Жер силкиниўден соң бир неше ўақыт өткеннен кейин қызым жасайтуғын Ғозиантеп қаласына барғанымда бул ўайранларды өз көзим менен көрдим. Жер жарылып кеткен жерлерди, көп қабатлы имарат ҳәм халық үйлери, мың жыллардан берли тик турған әййемги қорғанлардың пүткиллей қарабақанаға айланғанын көрип көп ўақытқа шекем өзиме келе алмадым. Ең ашынарлысы, бул тәбийғый апатшылық 50 мыңнан аслам адамның өмирине зыян жеткерди. Қаншадан-қанша инсанлар турақ-жайынан айырылып, кеўиллери жарақатланды.
- Бул апатшылық көзлеримизди ашты, ғәплет уйқысынан оятты, қәтержамлық ҳәм тынышлық қаншелли қәдирли, бийбаҳа жемис екенин және бир мәрте дәлилледи, шүкир етиўди үйретти. Тыныш ҳәм парахат турмыс қәдирли екенин шаңарақ ағзаларымыз бенен аңлап жеттик, - дейди биз бенен сәўбетлескен жетпис жасларға барған түрк ата.
Қызым айтып берген бул ўақыяны еслегенимде елеге шекем жүрегим қалтырайды. Нәзеримде, ол бәршемиз ушын ибратқа ылайық ўақыя.
"Жер силкиниўден кейин қаланың барлық хызметлери инсанларды қутқарыў ҳәм қайтыс болғанларды жерлеў менен бәнт болды. Қар аралас жаўын, ызғырықта көшеде қалдық. Қуламай қалған үйлерге кириў мүмкин емес. Себеби жер силкиниў күшли болмаса да, еле қайталанып атыр. Үш күннен кейин халық ушын бағда шатырлар орнатылды. Он адамлық шатырларға 25-30 адам жайластық, жерде жаттық. Биз жасап атырған шатырға үйи ўайран болған гезектеги шаңарақ кирип келди де, қасымыздағы басқа шаңарақ ағзаларын көриўден-ақ олардан қайта-қайта кеширим сорай баслады. Кейин билсем, биз бенен жасап атырғанлар ҳәзир ғана кирип келген бай семьяның үйинде кирейде турады екен. Жер силкиниўден бир неше саат алдын ижара ҳақысын өз ўақтында төлемегени ушын үйден қуўып шығарылған екен. Күтилмегенде, енди бай шаңарақ та, мүтәж шаңарақ та тар шатырда жарлылықта жасаўға мәжбүр еди. Бай шаңарақ басшысы қайта-қайта тәўбеге келип, екинши шаңарақтан кеширим сорайтуғын еди".
Аўа, егер апат келсе, бай ҳәм жарлыға ажыратып отырмайды. Бирақ инсан тәбияты сондай, бир нәрседен айырылмағанша оның қәдирине жетпейди.
Жер силкиниў - техноген қубылыс. Бундай кеўилсиз ҳәм гейде қайғылы жағдайлардың жүз бериўи инсан факторына байланыслы емес. Бирақ тиккелей инсанлардың ойланбастан басқан қәдеми, аяўсызлығы себепли жүз берип атырған қаншадан-қанша апатшылықлар, урыслар, бәле-мәтерлерге не дейсиз?!
Ана жеримиз адамзаттағы кишкене бир ноқат. Оның қайсы бир жеринде қандай да бир ҳәдийсе ямаса жаңалық жүз берсе, дәрҳал пүткил жер жүзине тарқалады, турмысымыздың барлық тараўын қамтып алады, унамлы ямаса унамсыз тәсирин көрсетеди.
Ҳиндстан менен Пакистан мәмлекетимизден онша узақ емес. Жақында еки қоңсы мәмлекеттиң шегара алды аймағында келип шыққан келиспеўшилик дәрҳал дүньяның көплеген аймақларына, соның ишинде, бизге де тәсир етти. Сол күнлерде ғалаба хабар қуралларында пайда болған төмендеги мазмундағы хабарларды оқың: "Пакистан ҳаўа аймағы жабылғаны себепли Өзбекстаннан ушып атырған айырым самолётлар өз бағдарын өзгертиўге мәжбүр болмақта. Бул болса пәрўаз ўақтының узайыўына алып келмекте". "Qanot Sharq" авиакомпаниясының Ташкенттен Веътнамның Ня Чанг қаласына ушқан HH-2231 рейси енди Қазақстан ҳәм Қытай ҳаўа аймағы арқалы әмелге асырылмақта". "Uzbekistan Airways"тиң Ташкенттен Малайзияның Куала-Лумпур қаласына ушқан HY-553 рейси Түркменстан ҳәм Иран ҳаўа аймағы арқалы ушты" ҳәм басқалар.
Аўғанстан жеринде басланған 1978-жылғы алғаў-далғаўлар кейин бир қатар ири мәмлекетлердиң араласыўы ақыбетинде әдеўир үлкен келиспеўшиликке, урысқа айланғанын биз - өзбекистанлылар жақсы билемиз. Екинши жер жүзилик урыстан кейин көплеген бийгүна перзентлеримиз кимлердиң сиясий ҳийле ҳәм қәтелери себепли усы жерде қайтыс болғаны еле ядымыздан шықпаған.
Сол жыллары университетлердиң әскерий кафедраларында оқып, резервтеги офицер - лейтенант атағын алған мыңлаған қәнигелер, соның ишинде, мен де тыныш турмыстың жумысларынан ажыратылған ҳалда жалған "интернационаллық ўазыйпаны орынлаў ушын" әскерий хызметке тартылдық. Сол себепли аспирантурада оқыў маған несип етпеди. Қаншадан-қанша жаслардың нийетлери әрманға, сағымға айланды сол урыс себепли.
Өткен әсирдиң 90-жылларында жан қоңсымыз Тәжикстанда жалын алған урыс усы мәмлекет халқы ушын ең аўыр, қайғылы ақыбетлерге алып келди. 150 мыңнан аслам адам қурбан болды, бир миллионнан аслам халық өз турақ-жайларын таслап кетти. Мәмлекет экономикасына 10 миллиард долларға тең зыян жеткерилди. Бул урыстың руўхый-ағартыўшылық зыянларының болса өлшеўи де, шеги де жоқ!
Журналист сыпатында Аўғанстанда төрт мәрте дөретиўшилик сапарда болдым. 2002-жылы ноябрь айында мәмлекеттиң арқасында болғанымда шама менен 20-25 жаслардағы қураллы аўған жигитине бир сораў бердим ҳәм жуўапты еситкенде өзим қысынып қалдым. Оннан "Аға, қай жерде билим алдыңыз?" деп сорадым. Ол азғана ашыўланды да, соңынан өзине келип, "Азийз бирадар, ўатанымда шерек әсирден берли урыс болып атырғанда мен бийшара қайда оқыўым мүмкин еди. 14 жасымнан бери автомат көтерип, ҳәр қыйлы әскерий топарлар қурамында урысқа киргенимди ғана билемен", деп жуўап берди.
Усындай өтмишке тийисли мысалларды келтириўимизге бир себеп бар. Данышпанлар "Өтмиш, тарийх - уллы муғаллим, уллы устаз", деп бийкарға айтпаған. Халық мақалларына итибар бериң: "Бир күн урыс болған үйден қырқ күн берекет кетеди", "Тынышлық пенен ел көгерер, жаўын менен - жер", "Тыныш елдиң бағы гүллер", "Әлем тыныш - үйим тыныш", "Урыс - жоқлық, тынышлық - тоқлық," "Қар ерип, таўы қалар, урыс өтип дағы қалар".
