Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық комитети басқарма баслығы Рустам Икрамовтың мәлим етиўинше, метапневмовирус алдыннан белгили инфекция болып, биринши мәрте 2001-жылы анықланған, - дейди қәниге. Кеселлик тийкарынан ҳаўа-тамшы жолы арқалы ямаса айырым жағдайларда патасланған бетлер менен байланыс нәтийжесинде жуғады ҳәм тарқалады.
Бул вирус пенен кеселлениў жағдайлары дүньяның барлық регионларында ҳәр жылы дизимге алынады.
Атап айтқанда, қоңсылас Қазақстан Денсаўлықты сақлаў министрлиги Баспасөз хызмети тарқатқан хабарларда да ҳәзирги ўақытта өткир респиратор вируслы инфекциялар ҳәм грипп пенен кеселлениўдиң мәўсимлик өсиўи бақланып атырғаны, соның ишинде, 10 жылдан берли мәмлекетте метапневмовирус да дизимге алынып атырғаны атап өтилген.
Метапневмовирустың гүзги-қысқы дәўиринде және де активлесиўи бақланады. Бул инфекция әдетте мурын ағыўы, жөтел ҳәм температура белгилери менен, тап өткир респиратор вируслы инфекциялар көринисинде пайда болады, айырым жағдайларда бронхиолит ҳәм пневмонияны келтирип шығарады.
Кеселликти емлеў әдетте симптоматик болып, тийкарынан үй шараятында наўқастың жағдайын жеңиллестириўге қаратилған процедуралар қолланылады. Аўыр жағдайларда кислород терапиясы ямаса емлеўханаға жатқызыў талап етилиўи мүмкин.
Метапневмовирус пенен кеселленген адамлардың көпшилиги асқыныўларсыз дүзелип кетеди.
Өзбекстанда да ҳәзирги ўақытта өткир респиратор инфекцияларының мәўсимлик көтерилиўи бақланбақта. Елимизде олардың лаборатория тексериўлери турақлы әмелге асырылып келинбекте ҳәм мине усындай тексериўлердиң 39,9 процентинде грипп вирусы, 32,2 процентинде риновирус, 30,6 процентинде респиратор-синситиал вирус ҳәм 1,2 процентинде метапневмовирус анықланған.
Өткир респиратор кеселликлердиң бундай көтерилиўи дәўиринде халықты профилактика илажларына әмел етиўге ҳәм адамлар көп жыйналатуғын орынларда, әсиресе, кеселлик белгилери анық белгили болған пуқаралар менен пикирлесиўди шеклеўге шақырамыз.