Ол бул беллесиўде жеңимпаз болатуғын спортшы менен кейин ала рингде күш сынап көриў шәртлери тийкарында усы қарарға келген.

"The Ring" басылымының жазыўынша, WBA қағыйдаларына муўапық, ярым орта салмақ WBA чемпионы Станёниске IBF чемпионы Энниске қарсы саўаш өткериўге рухсат берилген. WBA қағыйдаларына бола, Станёнис командасы бул саўаш ҳаққында Шаҳрам Ғиёсовқа мүрәжат еткен ҳәм оның келисимин алған.

WBA қағыйдаларына бола, Станёнис ҳәм Эннис арасындағы саўаш жеңимпазы 120 күн ишинде Ғиёсовқа қарсы саўаш өткериўи шәрт.

"The Ring" басылымының жазыўынша, Шаҳрам Ғиёсов та 12-апрель күни Атлантик-Ситиде өткерилетуғын бокс кешесинде өзиниң беллесиўин өткереди. Оның бул саўаштағы қарсыласы ким болатуғыны ҳәзирше мәлим емес.