Сондай дәрт бар, олардың аўырлығы емес, азары тек ғана шахсты емес, ал жәмийетти ләрзеге келтиреди. Бүгинги глобал дүнья технологиялық жетискенликлер менен бирге, инсаният алдына бир қатар машқалаларды қоймақта. Олардың бири - қараўсыз қалған ямаса зулымлық ҳәм зорлықтан азап шегип атырған балалардың тәшўиши болып есапланады.
Мәмлекетимиз басшысы Олий Мажлис Сенатының биринши мәжилисинде шығып сөйлеген сөзинде бул аўыр мәселеге және бир мәрте итибар қаратты. Атап айтқанда, мәдениятымызға тән болмаған бундай иллетлерге қарсы келисимсиз мүнәсибетте болыў ҳәм аяўсыз гүресиў шәрт екенлигин, бул мәселе жеке Президенттиң қадағалаўында болатуғынын атап өтти.
Перзент тәрбиясында қатты қоллықты әҳмийетли деп билетуғынлар да бар. Олар балаларға тек физикалық емес, ал руўхый жақтан да үлкен басым өткереди. Бул болса баланың социалласыўын төменлетеди.
Шаңарақтың тынышлығы мәмлекеттиң турақлы раўажланыўы ушын әҳмийетли фактор. Өзбек халқы бәрқулла шаңарақты муқаддес деп билген. Оның абаданлығы, тынышлығы ушын гүрескен. Ата-бабамыздың үгит-нәсияты, әке үлгиси, ана муҳаббаты арқалы балаларда ийман-исеним, ҳадаллық, ақыбет сыяқлы сезимлер қәлиплескен. Ҳеш бир дәўирге жат болмаған бирден-бир ҳақыйқат, әдеп-икрамлы ҳәм идеялық орталық саламат шаңарақ мәмлекеттиң беккем тиреги болып есапланады. Себеби, бундай шаңарақларда физикалық және руўхый жақтан бәркамал перзентлер үлкейеди. Олар саламат пикирлери менен ел-журт хызметине демеў болады.
Мағлыўматларға қарағанда, Өзбекстанда 9 миллионнан аслам шаңарақ бар. Жылына 250-300 мың жаңа шаңарақ қурылмақта. Бирақ, соның менен бир қатарда, ҳәр жылы орташа 45-49 мың шаңарақ ажырасып кетпекте. Бул санлардың артындағы тәшўишлерди бәримиз көрип-билип турмыз. Қәнигелердиң пикиринше, дүнья жүзи бойынша балаларға физикалық, психологиялық ҳәм жынысый зорлық ақыбетинде келип шығатуғын глобал экономикалық тәсир ҳәм қәрежетлер 7 триллион АҚШ долларына шекем жетип барады екен. Бул қаржының үлкен бөлеги зорлықтың алдын алыўға бағдарланады.
Мәжбүрийлик - балаларға жат қараў
Инсан ҳуқықы - уллы түсиник. Оның мәңгилиги, даўамлығы тәмийинленген еллерде ғана экономикалық ҳәм руўхый раўажланыў болады. Усы мәнисте мәмлекетимизде балалардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўға итибар күшейди. Бул бағдарда бас нызамымызға жаңа нормалар киргизилди. Балалардың мәжбүрий мийнети бийкар етилди.
Мағлыўматларға қарағанда, дүнья жүзи бойлап шама менен 160 миллион бала билим алыў ҳуқықынан айырылған. Аз айлық ҳәм аўыр шараятта аўыл хожалық жеринде, кәнлерде ҳәм санаат майданларында узақ ўақыт ислеўге мәжбүр. Олардан 89,3 миллионы 5 - 11 жастағы балалар, 35,6 миллионы болса 12 - 14 жастағы ул-қызлар.
Бул мағлыўматлар халықаралық майданда балалар ҳуқықы елеге шекем әҳмийетли мәселе болып турғанынан дәрек береди. Колледжге енди барған жылымыз - ноябрь айы болыўына қарамастан, қыс өз ҳүкимин жүргизе баслаған еди. Әлле қашан қар жаўған еди. Бирақ, кеўилге жағымсыз бир жағдай бар еди. Күн ара оқыў имаратының алдында бир неше оқыўшылар төсеклери менен турады, ал муғаллимлер болса оларға бәлент даўыс пенен бир нәрселерди түсиндир еди. Буны көргенлер суўықтан көгере баслаған балаларға қарап, "қашқынлар" деп жуўмақ шығаратуғын еди. Енди ойлап таң қаласаң, адам. Сол ўақытлары пахта териў ҳәр бир жас ҳәм ғаррының улыўма миннети, ал билимлендириў болса екинши дәрежели, деген түсиник жәмийетке сиңип кеткен екен.
Оқыўшылардың макаронға күни қалғаны, суўықта аўырыў арттырып алғаны емес, ал "миннетти"н орынлаў әҳмийетли еди. Гейде аўылласларым арасында пахтадан қашып келген балалар менен сәўбетлескенимде, көпшилик жағдайда қарны тоймайтуғыны, жатақ жайының суўық екенлигинен наразылық билдиретуғын еди. Бузаўдың жуўырғаны сабанханаға шекем, дегендей, оларды услап, және пахта атызына алып баратуғын еди. Қайсы бир аймақтың режеси орынланбағанда, ҳәр жерде қалып қалған пахтаны жыйнаўға мәжбүрлейтуғын еди. Әлбетте, ески дәрт, бирақ оның азарын умытып болмайды. Соның ушын, бүгин балалардың ҳуқықларын қорғаў бағдарындағы ҳәрекетлердиң негизинде жүдә үлкен мәни бар екенин умытпаў зәрүр.
Балаларға, биринши гезекте, меҳир керек
"Ҳақыйқатты излеп баслаған жерде ҳәмийше жаңа өмир жарқырайды," деген еди уллылардан бири. Негизинде бул дүньяға келген ҳәр бир инсанның өз ҳақыйқаты ҳәм өлшеми болады. Мысал ушын, биреў илим алып, сырт елде оқыўды қәлесе, және биреўи исбилерменлик етип, бизнесин жолға қойыўды қәлейди. Кимдир үлкен бағы ямаса шаңарағы болыўын қәлейди. Әлбетте, ийгиликли ҳәр бир жумыс белгили бир ҳақыйқат үстине қурылады. Бирақ сондай адамлар бар, олар экономикалық, физикалық жақтан бул тилеклерин, әрманларын әмелге асырыўға қыйынлады. Көпшилик жағдайларда оған ҳуқықый билим жетиспегенлиги, имканияты шекленгени ямаса еле ер жетпегенлиги себеп болады.
Мине усындай қатламлардан бири социаллық жетим балалар болып есапланады. Бул қатлам ата-анасы тири болып, перзент алдындағы миннетлемелерди орынламаған ямаса ишиўшиликке берилип кеткен ҳәм басқа себеплерге байланыслы қараўсыз балалардан ибарат.
Ҳәзир арзымаған себеплер менен ажырасып атырғанлардың қылмысынан перзентлери зыян көрмекте. Мектеп дәўиримде класласларым арасында ата-анасы таслап кеткенлер де бар еди. Гейде мектепке жаңадан муғаллим келгенде, класс пенен танысыў мақсетинде класс журналындағы исм-фамилияларды бирме-бир оқыйды. Ҳәр бир оқыўшыны турғызып, шаңарақ жағдайлары менен танысатуғын еди. Көпшилик жағдайларда журнал ашылыўы менен классқа тынышлық орнатылатуғын еди. Ата-анасы таслап кеткен класласларым "Әкем жоқ," "Анам жоқ" деген сөзлерди айтып атырып, тамағына бир нәрселер тығылар еди.
Бүгин сол класласларымның тәғдири ҳаққында ойласам иш-ишимнен өкинемен. Юсуп деген жорам дерлик барлық пәнлерден жоқары баҳаға оқыйтуғын еди. Әсиресе, ол мектебимиздиң пән олимпиадасының республикалық басқышына жоллама алған бирден-бир оқыўшы еди. Бүгин сырт елде. Шаңарақтың жуўапкершилигин мойнына алып, жумыс ислеп атыр. Турмыста өз орнын таба алмай қыйыншылық көрмекте. Өз ўақтында оған итибар қаратылғанда, оннан илимпаз, ойлап табыўшы шығыўы анық еди.
Мағлыўматларға қарағанда, соңғы 3 жылда 2072 шахс ата-аналық ҳуқықынан айырылған. Соннан 1777 си, яғный 86 проценти ата-аналық миннетлемесин орынлаўдан бас тартқаны ушын жуўапкершиликке тартылған. Қалаберсе, 2024-жылдың 9 айында 2301 шахс, яғный 1068 ҳаял-қыз ҳәм 1233 жас өспирим ўақтынша баспаналарға жайластырылған. Бул санлар жәмийетимизде балалардың ҳуқықлары менен мәплери қорғалыўынан дәрек береди. Бирақ... Бала тәрбиясында шаңарақтың орны бәрқулла биринши орында турады.
