Усы қутлы күнде бир пикирди айрықша атап өтпекшимен: буннан сегиз жыл алдын елимизде баслаған шын мәнисиндеги тарийхый реформаларымыз себепли өзбек тили раўажланыўында да жаңа дәўир басланды. Қабыл етилген мақсетли пәрман, қарар ҳәм бағдарламалар тийкарында оның мәмлекетлик институт сыпатындағы орны ҳәм статусын беккемлеў, заманагөй илим ҳәм билим, мәлимлеме технологиялары ҳәм халықаралық қатнасықлар тилине айландырыў бойынша үлкен жумысларды әмелге асырдық.
Атап айтқанда, мәмлекетимизде географиялық объектлердиң атамаларын мәмлекетлик тил нормаларына муўапықластырыў избе-из даўам еттирилмекте. Ҳәзирги күнге шекем 250 мыңға шамалас географиялық объект, соның ишинде, 200 мыңнан аслам көше атамалары муўапықластырылып, реестрге киргизилген. Мәмлекетлик тилдиң талаплары тийкарында тек ғана кейинги еки жылда 2 мың 600 объект - таў ҳәм таў дизбеклери, дәрья, көл ҳәм суў сақлағышлары, пайдалы қазылма кәнлери, метро станциялары, темир жол вокзаллары ҳәм станциялары, аэропорт ҳәм автостанциялардың атамалары өзгертилди.
Бүгинги жедел глобалласыў процесслери, илим жетискенликлери нәтийжесинде турмысымызда көплеген жаңа түсиник ҳәм атамалар пайда болмақта. Оларды тилимиздиң анық қағыйда ҳәм принциплерине муўапық өзлестириў, тил сиясатын илимий тийкарда орайласқан ҳалда алып барыў мақсетинде Атамалар комиссиясының жумысы күшейтилди. Кең жәмийетшилик, илимпазлар ҳәм қәнигелердиң қатнасыўында шет тилдеги сөз ҳәм сөз дизбеклерин өзбек тилине алмастырыўдың нәтийжели механизми енгизилгени, жасалма интеллект имканиятларынан пайдаланыў ушын арнаўлы программалық тәмийнат ислеп шығылып, электрон дәреклер жаратылғаны дыққатқа ылайық.
Усы мүнәсибет пенен, келешек ийеси болған жас әўладымыз заманагөй билим ҳәм инновацияларды ийелеўи, жоқары шеклерге ерисиўи ушын шет тиллерин мәжбүрий үйрениўи зәрүр, деп есаплайман. Бирақ жасларды миллий руўхта тәрбиялаў, оларда миллий пикирлеў, ўатансүйиўшилик пазыйлетлерин қәлиплестириў ушын, бәринен бурын, балалықтан өзбек тили ҳәм әдебиятын пуқта өзлестириў зәрүр.
Соннан келип шығып, биз өзбек тилин оқытыўды жетилистириўге үлкен әҳмийет бермектемиз. Усы жылдан баслап тийисли миллий сертификатқа ийе болған өзбек тили муғаллимлериниң айлық мийнет ҳақысына 50 процент муғдарында қосымша үстеме төленетуғыны, оқыў басқа тилде алып барылатуғын мектеплерде 11-класс питкериўшилериниң мәмлекетлик тил бойынша жуўмақлаўшы имтихан тапсыратуғыны усы бағдардағы әҳмийетли қәдем болды.
Өзбекстан Республикасы пуқаралығын бериўде оны билиў ҳаққындағы рәсмий талап та өзбек тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы статусын беккемлеўге хызмет етеди.
Өткен дәўирде Министрлер Кабинети жанындағы Өзбек тилин раўажландырыў қоры тәрепинен 72 атамадағы энциклопедия, сөзлик ҳәм қолланба көп мыңлаған нусқаларда басып шығарылып, мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм билимлендириў мәкемелерине тапсырылды. Әсиресе, дүньядағы жетекши сырт ел университетлери, өзбек тили орайлары ҳәм клубларының китапханаларына 6 томлық "Өзбек тилиниң түсиндирме сөзлиги", 4 томлық "Әлийшер Наўайы енциклопедиясы", 5 томлық "Наўайы тилиниң сөзлиги" ҳәм басқа да басылымлардың тапсырылғаны қатары кеңейип атырған өзбек тилиниң досларын қуўандырды.
