Ислам банкингин енгизиўдиң ҳуқықый тийкарлары жаратылмақта.
Мәжилисте депутатлар Өзбекстанда ислам банк жумысын енгизиўге қаратылған нызам жойбарын екинши оқыўда көрип шықты.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде халықаралық тәжирийбе тийкарында заманагөй банк хызметлерин енгизиў ҳәм банк системасын раўажландырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Соның менен бирге, финанслық хызметлердиң қамтып алыўын кеңейтиў ҳәм жаңа банк хызмет түрлерин енгизиў зәрүрлиги пайда болмақта.
Нызам жойбары менен ислам банк жумысын әмелге асырыўдың ҳуқықый тийкарларын белгилеп беретуғын бир қатар нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Депутатлар жойбарда ислам банкинги ҳәм финанслық операцияларға байланыслы ҳуқықый нормалар өз көринисин тапқанын атап өтти. Сондай-ақ, халық ўәкиллери ҳүжжетте финанслық стандартлар ҳәм инвестициялық депозитлер бойынша бурын билдирилген усыныслар инабатқа алынғанына итибар қаратты.
Жойбарда, сондай-ақ, ислам банк жумысын әмелге асырыў ушын лицензия алыўдың анық талаплары белгиленген, ислам финанслық операциялары менен байланыслы тийкарғы түсиниклер ашып берилген. Буннан тысқары, ислам банк жумысын әмелге асырыўшы банклерге ислам финанс стандартлары тийкарында қарыйдарларды қаржыландырыў бойынша саўда жумысын әмелге асырыўға, сондай-ақ, юридикалық шахсларды шөлкемлестириўге ҳәм олардың устав фондларындағы үлеслерин ямаса акцияларын сатып алыўға руқсат бериў нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, депутатлар нызам жойбары менен ислам қаржы операцияларына салық салыўдың тийисли тәртибиниң енгизилиўи финанслық хызметлер көлеминиң кеңейиўине хызмет ететуғынын атап өтти.
Бул нызам жойбарының қабыл етилиўи елимизде Ислам банкинг системасын басқышпа-басқыш енгизиў, жасырын экономиканың үлесин азайтыў ҳәм сырт ел инвестицияларын тартыў ушын ҳуқықый тийкар жаратады.
Нызам жойбары депутатлар тәрепинен үшинши оқыўда қабыл етилип, Сенатқа жиберилди.
Пробация системасының механизмлери жетилистирилмекте.
Сондай-ақ, халық ўәкиллери жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли азат етилген шахсларды қадағалаў механизмлерин жетилистириўге қаратылған нызам жойбарын биринши оқыўда көрип шықты.
Жазаны өтеп болған ямаса жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли азат етилген шахслардың минез-қулқы үстинен тәсиршең қадағалаў орнатыў, жәмиетлик турмысқа қайтыўы ушын шараят жаратыў ҳәм қайта жынаят ислеўиниң алдын алыў арқалы оларды қайта тәрбиялаўда пробация институты нәтийжели қурал болып хызмет ететуғыны атап өтилди.
Нызам жойбары мүддетинен алдын шәртли азат етилген шахслар үстинен нәтийжели қадағалаўды шөлкемлестириўди буннан былай да жетилистириўге қаратылған. Атап айтқанда, жойбарға бола, Жынаят кодексиниң 73-статьясында шәртли азат етилген шахсларға қадағалаў уйымларына дизимнен өтиў ушын ўақты-ўақты келип турыў миннетлемесин жүклеў имканияты нәзерде тутылмақта. Бул, өз гезегинде, жазаны өтеўден шәртли азат етилген шахслар үстинен системалы ҳәм нәтийжели қадағалаў орнатыў имканиятын жаратады.
