Руўхыйлық - жаңа дәўирдиң қызғын ҳәрекети

    Руўхыйлық инсан қәдирин мақтаныш, ар-намыс, күш-ғайрат, ақыл, садықлық, сақаўат, нәтийже сыяқлы бир қатар уллы пазыйлетлер менен белгилейди.

    Руўхыйлық дүньяға көз-қарасы кең, таза, руўхый тетик, ертеңги жарық күнлерге исеними жоқары шахсларды тәрбиялаўда ҳақыйқый жол-жорық болатуғын уллы идеялар жыйындысы болып есапланады.

    Руўхый қәдириятлары, соның ишинде, тили, исеними, бар дәстүрлерине садық миллет ғана өзлигин сақлап қалыўға ҳәм мәмлекетлик раўажланыўында ерискен жетискенликлерин жәҳән майданында көрсете алады. Әлбетте, руўхый мәртлиги жоқары халықты ҳеш қандай күш, ол қандай жаўызлыққа ийе болмасын, ҳеш қашан жоқ ете алмайды. Себеби, руўхыйлық адамда өз-өзине исеним, беккемлик, миллий мақтаныш ҳәм абырай руўхын тәрбиялайтуғын қүдиретли дерек болып есапланады. Усы мәнисте Президентимиз атап өткениндей, "Бүгин мәнаўият басқа тараўлардан он қәдем алдында жүриўи, мәнаўият жаңа күшке, жаңа ҳәрекетке айланыўы керек."

    Себеби, жаңа Өзбекстан идеясы, бәринен бурын, руўхый реформалар, яғный илим, көркем өнер, ағартыўшылық ҳәм мәденият тараўларындағы раўажланыў принциплерине сүйенеди. Мәмлекетимиздиң ҳәр бир пуқарасы, анығырақ етип айтқанда, усы миллет, усы халық, усы ел ҳәм усы жердиң перзенти болған барлық адамлар өзиниң шахсы, әдеп-икрамлылық көриниси, жәмийетте тутқан орны менен де бүгинги күн адамы - заманымыз қаҳарманының имиджин толық түрде көрсете алыўы керек.

    Инсанның руўхый жағдайы өзгермесе, қәлбинде дәўир ҳәм заман менен үнлеслик, ел тәғдирине қатнас сезими оянбаса, оннан жақсылық күтиў, үмит етиў өзин бәри бир ақламайды. Бүгинги күнниң адамы дегенде көз алдымызда күш-ғайраты толы және мәртлиги үнлес, мийрим-шәпәти ел-журт абырайына бай, ақылы дүнья илиминиң жетискенликлерине уқсас алдыңғы ҳәм турақлы шахс ийеси сүўретленеди. Ол ҳәр қыйлы қыйыншылықлар, ўақтыншалық сынаўлар алдында албырап қалмайды: имканиятсызлықтан имканият, шарасызлықтан шешим таба алатуғын исбилермен, мийнеткеш ҳәм ақыллы адам.

    Президентимиздиң атап өткениндей, негизинде "бизин еки оқ тамырымыз, еки таяныш бағанамыз бар: бири - экономика, бири - мәнаўият. Руўхый жақтан уллы халық - экономикалық жақтан да уллы болады". Бүгин жанажан Ўатанымыз ҳәр қыйлы тараўлар: социаллық, сиясий, экономикалық, мәдений, ағартыўшылық тараўларда раўажланыўдың пүткиллей жаңа дәўирине қәдем қойды, бул ертеңги күнниң нәпеси, беккем исеним жарқынлығын өзинде сәўлелендирген Үшинши Ренессанс әрманын жүзеге шығарғаны әйне ҳақыйқат. Үшинши Ренессанстың тырнақ тасына уллы ата-бабаларымызға тән болған халық сүйиўшилик, әдилликти сүйиўши, еркин пикирлеў, ўатанға садықлық, ўатанға муҳаббат сыяқлы жоқары инсаныйлық пазыйлетлер, сондай-ақ, ой-өриси кең, зыялы, күш-ғайраты жоқары жаслардың алдынғы басламалары, жанкүйерлиги, мәртлиги шын мәнисинде ашытқы ўазыйпасын атқаратуғынына гүман жоқ.

    Уллы ойшыл бабамыз Әлийшер Наўайы жаслықты тәрийплеп, "өмир мәўсиминиң нәўбәҳәри ҳәм турмыс гүлзарының гүли," "Инсанның гөззаллығы оның күш-қүдирети, мәртлигинде," деп тәрийиплеўи де туўры еди. Ҳақыйқатында да, уллы сөз шебери дөреткен өлмес шығармалардың әдебий қаҳарманлары, бәринен бурын, жаслар: айтайық, "Фарҳад ҳәм Ширин" дәстанында Фарҳад, Ширин, Шопур, "Лейли ҳәм Мажнун" шығармасында Қайс, Лайли, "Сабъаи сайёр" дәстанында Баҳром, Дилором, "Садди Искандарий" шығармасында Искендер образлары жаслық ҳәм наўқыранлық кейпиятын сўўлелендирип турады. Уллы шайыр бул арқалы өз дәўириниң журт, ўатан, мәмлекет жүгин ийининде көтере алатуғын ояў қалбли жасларға мүрәжат етеди - олардың ертеңине, келешекке үмит көз-қарас пенен қарайды, инсанға инам етилген бийбаҳа өмирин бийкар ислерге, өткинши ҳәўеслерге жумсаўға шақырмайды, ҳәр бир минутты қәдирлеп, илим-өнер үйрениў, халық мәпи жолында хызмет ететуғын жетик шахслар болып өсиўин қәлейди - соған хошамет береди. Ҳәзирги күнде жаңа Өзбекстанда жасларға берилип атырған кең имканиятлар, оларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған әдил, ақылға муўапық сиясат Әлийшер Наўайы сыяқлы уллы бабаларымыздың арзыўлары, тилек ҳәм нийетлерине үнлес болмақта. Солай екен, Президентимиз тәрепинен 2025-жыл уллы шайыр аты менен аталған Наўайы ўәлаятында "Әлийшер Наўайы жылы" деп жәрияланыўы бийкарға емес.

    Әлийшер Наўайы - жәҳән әдебияты сахнасына өзбек ҳәм Өзбекстан атының өзине тән тулғасы. Әлийшер Наўайы - миллеттиң абырайы ҳәм мақтанышы, жасларымыз ушын руўхый ғәзийнениң гилти. "Әлийшер Наўайы жылы" шеңберинде "Ҳазрат Наўайыны аңлаў - өзлигимизди аңлаў" темасында Президент саўғасы ушын республикалық таңлаў шөлкемлестирилиўи, ҳәр бир мәҳәлле, мектеп, жоқары оқыў орынлары ҳәм мийнет жәмәәтлеринде "Наўайыханлық кешелери" өткерилиўи режелестирилип атырғаны болса халқымызды ҳәзирети Наўайыға және де жақынластырады. Жетик сөз шебери узақ ўақыт даўамында шаҳ Ҳусайн Байқара салтанатында бир қатар жуўапкерли лаўазымларда жумыс ислегенлиги, өмириниң ақырына шекем ҳүкимдар жанында кеңесгөй болып турғанлығы тарийхтан жақсы белгили. Мәмлекетлик басқарыўдың ишки тәртип-қағыйдасын пуқта билген, сиясий көз-қарасларының қамтып алыныўы турмыслық тәжирийбеси барған сайын кеңейип, турмыслық, анықлық принциплери менен үнлескен Әлийшер Наўайы өз дөретиўшилигинде де мәмлекеттиң раўажланыўы ушын зәрүр шәртлерди көркемлик өлшемлер жәрдеминде тәсиршең көрсеткен еди. Мәселен:

    То ҳирсу ҳавас хирмани барбод ўлмас,

    То нафсу ҳаво қасри барафтод ўлмас,

    То зулму ситам жонига бедод ўлмас,

    Эл шод ўлмас, мамлакат обод ўлмас.

    Уллы ойшыл шайырдың көз қарасынан қарағанда, дәмегөйлик иллетлери жоқ болмаса, мәмлекеттиң раўажланыўы кризистен ҳеш қашан шыға алмайды. Гәп сонда, бүгин коррупцияға қарсы гүресиў жаңа Өзбекстанда мәмлекетлик сиясаттың ең тийкарғы бағдарына айланып үлгерди. Буны коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўшы "Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында"ғы нызамның қабыл етилгени де тастыйықлайды. Сондай-ақ, бүгинги күнде Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги жумыс алып барып атырғаны мәмлекетлик уйымларда ашық-айдынлық, нызамлылықты, жуўапкершиликтиң сөзсиз екенлигин, мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийетиниң бирге ислесиўин тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болмақта.

    Халық дәрти, халықтың бар машқалаларын белгили система арқалы ҳәр тәреплеме үйренип, мәселениң шешимин қысқа мүддетлерде шешиў имканиятын беретуғын өзине тән миллий система - "Халық қабыллаўханалары"ның шөлкемлестирилгени де уллы Наўайы айтып атырған "зулым"ға жаңа Өзбекстанда ҳеш қандай орын жоқлығының турмыслық дәлили бола алады. Анықланыўынша, ойшыл шайыр нийет еткен, өз шығармаларында алға қойған унамлы идеялар бүгинги турмыс мәдениятымызда ҳуқықый жақтан тәртипке салынған халықты разы етиў сиясатында, анығырақ етип айтқанда, "ел шадлығы," "мәмлекет абатлығы"нда айқын сәўлеленбекте.

    "Әлийшер Наўайы жылы" илажларының "Жасыл мәкан" жойбары шеңберинде Наўайы ўәлаятының қала ҳәм районлары, аўылларында уллы бабамыздың атына жаңа бағлар, сулыў қыябанлар, жасыл аймақлар қурылыўы елимизге әдебиятқа, мәнаўиятқа итибардың тымсалы болса, қурылатуғын Жаңа Өзбекстан бағында Әлийшер Наўайыға бағышлап естелик музейиниң ашылыўы ўатанласларымызда уллы тарийхымызға ҳүрмет сезимин тәрбиялап, "Өзбекстан - 2030" стратегиясы - халық стратегиясы" сүрени астында белгиленген реформалардың избе-из, сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырылып атырғанына айқын дәлил бола алады.

    Жаслар - жәмийет механизмин ҳәрекетке келтирип туратуғын жетекши күш. Оларда илимге талпыныў, ағартыўшылық көз қарасларында жасаў қуўанышы, тиришилик қуўанышы менен бирге қызығыўшылық, жаңалыққа умтылыў кейпияты да көринеди. Миллет зыялылары жаслардың санасына мәмлекетимиздеги реформалардың мазмун-мәнисин сиңдириўи, оларды пидайылыққа, ўатансүйиўшиликке, елдиң келешеги ушын гүресиўе руўхландырыўы, ийгиликли мақсетлер жолында тынымсыз мийнет етиўге, жәҳән илим жетискенликлеринен хабардар болыўға үйретиўи шәрт ҳәм зәрүр. Президентимиз айтқанындай, "Бүгин тек ғана мине усындай алдынғы жасларға, мине усындай жанкүйер зыялыларға, Ўатанның раўажланыўы жолында бирлескен халыққа ийе болған мәмлекет ғана өзиниң миллий мәплерин тәмийинлеўге ерисе алады."

    Усы мәнисте Президенттиң "Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы"нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында"ғы пәрманы қабыл етилди. Оның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, соның ишинде, "Жаслар балансы" тийкарында айрықша ислеў талап етилетуғын, сондай-ақ, талантлы ҳәм қәбилетли жаслар министрликлер ҳәм уйымлар, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары, мәмлекет қатнасыўындағы кәрхана ҳәм шөлкемлер және жоқары билимлендириў шөлкемлериниң басшыларына бириктирилди. "Бес баслама олимпиадасы" шеңберинде түрли интеллектуаллық ҳәм спорт жарыслары шөлкемлестирилмекте. Жаслар арасында исбилерменликти кеңнен ғалаба ен жайдырыў ҳәм бизнес пенен шуғылланыўға қосымша шараятлар жаратылмақта. "Ҳәр бир мәҳәлледен еки дәстүрши" бағдарламасы әмелге асырылмақта. "Жаслар дәптери" қорының қаржылары есабынан жасларды шет тиллери ҳәм кәсип-өнерге оқытыў мақсетлерине бағдарлаў әмелияты жолға қойылды. Жас ҳаял-қызларды исбилерменлик, маркетинг, графикалық дизайн сыяқлы заманагөй кәсиплерге оқытыў ушын "Қызлар академиясы" платформасы иске қосылды. "Мениң мектебим" жойбары тийкарында мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан мектеплерге базалық есаплаў муғдарының 150 есеси муғдарында қаржы ажыратылып, мектеплердиң материаллық-техникалық базасы және де беккемленбекте. Улыўма орта билим бериў мектеплерине алыс аймақлардан қатнайтуғын оқыўшылар ушын аутсорсинг тийкарында бийпул автобус қатнаўы жолға қойылды. Булардың барлығы жаңа Өзбекстанда жасларды заманагөй билим ҳәм дүньяға көз-қарас, дәраматлы кәсип ийелери етип тәрбиялаў, оларды илим, ИТ-технологиялар, руўхыйлық, көркем өнер ҳәм әдебият, спорт пенен таныстырыў ушын ҳеш нәрсени аямастан, бар күш ҳәм имканиятлар жумсалып атырғанынан дәрек береди.

    Ҳақыйқатында да, 2024-жылдың усы дәўирине келип мәмлекетимизде мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыўдың 74 проценттен, жоқары билимлендириўде болса 39 проценттен артқаны келешек дөретиўшилери болған жаслардың билим алыўы, заманагөй илим жетискенликлерин ийелеп, бүгинги глобалласыў дәўиринде өз көз-қарасы, умтылысында түрли жат идеяларға алданбастан, беккем билимге сүйениўи ушын жаратылған шараятлардың көриниси. Президентимиздиң сөзи менен айтқанда, "тәрбия ҳәм билимлендириўди бир-биринен ажыратып болмайды, бул еки процесс өз-ара үнлес, үзликсиз тийкарда шөлкемлестирилген жағдайда ғана, әдеп-икрамлы, жоқары мәнаўиятлы, соның менен бирге, билимли, зыялы, руўхый ҳәм физикалық жақтан саламат, кең дүньятаныў, пикирлеў ҳәм заманагөй кәсип-өнер ийеси болған ўатансүйиўши жасларды жетистирип береди".

    Адам пайда болғанлы берли сөз оның жолдасы: инсан кишкене ўақтында ҳәййиў тыңлап, балалығында халық данышпанлығының дүрданаларын еситип, ата-бабаларының үгитлерин оқып-үйренип үлкейеди. Әсирлер даўамында әўладтан-әўладқа өтип келген миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятлардың тиришилик беретуғын күши шахс камалға келиўинде, оның физикалық жақтан күшли, ақылы жетик, руўхый жақтан беккем болып камалға келиўинде әҳмийетли орын ийелейди. Руўхый қүдиреттиң негизги мәнисин терең түсинген жәмийет өтмиштеги айырым қәтелерден дурыс жуўмақ шығарып, өз жолын, кәсибин ҳәм мақсетин анық белгилеп алыўы тәбийий.

    Сонлықтан, Министрлер Кабинетиниң "2020-2025-жылларда «Китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў миллий бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары жаслардың руўхый-ағартыўшылық, көркем-эстетикалық талапларына жуўап беретуғын китапларды басып шығарыў, баспаханалар ҳәм дөретиўшилердиң жумысына жәрдемлесиў ҳәм қоллап-қуўатлаў жолындағы әҳмийетли ҳүжжет болды.

    Ҳәзирги ўақытта ҳәр қыйлы жас категориясына мөлшерленген әдебиятлар басып шығарылып атырғаны, атап айтқанда, балалар әдебияты, түркий халықлар әдебияты үлгилери, өзбек әдебиятының дүрданалары топламлары бир неше томнан ибарат китаплар дүнья жүзин көрип атырғаны, оларға болған күшли талап нәтийжеси болып есапланады.

    Әдебият - руўхыйлық бесиги, тийкарғы қәдириятлар негизи. Оған ашық болған жүректе ҳақыйқый инсан тәбиятына жат жаўызлық, қыянет, еки жүзлилик, өтирик сыяқлы иллетлер ҳеш қашан көринбейди. Әдебият инсанды жақсылыққа, оптимизмге, жарықлыққа баслайды - гөззал пазыйлетлерге жетелейди. Президентимиз атап өткениндей, "Ўатан ҳәм халықтың тәғдирине қәўип-қәтерлер күшейген жағдайда мине, усы миллет пидайылары - ояў қәлбли зыялылар, шайыр ҳәм жазыўшылар, көркем өнер ғайраткерлери, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық тараўының хызметкерлери мәртлик пенен майданға шыққан. Мәмлекетимиз өз раўажланыўының жаңа, жоқары басқышына кирип атырған ҳәзирги ўақытта бизге жадид бабаларымыз сыяқлы Батыс илим жетискенликлери менен бирге, миллий қәдириятлар руўхында тәрбияланған жетик кадрлар суў менен ҳаўадай зәрүр."

    Әҳмийетлиси, жадид бабаларымыздың "идея ҳәм бағдарламалары жаңа Өзбекстанды қурыў стратегиясы менен ҳәр тәреплеме үнлес болып есапланады." Президентимиз қарары менен Жадидлер мийрасы мәмлекетлик музейиниң шөлкемлестирилгени ағартыўшы жадидлердиң ўатанымыз ҳәм жәҳән тарийхындағы әҳмийетли орны, миллий ғәрезсизлигимиздиң руўхый тийкарларын жаратыўдағы үлеси ҳәм пидайылығын ҳақыйқый сәўлелендириў, халық, әсиресе, жаслар арасында кеңнен үгит-нәсиятлаўда айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Елимизде XX әсир басларынан баслап ояўлық ҳәм жеделлик принципи тийкарында басланған жадидшилик ҳәрекети, атап айтқанда, әдебият, көркем өнер, мәнаўият ҳәм ағартыўшылық бағдарларында мисли көрилмеген унамлы өзгерислерге тийкар жаратты. Уллы бир әдебият сыпатында пайда болған жадид әдебияты заманагөй өзбек әдебиятының кейинги раўажланыў басқышларын да белгилеп берди. Бүгин пайтахтымызда бой тиклеген, дөретиўшилик орталықты өзинде жырлап турған Жазыўшылар қыябаны, уллы дөретиўшилердиң шығармалары кеңнен үгит-нәсиятланып атырғаны, китапқумарлыққа қаратылып атырған шексиз итибар жадидлер әрманының турмыслық сәўлелениўи болып есапланады. Бул болса жаңа Өзбекстанда руўхый жақтан оянған, пикирлери терең, беккем ерк-ықрарлы жаңа жадидлер, жаңа дөретиўшилик ийелери жетисип шығып атырғанынан, ҳуқықый тийкарға сүйенген, илим ҳәм ағартыўшылықты, әдиллик ҳәм жигерлиликти үгит-нәсиятлаған, халық ҳәм миллет мәплерин ҳәр нәрседен үстин қойған жаңа қәдириятлар қәлиплескенинен дәрек береди.

    Мақсуд АСАДОВ,

    Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы

    Өзбек тили, әдебияты ҳәм фольклоры институты директорының орынбасары,

    филология илимлериниң докторы, профессор.