Илаж Орайлық Азияда турақлы қалаларды раўажландырыўды алға қойыўда әҳмийетли қәдем болды. Илажға Орайлық Азияның барлық бес мәмлекетинен мәмлекетлик уйымлар, мунисипалитетлердиң ўәкиллери ҳәм экспертлер, сондай-ақ, халықаралық раўажланыў бойынша бирге ислесиўшилер қатнасты.
Сөйлесиў БМШ Раўажланыў бағдарламасының Япония ҳүкимети тәрепинен қаржыландырылып атырған "Орайлық Азияда апатшылықлар қәўпине ҳәм климат өзгериўине қалалардың шыдамлылығын арттырыў" регионаллық жойбары шеңберинде өткериледи.
Жойбар бес тәжирийбе қаласында - Қазақстанның Петропавловск, Қырғызстанның Ош, Тәжикстанның Душанбе, Түркменстанның Ашхабад ҳәм Өзбекстанның Наманган қалаларында әмелге асырылмақта. Жойбардың мақсети - қәўип-қәтерлерди басқарыў ҳәм климатқа бейимлесиўди аймақларды раўажландырыўға интеграциялаў, жергиликли жәмийетшиликлердиң турақлылығын тәмийинлеўден ибарат.
Илаждың тийкарғы нәтийжеси Орайлық Азия қалаларының турақлылықты арттырыў бойынша регионаллық коалициясының дүзилиўи болды. Үлги қалалар ўәкиллери тәрепинен қол қойылған Биргеликтеги декларация MCR2030 ("2030-жылға шекем турақлы қалалар") глобал кампаниясы шеңберинде қалалараралық бирге ислесиў, тәжирийбе алмасыў ҳәм климатқа шыдамлы қала орталығын алға қойыў ушын жаңа платформа жаратады.
Душанбе, Петропавловск, Ош, Ашхабад ҳәм Наманган қалаларының басшылары турақлылықты раўажландырыў бойынша өз тәжирийбеси ҳәм режелери менен ортақласты. Додалаўлар процесинде инфраструктураларды жаңалаў, қәўип-қәтерлерди таллаў ҳәм мәҳәллелерди тартыў сыяқлы көзқараслардың ҳәр қыйлы екенлиги атап өтилди.
"Наманган Оша, Душанбе, Ашхабад ҳәм Петропавловск қалалары менен биргеликте Орайлық Азияның турақлы қалалары коалициясына қосылып атырғанынан қуўанышлымыз. Биз бул басламаны толық қоллап-қуўатлаймыз, - деп атап өтти Өзбекстан Республикасы Наманган ўәлаяты Экология басқармасының баслығы Шуҳрат Мақсумов.
Қатнасыўшылар турақлылықты беккемлеў бойынша халықаралық әмелиятларды, соның ишинде, Японияның master-plan көзқарасын, регионның қалаларды раўажландырыў бойынша GIZ жойбарларын ҳәм БМШ Раўажланыў бағдарламасының климат өзгериўи ҳәм апатшылық қәўиплерин азайтыў мәселелерин қалаларды режелестириўге киргизиў бойынша интеграцияласқан моделин көрип шықты. Буннан тысқары, қалаларға турақлылықты арттырыў ушын жаңа имканиятлар беретуғын MCR2030, "Мэрлер экономикалық өсиў ушын" (M4EG) бағдарламасы ҳәм GAP Fundының басламалары таныстырылды.
Пилот қалалар тәрепинен қәўип-қәтерди баҳалаў ҳәм қалаларды режелестириў бойынша жаңалықлар таныстырылды. Бундай алмасыў улыўма қәўип-қәтерлерди жеңип өтиў ушын шериклик, оқытыў ҳәм биргеликтеги шешимлердиң әҳмийетин көрсетти.
Регионаллық сөйлесиў Париж келисимин, 2015-2030-жылларға мөлшерленген Тәбийғый апатшылықлар қәўпин азайтыў бойынша Сендай шеңберлик бағдарламасын, 2030-жылға шекем Турақлы раўажланыў күн тәртибин ҳәм 2022-2030-жылларға мөлшерленген Орайлық Азия мәмлекетлериниң Тәбийғый апатшылықлар қәўпин азайтыў бойынша бирге ислесиў стратегиясын әмелге асырыўға хызмет етеди. Регион мәмлекетлери ҳәм халықаралық шериклер Орайлық Азия қалаларының турақлы келешегин жаратыў бағдарындағы умтылысы исенимли екенин атап өтти.
Илаж БМШ Раўажланыў бағдарламасы (БМШРБ) тәрепинен Айрықша жағдайлар ҳәм апатшылықлар қәўпин азайтыў орайы (CESDRR), БМШтың апатшылықлар қәўпин азайтыў басқармасы (UNDRR) ҳәм Тәжикстан ҳүкиметиниң жәрдеминде шөлкемлестирилди.









