Япония Бас министри Санаэ Такаичи басшылығында өткен илажда Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов та қатнасты.
Күн тәртибине муўапық, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Япония арасында "жасыл" экономика ҳәм турақлы раўажланыў, өз-ара байланыслылық ҳәм регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў, инсан ресурсларын раўажландырыў сыяқлы тийкарғы бағдарларда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалары көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде буннан 20 жыл бурын "Орайлық Азия плюс" форматындағы биринши сөйлесиўдиң басламашысы Япония болғанын атап өтти. Орайлық Азия ҳәм Япония арасындағы көп қырлы бирге ислесиўдиң раўажланыўы ушын Уллы жипек жолы дәўиринен басланатуғын терең тарийхый байланыслар, сондай-ақ, дәстүр ҳәм үрп-әдетлер, руўхый, мәдений ҳәм шаңарақлық қәдириятлардың уқсаслығы беккем тийкар болып есапланады.
- Япония Орайлық Азия мәмлекетлери ғәрезсизликке ерискеннен кейинги пүткил дәўир даўамында бизиң исенимли шеригимиз болып киятырғаны, регионның социаллық-экономикалық раўажланыўына, инфраструктураны, санаат ҳәм энергетика базасын модернизациялаўға, илимий-билимлендириў ҳәм кадрлар потенциалын беккемлеўге салмақлы үлес қосып атырғанын жоқары қәдирлеймиз. Соның ушын Орайлық Азия мәмлекетлери Японияның кеңейиўинен ҳәм регионда және де белсене қатнасыўынан мәпдар, -деди Шавкат Мирзиёев.
Регионның бай тәбийғый ресурслары, жәҳән транспорт, саўда ҳәм энергетика жолларының кесилиспесинде жайласқаны, Орайлық Азия мәмлекетлери экономикасының жедел өсип атырғаны, бул жерде жедел жақынласыў ҳәм интеграция процесслери жүз берип атырғаны Япония менен кооперация ушын қолайлы тийкар жаратпақта.
- Биргеликтеги ҳәрекетлеримиз бенен жаңа шеклерге ерисетуғынымызға исенемен. Япония ҳикметинде айтылғанындай, "егер күшлерди бирлестирсек, таўларды жылыстырыў мүмкин", - деп атап өтти Өзбекстан жетекшиси.
Саммит күн тәртибиндеги мәселелерге өтип, Президентимиз "Орайлық Азия + Япония" форматындағы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша өз көзқарасын билдирди.
Бәринен бурын, бирге ислесиўге қосымша күшли пәт бағышлайтуғын мәмлекет басшылары дәрежесиндеги саммитлерди еки жылда бир мәрте өткериў усыныс етилди. Сондай ушырасыўлардан бирин Өзбекстанда өткериўге таярлық билдирилди.
Японияның әдиллик ҳәм ҳуқық тараўында жаңа турақлы механизм жаратыў, сондай-ақ, келеси жылы Токио қаласында әдиллик министрлериниң биринши ушырасыўын шөлкемлестириў басламасы қоллап-қуўатланды.
Мәмлекетимиз басшысы "Орайлық Азия - Япония - 2040" бирге ислесиў стратегиясын ислеп шығыў, оған регион мәмлекетлериниң турақлы раўажланыўы ҳәм және де терең интеграциясына жәрдемлесиў бойынша анық бағдарлама ҳәм жойбарларды киргизиў зәрүр екенлигин атап өтти.
глобал экономикалық процеслерге.
Жаңа идея ҳәм усынысларды ислеп шығыў, бирге ислесиўдиң кең көлемли күн тәртибин қәлиплестириў ушын жетекши таллаў структураларының қатнасыўында Экспертлер форумын шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди. Форумның биринши мәжилисин келеси жылы Ташкент қаласында өткериў усыныс етилди.
Өзбекстан жетекшиси Япония қаржы институтларының Орайлық Азиядағы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық жойбарларды қоллап-қуўатлаўы кеңейип атырғанын қоллап-қуўатлады.
- Орайлық Азияның бай тәбийғый ҳәм кадрлар ресурсларын Японияның санаат ҳәм технологиялық потенциалы менен бирлестирсек, исенемен, биз синергия нәтийжесине ерисе аламыз, - деди Шавкат Мирзиёев.
Усы мүнәсибет пенен Орайлық Азия инфраструктурасы ҳәм санаатын раўажландырыў инвестициялық қорын шөлкемлестириў ҳәм оның негизинде "Сапалы инфраструктура" бағдарламасын иске қосыў, сондай-ақ, санаат кооперациясы, локализациялаў ҳәм технологиялар трансфери бойынша регионаллық платформа - Япония технопарклериниң Орайлық Азия тармағын жаратыў усыныс етилди.
Экономикалық өсиў ҳәм турақлылықты тәмийинлеўде санлы трансформацияның әҳмийети артып атырғанын есапқа алып, Өзбекстан басшысы санлы шешимлер, жасалма интеллект, буйымлар интернети, киберқәўипсизлик ҳәм инновациялық экономика тараўларында көп тәреплеме бирге ислесиў платформасы - "Орайлық Азия - Япония" санлы хабын шөлкемлестириў зәрүр екенлигин атап өтти.
Тезжүрер темир ҳәм автомобиль жолларын қурыў, транспорт коридорларын санластырыў, аэропортлар ҳәм логистика орайларын қурыў жойбарларына Япония инвестицияларын, технологияларын ҳәм эксперт жәрдемин тартыўдан мәпдарлық билдирилди.
"Жасыл" энергетика тараўындағы бирге ислесиў шеңберинде когенерация технологияларын енгизиў, карбонат ангидрид газиниң шығынларын қысқартыў, услап қалыў ҳәм оннан пайдаланыў бойынша қоспа жойбарларды әмелге асырыў әҳмийетли екени атап өтилди. Ташкент қаласында Қайта тиклениўши энергетика тараўы ушын қәнигелер таярлаў аймақлық орайын шөлкемлестириў усыныс етилди.
Экология тараўында мәмлекетимиз басшысы Орайлық Азияда ҳаўа сапасын жақсылаў бойынша биргеликтеги бағдарламаны баслаў, Климат өзгериўине қарсы гүресиў бойынша биргеликтеги Ҳәрекетлер режесин қабыл етиў, сондай-ақ, Қарым-қатнас шеңберинде қоршаған орталықты қорғаў бойынша уйымлар басшыларының ушырасыўларының жаңа форматын жолға қойыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Японияның сейсмикалық қәўипсизлик тараўындағы үлкен тәжирийбесин есапқа алып, регионда сейсмикалық турақлылықты баҳалаў ҳәм арттырыў бойынша биргеликтеги бағдарламаны әмелге асырыў, Япония стандартлары ҳәм протоколлары тийкарында инженерлер, архитекторлар, қутқарыў хызметлерин таярлаў ушын Ташкентте Регионаллық маманлық арттырыў орайын ашыў усыныс етилди.
Мәдений-гуманитарлық тараўдағы бирге ислесиўди және де кеңейтиў мақсетинде келеси жылы Өзбекстанда "Орайлық Азия + Япония" форматында билимлендириў министрлериниң биринши мәжилисин ҳәм жетекши университетлер ректорларының форумын өткериў, сондай-ақ, жаслар жәмийетшилиги арасында узақ мүддетли байланысларды қәлиплестириўге қаратылған Жасларды раўажландырыў регионаллық тармақ бағдарламасын қабыл етиў усыныс етилди.
Халықаралық сиясат ҳәм регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў мәселелерине тоқтап өтип, мәмлекетимиз жетекшиси регион мәмлекетлери ҳәм Япония Аўғанстанды тыныш, турақлы ҳәм дөретиўшилик раўажланыўға қаратылған ҳалда көриў жолында бирдей умтылысқа ийе екенин атап өтти.
Аўған халқын қоллап-қуўатлаў бойынша көп жыллар даўамында жетекши донор ҳәм шериклер қатарында болып киятырған Японияның избе-из позициясына жоқары баҳа берилди.
Сөзиниң жуўмағында Өзбекстан Президенти күн тәртибиндеги барлық мәселелер бойынша қарарларды қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.
Саммитте басқа да жетекшилер шығып сөйледи. Илаж жуўмағында Токио декларациясы қабыл етилди.