Усы жылы 8-май күни Президентимиз 9-май - Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен Жеңис паркинде жәмийетшилик ўәкиллери менен ушырасыўда елимиздеги тынышлық, қәтержамлық, оларды қәстерлеп сақлаў, қәдирине жетиў ҳаққында айтып, былай деди:
"Бизиң ең үлкен байлығымыз - бул тыныш ҳәм парахат турмысымыз, Ўатанымыз ғәрезсизлиги, халқымыздың аманлығы болып есапланады. Бүгинги күнде барлық ҳәрекет ҳәм реформаларымыз, барлық ийгиликли нийетлеримиз бир уллы мақсетке - мәмлекетимиз ғәрезсизлигин, ел-журтымыздың тынышлығын беккемлеўге қаратылған. Ең үлкен мақсетимиз мийнеткеш, мәрт ҳәм уллы мәртебели халқымызды разы етиўден ибарат...
Бүгинги күнде дүнья көлеминде жағдай қандай қәўипли болып атырғанын ҳәммемиз көрип турмыз. Тек ғана экономикада емес, барлық тараўларда бар қәўип-қәтерлерди есапқа алып, жолымызды анық белгилеп, қаншелли қыйын болмасын, тек ғана алға қарай барыўды дәўирдиң өзи талап етпекте. Ең әҳмийетли ҳәм тийкарғы мәселе - Ўатанымыз ғәрезсизлигин беккемлеп, адамларымызды қорғаўға, реал қорғаўға бар күш ҳәм имканиятларды жумсаўымыз, таңлаған жолымыздың дурыс екенин анық нәтийже ҳәм жетискенликлер тийкарында дәлиллеўимиз керек".
Аллаға шүкир, бүгин елимиз тыныш, турмысымыз абадан, базарларымыз молшылық. Бундай абаданлықты көргенде жақын өтмиштеги, анығырағы, буннан шерек әсир бурынғы елдеги аянышлы жағдай еске түседи. Азанда турып бир шийше өсимлик майы, еки дана кир сабын, төрт килограм ун ҳәм еки килограм қумшекер алыў ушын гезекте турар едик. Ашынарлысы, арзымаған гезлеме-материаллар, кийим-кеншеклер инсан қәдиринен жоқары еди. Тилекке қарсы, айырымлар сол күнлерди жүдә тез умытты. Бүгинги молшылық күнлердиң қәдирине жетиў орнына налыныўда даўам етпекте. Бул миннетдар емес ўатанласларымыз майда-шүйде кемшиликлерди қоллап, шыбыннан пил жасаўға урынбақта. Олар республика халқы 38 миллионға шамаласып атырғанын, суў ресурслары барған сайын азайып баратырғанын, пүткил дүньяда, соның ишинде, елимизде де энергия дәреклериниң жетерли емеслигин, оның өзине тән себеплери бар екенин билмейди, билиўди де қәлемейди.
Дурыс, ҳәр қандай жәмийет, әсиресе, жаңаланып атырған мәмлекетте ҳәмме нәрсе толық, кемшиликсиз болмайды. Айырым тараўлардағы реформалар қысқа мүддетте өз нәтийжесин бермеўи де тәбийғый жағдай. Солай болса да, турмыс шараятымыз жыл сайын жоқарылап атырғаны ҳақыйқат. Ең әҳмийетлиси, елимиздиң тынышлығына көз тиймесин.
Мәмлекетимиз басшысының айтқанындай, дүньяның түрли мүйешинде келиспеўшиликлер, урыслар, диний-миллий қанлы соқлығысыўлар жүз берип атырған бүгинги заманда, шексиз шүкиршилик болсын, Өзбекстан бойлап абаданластырыў жумыслары ҳәўиж алған, мәмлекетимизде, регионымызда тынышлық, парахат турмыс ҳүким сүрмекте. Усындай өмирге шүкирлик етип, оны қәстерлеп сақлаўымыз биз ушын ҳәм қарыз, ҳәм парыз. Диний уламаларымыз айтқанындай, шүкиршилик етиў Аллаҳқа ибадат дәрежесиндеги уллы әмел.
Шоқаҳҳор САЛИМОВ,
Өзбекстан журналистлер аўқамы ағзасы