Биз, сондай-ақ, тил тараўындағы мәмлекетлик сиясатқа инклюзив жәмийет қурыў принциплерин табыслы енгизип, елимизде жасап атырған ҳәр қыйлы миллет ҳәм халық ўәкиллериниң ана тиллерин раўажландырыўға айрықша әҳмийет қаратпақтамыз. Соның менен бирге, олардың мәмлекетлик тилди үйрениўи ушын да зәрүр шараят жаратып атырмыз. Биргеликтеги ҳәрекетлеримиздиң нәтийжеси сыпатында бүгин өзбек тили мәмлекетлик тил сыпатында көп миллетли халқымыздың аўызбиршилигине хызмет етпекте.
Әзиз дослар!
Пурсаттан пайдаланып, өзбек тилиниң жәмийетлик турмыстағы орны ҳәм абырайын буннан былай да беккемлеў, оны дүнья жүзинде кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша алдымызда турған әҳмийетли ўазыйпаларға итибарыңызды қаратпақшыман.
Бәринен бурын, Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы байрам алдынан қабыл етилген "Мәмлекетлик тилди буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарарында белгиленген тийкарғы ўазыйпаларды өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырыў үлкен әҳмийетке ийе. Ол тәрепинен тастыйықланған 2020-2030-жылларда өзбек тилин раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў концепциясын 2025-2026-жылларда әмелге асырыў бағдарламасын турмысқа енгизиўде тек ғана жуўапкер шөлкемлер емес, ал бәршемиз белсене қатнасыўымыз зәрүр
Бул ҳаққында сөз болғанда, санлы мәканда өзбек тилиндеги сапалы, илимий тийкарланған, ағартыўшылық мәлимлеме ҳәм мағлыўматлардың көлемин арттырыў, атап айтқанда, глобал электрон энциклопедиялар ҳәм платформаларды мәмлекетлик тилдеги илимий-ғалабалық мақалалар менен байытыў, онлайн сөзликлерди жетилистириў мәселелери де дыққат орайында болыўы керек. Турмысымызда жасалма интеллекттиң тәсири артып бармақта, соның ушын ана тилимизди де усы қүдиретли қурал арқалы раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў дәўир талабы болып есапланады.
Өзбек тилиниң бай имканиятлары тийкарында халқымыздың менталитетине сай тартымлы миллий брендлерди жаратыў, жергиликли өнимлерди сыртқы базарларға алып шығыў маркетинг тараўындағы тийкарғы бағдар болыўы керек. Исбилерменлеримиз бул тараўда да ўатансүйиўшилик ҳәм өз қәбилетин көрсетеди, деп исенемен.
Буннан отыз жыл бурын қабыл етилген өзбек тилиниң тийкарғы имла қағыйдаларын қайта көрип шығыў да әҳмийетли ўазыйпаларымыз қатарына киреди. Соның менен бирге, халықтың, әсиресе, жаслардың тил мәденияты ҳәм саўатлылығын арттырыўға қаратылған заманагөй ҳәм тәсиршең медиа-өнимлерди көбейтиў зәрүр. Перзентлеримизди ана тилимизди қәстерлеп-абайлаўға үйретиў, оның теңсиз байлықлары ҳәм имканиятларынан пайдаланыўға үйретиў жас әўладты руўхый-әдеп-икрамлылық жақтан тәрбиялаўдың ажыралмас бөлеги болып есапланады. Бул әҳмийетли мәселе дөретиўши зыялылар, тәлим-тәрбия, мәденият, жаслар, мәҳәлле, ҳаял-қызлар шөлкемлери, ғалаба хабар қуралларының дыққат орайында турыўы ҳәм улыўма миллий ҳәрекетке айланыўы керек.
Бир сөз бенен айтқанда, биз барлық тараўларда болғаны сыяқлы ана тилимизди раўажландырыўда да әмелий усыныс ҳәм пикирлерге, кең жәмийетшиликтиң белсене қатнасыўына сүйенемиз.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Сизлерди бүгинги байрам менен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге саў-саламатлық, шаңарақларыңызға тынышлық-аманлық тилеймен.
Күш-қүдиретимиз, миллий өзлигимиз дәреги болған өзбек тилиниң байлығы ҳәм гөззаллығы және де зияда болсын!
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти








