Себеби, еки оқыўшы да АҚШтың абырайлы жоқары оқыў орынларынан бири - Массачусетс технология институты (МТИ) ның 100 процентли грантын қолға киргизди. Бул гранттың улыўма баҳасы 385 мың АҚШ долларын қурайды.
Дүньяның биринши санлы техника университети болған МТИ илим ҳәм инновациялар орайы сыпатында танылған. Ҳәр жылы университетке ҳүжжет тапсыратуғын мыңлаған жаслардың қабыллаў көрсеткиши тек ғана 4 процент екенинен бәсекини болжай бересиз. 100 ден аслам Нобель сыйлығының лауреаты жетилисип шыққан жоқары оқыў орнына ҳүжжет тапсырыўдың өзи де усы мәниде бир жетискенлик есапланады. Асылбек ҳәм Элбектиң студентликке қабыл етилиўи болса мәмлекетимиз көлеминдеги үлкен нәтийже. Финанслық қоры дерлик 25 миллиард доллар болған МТИ қәбилетли студентлерге үлкен изертлеўлер өткериўи ушын шексиз имканиятлар береди. Усы жағынан жигитлер халықаралық жоқары оқыў орынларында оқыў әрманында жүрген заманласларының кеўлиндеги ушқынды жалынлатқан болса, ата-аналардың бул жолдағы жуўапкершилигин және де арттырды. Енди профессионал билимлендириўге бағдарланып атырған инвестиция салмағы артса артады да, бирақ ҳеш қашан кемеймейди.
Жаслығынан математикаға, 7-кластан информатикаға қызығыўшылығы артқан Асылбек Суннатов 9-10-классларда халықаралық абырайлы математика олимпиадасында еки мәрте гүмис медаль ийеси болды. Қәнигелестирилген мектептеги устазы Камолиддин Юсупов оның математикаға қызығыўшылығын және де арттырды. Оның ушын оған ўақыт ажыратып, илими ҳәм меҳрин аямады. Талапшаң шәкирт болса SAT, IELTS имтиханларынан жоқары нәтийжелерди қолға киргизди. Өткен жылы халықаралық информатика олимпиадасында Өзбекстан тарийхындағы биринши гүмис медальға еристи.
- МТИ ға қабыллаў нәтийжеси шыққан ўақытта, расын айтсам, өзимди унамсыз хабарға да руўхый жақтан таярладым. Себеби дүньяда биринши орында туратуғын университетке кириў имканияты жүдә төмен екенин билемен. Бирақ нәтийжелерди көрген ўақытта "Қутлықлаймыз!" деген жазыўды оқыдым ҳәм көзлериме исенбедим. Элбек ҳәм устазларымыз бенен бирге едик. Олар да қуўаныштан қышқырып жиберди. Бир мектептен еки оқыўшының қабыл етилиўин күтпегенимиз ушын сөз бенен тәрийплеп болмайтуғын дәрежеде толқынландық. Бир-биримизди қутлықладық, - дейди Асылбек Суннатов.
Өзиниң МТИ ға қабылланыўынан көп үмит етпеген, мектеплеси ушын қуўанып атырған Элбек Зоҳиджонов та әўметке келгенине дәслеп исенбеди. Өйткени, сол ўақытқа шекем бәрибир балым жетпейтуғын шығар, деген ойда еди. Соның ушын да өзи ерискен нәтийже оны унамлы мәнисте албыратып қойды.
Жигитлер өзи оқып атырған мектепте заманагөй шараятлар жетерли болыўы менен бирге муғаллимлериниң барлығы тәжирийбели екенин табысының әҳмийетли факторы деп биледи. Бундай имканият халықаралық университетлерге оқыўға кириўде үлкен жәрдем бергенин, мәмлекетимиз басшысы қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаўда жаңаша қатнасларды усыныс етип атырғаны бийкарға емес екенин айрықша атап өтти.
- Бундай шараятларсыз дүньяға шығыўға улыўма имканымыз болмас еди. Себеби халықаралық жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырыў ушын көрсеткишлер бираз жоқары болыўы керек, - дейди Элбек Зоҳиджонов. - МТИ дүнья бойынша ең күшли оқыўшыларды таңлап алады. Биз болса әне усындайлар менен бәсекилесиў ушын тек ғана профессионал билим алдық. Мектебимизде сабақлар басқаша форматта, қыйынластырып өтиледи. Олимпиада ўақтында әне усы формат жүдә пайда берди.
Муҳаммад ал-Хорезмий атындағы қәнигелестирилген мектеп билимлендириўи халықаралық стандартлар дәрежесине шықпақта. Мектепте халықаралық бакалавриат (International Baccalaureate) тың орта жыллық (Middle Years Programme) бағдарламасы бойынша аккредитация процеси табыслы өтти. Мәкеме Өзбекстандағы усы абырайлы халықаралық статусқа ийе биринши мәмлекетлик мектеп болды.
- Оқыўшыларымыз абырайлы жоқары оқыў орнына оқыўға кирип, бабамыз Муҳаммед Хорезмийдиң мийрасхорлары екенин әмелде көрсете алды. Бул, бәринен бурын, мәмлекетимизде қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаўға қаратылып атырған айрықша итибардың нәтийжеси. Қалаберди, агентлик системасында жаратылған шараятлар, мектептеги педагоглардың пидайылығы ҳәм ата-аналардың исеними оқыўшыларымызды үлкен нәтийжелерге жетеклеп атыр, - дейди мектеп директоры Фазлиддин Исмоилов. - 2017-жылы Президентимиздиң басламасы менен қурылған мектебимиздиң ҳәр бир жетискенлиги тек ғана оқыўшылардың емес, ал ата-аналар, устазлар ҳәм пүткил халқымыздың жетискенлиги болып есапланады.
Дүньяның жетекши техника университетинде билим алған жасларымыз ири изертлеўлер менен шуғылланатуғыны анық. Олардың бул бағдардағы режелери ҳәзирден-ақ анық.
- Халықаралық пән олимпиадасына қатнасыўдың өзине тән тәреплери бар. Оғада көп китап оқыў, керекли мағлыўматларды жыйнаў керек, - дейди Асылбек Суннатов. - Соның ушын, биринши гезекте, елимизде олимпиада тараўын раўажландырыў, өзим сыяқлы жасларға әмелий жәрдем бериўге ҳәрекет етемен. Себеби, бизде олимпиадаларға таярлық көриў ушын керекли материаллар жетерли емес. Қалаберди, жасалма интеллект бойынша да изертлеўлер өткермекшимен.
Быйыл мектепти тамамлаў алдында турған Элбек болса абырайлы халықаралық математика олимпиадасында биринши алтын медалды Ўатанымызға алып келиў әрманында. "Себеби, еле ҳеш ким бул олимпиададан алтын медаль алып келмеген", дейди ол.
Асылбек ҳәм Элбекке көплеген ата-аналар, заманласлары ҳәўес пенен қарайды. Бул ҳәўес еле көплеген ул-қызларымызды жоқары шеклерге жетеклейтуғыны сөзсиз.
Муножат МУМИНОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы