Биз бул жердеги жаратылған имканиятлар менен таныса отырып, бүгинги қарақалпақ миллий кино өнериниң жағдайы ҳәм алдағы режелер ҳаққында «Қарақалпақфильм» киностудиясы мәмлекетлик унитар кәрханасының директоры Икрам Абдикаликов пенен сәўбетлесип, сораўларымызға жуўап алған едик.
– Икрам Ережепбаевич, биз тарийх дөгерегинде сөз етпей турып, соңғы жаңалықларға өте алмаймыз. Сөз басында киностудияға қашаннан баслап тийкар салынған ҳәм бүгинги жағдайлары ҳаққында сөз жүритсек.
-Қарақалпақ кино өнериниң тарийхына нәзер салар болсақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Кинематография бойынша мәмлекетлик комитетиниң 1970-жыл 19-февральдағы Қарары менен Нөкис қаласында Өзбекстан ҳүжжетли ҳәм илимий-ғалабалық фильмлер киностудиясының Қарақалпақстан филиалы ашылады. Өз алдына хожалық есабындағы кәрхана сыпатында киностудия сол жылы 1-апрельден жумыс баслайды. Дәслепки жыллары жылына 4 фильм қарақалпақ тилине дубляж исленди. Кейин ала “Қарақалпақстан” киножурналының 4 саны ҳәм 2 ҳүжжетли фильм сүўретке алыў режелестириледи. Усы мақсетте 15 адамнан ибарат басқарыў ҳәм өндирис, техникалық ҳәм персонал штат бирлиги тастыйықланды. Қарақалпақ кино көркем өнерин және де раўажландырыў мақсетинде 1990-жылы Өзбекстан ҳүжжетли ҳәм илимий-ғалабалық фильмлер киностудиясы Қарақалпақстан филиалы базасында “Қарақалпақфильм” киностудиясы шөлкемлестириледи. Бүгинги күнге шекем кәрхана тәрепинен 15 тен аслам көркем фильмлер ҳәм 500 ден аслам ҳүжжетли фильмлер ислеп шығарылды. Сондай-ақ, “Түлкишек” балалар сатиралық киножурналының 13 саны сүўретке алынған.
1970-жыл 1-апрель сәнесинен баслап өз искерлигин баслаған «Қарақалпақфильм» мәмлекетлик унитар кәрханасының имараты жақын жылларға шекем қараўсыз аўҳалда болып келген еди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қоллап-қуўатлаўы менен киностудия имаратының қурылыс ҳәм оңлаў жумысларына 4,5 млрд, таза мебеллер менен тәмийнлениўине 275 млн қаржы ажыратылып, толық капитал реконструкциялаў жумыслары алып барылды.
Киностудиядағы ретро музейдиң қурылыўы, жаңа мебеллер, сес жазыў ханалары, дубляж, гриммхана ҳәм костюмлер бөлмелериниң бүгинги көриниси сөзимиздиң айқын дәлийли есапланады. Бир сөз бенен айтқанда “Қарақалпақфильм” мәмлекетлик унитар кәрханасының имараты бурын көрилмеген дәрежеде жаңа түске енип, барлық шараятлар жаратылды. Бул жаңаланыўлардан қуўанышқа бөленген жәмәәтимиз имканиятлардан орынлы пайдаланған ҳалда аўызбиршиликли түрде жумысларын жуўапкершиликли түрде алып бармақта.
– Қарақалпақ халқының бай миллий мийрасын кино арқалы сәўлелендириў ушын қандай жумыслар алып барылмақта?
– Әлбетте, бүгинги күнде қарақалпақ халқының миллий мийрасын тек ғана ленталарға түсирип қоймай, оны экран арқалы халыққа усыныў, бәлким, сырт мәмлекетлерге де танытыў тийкарғы мақсетимиз. Усы орында киностудиямыз тәрепинен сүўретке алынған “Әжинияз” тарийхый фильмин айрықша атап өтиў орынлы.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 16-июльдеги “Белгили қарақалпақ шайыры ҳәм ойшылы Әжинияз Қосыбай улы туўылғанының 200 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында”ғы қарары тийкарында “Әжинияз” көркем-публицистикалық фильминиң сүўретке алыў жумыслары табыслы жуўмақланып, 2024-жыл 16-ноябрьде “Әжинияз” көркем-публицистикалық фильминиң премьерасы Қарақалпақстан көркем өнер сарайында болып өтти. Премьера кең жәмийетшилик ўәкиллери, кино дөретиўшилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында болып өтти. Фильмниң премерасы 2024-жылдың 19-ноябрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан миллий кино көркем өнери сарайында да көтериңки руўхта өткерилди.
2024-жыл 26-декабрь күни Ташкент қаласы Өзбекстан миллий кино сарайында Өзбекстан кино дөретиўшилери аўқамы, Кинематография агентлиги, Өзбекстан миллий кинематографиясын раўажландырыў орайы тәрепинен өткерилген “Алтын Хумо 2024” миллий кино таңлаўында “Әжинияз” көркем-публицистикалық фильми төрт номинация бойынша қатнасты ҳәм Қазақбай Хожамуратов “Ең жақсы художник жумысы” номинациясын жеңип алды.
Алдағы ўақытларда халқымыздың миллий тарийхый мийрасы, уллы инсанлар өмиринен фильмлерди сүўретке алыў жумысларын даўам еттириў режелестирилмекте.
– Буннан бир неше жыл бурын сүўретке алынған белгили жазыўшы Муратбай Нызановтың сценарийи бойынша сүўретке алынған «Танк», «Уры» ҳәм «Қоңсылар» көркем фильмлери халқымыздың сүйип тамашалайтуғын кинофильмлерине айланған еди. Өзиңиз айтып өткениңиздей, 2025-жылы жылы жазыўшының киносценарийи тийкарында сүўретке алынған «Әжинияз» көркем фильмин де халқымыз жақсы күтип алды. Жақын аралықта халқымыздың кеўлине қонымлы және қандай кинолар түсирилиў жобаластырылмақта? Киносценаристлер менен ислесиў қай дәрежеде болмақта?
– Жүдә орынлы сораў. Сизиң атларын атап өткен кинофильмлериңизди халқымыз бүгинги күни де жақсы көрип тамашалайды. Бул демек, тамашагөйдиң кеўлинен шығатуғын фильмлерди бүгинги күни де көбирек сүўретке алып, халыққа усыныўды талап етеди.
Биз жәмәәтимиз бенен жаңа 2026-жылға жаңа реже ҳәм өзгеше идеялар менен дәслепки қәдемлеримизди басладық. Себеби бул жылы “Гүлайым ҳәм қырқ қыз”, “Бердақ”, “Едиге”, “Ҳәким ата” ҳәм “Муғаллим” фильмлерин сүўретке алыў режелестирилген. “Биринши ҳәм екинши ренессансты кино арқалы көрсетейик”, деп Ҳүрметли Президентимиз атап өткениндей биз усы пикирге әмел етип жумыс алып барыўымыз керек. Сонда ғана тараўда раўажланыў болары сөзсиз. Солай екен, халқымызға тарыйхымызды сәўлелендириўши жаңа фильмлерди сапалы түрде инам етиўге барынша ҳәрекет етип атырмыз.
Сценаристлер менен ислесиў мәселесине келетуғын болсақ, фильм басланбастан алдын сценарийлер таңлаўын шөлкемлестирип, солар арасынан ең жақсыларын таңлап алып атырмыз.
– Жаңа жыл алдынан премьерасы болып өткен «Қарабай» кинокомедиясының сүўретке алыныўына не нәрсе себепши болған еди. Қарабай ролиндеги актёр Гана Республикасынан шақыртылған екен. Фильмди сүўретке алыў процеси туўралы айтып өтсеңиз?
– Халқымыз әзелден ҳәзил-дәлкекке жақын. Сол себепли биз кино ықласбентлерине жоқары кеўил-кейпият инам етиў мақсетинде усы “Қарабай” комедиялық фильмин сүўретке алыўды мақул көрдик. Премьерасы шөлкемлескенлик жағдайда жақсы өткерилди ҳәм фильмди тамашагөйлер жақсы күтип алды. Бас рольдеги актёр Гана Республикасының пуқарасы болғаны менен Ташкентте жасайды. Ол өзбек тилин билгенлиги себепли ислесиўимиз қыйыншылық туўдырмады ҳәм роль ойнаўға шақырыўымыздың себеби фильмниң еледе тәбийий шығыўы ушын өзгеше жаңалық ислеўге ҳәрекет еттик. Ал, Муҳаббат ролиндеги актриса бүгинги күнде өзбек ҳәм қарақалпақ киноларында табыслы роль атқарып киятырған қарақалпақ қызы Шахсанем Абдижамилова өз ролин табыслы атқарып шықты. Сондай-ақ, бул фильмде халқымыз сүйген устаз актёр ҳәм актрисалар да өз роллерин кәмине келтирип атқарды. Солардан Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Өмирбай Қосымбетов, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист Жигербай Абдимовтың комик роллерин атап өтсек арзыйды. Сүўретке алыў процеси Хожели районы “Гәўир қала” елатында болып өтти.
