Нызамшылық палатасында жерден нәтийжели пайдаланыў, ўатанласларымыздың ҳуқықлары, дәри-дәрмақлардың қадағалаўын күшейтиў мәселелери додаланды

    15 қазан 2025 224

    Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги жалпы мәжилисинде аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў, сырт елде жасап атырған ўатанласларымыздың ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң толық қорғалыўын тәмийинлеў, рецепт пенен берилетуғын дәри-дәрмақлардың нызамсыз айланысы ушын жуўапкершиликти күшейтиўге байланыслы нызам жойбарлары көрип шығылды. Парламентлик қадағалаў жумысына байланыслы мәселелер де додаланды.

    Аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден нәтийжели пайдаланыў механизмлери жетилистирилмекте.

    Дәслеп депутатлар бир топар депутатлар тәрепинен нызамшылық басламасы ҳуқықы тийкарында ислеп шығылған жеке меншик мүлк кепилликлерин және де күшейтиў, аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған нызам жойбарын екинши оқыўда көрип шықты.

    Кейинги жылларда мәмлекетимизде мүлк ҳуқықларының кепилликлерин күшейтиў ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилердиң жумысын қоллап-қуўатлаўға қаратылған избе-из реформалар әмелге асырылмақта. Соның менен бир қатарда, жеке меншик мүлк ҳуқықын бузғаны ушын жуўапкершиликти тәмийинлеў, сондай-ақ, ижараға алынған аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларының бир бөлегине болған өз ҳуқықлары менен миннетлемелерин басқа шахсқа өткериў (бир бөлегин қайта ижараға бериў) ның ҳуқықый тийкарларын белгилеў зәрүрлиги пайда болмақта.

    Соннан келип шығып, нызам жойбары менен айырым нызам ҳүжжетлеринде товарлар, хызметлер, қаржы қаржыларының еркин ҳәрекетлениўи ҳәм реализацияланыўына нызамға қайшы түрде араласқанлық ямаса тосқынлық еткенлик ушын жуўапкершилик белгиленбекте.

    Соның менен бирге, депутатлардың орынлардағы ушырасыўлары даўамында сайлаўшылардан алынған усыныслар тийкарында аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкасын ижарашыға өзине ижараға берилген бир ямаса бир неше жер участкасы бойынша өзиниң ҳуқықлары менен миннетлемелерин басқа шахсқа өткериў (қайта ижараға бериў) имканиятын беретуғын норма киргизилмекте.

    Нызам жойбарының қабыл етилиўи жеке меншик мүлк кепилликлерин және де күшейтиўге, жерден пайдаланыўшылардың кепилликли ҳуқықларын тәмийинлеўге, аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларынан нәтийжели пайдаланыў имканиятларын кеңейтиўге хызмет етеди.

    Нызам жойбары депутатлар тәрепинен екинши оқыўда қабыл етилди.

    Мәмлекетлик бажыны төлеў бойынша жеңилликлер бериледи.

    Буннан соң "Мәмлекетлик бажы ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 13 ҳәм 15-статьяларына қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында"ғы нызам жойбары екинши оқыўда статьяма-статья көрип шығылды.

    Мәмлекетимизде сырт елде жасап атырған ўатанласларымыз бенен турақлы сөйлесиў ҳәм бирге ислесиўди раўажландырыў, олардың тарийхый Ўатан менен байланысларын беккемлеў, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларда қатнасыўын хошаметлеў, ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң толық қорғалыўын тәмийинлеў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта.

    Жаңа редакциядағы Конституцияда мәмлекет халықаралық ҳуқық нормаларына муўапық сырт елде жасап атырған ўатанласларымыз бенен байланысларды сақлаў ҳәм раўажландырыў ҳаққында ғамхорлық ететуғыны белгиленбекте.

    Президентимиздиң 2024-жыл 20-ноябрьдеги пәрманына муўапық, елимиздиң экономикалық ҳәм социаллық турмысында белсене қатнасыў ниетиндеги ўатанласларымызды мүнәсип хошаметлеў мақсетинде "Ватандош" гүўалығы ҳәм "Ватандош" карталары енгизилди.

    Нызам жойбары менен "Мәмлекетлик бажы ҳаққында"ғы нызамға "Ватандош" картасы ийелерине ҳәм олардың шаңарақ ағзаларына миграция ҳәм пуқаралық мәселелери бойынша ҳүжжетлерди рәсмийлестириўде, сондай-ақ, жасаў орны бойынша дизимнен өтиўде (мүддетин созыўда) жеңилликлер берилиўин нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

    Атап айтқанда, "Ватандош" картасы ийелериниң шаңарақ ағзалары визаның әмел етиў мүддетин көп мәрте созғанда, сондай-ақ, олар ҳәм олардың шаңарақ ағзалары болған жерде дизимге алынғанда ҳәм дизимге алыў мүддети созылғанда мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилиўи нәзерде тутылмақта.

    Бул нызам жойбарының қабыл етилиўи сырт елде жасап атырған ўатанласларымыз ушын, атап айтқанда, олардың Өзбекстан аймағында кәсиплик, исбилерменлик, инвестициялық, илимий, ағартыўшылық ҳәм мәдений жумысларды әмелге асырыўы ушын қолайлы ҳуқықый ҳәм социаллық шараятлар жаратыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

    Қызғын додалаўлардан соң нызам жойбары депутатлар тәрепинен екинши оқыўда қабыл етилди.

    Рецепт бойынша таярланатуғын дәри дәрмақлардың нызамсыз айланысы ушын жуўапкершилик илажлары күшейтилмекте.

    Сондай-ақ, мәжилисте бир топар депутатлар тәрепинен нызамшылық басламасы ҳуқықы тийкарында ислеп шығылған рецепт пенен берилетуғын дәри дәрмақлардың нызамсыз айланысы ушын жуўапкершиликти күшейтиўге қаратылған нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды.

    Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде фармацевтика тармағын раўажландырыў, халықты сапалы ҳәм қәўипсиз дәри дәрмақлары ҳәм медициналық буйымлар менен тәмийинлеў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, фармацевтика өнимлерин реализациялаўды тәртипке салыўды жетилистириўге қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

    Соның менен бирге, соңғы жылларда рецепт пенен берилетуғын дәри дәрмақлардың нызамсыз айланысы ҳәм реализациясы, инсан өмири ушын қәўипли ақыбетлерге алып келиўши жағдайлар бақланбақта.

    Бундай ҳуқықбузарлықлар ушын әмелдеги нызамшылық санкциялары тең салмақлы емес, бул дәри-дәрмақ қураллары ҳәм медициналық буйымлардың нызамсыз айланысына шек қойыў ҳәм оның алдын алыў бойынша ҳуқықый механизмлерди буннан былай да жетилистириў зәрүрлигин пайда етпекте. Таллаўларға бола, 2022-2025-жылларда нызамсыз айланыстан 18 миллиард сумлық 285 мың дана дәри-дәрмақ қураллары алып қойылған болып, тек ғана 2024-жылдың өзинде бундай жағдайлар 2022-жылға салыстырғанда үш есеге артқан.

    Нызам жойбары менен Жынаят кодексине ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске рецепт пенен берилетуғын дәри дәрмақлардың нызамсыз айланысы ушын жаза илажларын күшейтиўге қаратылған өзгерислер киргизиў усыныс етилмекте.

    Соның ишинде, қурамында күшли тәсир етиўши элементлер болған рецепт бойынша таярланған дәри дәрмақлардың усақлап реализациялаў тәртибин бузғаны ушын ҳуқықбузарлық көп муғдарда ямаса ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан кейин жүз берген жағдайларда жынайый жуўапкершиликти белгилеў, сондай-ақ, базалық есаплаў муғдарының 200 есесинен 300 есесине шекемги муғдарда жәрийма қоланыў усыныс етилмекте.

    Буннан тысқары, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске қурамында күшли тәсир етиўши элементлери болмаған дәри дәрмақлардың да, қурамында күшли тәсир етиўши элементлери болған дәри дәрмақлардың да усақлап реализациялаў тәртибин бузғаны ушын жәрийма муғдарын арттырыўды нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.