Орны келгенде кишкене пикир. Екинши жер жүзилик урысқа шекем елимизде балалар үйи болмаған. Кеўли жететуғын адамлар оларды өз қәўендерлигине алған. Тек ғана урыс жылларында елимизге көширилген балалар ҳаққында ойлап көриң. Қара қазан зорға қайнап атырған адамлар басқа елдиң балаларын қушағына алған. Үлкейткен. Бул халқымыздың кеңпейиллиги, балажанлығын көрсетеди. Енди жоқарыдағы санларға қарап ойланасаң, нағыз балажан халықтың перзентлери ата-анасының қушағына сыймай қалған екен...
Жақында бир ўәлаятқа саяхатқа шықтық. Берилген тапсырманы орынлап боламан дегенше түн кирди. Мақсет үш тәрепи таў менен қоршалған бул аўылдан тезирек шығып, қалаға қарай жолға шығыў еди. Район орайына шекем таўды жағалап барыў керек. Бизге жолдас болған Абдусамад ағаға тезирек қалаға қайтыўымыз керек екенлигин айтқан едим, ол бираз наразылық билдирди:
- Биз таўлылар аўылымызға келген инсанды мийман етпей жибере алмаймыз. Бир неше жыл алдын бир мийман көшеде қалып кеткен екен. Соны бүгинге шекем қоңсы аўылдағылар бетимизге салады.
Абдусамад ағаның әпиўайы ҳәм шын кеўилден айтқан сөзин еситип бир күлгиң келеди, бир пушайман боласан. Бир адамның абырайы болса, соншама болады. Сырттан келген инсанды көшеде қалдырмайтуғын халық, өз перзентин де, қалдырмайды. Бүгин бул аўылда әкеси ямаса анасы таслап кеткен балалар болмайтуғынына иш-ишимнен исендим. Бәлким, сол жүзге салыўлар бүгин айырым қала ҳәм аўылларды таслап, перзентлерин таслап кетип атырған ата-аналарға айтылмай атырған шығар. Қәйдем…
Енди балаларды социаллық турмысқа бейимлестириў ушын шаңарақлық балалар үйи шөлкемлестирилмекте. Бул арқалы ата-анасынан айрылған балалар халқымызға тән меҳирди сезеди. Олар басқа балалар сыяқлы шаңарақлық орталықтан ажыралмай, дәстүрлер ҳәм қәдириятлардан хабардар, жәмийетшилик пенен пикирлес тәризде өседи. Бүгин балаларды тек ғана социаллық қорғаў емес, ал оларға жәҳән стандартлары дәрежесинде билим бериў ҳәм денсаўлығын қорғаў ушын да белгили жумыслар орынланбақта.
Имканияты шекленген балалардың көпшилиги социаллық орталықтан ажыратылған ҳалда билим алмақта. Олардың улыўма билим бериў мектеплерине қатнаўы ушын тосқынлықсыз орталық ҳәм зәрүр шараят жаратылмақта. Адамлардың дәрти, балалардың дәрти бүгин таў ҳәм таслар арасында қалып кеткен жоқ. Жақында бир танысым менен сөйлестим. Өзи район орайынан әдеўир узақ, бәҳәр ҳәм қыста көп қар ҳәм жаўын жаўыўы себепли қалаға белгили ўақыт транспорт қатнаўы мүмкин болмайтуғын аўылда жасайды. Үш қызы бар. Бир қызының имканияты шекленген. Басқа балалар сыяқлы мектепке барып, билим алыўға қыйналады. Ол сөйлеп атырып, перзентине өз алдына муғаллим ажыратылғаны, муғаллим үйине келип сабақ өтетуғынын айтты. Ҳәмме перзентиниң келешегин ойлап қайғырады. Ҳәрекет етеди.
Жоқарыдағы пикирлер, алға қойылып атырған басламалар, көтерилип атырған идеялар ҳақыйқатында да халықтың аўырын жеңиллетип, арзыў-нийетлерине жеткермекте ме? Бул сораўға ҳәр биримиз әтирапымыздағы адамлар тәғдири мысалында қалыс баҳа бериўимиз мүмкин. Бир ўақытлары социаллық қорғаў ямаса халықтың аўырын жеңиллетиў, десек, көпшилик қағазпазлықты түсинип қалған еди. Жуўапкерлер барып, сүўретке түсип, өз жумысын гөззал етип атырғанын дәлиллейтуғын еди. Соның ушын жәмийетшилик арасында оларға исенимсизлик қәлиплескени де бар. Бүгин исленип атырған ҳәр бир жумыстың арқасында адамларды разы етиў мақсети жатыр. Бул мақсет ең төменги басқыштан басланып атырғаны қуўанышлы жағдай.
Сардор ТОЛЛИБОЕВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы