Халық исеними - жоқары бахыт

    Өткен ҳәптеде мәмлекетимиздиң сиясий турмысында оғада әҳмийетли, тарийхый ўақыялар жүз берди. Мәмлекетимиз басшысы миллий парламентимиздиң төменги ҳәм жоқары палаталарында, мәмлекет Бас ўәзирин лаўазымға усыныў процесинде кең көлемли баянатлар менен қатнасты.

    Үш күн даўамында бир қатар мәселелер алға қойылды. Мен усы елдиң перзенти, халқымыздың келешегине бийпәрўа болмаған ақсақал әмелиятшы юрист сыпатында бул ўақыяларды дыққат пенен бақлап, келеси бес жылда алдымызда турған ўазыйпаларды өзим ушын қойын дәптериме жазып алдым.

    Гезеги менен усы мәжилислерден алған жуўмақларыма тоқтап өтпекшимен. Олий Мажлис Нызамшылық палатасының сайлаўдан кейинги биринши мәжилисинде қатнасқан Президентимиз депутатларға қарата олардың бундай мақтанышлы статусқа ерисиўинде мәрт ҳәм кеңпейил халқымыздың жоқары исеними ҳәм ҳүрметиниң билдирилиўи әҳмийетли фактор болғанын атап өтти. Нызамшылық палатасы алдында турған жаңа ўазыйпалар, өткен дәўирде жол қойылған айырым кемшиликлер, соның менен бирге, бурынғы шақырықда жумыс алып барған депутатлардың жетискенликлерине де анық баҳа берип өтти. Енди парламентти ҳақыйқый халық үйи, оның төменги палатасын идеялар генераторына, саламат бәсеки жүргизилетуғын, пикир-таласлар алып барылатуғын майданға айландырыў бойынша пикирлер билдирди. Сиясий партиялардың сайлаў кампаниясы даўамында алға қойылған ҳәм халқымыз қоллап-қуўатлаған усыныслары, әлбетте, көрип шығылыўы ҳәм әмелге асырылыўы керек екенлигин атап өтти. Ең қуўанышлысы, буннан былай пуқаралық жәмийети институтлары менен байланысты күшейтиў мақсетинде төменги палатаның ҳәр бир комитети жанында олардың ўәкиллеринен ибарат жәмийетлик кеңеслер дүзилетуғын болды.

    Қурамы ықшамластырылып, ўәкиллиги ҳәм жуўапкершилиги бир неше есеге артқан сенаторлар менен болып өткен мәжилисте де жоқары палата алдында турған әҳмийетли ўазыйпаларға итибар қаратылды. Нызамларды додалаўда жаңа механизмлерди енгизиў зәрүрлиги, нызам дөретиўшилик процесслерине жергиликли кеңеслерди кеңнен тартыў, ҳәр бир нызам бойынша жергиликли кеңеслердиң пикирин есапқа алыў әмелиятын жолға қойыў үлкен әҳмийетке ийе екени, олардың жумысына жәрдемлесиў Сенаттың тийкарғы ўазыйпасы болыўы керек екенлиги атап өтилди. Онда Сенат комитетлерин жоқары палатаның жүреги ҳәм ҳәрекетлендириўши күшине айландырыў усынысы киргизилди.

    Және бир әҳмийетли тарийхый жаңалықлардан бири - суд ҳәкимиятының ҳақыйқый ғәрезсизлигин тәмийинлеўге хызмет етиў мақсетинде Судьялар жоқарғы кеңесиниң барлық ағзаларын Сенат тәрепинен сайлаў системасы жолға қойылмақта. Онда Сенат тек ғана талабанларды тастыйықлаў менен шекленип қалмастан, олардың жумысы менен танысып, жуўмақ берип баради. Буннан көринип турғанындай, суд ҳәкимиятының бийғәрезлигин беккемлеў, кадрлар, олардың экономикасы ҳәм тәмийнаты мәселеси Сенат дәрежесине алып шығылмақта.

    Ҳақыйқатында да, парламент ҳәм ҳүкимет жумысында жаңаша ислеў, халыққа садықлық пенен хызмет етиў ўақты келди. Бул жаңа Өзбекстан дәўири. Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде әйне усы мәселе көтерилди. Онда Президентимиз тәрепинен Бас министр лаўазымына Абдулла Ариповтың кандидатурасын усынды. Абдулла Арипов Министрлер Кабинетиниң жақын мүддетке ҳәм узақ перспективаға мөлшерленген ҳәрекет бағдарламасын баян етти. Бас министр лаўазымына талабан сиясий партиялар фракциялары басшылары ҳәм депутатлардың пикири ҳәм жасырын даўыс бериў нәтийжелерине бола мақулланды.

    Үш күнлик сиясий процесс даўамында Олий Мажлис Нызамшылық палатасының спикери, Сенатының баслығы ҳәм олардың орынбасарлары, комитетлердиң баслықлары және Бас министрдиң кандидатурасы бир аўыздан мақулланды. Министрлер Кабинетиниң қурамы қәлиплестирилди.

    Президентимиздиң бир-бирин үзликсиз даўам еттирген баянатлары барлық ҳәкимликлер, тараўлар, мәмлекетлик уйымлар ҳәм жәмийетлик институтлар ушын таяр жол картасы дегени. Оннан, яғный шын кеўилден айтылған, айырым жерлерде қызғын билдирилген тарийхый пикирлерден ақылға уғрас пайдаланса, алдымызға қойған мақсетлеримизге, ерисемиз, деп ойлайман. Халқымыздың абаданлығы, мәмлекетимиздиң тынышлығы жолында қайғырыў соның менен тарийхый болып, бундай сезимди бүгинги күнге шекем ҳеш биримиз комплекс тәризде сезбеген едик. Соның ушын мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алға қойылған ҳәр бир идеяны өз халқына, Ўатанына меҳир ҳәм садықлығы менен қаҳарманлық пенен әмелге асырған ҳәрекет, деп атаў мүмкин.

    Қаншадан-қанша қыйыншылықлардан аман-есен өтип келген халқымызда бир турмыслық ҳикмет бар: "Бирлескен өзар..." Биз мәмлекетимиздиң тынышлығы ҳәм турақлылығы жолында бир мақсетке бирлескен халқымыз. Орынлап атырған ҳәр бир әмелимиз, терең пикиримиз арқалы елимиз жетекшиси әтирапында бирлесип, мәмлекетимизге садық хызмет етпектемиз. Мәмлекетимиз басшысы да ҳеш бир жағдайды итибарынан шетте қалдырып атырған жоқ. Өзбекстанымызды дүньяға танытыў бойынша тынымсыз ҳәрекет етпекте. Мәмлекетлик сапар менен қай жерге барса да жаңа бир басламаны алға қойып, сол мәмлекетлердиң басшылары тәрепинен умтылыўшы лидер сыпатында тән алынып атырғанынан бәршемиз хабардармыз. Булардың барлығы өз халқына меҳиринен, мәмлекет пуқараларының мәпин гөзлегенинен болмақта.

    Парламент ағзаларының өз ўазыйпасына кирисиў ҳәм ҳүкимет басшысын сайлаўға бағышланған мәжилисти дыққат пенен бақлап, жаңа Өзбекстанымызға тән жүз берип атырған өзгерислерге бийпәрўа болмаған ақсақал юрист сыпатында еки усынысты билдирмекшимен:

    Бириншиси, Президентимиздиң баянатлары топланып, бир пүтин китап ҳалына келтирилсе.

    Екиншиси, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикери, Сенат баслығы ҳәм Бас министрдиң сиясий партиялар фракциясы басшыларының, айырым депутат ҳәм сенаторлардың, сондай-ақ, шығып сөйлеген ҳәкимлердиң баянатлары да жәмленип, екинши китапқа берилиўи мақсетке муўапық болар еди.

    Себеби, бул баянатларда мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, атқарыў ҳәкимияты, жәмийетимиздиң социаллық турмысында жүз берип атырған ўақыялар, жаслар, билимлендириў ҳәм майыплығы болған шахслар ҳаққында әжайып пикирлер билдирилди. Басып шығарылған бул китаплар ҳәр бир мәмлекетлик уйымлардың басшылары, лаўазымлы шахслар, кәрхана ҳәм шөлкемлер, оқыў орынлары және жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары жумыс столында болып, жәмийетшилик ушын еске алынып, мазмун-мәниси және де кеңнен үгит-нәсиятланып барылса, тийкарғы мақсетке ерисе аламыз.

    Убайдулла МИНГБОЕВ,

    Өзбекстан Судьялари ассоциациясының баслығы,

    Өзбекстанда хызмет көрсеткен юрист.