    Нызам жойбары басламашыларының атап өтиўинше, ҳүжжеттиң қабыл етилиўи халықтың денсаўлығын исенимли қорғаўға, дәри-дәрмақ қуралларын реализациялаўда талапларға қатаң әмел етилиўин тәмийинлеўге, сондай-ақ, тараўда ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.

    Нызам жойбары депутатлар тәрепинен екинши оқыўда қабыл етилди.

    Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министриниң парламентлик сораўға жуўабы көрип шығылды

    Депутатлар қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министриниң парламентлик сораўға берген жуўабын көрип шықты.

    Палатаның усы жыл 23-сентябрь күни болып өткен мәжилисинде басқарыў-сервис компаниялары тәрепинен көп қабатлы турақ жайлардың әтирапындағы жасыл аймақлар, балалар ҳәм спорт майданшаларын сақлаў ҳәм абаданластырыў, оларға тутас аймақлардың нызамсыз басып алыныўының алдын алыў мәселелери бойынша тийкарланған түсиниклер бериў бойынша мүрәжат етилген еди.

    Атап өтилгениндей, бүгинги күнде республика бойынша 44 мың 280 көп қабатлы турақ жай бар. Соннан 39 мың 859ына 971 басқарыў шөлкеми, 851ине 241 турақ жай мүлк ийелери ширкетлери хызмет көрсетеди.

    Президенттиң 2023-жыл 15-августтағы қарарының орынланыўы шеңберинде 40 мың 735 көп қабатлы турақ жайға тутас жер участкаларының шегаралары белгиленип, жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен турақ жай мүлк ийелерине турақлы пайдаланыўға бериў бойынша қарарлар қабыл етилди.

    Бүгинги күнде көп қабатлы турақ жайлардың әтирапында 9 мың 937 балалар майданшалары, 2 мың 385 жәмийетлик ҳәжетхана, дерлик 285 мың погон метр ирригация тармақлары ҳәм 7,8 миллион квадрат метрге шамалас бетон тротуарлар бар.

    2017-2024-жылларда 2 777 балалар майданшасы, 386 жәмийетлик ҳәжетхана қурылды, 92 мың погон метр ирригация тармақлары ҳәм 1,5 миллион квадрат метр тротуарлар оңланды.

    2026-2030-жылларға мөлшерленген режеге муўапық, және 1 мың 656 балалар майданшасы, 474 жәмийетлик ҳәжетхана, 176 мың погон метр ирригация тармақлары ҳәм 1,7 миллион квадрат метр бетон тротуарлар қурыў белгиленген.

    Көп қабатлы турақ жайларды басқарыў уйымлары "Жасыл мәкан" жойбары шеңберинде аймақларды абаданластырыў, терек ҳәм гүллер егиў жумысларында белсене қатнаспақта. Усы жылдың бәҳәр мәўсиминде 248 мың 881 мийўели ҳәм саяманлы терек ҳәм путалар егилди.

    2025-жылы өткерилген қадағалаў илажлары даўамында көп қабатлы турақ жайларға тутас аймақларда 1 мың 952 нызамсыз қурылыс жағдайлары анықланған. Соннан 738 жағдай сол жердиң өзинде сапластырылып, 1 мың 214 жағдай бойынша судқа шағым киргизилген.

    Усы жылдың тоғыз айында министрликке физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден 1 мың 807 мүрәжат келип түскен болып, олардың көпшилиги көп қабатлы турақ жайларды басқарыў уйымларынан келип түскен. Барлық усыныслар ҳәм машқалалар системалы түрде талланып, әмелий илажлар көрилмекте.

    Депутатлар бул бағдарда министрлик тәрепинен белгили жумыслар әмелге асырылып атырғанын атап өтип, тараўда ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм оған тутас жер участкаларын көп квартиралы турақ жайлардың мүлк ийелерине турақлы пайдаланыў ҳуқықы тийкарында бериў бойынша қарарлар қабыл етиўди жеделлестириў бойынша бир қатар усыныслар берди. Сондай-ақ, абаданластырыў жумысларынан кейин тереклер, гүллер ҳәм басқа да жасыл майданларды турақлы тәрбиялаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Бул мәселе бойынша турақлы парламентлик қадағалаў алып барылатуғыны атап өтилди.

    Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министриниң жуўабы мағлыўмат ушын қабыл етилди.