- Сыртқы билимлендириўге қабыллаў мәмлекетимиз басшысының 2025-жыл 5-майдағы "Билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў ҳәм билимлендириў хызметлерин көрсетиў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманына муўапық сапластырылған. 2025/2026-оқыў жылынан баслап билимлендириўдиң сыртқы формасына квота берилмеди. Сол себепли, быйыл сыртқы оқыўға ҳүжжетлер қабыл етилмеди. Бул талап мәмлекетлик ЖООлар ушын да, мәмлекетлик емес ЖООлар ушын да бирдей әмел етпекте. Хош, не ушын бундай шешимге келди?

Билесиз, сыртқы билимлендириў студентлери белгили бир мүддет сабақларда қатнасады. Оқыў процесин жумыс, шаңарақлық миннетлемелер ямаса басқа да турмыслық жағдайлар менен бирлестириўге имканият беретуғын бул система, бәринен бурын, үлкен жастағылар арасында билимлендириўге болған талапты қанаатландырыў, әмелиятта нәтийжели жумыс алып барыўға хызмет етеди.

Бул билимлендириў формасының қайта шөлкемлестирилиўи нәтийжесинде жаслар ҳәм үлкен жастағы халық арасында жоқары билимлендириўге қамтып алыў сезилерли дәрежеде артты. Бир қатар аймақларда жумыс ислеп атырған пуқараларға билим алыў имканиятының жаратылғаны унамлы социаллық ҳәм экономикалық нәтийжелер берди.

Бирақ ўақыттың өтиўи менен бул формада билим алыўдың нәтийжелилиги, академиялық тәртип, сапа қадағалаўы ҳәм билимлердиң тереңлиги менен байланыслы машқалалар көринди. Анығырағы, сыртқы билимлендириў форматында билим алып атырғанлар ушын әмелий сабақларды шөлкемлестириў, турақлы билимди баҳалаў ҳәм жоқары билимлендириў стандартларына әмел етиўде белгили бир қыйыншылықлар пайда бола баслады.

Мине, усы себеплерге бола, 2025-жылдан баслап, елимизде жоқары билимлендириўдиң сапасын және де арттырыў, билимлендириў процесинде "устаз-шәкирт" дәстүрлерин беккемлеў ҳәм әмелий көнликпелерге тийкарланған оқытыў системасын күшейтиў мақсетинде сыртқы билимлендириў формасы басқышпа-басқыш сапластырылды.

Сыртқы билимлендириўге қабыллаў 2025/2026-оқыў жылынан баслап тоқтатылған болса да, ҳәзир бул формада билим алып атырған студентлер ушын барлық оқыў процеси белгиленген тәртипте даўам еттириледи. Олар таңлаған бағдары бойынша әмелдеги мәмлекетлик билимлендириў стандартлары, оқыў режелери ҳәм пән бағдарламаларына муўапық оқыўды жуўмақлаў имканиятына ийе.

Жоқары билимлендириў мәкемелери усы студентлер ушын оқыў сабақларын сапалы шөлкемлестириў, оларды зәрүр мәлимлеме ресурслары ҳәм әмелий сабақлар менен тәмийинлеў бойынша өз мойнындағы жуўапкершиликти толық орынлаўы керек. Бул болса ҳәр бир студент ушын билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў және қәниге сыпатында жетерли билим ҳәм көнликпелерге ийе болып жоқары оқыў орнын питкериўди кепиллейди.

Сыртқы билимлендириўди тамамлаған қәнигени рәсмий жумысқа қабыл етиўде машқала пайда болмай ма, деген ҳақылы сораў туўылыўы да мүмкин. Бәринен бурын, сыртқы билимлендириўде билим алып, белгиленген тәртипте диплом алған шахслар нызамшылыққа муўапық толық жоқары мағлыўматлы қәниге болып есапланады. Оларға берилетуғын диплом күндизги, кешки ямаса аралықтан билимлендириў түриндеги дипломлар менен тең юридикалық күшке ийе. Демек, оларды мәмлекетлик ямаса жеке меншик секторда рәсмий жумысқа қабыл етиўде ҳеш қандай ҳуқықый тосқынлық жоқ.

Мийнет кодекси ҳәм "Билимлендириў ҳаққында"ғы нызамға бола, жумысқа қабыл етиўде билимлендириў түри емес, ал жоқары мағлыўмат ҳаққындағы рәсмий ҳүжжет - диплом тийкар болады. Сондай-ақ, мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм ири кәрханаларда кадрлар таңлап алынып атырғанда да сыртқы билимлендириўде оқыған қәнигелер улыўмалық нормалар тийкарында баҳаланады.

Басқа тәрептен, сыртқы билимлендириўди тамамлаған қәнигелердиң мийнет базарында бәсекиге шыдамлы болыўы, тийкарынан, олардың әмелий тәжирийбеси, тараў бойынша билим дәрежеси ҳәм турақлы өз үстинде ислеўине байланыслы. Соның ушын оларға билим ҳәм көнликпесин турақлы арттырып барыў усыныс етиледи.

Буннан тысқары, сыртқы билимлендириўде оқып, жумыс ислеп атырған пуқаралардың билим алыў имканияты да шекленбейди. Олар оқыўды толық питкереди. Қалаберди, келешекте күндизги билимлендириўге альтернатив формалар, соның ишинде, аралықтан, кешки ҳәм оптималластырылған күндизги (part-time) билимлендириў формалары басқышпа-басқыш раўажландырылады. Оларға қабыллаў көрсеткишлери кеңейтилип барылады. Бул болса белгили жумыс орнына ийе абитуриентлер ушын оқыў ҳәм мийнет жумысын бир ўақытта алып барыў имканиятын береди. Аралықтан билимлендириў заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда шөлкемлестириледи. Студентлер тиккелей билимлендириў мәкемесине келмей билим алады.

Соның менен бирге, кешки билимлендириў түринде оқыў жумыстан кейинги саатларда ислейтуғын шахслар ушын қолайлы график тийкарында шөлкемлестириледи. Ҳүкимет тәрепинен бул бағдарда шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый механизмлер жетилистирилип, оқыў бағдарламалары талапқа бейимлестирилиўи ҳәм билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў бойынша анық илажлар көрилмекте.

- Және бир тәрепи бар: ҳәзир күндизги тәлим түри бойынша 1-басқышта оқып атырған студент кейинги оқыў жылынан оқыўын сыртқыға көшире ала ма? Жоқары басқышта оқып атырғанлар ше?

- Студентлердиң арзасына тийкар оқыўын сыртқы билимлендириў формасы бар топарларға белгиленген тәртипте көшириў имканияты бар. Онда студентлерден белгиленген мүддет ҳәм тәртипте оқыўын көшириў бойынша дизимнен өтиў талап етиледи.

2025/2026-оқыў жылынан баслап билимлендириўдиң сыртқы формасына қабыллаў толық сапластырылыўы барлық бағдарға, соның ишинде, екинши қәнигеликке де тийисли. Усы мүнәсибет пенен екинши қәнигелик бойынша да сыртқы тәлим формасында жаңа қабыллаў әмелге асырылмайды. Бул бағдарда билим алыўды қәлеўшилер ушын күндизги, аралықтан ямаса кешки билимлендириў түрлериниң бар билимлендириў бағдарлары усыныс етиледи.

Бул жерде тийкарғы мақсет билимлендириўдиң сапасын арттырыў, оқытыў процесин заманагөй технологиялар тийкарында шөлкемлестириў ҳәм мийнет базарында бәсекиге шыдамлы кадрлар таярлаўға қаратылған. Сондай-ақ, алдынғы жылларда сыртқы тәлим формасында екинши қәнигеликке қабыл етилгенлер билимлендириўди белгиленген тәртипте даўам еттиреди.

Усы пәрманға муўапық, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги Билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў миллий агентлиги ҳәм мәпдар шөлкемлер менен биргеликте алдынғы сырт ел тәжирийбесин есапқа алған ҳалда оптималластырылған күндизги билимлендириў түринде кадрлар таярлаў тәртиби бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын ислеп шығады.

Қолайластырылған күндизги билимлендириў формасы (part-time тәлим) - студентлерге жумыс орны менен байланыслы жумысты даўам еттирген ҳалда, күндизги билимлендириў системасы тийкарында оқыў имканиятын беретуғын заманагөй ҳәм қолайлы билимлендириў форматы болып, онда оқыў процеси ҳәм жумыс искерлиги тең салмақлы тәризде алып барылады. Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ислеп шығылғаннан соң, бул билимлендириў түрин енгизиў ҳәм раўажландырыў бойынша анық илажлар көриледи.

Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиздеги 21 мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемесинде тийисли билимлендириў бағдарлары бойынша аралықтан билимлендириў түри нәтийжели жолға қойылған. 2025/2026-оқыў жылында басқа да жоқары билимлендириў шөлкемлеринде де аралықтан билимлендириў формасы бойынша кадрлар таярлаўды баслаў бойынша зәрүр илажлар әмелге асырылады. Соның ишинде, аралықтан билимлендириў платформалары жаратылып, зәрүр контентлер менен толықтырылады. Аралықтан билимлендириў формасына оқыўға кириў улыўма тәртипте әмелге асырылып, абитуриентлерден қосымша миннетлеме талап етилмейди.


"Янги Ўзбекистон" хабаршысы

Рисолат МАДИЕВА жазып алды.