Қыстың суўық температурасы айырым наўқасларда аллергиялық реакцияларды пайда етиўи мүмкин

    Суўыққа аллергия көбирек ҳаял-қызлар ҳәм балаларда бақланады.

    Қыстың суўық күнлери айырым адамларда аллергиялық реакцияларды пайда етиўи мүмкин.

    Республикалық қәнигелестирилген аллергология ҳәм клиникалық иммунология илимий-әмелий медицина орайының директоры Илмира Разикова усы патология ҳаққында мағлыўмат берди.

    - Суўыққа аллергия көбирек ҳаял-қызлар ҳәм балаларда бақланады, - дейди қәниге. - Ол, биринши гезекте, иммунитет системасының ҳәлсизлениўи ақыбетинде жүзеге келеди. Аллергияның бул түрине бейим адамлар суўық пенен жүзлескенде, организм патологиялық белок - криоглобулин ислеп шығарып баслайды.

    Бул зат иммунитет клеткалары тәрепинен жат элемент сыпатында қабыл етилип, ҳүжимге ушырайды. Бул процесте актив ислеп шығарылатуғын гистамин дәрилик заты болса аллергиялық реакцияға себеп болады.

    Кеселлик түрли көринис ҳәм формаларда көринеди. Эшакеми, ринит, конъюнктивит, дерматит, астма солар қатарына киреди. Ҳәтте айырым наўқасларда Квинке исиклери де пайда болыўы мүмкин. Олар арасында ең кең тарқалған эшакеми болып, денеде көбиклер пайда болыўы менен өтеди.

    Суўыққа аллергия белгилери суўық температура тәсиринен 3-5 минут өткеннен кейин пайда болады ҳәм симптомлар 1-2 сааттан бирнеше күнге шекем бақланыўы мүмкин.

    Кеселликтиң өткир ҳәм созылмалы түринде қол, бет, жақ ҳәм аяқларда күшли қышыў пайда болады, кейин териде қызыл дақ ҳәм көбикшелер пайда болады.

    Гейде дирилдеў, улыўма ҳәлсизлик, жүрек урыўы тезлесиўи ҳәм буўынларда аўырыў бақланады. Дем алыў қысылыўы, тахикардия, қан басымы төменлеўи, жүрек айныўы, қусыў, қарын аўырыўы тәшўишлендириўи мүмкин.

    Өткир респиратор вируслы кеселлик пенен аўырған, аллергияға нәсиллик бейимлиги бар, асқазан-ишек жоллары ҳәм баўыр кеселликлерине дуўшар болған наўқасларда суўық температураның тәсирине көбирек сезгирлик пайда болады.

    Ҳәзирги күнде Республикалық қәнигелестирилген аллергология ҳәм клиникалық иммунология илимий-әмелий медицина орайымызда бул кеселлик ең алдынғы диагностика қураллары жәрдеминде анықланып, наўқаслар заманагөй емлеў усыллары жәрдеминде емленбекте.