Сенатта "Сейсмикалық қәўипсизликти тәмийинлеў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиў ҳаққында"ғы нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Атап өтилгениндей, соңғы 3 жылда 100 мыңға шамалас объектлердиң қурылысы үстинен Қурылыс инспекциясы тәрепинен мәмлекетлик қадағалаў орнатылған.

Соған қарамастан айырым қурылысшылар тәрепинен белгиленген нормаларға әмел етпеў жағдайлары да артып бармақта. Соның ишинде, 2022-жылы қала қурылысы ҳаққындағы нызамшылықты бузыў менен байланыслы 6 мыңнан аслам ҳуқықбузарлық анықланған болса, 2023-жылы бул сан дерлик 8 мыңды қураған. 2024-жылдың тек ғана 11 айында болса бул көрсеткиш дерлик 9 мыңды қураған.

Анықланған сапасыз қурылыс-монтажлаў жумыслары бойынша 4 мыңнан аслам объектте қурылыс жумыслары тоқтатылып, үш жыл даўамында 1,5 мыңға шамалас бузыў жумыслары әмелге асырылған.

Буннан тысқары, исбилерменлер тәрепинен нызамсыз қурылысты әмелге асырыў жағдайлары да көбейип бармақта. Атап айтқанда, 2022-2024-жылдың өткен дәўиринде 13 мыңнан аслам объектте мәмлекетлик дизимнен өткерместен қурылыс жумыслары баслап жиберилген.

Бундай кемшиликлерге ҳәр қыйлы шөлкемлестириўшилик ҳәм ҳуқықый бослықлардың бар екенлиги де себеп болмақта.

Атап айтқанда, рухсатсыз қурылысты әмелге асырыў, бас режеге, объектлерди пайдаланыўға қабыл етиў қағыйдаларына әмел етпеў ҳәм көп квартиралы турақ жайларды өзбасымшалық пенен жер асты ҳәм биринши қабатын бузғаны ямаса реконструкция еткени ушын белгиленген ҳәкимшилик жәриймалардың тәсиршеңлигиниң төменлигин мысал сыпатында келтирип өтиў мүмкин.

Ҳәттеки нызамшылықта жойбарлаўшы тәрепинен берилетуғын көрсетпелерди орынламағаны ушын жуўапкершилик белгиленбеген.

Бул болса Қурылыс инспекциясы ҳәм жойбарлаўшылардың көрсетпелери буйыртпашы тәрепинен орынланбай атырғанына себеп болмақта.

Көп квартиралы турақ жайлардың жер асты ҳәм биринши қабатының таяныш бөлимин өзбасымшалық пенен бузыў ямаса реконструкциялап, турақ жай емес объектке айландырыў жағдайлары артып бармақта.

Соңғы жыллары сырт еллерде, атап айтқанда, Түркия, Марокко ҳәм Сирияда жүз берген күшли жер силкиниўлер ақыбетинде жүзеге келген ҳәр қыйлы зыянлар елимизде сейсмикалық қәўипсизликти тәмийинлеў, имарат ҳәм объектлердиң жер силкиниўге шыдамлылығын арттырыўға қаратылған бир қатар мәнзилли илажларды әмелге асырыўды талап етпекте.

Әсиресе, халық ҳәм аймақларды сейсмикалық қәўиптен қорғаў бағдарында анық мақсетке бағдарланған бағдарламаларды ҳәм илимий изертлеўлерди турақлы әмелге асырып барыў үлкен әҳмийетке ийе.

Нызам менен Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят-процессуал ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекслери және Өзбекстан Республикасының "Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында"ғы нызамына қурылыслардың сапасын арттырыў, имарат ҳәм объектлердиң нызамға қайшы түрде қурылыўының алдын алыў және қала қурылысы ҳаққындағы нызамшылық талапларына қатаң әмел етилиўин тәмийинлеўге байланыслы тийисли өзгерислер киргизилмекте.

Соның ишинде, Жынаят кодексиниң 2293-статьясына қурылысы жуўмақланған имаратлар ҳәм объектлерден пайдаланыўға рухсат бериўге байланыслы ҳәмде оларды пайдаланыўға қабыл етип алыў қағыйдаларын бузғаны, объектлерди қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы тараўында қадағалаў инспекцияларының рухсатысыз қурғаны, көп квартиралы турақ жайлардағы таяныш конструкцияларды нызамшылық ҳәм техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлерди бузған ҳалда өзгерттириў ҳәм (ямаса) реконструкциялаў ушын, сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, жынайый жуўапкершилик жүзеге келиўин нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.

Қала қурылысы ҳаққындағы нызамшылықтың бузылыўы адамның өлими ямаса басқа да аўыр ақыбетлерге себеп болса, бул ушын айрықша жынайый жуўапкершилик белгиленетуғыны нәзерде тутылмақта.

Көп квартиралы турақ жайлардағы таяныш конструкцияларын нызамшылықты ҳәм техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлерди бузған ҳалда өзгертиў ҳәм (ямаса) реконструкциялаў менен байланыслы жынаятты биринши мәрте ислеген ҳәм әмелге асырылған өзгертиў ямаса бузылыўларды, сондай-ақ, олардың ақыбетлерин ықтыярлы түрде сапластырған шахс жуўапкершиликтен азат етилиўи мүмкин екенлиги нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, қала қурылысына байланыслы нызамшылық талапларын бузғаны ушын белгиленген жәрийма жазалары күшейтилмекте.