Онда Әмир Темур ҳәм темурийлер дәўиринде қәлиплескен жоқары мәмлекетшилик дәстүрлер, илим ҳәм мәденияттың раўажланыў тәжирийбеси, сондай-ақ, оларды бүгинги Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы менен үнлес ҳалда үйрениў мәселелери көрип шығылып, бир қәтар илимпазлар менен студент жаслардың Саҳыпқыран Әмир Темур ҳәм темурийлер дәўириниң сиясий, экономикалық, социаллық ҳәм мәдений турмысына байланыслы баянатлары оқылды.

Атап өтилгениндей, Әмир Темур тийкар салған орайласқан мәмлекетлик система өз дәўири ушын ең жетилискен басқарыў модели болып, онда әдиллик, нызам үстемлиги, тәртип-қағыйда ҳәм күшли әскерий стратегия тийкарғы принцип сыпатында орнатылған. Бул болса аймақлық пүтинликти тәмийинлеў менен бирге, экономикалық турақлылық ҳәм халықтың абаданлығын беккемлеўге хызмет еткен. Усы тәрептен, Әмир Темур тәрепинен алға қойылған басқарыў принциплери ҳәзирги ўақытта да заманагөй мәмлекетлик басқарыў системасында әҳмийетли теориялық ҳәм әмелий әҳмийетке ийе екенлиги айрықша көрсетип өтилди.

Конференцияда темурийлер дәўири ренессанс басқышы сыпатында баҳаланып, бул дәўирде илим, мәденият, архитектура ҳәм көркем өнер жоқары дәрежеде раўажланғаны илимий тийкарларда додаланды. Соның ишинде, астрономия, математика, медицина, тарийх ҳәм әдебият тараўларында ерисилген табыслар шығыс ҳәм жәҳән цивилизациясының раўажланыўына үлкен үлес қосқаны атап өтилди.

Минажатдин Қутлымуратов,

«Янги Ўзбекистон» хабаршысы.