– Бүгинги күнде Қарақалпақ кино тараўында тийкарғы машқалалар қандай ҳәм оларды шешиў ушын қандай жумыслар алып барылмақта?
– Қарақалпақ кино тараўындағы фильм түсириў процесинде ең көп ушырасатын машқалалардың бири бул реквизит ҳәм тарийхый костюмлар мәселеси болып табылады.
Айрықша темадағы фильмлерде сол заманға сай кийим-кеншеклер ҳәм сахналық реквизитлерды табыў қыйыншылық туўдырады. Соған қарамастан, бул машқалаларды шешиў режелестирилип, тарийхый кийимлерди тиктириў бойынша қәнигелер менен жумыс алып барылмақта.
Алдағы ўақытта кемшиликлер сапластырылып, кино индустриясында сапалы реквизитлер ҳәм костюмлар базасын қәлиплестириў тийкарғы мақсетлеримиздиң бири есапланады.
– Киностудияның техникалық базасы қай дәрежеде? Сондай-ақ, жас режиссёр, актёр ҳәм сценаристлерди қоллап-қуўатлаў бойынша қандай илажлар алып барылмақта?
– Кино түсириўдиң негизги қуралы бул техника есапланады. Усы орында айрықша атап өтиў керек, Өзбекстан Кинематография агентлиги тәрепинен ең соңғы моделдеги заманагөй техникаларды алыў ушын “Қарақалпақфильм” мәмлекетлик унитар кәрханасына 2 млрд қаржы ажыратқаны, қарақалпақ кино индустриясында еледе сапалы фильмлерди жаратыўға тийкар жаратты. Бул әлбетте биз ушын үлкен қуўаныш алып келди. Себеби ажыратылған қаржылар есабынан таза техникалар алынып, ең дәслеп сол техникалар менен “Қарабай” комедиялық фильми сүўретке алынды.
– Қарақалпақ фильмлери халықаралық фестивальларда қатнасыўға қызығыўшылық, имканиятлар қай дәрежеде ҳәм усыныслар барма?
– Фильмлеримиз Өзбекстан көлеминдеги көплеген фестиваль ҳәм таңлаўларда қатнасып келмекте. Ал, “Қарақалпақфильм” МУК тәрепинен сүўретке алынған “Төменги” қысқа метражлы фильми АҚШ тың Висконсин штатында өткерилген “Beloit International Film Festival”ында қатнасып, сыйлы орынды ийеледи. Әйне ўақытларда жаңа фильмлеримиз бенен сырт ел фестивалларында қатнасыў режелери көрип шығылмақта.
Өзбекстан Кинематография агентлиги директорының буйрығы менен “Қарақалпақфильм” МУК тәрепинен сүўретке алынған “Әжинияз” атлы көркем-публицистикалық фильми менен халықаралық кинофестивальларға қатнасыў мақсетинде фильмди өзбек тилине дубляж етиў ҳәм рус, инглис тиллерине субтитрлеў бойынша тийисли жумыслар әмелге асырылмақта. Ҳәзирги ўақытта рус тилине субтитрлеў жумыслары жуўмақланды.
– Алдағы режелер қандай? Жыл жуўмағы бойынша нелерди айтар едиңиз?
– Режелеримиз жаңа фильмлерди табыслы сүўретке алып халқымызға сапалы түрде инам етиў. Ал, жыл жуўмағы болса киностудиямыз ушын жетискенликлерге бай жыл болды. Себеби, 2025-жилда суўретке алыныўы режелестирилген “Қарабай” комедиялық фильминиң сүўретке алыныўы табыслы жуўмақланып, премьерасы Қарақалпақстан көркем өнер сарайында көтериңки руўхта өткерилди.
