яғный 50,4 проценти Бирден-бир интерактив хызметлер порталы арқалы көрсетилген.
Сондай-ақ, министрлик тәрепинен мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўди қадағалаў тараўында коррупциялық факторлардың алдын алыў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, ўәкилликли уйымларда өткерилип атырған қадағалаў ҳәм басқа да илажлар нәтийжесинде усы жылдың 9 айында физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге хызмет көрсетиўде 187 мыңнан аслам нызам бузылыў жағдайлары анықланған.
Соның менен бирге, 3 мыңнан аслам камерадан пайдаланған ҳалда мәмлекетлик хызметлер орайларының жумысын аралықтан қадағалаў, көрсетилип атырған хызметлердиң сапасы ҳәм нәтийжелилигин таллаўды әмелге асыратуғын "Жағдай орайы"ның жумысы жолға қойылды.
Тараўдағы улыўма нызамбузыўшылықлар саны өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 3 есеге, мүддет бузыў жағдайлары 3,5 есеге, тийкарсыз бас тартыў жағдайлары 2 есеге, артықша ҳүжжетлер талап етиў жағдайлары да 2 есеге азайған.
Әдиллик министрлиги Өзбекстан мәмлекетлик уйымлары арасында биринши болып «Cert International» (Словакия) халықаралық шөлкеми тәрепинен берилген ISO 37001:2016 "Коррупцияға қарсы гүресиў менеджменти системасы" халықаралық стандарты бойынша сертификатқа ийе болды.
Буннан тысқары, пуқаралардың артықша ўақыт ҳәм қаржы жумсалыўының алдын алыў мақсетинде мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўши ўәкилликли уйымлар ҳәм пуқаралар тәрепинен арза бериўде 11 түрдеги мәмлекетлик хызметлердиң бийкар етилиўин автоматикалық түрде тексериў жолға қойылып, дерлик 1,5 миллион бийкар етиўдиң алды алынды.
Мәжилисте әмелге асырылған жумыслар менен бир қатарда бир қатар шешилмеген мәселелерге де итибар қаратылды. Атап айтқанда, 400 ге шамалас мәмлекетлик хызметлер елеге шекем электрон түрге өткерилмеген, алыс аймақларда инфокиосклардың жетерли емеслиги пуқаралардың санлы хызметлерден толық пайдаланыўын қыйынластырмақта.
Буннан тысқары, мәмлекетлик уйымлардың электрон мәлимлеме системаларының толық интеграцияланбағаны, айырым уйымларда ҳүжжет алмасыўдың төмен дәрежеде жолға қойылғаны, дизимнен өткериў процесслеринде инсан факторының жоқары екени артықша бюрократияға, орынлаў мүддетлериниң бузылыўына, пуқаралардан ҳүжжетлерди тийкарсыз талап етиўге алып келмекте, көрсетилип атырған хызметлердиң сапасы ҳәм оперативлигине унамсыз тәсир етпекте.
Додалаўлар даўамында депутатлар тәрепинен бар кемшиликлерди сапластырыў, хызметлердиң сапасын, халықтың разылығын арттырыў, мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде коррупциялық факторлардың алдын алыў бойынша өз пикир-усыныслары билдирилди.
Мәжилис жуўмағы бойынша Әдиллик министри А.Тошқуловтың мәлимлемеси тийкарында тийисли қарар қабыл етилди.
Суў ресурсларын басқарыў ҳәм ирригация тараўын раўажландырыў мәселелери додаланды.
Мәжилисте депутатлар суў хожалығы министри Ш.Ҳамраевтың "Өзбекстан Республикасында 2025-2028-жылларға мөлшерленген Суў ресурсларын басқарыў ҳәм ирригация тараўын раўажландырыў бағдарламасының орынланыўы, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлерин Өзбекстан Республикасының Суў кодексине муўапықластырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында"ғы мәлимлемесин тыңлады.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары "Өзбекстан - 2030" стратегиясы ҳәм Өзбекстан Республикасы суў хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген концепциясы шеңберинде суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, суў хожалығы объектлериниң қорғалыўын тәмийинлеў, суў тәмийнаты объектлерин модернизациялаў ҳәм суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў бойынша системалы илажлар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, 2020-2024-жылларда суўдан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм суў тәмийнаты қамтып алыўын кеңейтиўге 60 триллион сум бюджет қаржылары ҳәм 622 миллион доллар сырт ел инвестициялары қаратылды. Нәтийжеде 2025-жылға барып суўғарылатуғын майданлардың дерлик 60 процентинде суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилди. Бул жумысларды даўам еттириў мақсетинде 2025-2028-жылларда Өзбекстан Республикасында суў ресурсларын басқарыў ҳәм ирригация тараўын раўажландырыў бағдарламасы тастыйықланды.
Мәлимлемеде атап өтилгениндей, "Суў ҳәм суўдан пайдаланыў ҳаққында"ғы нызам, Президенттиң 8 пәрманы ҳәм 14 қарары, сондай-ақ, Ҳүкиметтиң 26 қарарының нормаларын өз ишине алған бир пүтин нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет - Өзбекстан Республикасының Суў кодекси қабыл етилди.
Суў кодексинде халықты, экономика тармақларын ҳәм экологиялық системаларды турақлы суў менен тәмийинлеў, суў ресурсларын ақылға уғрас басқарыў ҳәм қорғаў, суў қатнасықлары тараўында экономикалық механизмлерди, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў, халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў сыяқлы әҳмийетли бағдарлар белгилеп берилген.
Өзбекстан Республикасында 2025-2028-жылларға мөлшерленген Суў ресурсларын басқарыў ҳәм ирригация тараўын раўажландырыў бағдарламасының ўазыйпаларын әмелге асырыў мақсетинде есап бериў дәўиринде санлы технологиялар тийкарында автоматластырылған үскенелер менен тәмийинленген дәрья ҳәм сайларда 4 гидрология посты қурылды ҳәм қайта тикленди.
Атап өтилгениндей, өткен дәўирде ирригация ҳәм мелиорация объектлеринде 564,9 км канал, 26,9 км лоток тармақлары, 32 гидротехникалық қурылма, қуўатлылығы 47,2 м3/сек болған насос станциялары, 3,9 км басымлы қубырлар, 45,8 км жабық суўғарыў қубырлары, 12,7 км дамбалар, сондай-ақ, 45 суўғарыў қудықлары қурылды ҳәм реконструкцияланды.
Буннан тысқары, мелиорация объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў бойынша 197,3 км ашық ҳәм 100,02 км жабық горизонталь коллектор-дренаж тармақлары, 19 гидротехникалық объект ҳәм 46 бақлаў қудықларына онлайн мониторинг қурылмаларын орнатыў жумыслары әмелге асырылды.
Сондай-ақ, 4 мың 944 км канал тазаланды, 5 мың 264 гидротехникалық қурылма ҳәм 5 мың 91 гидропост оңланды. Насос станцияларының нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде Суў хожалығы министрлиги системасындағы 157 насос агрегаты ҳәм 166 электр двигатель жаңаланды.
Министрдиң атап өтиўинше, энергиядан мақсетли пайдаланыў ҳәм оның нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде насос станцияларында 165 коньденсатор, 135 частоталы түрлендиргиш, 752 кВт/саат қуўатлылықтағы қуяш панеллери ҳәм 27 қуяш суў ысытқышлары орнатылған. Бул насос станциялары ҳәм тик қудықлардан пайдаланыўдың тастыйықланған лимитине 137,8 млн кВт/саат электр энергиясын үнемлеў имканиятын берди.
Аймақларда 2025-жылдың есап бериў дәўиринде жәми 817,2 мың гектар майданда суўды үнемлеўши технологиялар енгизилген, соннан: тамшылатып суўғарыў 103,2 мың гектар, жаўынлатып суўғарыў 30,7 мың гектар, дискрет суўғарыў 13,7 мың гектар. Буннан тысқары, 74 мың гектар майдан ийкемлесиўшең қубырлар арқалы, 49 мың гектар майдан пленка арқалы егислер арқалы суўғарылды.
Додалаўлар даўамында депутатлар тәрепинен алып барылып атырған жумысларды жеделлестириў, тараўға санлы технологияларды енгизиўди және де кеңейтиў, суў хожалығын қоллап-қуўатлаўға ажыратылып атырған бюджет қаржыларын өз ўақтында өзлестириў, әҳмийетли мақсетли көрсеткиш ҳәм индикаторларға ерисиўди тәмийинлеўге қаратылған пикир-усыныслар билдирилди.
Суў хожалығы министриниң мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилип, бул мәселе бойынша нәтийжели парламентлик қадағалаўды тәмийинлеўге келисип алынды.
Энергия тәмийнатының турақлылығын тәмийинлеў - тийкарғы ўазыйпа
Сондай-ақ, мәжилисте энергетика министри Ж.Мирзамаҳмудовтың "Энергия тәмийнатының турақлылығын тәмийинлеў, халыққа хызмет көрсетиў сапасын арттырыў ҳәм гүзги-қысқы мәўсимге таярлық көриў бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында"ғы мәлимлемеси тыңланды.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары жеделлик пенен өсип баратырған экономикамыз ҳәм халқымыздың талапларынан келип шығып, энергетика системасында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, кейинги жылларда тармаққа 35 миллиард доллар сырт ел инвестициялары кирип келип, 9 мың мегаватт жаңа қуўатлықлар иске қосылған.
Нәтийжеде электр энергиясын ислеп шығарыў көлеми 2017-жылдағы 60 миллиард киловатт-сааттан усы жылы 85 миллиард киловатт-саатқа жеткерилди. Итибарлы тәрепи, иске қосылған қуяш ҳәм самал электр станцияларының қуўатлылығы дерлик 5 мың мегаватт, гидроэлектр станцияларының қуўатлылығы 400 мегаватт.
Усынылған мағлыўматларға бола, усы жылдың январь-ноябрь айларында жанылғы-энергетика тармағында 8,8 миллиард доллар сырт ел инвестициялары өзлестирилген, соннан 6,3 миллиард доллар электр энергиясы, 4,7 миллиард доллар "жасыл" энергетика жойбарлары, 2,5 миллиард доллар нефть-газ тармағында өзлестирилген.
2025-жылы улыўма баҳасы 40,5 миллиард долларлық 58 ири жойбарды иске қосыў режелестирилгени атап өтилди. Олардың арасында улыўма қуўатлылығы 1 413 МВт болған 5 қуяш электр станциясы, 752 МВт болған 4 самал электр станциясы, 168 МВт болған 6 гидроэлектр станциясы, 1167,3 МВт болған 3 ыссылық электр станциясы ҳәм 1147 МВт болған 9 энергия сақлаў объекти бар.
Аймақларда гүзги-қысқы мәўсимге таярлық шеңберинде 787 километр магистраль ҳәм 29,5 мың километр бөлистириў тармақлары, 9 магистраль подстанциядағы трансформаторлар ҳәм 10 мың 270 трансформатор пункти толық оңланды. Атап айтқанда, Ташкент қаласы бойынша 863,1 километр бөлистириў тармақлары, 1 магистраль подстанциядағы трансформатор ҳәм 670 трансформатор пункти капитал оңланды. Сондай-ақ, 7,5 мың километр электр тармақлары ҳәм 1 мың 748 трансформатор пункти реконструкцияланды ҳәм модернизацияланды.
Атап өтилгениндей, республика бойынша 279 авария бригадасы дүзилип, оларға 224 автотранспорт ҳәм 279 арнаўлы техника ажыратылған. Сондай-ақ, 3 591,4 км қубырлардың ишки бети тазаланып, 91 компрессор станциясында газ ҳайдаў агрегатлары оңланды.
Тутыныўшылардың газ тәмийнатын жақсылаў мақсетинде 553,1 километр газ тармақлары ҳәм 971 газ бөлистириў пунктлери толық оңланды, 50 195 газ бөлистириў пунктлери техникалық тексериўден өткерилди.
Депутатлар тараўда және де қолайлы инвестициялық орталықты жаратыў, электр тармақларын жақсылаў, гүзги-қысқы мәўсимде халық ҳәм экономика тармақларын үзликсиз энергия менен тәмийинлеў, қайта тиклениўши энергия дәреклерин енгизиўди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў механизмлерин раўажландырыўға қаратылған пикир-усынысларын билдирди.
Сондай-ақ, халық ўәкиллери энергия тәмийнатындағы бар машқалаларды сапластырыў, инфраструктураны модернизациялаў, тараўға инновацияларды енгизиў ҳәм халыққа хызмет көрсетиў процесслерин жетилистириў бойынша өз усынысларын билдирди.
Мәжилис жуўмағында энергетика министри Ж.Мирзамаҳмудовтың мәлимлемеси бойынша тийисли қарар қабыл етилди.