Буннан тысқары, нызам жойбары менен Жынаят-атқарыў кодексине жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли азат етилген шахслар үстинен қадағалаўды әмелге асырыў тәртиби ҳәм тийкарлары, бундай шахслар қадағалаў талапларын бузған жағдайда оларға қосымша миннетлемелер жүклеў ямаса жазаны өтеў ушын қайтадан жибериў ҳаққында, соның ишинде, шахсты айырым миннетлемелерден азат етиў ҳаққында судқа усыныс киргизиў тәртиби белгиленетуғын жаңа 281-бап киргизилмекте.
Атап өтилгениндей, нызам жойбарының қабыл етилиўи пробация системасының ҳуқықый тийкарларын және де беккемлеўге хызмет етеди ҳәм оның жумысын нәтийжели шөлкемлестириў имканиятын жаратады. Бул жәмиетлик тәртипти ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў, пуқараларда нызамға ҳүрмет көзқарасын қәлиплестириў, қайта жынаятлардың алдын алыўда үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.
Узақ тартысыўлардан соң, нызам жойбары депутатлар тәрепинен биринши оқыўда қабыл етилди.
Халықаралық шәртнама ратификацияланбақта
Мәжилисте "Өзбекстан Республикасы менен Венгрия арасында услап бериў ҳаққындағы Шәртнаманы (Будапешт, 2025-жыл 20-май) ратификациялаў ҳаққында"ғы нызам жойбары да көрип шығылды.
Терроризм, экстремизм, экономикалық ҳәм шөлкемлескен жынаятлар менен байланыслы қәўип-қәтерлердиң күшейиўи халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўди, бул тараўдағы ҳуқықый базаны жетилистириўди талап етпекте.
Жынаятшылыққа қарсы гүресиўде мәмлекетлер аралық ҳуқықый жәрдемди шөлкемлестириў ҳәм оны системалы әмелге асырыў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болып есапланады. Бүгинги күнге шекем Өзбекстан ҳәм Венгрия арасында экстрадиция мәселелери бойынша шәртнамалық-ҳуқықый база болмаған, бул болса еки тәреплеме бирге ислесиў имканиятларын шеклеп қойған.
Бул шәртнама преамбула ҳәм 26 статьядан ибарат болып, оларда жынаят ислеген шахсларды жынайый жуўапкершиликке тартыў ямаса шығарылған ҳүкимди орынлаў ушын услап бериў тәртиби, тийкарлары ҳәм шәртлери белгиленген.
Бул Шәртнаманың күшке кириўи нәтийжесинде Өзбекстан ҳәм Венгрия ҳуқық қорғаў уйымлары арасында жынаят ислерин тергеў ҳәм оларды судта көрип шығыўда бирге ислесиўдиң нәтийжелилиги артады. Сондай-ақ, айыпкердиң жазадан қашып кетиўине жол қоймайтуғын жуўапкершиликтиң қәўипсизлиги принципи тәмийинленеди.
Нызам жойбары депутатлар тәрепинен үшинши оқыўда қабыл етилип, Сенатқа жиберилди.
Мәмлекетлик бажыны төлеўде жеңилликлер бериледи.
Сондай-ақ, депутатлар "Мәмлекетлик бажы ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына жергиликли атқарыў ҳәкимият уйымлары, сондай-ақ, арнаўлы экономикалық ҳәм санаат зоналары дирекцияларының экономикалық судларға мүрәжат етиўинде және де қолайлы шараятлар жаратыўға қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы нызам жойбарын биринши оқыўда көрип шықты.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде жер ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, исбилерменлик субъектлерине жер участкаларын ажыратыў процесиниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў, жер ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери бузылыўының алдын алыўға қаратылған илажлар избе-из әмелге асырылмақта.
Нызам жойбары менен жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ҳәм арнаўлы дирекцияларды исбилерменлик субъектлери тәрепинен жерлерден пайдаланыў шәртлери бузылған жағдайларда экономикалық судларға даўа арзалары менен мүрәжат етиўде мәмлекетлик бажы төлеўден азат етиў усыныс етилмекте.
