Климат өзгериўи, халықтың көбейиўи, санаатласыў, суў ресурсларынан орынсыз ҳәм нәтийжесиз пайдаланыў нәтийжесинде адамлардың турмысы қыйынласпақта. Мағлыўматларға қарағанда, ҳәзирги ўақытта Жер жүзинде дерлик 1 миллиардтан аслам адам түрли дәрежедеги суў жетиспеўшилиги шараятында жасамақта.

Бул машқала Орайлық Азияны, атап айтқанда, Өзбекстанды да шетлеп өтип атырған жоқ. Өткен жылы 16-декабрьде Президентимиз Ташкент қаласын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, қала орталығын жақсылаў ҳәм мүнәсип жасаў шараятын жаратыў мәселелери бойынша өткерилген мәжилисте бул мәселеге айрықша тоқтап, жаўын суўын жыйналатуғын 17 имарат қурылатуғынын, оларда топланған суў тереклер ҳәм жасыл аймақларды суўғарыўға жумсалатуғынын атап өткен еди.

Регионымыз тәбийғый-климат шараятына бола суў ресурсларына бай аймақлар қатарына кирмейди, бирақ халықтың өсиўи, экономиканың кеңейиўи ҳәм климат өзгерислериниң тәсири машқалаларды және де тереңлестирмекте. Өзбекстан суў ресурсларының үлкен бөлеги трансшегаралық дәрьяларға байланыслы болып, бул жағдай суў қәўипсизлигин стратегиялық мәселеге айландырмақта.

Тийкарғы машқалалардан бири суў дәреклериниң қысқарып барыўы ҳәм турақлы емеслиги болып есапланады. Соңғы он жыллықларда Орайлық Азиядағы музлықлар майданының сезилерли азайыўы Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья сыяқлы тийкарғы суў дәреклерине тиккелей тәсир көрсетпекте. Нәтийжеде суў ағысы тегис емес түс алмақта. Бул болса аўыл хожалығы, санаат ҳәм халықты тәмийинлеўде үзилислер қәўпин күшейтпекте.

Екинши машқала - суўдан пайдаланыў нәтийжелилигиниң төменлиги. Әмелиятта ишимлик суў техникалық ҳәм хожалық мүтәжликлери ушын кең қолланылмақта. Көп қабатлы турақ жайлар, хызмет көрсетиў объектлери, соның ишинде, автомобиль жуўыў шақапшалары, көклемзарластырыў ҳәм санитариялық системаларда ишимлик суўынан пайдаланыў суў тәмийнатына үлкен басым түсирмекте. Суў тармақларындағы шығынлар ҳәм гөнерген айырым инфраструктура болса бул машқаланы және де кескинлестиреди.

Үшинши машқала - альтернатив суў дәреклеринен жетерли дәрежеде пайдаланылмай атыр. Жаўын суўы, қайта исленген ақаба суў сыяқлы ресурслар әмелде оғада зәрүр болса да, ҳәзирше системалы ҳәм мәжбүрий қатнас жоқлығы себепли кеңнен енгизилмеген. Негизинде жаўын суўын жыйнаў ҳәм техникалық зәрүрлик ушын қайта пайдаланыў арқалы ишимлик суўға талапты сезилерли дәрежеде азайтыў мүмкин.

Жаўын суўынан пайдаланыў жойбары Өзбекстанда суў жетиспеўшилиги шараятында ишимлик суў тәмийнатына түсип атырған басымды азайтыў, суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў және қала ҳәм аўыл инфраструктурасын турақластырыўға қаратылған комплексли система болып есапланады. Бул жойбар жаўын суўын тәбийғый процессте жоғалтпай, жыйнаў, тазалаў, сақлаў ҳәм техникалық зәрүрликлер ушын қайта пайдаланыў принципине тийкарланады. Системаның ислеў механизми бир неше басқыштан ибарат.

Бәринен бурын, имаратлардың төбеси жаўын суўын жыйнаў ушын тийкарғы майдан ўазыйпасын атқарады. Жаўын суўы арнаўлы там тарнаўлары ҳәм қубырлар арқалы жыйналып, “first-flush” ажыратқыштан өткериледи. Бул механизм жаўынның дәслепки патас қатламын ажыратып, шаң ҳәм зыянлы араласпаларды системаға кириўинен алдын ажыратып алады. Буннан соң суў механикалық ҳәм қумлы фильтрлерден өткерилип, жабық ҳәм гигиеналық талаплар тийкарында үскенеленген резервуарларда сақланады. Сақланған жаўын суўы ишимлик ушын емес, ал техникалық мүтәжликлер ушын мөлшерленеди. Атап айтқанда, көклемзарластырыў ҳәм бағларды суўғарыў, ҳәжетхана бакларын толтырыў, ҳәўли ҳәм жолларды жуўыў, суўытыў системалары, сондай-ақ, автомобиллерди жуўыў процесинде пайдаланыў мүмкин. Бундай қатнас арқалы ишимлик суўға талап 30-50 процентке шекем қысқарады, айырым объектлерде болса техникалық суўға талап дерлик толық жаўын суўы есабынан қапланады. Жойбардың және бир әҳмийетли тәрепи экологиялық ҳәм экономикалық нәтийжелилиги болып табылады. Жаўын суўын жыйнаў системалары дренаж ҳәм канализация тармақларына түсетуғын басымды азайтады, суў тасқынлары қәўпин азайтады ҳәм жердиң тәбийғый тойыныўына хызмет етеди. Соның менен бирге, ишимлик суўын қайта ислеў ҳәм жеткерип бериўге кететуғын энергия жумсалыўы қысқарып, коммуналлық қәрежетлер азаяды.

Өзбекстанда жаўын суўынан пайдаланыўға талап жүдә жоқары. Суў қәўипсизлигин тәмийинлеўде тек ғана дәстүрий дәреклерге сүйениў жетерли емес, альтернатив ҳәм қосымша дәреклерди иске қосыў зәрүр. Қала қурылысы көзқарасынан қарағанда, жаўын суўынан пайдаланыў, әсиресе, жүдә әҳмийетли. Кейинги жылларда қалалар кеңейип, жаңа турақ жай массивлери, саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлери, жоллар ҳәм қатты қапламалы майданлар көбеймекте. Бул болса тәбийғый инфильтрацияны азайтып, жаўын суўының үлкен бөлеги канализация ҳәм дренаж системалары арқалы жоғалтып жиберилиўине алып келмекте. Негизинде болса, бул суўды имаратлардың төбесинен жыйнап, техникалық мүтәжликлерге бағдарлаў арқалы қала инфраструктурасын және де турақлыластырыў мүмкин.

Инфраструктура көзқарасынан жаўын суўынан пайдаланыў системаларына суў ҳәм канализация тармақларының басымы жеңиллестириўши фактор сыпатында қаралыўы керек. Ҳәзир аймақларда суў тармақлары гөнерген, шығынлар көп. Техникалық зәрүрликлер ушын ишимлик суўдан пайдаланыў болса машқалаларды және де күшейтпекте. Жаўын суўын жыйнаў ҳәм қайта ислеў системалары жолға қойылса, ишимлик суўы тийкарынан пайдаланыўға бағдарланады, инфраструктураға басым азаяды.

Ҳуқықый-нормативлик тийкарлар көзқарасынан болса бул мәселеге ықтыярый баслама сыпатында емес, ал мәжбүрий ҳәм системалы қатнас сыпатында қараў зәрүр. Әмелдеги шараятта жаўын суўынан пайдаланыў бойынша анық миллий стандартлар ҳәм қурылыс нормаларында мәжбүрий талаплар жетерли дәрежеде беккемленбеген. Сол себепли Қала қурылысы кодекси ҳәм қурылыс нормаларына тийисли өзгерислер киргизиў, жаңадан қурылып атырған имаратларда жаўын суўын жыйнаў системаларын мәжбүрий енгизиў әҳмийетли ўазыйпа.

Автомобиль жуўыў шақапшаларында үлкен муғдарда ишимлик суў жумсалады - бир машина жуўыў ушын орташа 150-200 литр суў кетеди. Автомобилди жуўыў процесиниң дәслепки басқышында шаң, ылай ҳәм ири патаслықларды кетириў, көбиклеў ҳәм шайыў ишимлик суў талап етпейди. Бул процесслерде жыйналған ҳәм фильтрлеўден өткерилген жаўын суўынан нәтийжели пайдаланыў мүмкин. Ишимлик суўдан болса тек ғана жуўмақлаўшы шайыў басқышында пайдаланыў жетерли.

Есап-санақларға бола, заманагөй қатнас ҳәм жаўын суўы тийкарындағы системалар енгизилген автомобиль жуўыў шақапшаларында ишимлик суўға болған талапты кеминде 60-70 процент қысқартыў мүмкин. Мәселен, күнине 50 автомобильге хызмет көрсетилсе, дәстүрий усылда 9000 литр ишимлик суўы жумсалады. Жаўын суўынан пайдаланылғанда болса күнине дерлик 3500 литр ишимлик суўы үнемленеди. Буннан тысқары, жаўын суўынан пайдаланыў автомобиль жуўыў шақапшалары ушын экономикалық жақтан да пайдалы. Суў қәрежети ҳәм ақаба суў төлеминиң азайыўы хызметтиң өзине түсер баҳасын азайтады, исбилерменлик жумысының турақлылығын арттырады.

Жаўын суўынан пайдаланыў көплеген мәмлекетлерде нәтийжели әмелиятқа айланған ҳәм түрли тараўларда унамлы нәтийже бермекте. Бул шешим суў тамтарыслығы күшли, қала қурылысы, аўыл хожалығы ҳәм техникалық мүтәжликлер ушын суў ресурсларын үнемлеў зәрүр болған аймақларда кеңнен енгизилген.

Қытайдағы айырым қалалар ҳәм инфраструктураларда жаўын суўын жыйнаў системалары жедел қолланылмақта. Мәселен, Пекиндеги Миллий стадион ҳәм Миллий суў спорты орайы имаратларының төбесинен жыйналған жаўын суўы ҳәжетханаларды жуўыў, майданларды суўғарыў сыяқлы техникалық талапларды бираз қанаатландырмақта. Пекин қаласында жыйналған жаўын суўы көлеми жылына онлаған миллион куб метрге жетпекте.

Сингапурдай киши қала - мәмлекет те суўды басқарыў бойынша алдынғы тәжирийбеге ийе. Ол жерде техникалық зәрүрликлер ушын суўдың шама менен 45 проценти жаўын суўы есабынан қапланады. Бул аўыл хожалығы ҳәм қала инфраструктурасында суўды үнемлеўге үлкен үлес қосады.

Германия ҳәм Япония қала қурылысы системаларында да жаўын суўынан пайдаланыў арқалы дренаж системаларына түсетуғын басым кемейтилип, қала аймақларында тасқын қәўпи азайтылып атыр. Германияда бағлар ҳәм санитариялық системаларда жаўын суўы қайта исленеди. Япония болса усы арқалы қалаларды турақлы суў басқарыў системасына өткермекте.

Ҳиндстанда дәстүрий ҳәм заманагөй системалар арқалы жаўын суўын жыйнаў әмелияты кең тарқалған. Атап айтқанда, қурғақшыл аймақларда суў жыйнаў имаратлары резервлерди беккемлеў, суў тамтарыслығы жоқары болған ўақытларда тәмийнатқа хызмет етеди. Бул тәжирийбелерден пайдаланыў суўды үнемлеў менен бирге, инфраструктураның турақлылығын арттырыў, қала орталығын жақсылаў ҳәм суў тәмийнатындағы қәўиплерди азайтыўға хызмет етеди.

Өзбекистанның климат шараяты жаўын суўынан пайдаланыў ушын қолайлы. Елимизде жыллық жаўын-шашын муғдары орташа 186 миллиметр болып, таўлы ҳәм таў алды аймақларда көрсеткиш 300-900 миллиметрге шекем жетеди. Бул жаўын суўын жыйнаў ушын жетерли көлем. Өзбекстан арқа тегисликлерден таўлы аймақларға шекем үлкен географиялық ҳәр түрлиликке ийе. Жаўын суўын жыйнаў системалары ушын ҳәр қыйлы шараятларда бейимлескен көзқараслар қолланылыўы мүмкин. Қурғақшыл орайлық ўәлаятлар ушын үлкен сақлаў резервуарлары, таўлы аймақларда болса тәбийий дренажлардан пайдаланыў мүмкин.

Топланған жаўын суўынан техникалық мүтәжликлер, суўғарыў, ҳәжетхана системалары, автомобиль жуўыў, көклемзарластырыўда пайдаланылады. Бул ишимлик суўын жеткерип бериў, тазалаў ҳәм насослаў қәрежетлерин қысқартады, сол арқалы экономикалық үнемлиликти арттырады ҳәм дәрамат келтиреди. Бул система арқалы қаланың микроклиматын жақсылаў, ишимлик суўына болған талапты азайтыў ҳәм дренаж системаларына түсетуғын жүкти азайтыўға қаратылған жумыслар басланбақта.

