Социаллық мәмлекет принципи турмысқа енгизилмекте

    Пикир 16 желтоқсан 2024 19

    Социаллық қорғаў тараўындағы жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм 2025-жыл ушын тийкарғы ўазыйпаларды додалаўға бағышланған мәжилисте мәмлекетимиз басшысы билдирген усыныс ҳәм басламалар жаңа редакциядағы Конституциямызда сәўлеленген "социаллық мәмлекет" принципиниң айқын көриниси болды. Президентимиз быйыл социаллық қорғаў бойынша исленген 34 әҳмийетли жаңалыққа қосымша 28 жаңа басламаны алға қойды.

    Келешекте 1 миллион 200 мың адамды кәмбағаллықтан шығарыў ушын билимлендириў, дөгерек, кәсип-өнер, медицина мәселелерин шешиў ҳәм жасаў шараятын жақсылаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Әлбетте, бәринен бурын, социаллық қорғаў тараўына мәмлекетимиз ажыратып атырған қаржы және көрсетилип атырған социаллық ҳәм басқа да хызметлер көплеген мәмлекетлер ушын үлги ўазыйпасын атқарады, десек, қәте болмайды. Қарақалпақстан мысалында айтсақ, бир ғана "Ҳаял-қызлар дәптери" шеңберинде дерлик 8700 шаңараққа 8 миллиард сумнан аслам мәмлекетлик жәрдем көрсетилген. Атап айтқанда, бағыўшысы болмаған мүтәж ҳаял-қызлардан 7427 ине 8,9 миллиард, социаллық жәрдемге мүтәж биринши ҳәм екинши топар майыплығы болған 9756 ға 11,7 миллиард, қараўында майыплығы болған перзенти болған 3069 ҳаял-қызға 3,9 миллиард сум материаллық жәрдем берилген. Аўыр турмыс шараятында жасап атырған 1116 ҳаял-қыздың турақ жайы оңланып, ижара компенсациясы төлеп берилген. Социаллық қорғаўға мүтәж дерлик 32 мың жумыссыз ҳаялдың бәнтлиги тәмийинленген.

    Қала ҳәм районларға, мәҳәлле ҳәм аўылларға кирип барсаңыз, бундай жәрдемниң мүтәж ҳаял-қызлар, аналар ҳәм балалар, шаңарақлардың турмысында қандай өзгерислер жасап атырғанын көресиз. Олардың турмысы ҳәм келешегине үмити артқанына гүўа боласыз. Себеби, материаллық жәрдем ҳәм көмек бериў менен бирге халықты жумыс пенен тәмийинлеў, дәраматын көбейтиў мәселесине де итибар қаратылмақта.

    Президентимиздиң 2025-жылы кәмбағаллық жоқары болған мың мәҳәлледе қосымша биреўден шаңарақлық бақша жумысы жолға қойылыўы, жаңа жылдан шаңарақлық бақша орынларының 15 процентине кәмбағал шаңарақлардың перзентлери қабыл етилиўи ҳәм бақша төлеминиң бир бөлеги қаплап берилиўи ҳаққындағы усыныслары жәрдемге мүтәж шаңарақлар ушын оғада үлкен имканият. Сайлаўшылар арасында болғанымызда балаларды бақшаға орналастырыў ҳәм айлық төлем пулы төлеми ҳаққында мүрәжатлар болатуғын еди. Мәселениң усы тәризде шешилиўи әйне усындай шаңарақлардың мәпине хызмет етеди.

    Мәжилисте алға қойылған ең әҳмийетли басламалардан және бири "социаллық карта" енгизиў мәселеси болды. Усы күнге шекем пуқаралар социаллық хызмет ҳәм жәрдем алыў ушын 10 нан аслам ҳүжжетти көтерип жүрген болса, енди олардың орнын басатуғын бир "социаллық карта" енгизиледи. Буннан тысқары, усы социаллық карта менен автобус ҳәм метрода бийпул жүриў, электр, газ ҳәм оқыў қәрежетине компенсация алыў мүмкин болады. Напақа ҳәм жәрдем пулы да усы картаға түсириледи.

    Бүгин кәмбағал шаңарақлардағы өзи ҳәрекет ете алмайтуғын шахсларға ата-анасы, өмирлик жолдасы, перзентлери, аға-ини ямаса апа-сиңлиси қарап киятырғаны да әйне ҳақыйқат. Келеси жылдан мәҳәлледеги социаллық хызметкерлер ҳәм жеке меншик сектордың қатнасыўында бундай адамларға үйинде ҳәм күндизги қатнаў тийкарында күтиў жолға қойылатуғыны, нәтийжеде жақынларына қарап турғанлардың ислеўине шараят жаратылатуғыны, сондай-ақ, бундай хызмет көрсеткен жеке меншик секторға кәмбағал шаңарақлар қәрежетиниң 80 процентин мәмлекет қаплап берилетуғындығы айтылды. Бул ийгиликли ҳәрекет шаңарақтың ҳәм материаллық, ҳәм руўхый жақтан турақлылығына хызмет етеди.

    Және бир әҳмийетли мәселе жәрдемге мүтәж халықты бир социаллық турақ жайға жайластырыўдан ўаз кешип, өзиниң мәҳәллесине жақын жердеги жайды ижараға алыўына рухсат бериў ҳәм қәрежетин қаплаў болып табылады. Бул жәрдемге мүтәжлердиң жақын туўысқанлары менен әдеттеги жасаў шараятынан қашық болмаған ҳалда турмыс кешириў ушын имканият жаратады. Қалаберсе, миллий ҳәм шаңарақлық үрп-әдетлер, қәдириятлар, туўысқанлық қатнасықларының даўамлылығына хызмет етеди.

    Видеоселекторда додаланған барлық мәселе, социаллық қорғаў тараўында алға қойылған баслама ҳәм идеялар жаңа Өзбекстанның социаллық мәмлекет сыпатында дүньяда өзин көрсетип атырғанынан дәрек береди.

    Назира МАТЯҚУБОВА,

    Қарақалпақстан Республикасы

    Жоқарғы Кеңес депутаты.