Өткен 2025-жылы сүўретке түсирилиўи режелестирилген фильмлер ушы 18 бағдар бойынша сценарийлер таңлаўы жәрияланып, таңлаўға “Қарақалпақфильм” МУК тәрепинен көркем, ҳүжжетли, толық, қысқа метражлы фильмлер ҳәм видеороликлердиң сценарийлери усынылды. Таңлаўға жәми 23 кино жойбар қатнасып, соннан 3 фильм сценарийи Көркемлик Кеңес тәрепинен мақулланды. Олар “Тири тарийх” бағдары бойынша “Гүлайым ҳәм Қырық қыз” толық метражлы тарийхый, екиншиси “Жаслық бәҳәри” бағдары бойынша “Қарабай” толық метражлы көркем фильми ҳәм үшиншиси “Кеўлимдеги мектеп” бағдары бойынша “Муғаллим” толық метражлы көркем-публицистикалық фильми таңлап алынды.
Сондай-ақ, январь айынан март айына шекем қысқа метражлы көркем фильмлер ушын сценарийлер таңлаўында 100 ден аслам фильм сценарийлери қатнасып, соннан Көркемлик Кеңес тәрепинен 3 фильм сценарийи мақул деп табылды.
Сондай-ақ, АТВ телеканалы менен биргеликте “КИНО-ПОДКАСТ” жойбары шөлкемлестирилген болып, ҳәзирги күнге шекем көрсетиўдиң 8 саны эфирге узатылды. “Түлкишек” балалар киножурналының өткен 2025-жылы жаңа санлары түсирилип, Қарақалпақстан телевидениеси арқалы балаларымызға инам етилди. Соның менен бирге “Суў” атлы видеоролик сүўретке алынды. Видеороликте белгили актёр Жигербай Абдимов ҳәм жас талант ийеси Рамзан Қаржаўбаев бас рольлерди атқарды. Видеороликте тийкарынан суўды ысырап етпеў, оны үнемлеп пайдаланыў керек екенлиги сүўретленген.
Сондай-ақ, тараўды санластырыў мақсетинде www.qaraqalpaqfilm.uz веб-сайты ислеп шығылды ҳәм сайтқа кәрхана ҳаққындағы барлық рәсмий мағлыўматлар толық жайластырылды. Telegram, Instagram, Facebook социаллық тармақларында кәрхананың рәсмий бети ҳәм каналлары ашылып, кино көркем өнери тараўындағы жаңалықлар ҳәм YouTube платформасында ашылған қарақалпақфильмлер каналында кәрхана тәрепинен сүўретке алынған көркем ҳәм ҳүжжетли фильмлер, видеороликлер, көрсетиўлер ҳәм басқа да материаллар турақлы түрде жайластырылып барылмақта.
Кәрхана тәрепинен сүўретке алынған заманагөй, миллий, өзбек ҳәм қарақалпақ фильмлерин интернетте QR-код арқалы тамаша етиў имканиятын беретуғын арнаўлы мобиль қосымша ислеп шығылмақта.
“Қарақалпақфильм” МУК имаратында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының Нөкис филиалы менен биргеликте институттың “Техноген көркем өнери” ҳәм “Көркем өнертаныў” кафедраларының филиаллары шөлкемлестирилди. Бул кафедра филиаллары ушын имараттың ишинен 2 бөлме ажыратылды. Мақсет – кинематографияға қызығыўшы студент жаслардың әмелий билимлерин және де беккемлеп, фильмлердиң сүўретке алыў процесслерине тартыў, сондай-ақ, олардың тәжирийбесин арттырыў ҳәм филиалдың әмелий сабақларын усы ажыратылған ханаларда өткериўди жолға қойыў болып есапланады.
Алдағы ўақытларда реже тийкарында жумысларымызды жалғастырып, халқымыздың кеўлинен шығатуғын кинофильмлерди сүўретке алыўды даўам етиў баслы мақсетимиз. Буның ушын бизде ҳәзирги ўақытта барлық имканиятлар жетерли.
-Мазмунлы сәўбетиңиз ушын рахмет. Жумысларыңызда табыслар тилеймиз.
Сәўбетлескен, Гүлнара Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.