Бул идеяны әмелиятқа енгизиў системалы, басқышпа-басқыш ҳәм анық жуўапкершилик механизмлерине сүйенген ҳалда әмелге асырылыўы керек. Биринши басқышта ҳуқықый-нормативлик тийкар жаратыў мәселеси турыпты. Бәринен бурын, жаўын суўын жыйнаў ҳәм техникалық зәрүрликлерде пайдаланыўды тәртипке салатуғын анық талаплар ислеп шығылыўы зәрүр. Буның ушын Қала қурылысы кодекси ҳәм әмелдеги қурылыс нормаларына тийисли өзгерислер киргизилип, жаңадан қурылып атырған турақ жайлар, саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлери, социаллық имарат-объектлерде жаўын суўын жыйнаў системалары мәжбүрий талап сыпатында белгилениўи керек.

Екинши басқышта пилот жойбарлары иске қосылады. Жойбарды дәрҳал пүткил республика бойлап енгизиўден гөре, климат ҳәм қурылыс белсендилиги жоқары болған аймақларда сынақ тәризинде баслаў мақсетке муўапық. Мәселен, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятындағы жаңадан қурылып атырған турақ жай массивлери, автомобиль жуўыў шақапшалары, саўда орайлары пилот аймақ сыпатында таңланыўы мүмкин. Бул басқышта техникалық шешимлер, реал суўды үнемлеў көлеми ҳәм экономикалық нәтийжелилик әмелий есап-санақлар арқалы баҳаланады.

Үшинши басқышта финанслық ҳәм экономикалық хошаметлеў әмелге асырылыўы керек. Жаўын суўынан пайдаланыў системаларын орнатып атырған қурылысшылар ҳәм исбилерменлер ушын салық жеңилликлери, кредитлер ямаса субсидия механизмлерин енгизиў жойбардың ғалаба ен жайыўын тезлестиреди. Әсиресе, автомобиль жуўыў шақапшалары ҳәм хызмет көрсетиў объектлери ушын бундай қоллап-қуўатлаў қысқа мүддетте сезилерли нәтийже береди.

Қурылыс объектлерин пайдаланыўға қабыл етиўде жаўын суўын жыйнаў системасының реал бар екенлиги ҳәм ислеўин мәжбүрий тексериў шәрти сыпатында белгилеў зәрүр. Соның менен бирге, жергиликли ҳәкимликлер, суў хожалығы ҳәм қурылыс уйымлары арасында анық ўәкилликлер бөлистирилиўи жолға қойылыўы керек.

Есап-санақлар ҳәм әмелий мысалларға бола, орташа 100 квадрат метр төбе майданына ийе имарат жылына шама менен 300 миллиметр жаўын-шашын шараятында 30 мың литрге шамалас жаўын суўын жыйнаў имканиятына ийе. Егер 500 квадрат метр төбе, 5 қабатлы 18 квартиралы турақ жай имаратын алсақ, жылына орташа 150 мың литр техникалық суў резерви қәлиплеседи. Бул суў ҳәжетхана системалары, көклемзарластырыў ҳәм улыўма хожалық мүтәжликлерине жумсалса, ҳәр бир шаңарақта ишимлик суўдан пайдаланыў 30-50 процентке шекем азаяды. Үлкенирек көлемде қарағанда, егер тек ғана 10 мың шаңарақта жаўын суўын жыйнаў системасы енгизилсе, жылына кеминде 180 мың куб метр (180 миллион литр) ишимлик суўын үнемлеў мүмкин. Автомобиль жуўыў шақапшалары мысалында болса нәтийжелилик.

Экономикалық нәтийжелилик, бәринен бурын, ишимлик суўын ислеп шығарыў, тазалаў ҳәм жеткерип бериўге кететуғын қәрежеттиң азайыўында көринеди. Суў тәмийнаты системаларына түсетуғын басым азаяды, энергия жумсалыўы 8-12 процентке шекем қысқарады, ақаба суў көлеми азайыўы есабынан канализация қәрежети азаяды. Шаңарақлар бойынша алғанда, бир жылда коммуналлық төлемлер орташа 120-250 мың сумға шекем қысқарыўы мүмкин. Қысқасы, жаўын суўынан пайдаланыў жойбары тек ғана экологиялық емес, ал анық санлар менен дәлилленген экономикалық пайда келтиретуғын, өзин толық ақлайтуғын нәтийжели шешим.

Муҳсиддин НИЗОМИДДИНОВ,

Халық депутатлары

Ташкент ўәлаяты кеңеси депутаты