Нурсултан Назарбаев мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт-ығбал ҳәм табыслар, Өзбекстанға тынышлық-татыўлық, турақлы раўажланыў тиледи.

Сөйлесиўде Өзбекстан-Қазақстан дослық, жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларында мисли көрилмеген жоқары дәрежеге ерисилгени, көп қырлы бирге ислесиў барлық тийкарғы бағдарларда жедел раўажланып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.