Усыныс етилип атырған нормалар жер ресурсларынан нәтийжели ҳәм мақсетли пайдаланыўды тәмийинлеўге, жер қатнасықлары тараўында нызамлылықты беккемлеўге қаратылған.
Нызам жойбары депутатлар тәрепинен биринши оқыўда қабыл етилди.
Министрлерге парламентлик сораў жиберилди
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги жалпы мәжилисинде "2019-2030-жылларда Өзбекстан Республикасының "жасыл" экономикаға өтиў стратегиясы әмелге асырылыўын тәмийинлеў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққында"ғы парламентлик сораўды жибериў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыў, энергия нәтийжелилигин арттырыў, шығындыларды азайтыў, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм экологиялық таза технологияларды енгизиўге қаратылған кең көлемли реформалар жедел әмелге асырылмақта.
Өткен дәўирде 2019-2030-жылларда Өзбекстан Республикасының "жасыл" экономикаға өтиў стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў шеңберинде ҳәм "Энергетика реформалары ушын инновациялық углерод ресурсларын қолланыў" жойбары тийкарында 2023-жылы енергетика тараўында тариф реформалары әмелге асырылды. Нәтийжеде ыссыхана газлериниң шығындылары 6,3 миллион тонна карбонат ангидрид эквиваленти муғдарында қысқарды.
Бул қысқартыўлардың бир бөлеги (шама менен 500 мың тонна карбонат ангидридке тең) халықаралық углерод бирликлери базарына қаратылып, 7,5 миллион АҚШ доллары муғдарында грант қаржыларын тартыў имканияты жаратылды. Ресурсты үнемлеў көрсеткишлери бойынша көрилген илажлар нәтийжесинде 6,3 миллион кВт/саат электр энергиясы, 82 мың м3 суў ҳәм 1 мың 50 тоннадан аслам шийки затты үнемлеўге ерисилди. Усы жылы 140 ири санаат ҳәм цемент ислеп шығарыў кәрханасына заманагөй шаң ҳәм газ тазалаў үскенелери орнатылды.
Буннан тысқары, 2024-жылдың бәҳәр-гүз мәўсиминде санаат кәрханалары тәрепинен тутас аймақларда "жасыл белбеў" жаратыў жумыслары әмелге асырылып, 11,8 миллион түп терек ҳәм пута нәллери егилген. Мәмлекетимизде тоғайлық дәрежесин арттырыў мақсетинде 2024-жылы мәмлекетлик тоғай фондының пайдаланылмай атырған 7 мың гектар жерлери өзлестирилди.
Соның менен бирге, қоршаған орталық ҳәм атмосфера ҳаўасын қорғаў тараўында системалы қатнас ҳәм барлық ресурсларды тартқан ҳалда комплексли шешимлерди талап ететуғын мәселелер сақланып қалмақта.
Атап айтқанда, депутатлардың сайлаўшылар менен ушырасыўларында атмосфера ҳаўасын қорғаў, шығындыларды қайта ислеў, экологиялық мониторингти күшейтиў, энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў мәселелери бир неше мәрте көтерилген.
Соннан келип шығып, мәжилисте атмосфераға зыянлы элементлерди шығарып атырған ҳәм нормадан артықша патасландырыўшы өндирислик ақаба суўларды пайда етип атырған кәрханалардың жағдайын баҳалаў, зыянлы элементлерди шығарыў көлемин азайтыў, "Жасыл сертификат" экологиялық сертификатлаўды енгизиў, технологиялық процесслерди экологиялық маркировкалаў, киши бизнес ҳәм жеке меншик исбилерменликти "жасыл" экономика принциплерине өтиўин қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша тийкарланған түсиниклер бериў ушын экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи және экономика ҳәм қаржы министрлерине парламентлик сораў жибериў ҳаққында қарар қабыл етилди.





