Ташкент телеминарасы: 40 жыллық тарийх ҳәм пайтахттың ең бийик гәўҳары

    Арадан сонша жыл өткенине қарамастан, имарат елеге шекем пайтахтымыздың мақтаныш тымсалы болып, Орайлық Азиядағы ең бийик телеминара сыпатында тилге алынады.

    Ташкент қаласы туристлер ең көп баратуғын пайтахтлардан бирине айланып бармақта. Кейинги жылларда қурылып атырған заманагөй имаратлар, дем алыў ҳәм саўда орайлары дүньяның раўажланған мәмлекетлериндеги мәнзиллерден қалыспайды. Соның ушын, қаламыз бәрқулла узақ-жақыннан келген мийманлар менен тығыз. Туризм ықласбентлерин тек заманагөй орынлар емес, ал пайтахттағы мәдений естеликлер де қызықтырады. Әсиресе, туристлердиң көпшилиги Юнусабад районындағы Ташкент телеминараны көрмей қайтпайды.

    Дүньяның белгили телеминаралары қатарында көрилетуғын бул имарат өз дәўиринде заманагөй архитектураның ең алдынғы технологиялары тийкарында қурылған. 1985-жылы 15-январьда пайдаланыўға тапсырылған Ташкент телеминарасы 2025-жылдың усы сәнесинде 40 жасын қарсы алады. Арадан сонша жыл өткенине қарамастан, имарат елеге шекем пайтахтымыздың мақтаныш тымсалы болып, Орайлық Азиядағы ең бийик телеминара сыпатында тилге алынады.

    Ташкент қаласының көринислери ҳәм гөззаллығын толық тамашалаў ушын бул минарадан бәлентирек орын табыў қыйын. Имарат ишине қарай дүньяның белгили телеминараларының макетлеринен ибарат музей бойлап өтиледи. 1990-жылы Ташкент телеминарасы Жәҳән уллы минаралары жәмийетине ағза болған. Ҳәзирги ўақытта миллий естелигимиз дүнья телеминаралары арасында бийиклиги бойынша 12-орынды ийелеп тур.

    Галерея жолы бойлап телеминараның лифт фоесине өтиледи. Бул жол да өзине тән көриниске ийе болып, елимиздиң дыққатқа ылайық орынларының сүўретлери менен безелген. Лифт фоесинде болса ҳәр қыйлы темалардағы көркем өнер шығармаларын тамаша етиў мүмкин. Қатара жайластырылған композициялардың ҳәр бири өз атына ийе. Мәселен, байрам композициясында миллий музыка әсбапларымыз, телеминара көринислери сүўретленген. Минараның тийкарғы бақлаў майданшасы 100 метр бийикликте жайласқан. Оннан да жоқарырақ, 110 метр бийикликте болса "Коинот" ресторанының "көк" ҳәм "алўан" заллары бар. Ресторанлардың айланыўшы пол платформасы тийкарғы өзгешелиги есапланады. Стол әтирапында отырған мийманлар ҳәм аўқатланып, ҳәм қала көринисин 360 градус айланып тамаша етеди. Пол ҳәрекетленген ноқатына 45 минутта айланып келгенге шекем қаланың гөззал көринисинен үлкен заўық алыў мүмкин.

    Ташкент телеминарасы пайтахттың символикалық естеликлеринен бири болып есапланады. Оны қаланың қәлеген ноқатынан көриў мүмкин. Өзине тән гөззаллығы ҳәм саўлаты ҳәр қандай инсанның ҳәўесин келтиреди. Бирақ, бул минара тек ғана тамаша майданы ямаса туристлик объекти емес. Оның және де әҳмийетли ўазыйпасы бар - Ташкент телеминарасы қурылғанынан баслап ҳәзирги күнге шекем ўатанласларымызға телевидение ҳәм радио бағдарламаларды үзликсиз ҳәм сапалы жеткерип бериўге хызмет етип келмекте.

    Негизинде де Ташкент телеминараны қурыўдан мақсет елимизде бириншилерден болып тийкар салынған телевидениени раўажландырыўдан ибарат еди. Минараның қурылысы ҳәм иске түсирилиўи үлкен бир тарийх сыпатында еске алынады. 40 жыллық юбилей алдынан мине усы тарийхқа нәзер таслар екенбиз, елимиз телевидениесиниң тырнақ тасы әне усы телеминарада қойылғанына гүўа боламыз.

    Телебағдарламаларды узатыўшы тийкарғы ноқат

    XX әсирдиң 50-жылларында Өзбекстан ҳүкимети Орайлық Азия мәмлекетлери арасында биринши болып телевидение орайының қурылысын режелестирди. Усы мақсетте дәслеп 1956-жылы бийиклиги 180 метр болған телеминара бой тикледи. Сол жылдың 5-ноябрьинде Өзбекстанда биринши телеорай - Ташкент телеорайы иске қосылып, телевидение бағдарламалары усы минардаан тарқатылып басланды.

    Телевидение, сөзсиз, инсаният турмысындағы уллы ойлап табыўлардың бири болып табылады. Бул ашылыў XX әсир адамлардың турмыс тәризин өзгертип, руўхый-ағартыўшылық турмысында түпкиликли бурылыс жасады. Турмыстың реңсиз, зеригерли көринислери орнын енди адамларға руўхый азық, эстетикалық заўық, реңли кейпият беретуғын көркем өнер шығармалары, жәмийетлик турмыс демин беретуғын жаңалықлар көргизбеси ийеледи. Оның инсанлар турмысындағы орны ҳәм орынлайтуғын ўазыйпасының салмағын баҳалаў қыйын. Өзбек шаңарақларында дүньяда биринши болып экран ишинде ҳәрекетленип атырған дүнья, тиришилик сәўлеленген әжайып нәрсе туўылды. Ол үйлерге рухсатсыз кирип, туўрыдан-туўры бөлмениң төбесинде орналасып алды. Шаңарақ ағзаларын бир дастурхан әтирапына жәмледи ҳәм кеминде усы үйди басып алғанының белгиси сыпатында өзиниң "байрағы" - антеннасын илдирди. Усының менен ол өзиниң жеңисли жүрислерин баслады.

    XX әсирдиң 60-жылларына келип телевидение Өзбекстан халқының мәдений турмысынан беккем орын ийеледи. Өз гезегинде, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаяты аймағында жасайтуғын халықтың талабын қанаатландырыў, яғный телевизиялық көрсетиўлер санын көбейтиў ҳәм таў артында жайласқан аўылларда жасайтуғын халықты телекөрсетиўлер менен тәмийинлеўде 180 метрлик телеминараның техникалық имканиятлары жеткиликсиз еди. Сол себепли бийик ҳәм заманагөй телеминара қурыў дәўир талабы болып қалды. Әне усы жерден баслап биз билген Ташкент телеминараның тарийхы басланды.

    Дәслеп телеминараның жойбары ҳәм макети тастыйықланды. Соң жаңа телеминара қурылысы ушын Ташкент қаласының ең бийик ноқатларынан бири болған Бозсуў каналының бойынан көркем, саяманлы, өз ишине атаўды да алған 6 гектар жер майданы ажыратылды. Жойбарластырыў дәўиринде тийкарғы бағдар есапланған телевидение ҳәм радиоеситтириўден тысқары және бир қатар мәселелер шешилиўи керек еди. Телеминараның ең жоқарғы қабатларында халық хожалығы ушын зәрүр болған, атмосфераның ҳәр қыйлы қатламларындағы ҳаўа-райы, аспан денелери ҳәм қуяш радиациясы (нурланыўы) ҳаққында әҳмийетли мағлыўматлар берип туратуғын ҳәм қоршаған орталықты бақлаўшы метеостанцияның техникалық қуралларының орнатылыўына итибар қаратылды. Қалаберди, телеминара туристлерди тартатуғын естеликлерден болыўы ушын онда қала көркемлигин тамаша етиў майданы және еки залдан ибарат ресторан қурыў жойбарға киргизилди.

    Усы тәризде жойбарлар таярланып, режелер дүзилди. 1978-жылдың апрель айына келип болса қурылыс жумыслары баслап жиберилди. Бундай бийикликтеги биринши минараны қурыў ҳақыйқый сынақ еди. Тийкар қурылысының өзи 4 ай даўам етип, 11 мың куб метр бетон араласпасы ҳәм мың тонна темир арматура жумсалды. Минара тырнағына тийкарғы орай таянышы ҳәм деталлар жайластырылған үш таяныш аяғы орнатылған, оның астында болса темир-бетон араласпасынан ибарат күшли масса жайластырылган. Тийкарғы орайлық таяныш бийиклиги бойынша бес қабатлы 225 метрге тең еки ярусқа ийе. Ҳәр бир ярус миллий түрдеги нағыс пенен безелген жийекли пәнжере менен оралған болып, ол минараны өзине тән тартымлылық берип турыпты. Улыўма, қурылыс майданында шын мәнисинде дөретиўшилик орталық ҳүким сүретуғын еди. Излениўлер арқалы қурылыс процесинде ири элементли конструкцияларды орнатыўдың жаңа усыллары табылып, оларға патент гүўалықлары берилген ҳәм бул усыллар ойлап табылыў деп тән алынған.

    Телеминараның көлем-бийиклик композициясын қәлиплестириўде бул мәселениң тек эстетикалық емес, ал экономикалық, медициналық, психологиялық ҳәм басқа да тәреплери есапқа алынды. Минара конструкцияларын темирден таярлаў усылы қабыл етилди, себеби бул усыл сейсмикалық актив аймақта әмелге асырылатуғын қурылыс талапларына басқа усылларға қарағанда толық жуўап беретуғын еди. Психологиялық көзқарастан минарада ислейтуғын хызметкерлер ҳәм де мийманларда бийиклик ҳәм минараның тербелиўи ақыбетиндеги қолайсызлық сезимлерин жоғалтыў мәселеси шешилиўи керек еди. Соның ушын бийиклиги 100-120 метр болған үш темир үстин тутасқан жерде жайласқан бақлаў майданшасы ҳәм ресторан әтирапы арнаўлы айналар менен қоршалып, оның артынан қуяштан сақланыў және қәўипсизлик мақсетинде жийекли темир пәнжере орнатылды.

    Тийкарғы итибар имараттың эстетикалық ҳәм архитектуралық көринисине қаратылды. Телеминара қаланың жаңа идеясына айланып, тек ғана оның көркине көрк қосыў емес, ал жаңа символын сәўлелендириўи керек еди. Қалаберди, жойбарлаўшылар алдына басқа қалаларда қолланылған архитектуралық усыллар Ташкентте тәкирарланбаўы талабы қойылған. Телеминараға кириў (вестибюль) ди безеўде көплеген миллий усыллар ҳәм жергиликли архитектуралық материаллар қолланылды. Соның ишинде, Ғазған (Нурата) мрамары, мрамор тәризли ҳәк, гранит тасы ҳәм ганчлардан пайдаланылған. Нағыс өнери менен исленген нәзик паннолар, айналар ҳәм ағаштан исленген есиклер орнатылды.

    Минарадағы жаңалықлардан және бири - Швейцариядағы “Shindler” компаниясының елимизде алдын қолланылмаған, 220 метр бийикликке шекем көтерилетуғын үш тез көтерилетуғын лифт орнатылды. Имараттың 100 метрлик бийиклигинде тамаша майданы, 105 метр бийикликте "көк" ҳәм 110 метр бийикликте "алўан" залы бар ресторан қурылды. Телеминараға 5,20 киловатт қуўатлылыққа ийе 5 телеузатқыш ҳәм 4 радиоеситтириў бағдарламасын узатыў имканиятына ийе болған 4 киловаттлы 2 УҚТ ЧМ "Дожд-2" радиостанциясы орнатылды.

    Қус ушқан бийикликтеги әжайыбат

    Солай етип, минара әсте-ақырын тикленди ҳәм 1983-жылы февраль айында Өзбекстан байрағы биринши мәрте 375 метр бийикликке көтерилди. Мәмлекетимиз тарийхындағы ең бийик телеминараның ашылыўы болса 1985-жыл 15-январьға белгиленген. Усы күни бәҳәрдегидей қуяш жарқырап турғаны да символикалық мәниге ийе. Ташкент телеминарасының ашылыў мәресими үлкен салтанат пенен өткерилген. Мийманлар минараның әжайыплығы, орынланған жумыслардың сапасы, фойениң мозайкалық панно менен көркем безетилгенлиги, аспа төбелер, лифтлерге ҳайран қалды. Ресторан заллары, аспа жақтыландырғышлар, Ирена Липене авторлығында орынланған шийшеден исленген композиция, халық устасы Маҳмуд Усманов басшылығында жаратылған ойма нағыслар, ойып нағыс қойылған есиклер мийманларды ҳайран қалдырды.

    Ашығын айтқанда, Ташкент телеминарасының қурылысы ҳақыйқатында да оғада машақатлы, соның менен бирге тарийхый ўақыя болды. Оны қурыўдан баслап халқымызға тапсырыўға шекемги процессте пидайы мийнет еткен көплеген инсанлар мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланды.

    Жойбар авторларының мақсети телеминараны халық турақлы баратуғын орынға айландырыў еди. Олардың бул мақсети әмелге асырылды ҳәм Ташкент телеминарасы пайтахтымыздың гәўҳары сыпатында бәрқулла туристлерди өзине тартып келмекте.

    Парижде Эйфел, Ташкентте телеминара

    Туризм тенденциялары заманагөйлик пенен бирге өзгерип бармақта. Дүньяда туризмниң жаңа бағдарлары раўажланып, елимизге кирип келмекте. Сол себепли, мәмлекетимизде туризмди раўажландырыўға үлкен итибар қаратылмақта. Экономикалық жақтан жетекши тармаққа айланып атырған бул тараўда имканиятларымыз кең. Бул бағдардағы жойбарлардың көлеми кең. Бундай шараятта Ташкент телеминарасының тартымлылығын арттырыў, туристлер ағымын және де көбейтиў алдымызда турған әҳмийетли ўазыйпалардан бири.

    Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 4-октябрьдеги тийисли қарары менен "Ташкент телеминарасы" материаллық-мәдений мийрастың көшпес мүлк объектлери (архитектура объекти) миллий дизимине киргизилген. Соның ушын, имаратты оңлаўда оның архитектуралық көринисин сақлап қалыўға үлкен итибар қаратылады. Себеби, имарат әйне XX әсирди еслететуғын, сол дәўир орталығын заманагөйлик пенен үнлес сәўлелендиретуғын орын да болып табылады. Мийманлардың көпшилиги әне усы орталықты көриў тилегинде келеди.

    Мәмлекетимиз басшысы "Жаңа Өзбекстан стратегиясы" китабында "Тутыныўшыларға телевизиялық сигнал узатыў ҳәм жер үсти телевизиялық еситтириў, кабель телевидениеси, IP телевидение, мағлыўматлар жеткерип бериў тармақлары, мобил байланыс, интернет технологияларынан пайдаланған ҳалда телерадиоеситтириў, телевизиялық ҳәм радио хызметлериниң барлық түрлерин толық қамтып алған ҳалда санлы еситтириўди жетилистириўимиз зәрүр»лигин айтқән еди. Ташкент телеминарасы әне усы ўазыйпаны орынлаўда тийкарғы ноқат есапланады. Бүгинги күнде телеминарада заманагөй, жоқары сапалы, дүньядағы ең алдынғы санлы телеузатқышлар комплекслери орнатылған ҳәм жумыс алып бармақта.

    Соның менен бирге, объекттиң туризм потенциалын буннан былай да арттырыўға қаратылған жедел жумыслар избе-из даўам еттирилмекте. Онда, бәринен бурын, мийманлар, сырт елли туристлерге бир қатар қолайлықлар жаратылмақта. Соның ишинде, бурын телеминараның тамаша майданшасы ҳәм "Космос" ресторанына келиўшилерге өзлери менен мобил қурылмаларды алып келиўге рухсат етилмеген. Бүгинги күнде бул тәртип бийкар етилген. Сондай-ақ, Ташкент телеминарасының тамаша майданшасы ҳәм ресторанына кириў ушын келиўшилерден алдынғыдай шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет талап етилмей атыр. Бул талап 2019-жыл 16-ноябрьден бийкар етилди.

    Телеминараға кириўде QR кодлы система қурылмалары иске қосылып, билетлерди сатып алыў ҳәм басқа әмеллер толық санластырылды. Имараттың кириў бөлиминде мағлыўматлар тахтасы, ярым көлемли элементтен телеминараның сүўрети, дүньяның белгили қалаларының ўақытларын көрсетиўши саатлар, мағлыўматлар стикери және телеминараға өтиў жолында көрсеткишли ҳәм бағдарлаўшы стикерлер қойылды. Ташкент телеминарасына орнатылған иллюминатациялық жақтыландырыў шырақлары болса пайтахтымыздың түнги көринисине және де көркемлик қоспақта.

    Муроджон СОБИРОВ,

    "Радиобайланыс, радиоеситтириў ҳәм телевидение

    орайы" МУК бас директоры

    No date selected
    December 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates