Президентимиз БМШ минберинен турып, "Жаңа Өзбекстан барлық мәмлекетлер менен өз-ара аўызбиршилик, ашықтан-ашық сөйлесиў ҳәм тығыз шериклик тәрепдары болып табылады. Биз халықлар, мәдениятлар ҳәм цивилизациялар арасындағы қарым-қатнасты беккемлеў, улыўма инсаныйлық мақсетлерди әмелге асырыў жолында өз үлесимизди қосыўға бәрқулла таярмыз", деди.
Мәмлекетимиз басшысы ертеңги күнимиз, дүньяның тәғдири ҳәм абаданлығы өсип киятырған жас әўладтың қолында екенин, перзентлеримиздиң қәлби ҳәм санасына тынышлық, гуманизм және дослық, өз-ара исеним ҳәм ҳүрмет сыяқлы ийгиликли идеяларды сиңдириў әҳмийетли ўазыйпалар қатарына киретуғынын атап өтип, бул бағдарда дүнья жасларының тынышлыққа қарай ҳәрекетин шөлкемлестириў ҳәм оның резиденциясын Өзбекстанда жайластырыў усынысын алға қойды.
Соның менен бирге, ислам ағартыўшылығы идеяларын терең үйрениў ҳәм дүньяға үгит-нәсиятлаў бойынша ҳәрекетлеримизди жедел даўам еттиретуғынымызды атап өтип, жақын айларда елимизде Ислам цивилизациясы орайының ашылатуғынын мәлим етти.
Уллы бабаларымыз, ойшыл алымлар Имам Бухарий, Имам Термизий, Имам Мотуридийдиң бай руўхый ҳәм илимий мийрасының айрықша презентациясын БМШта өткериў режелестирилгени қуўанышлы хабар болды.
Бул баслама, бәринен бурын, Өзбекстанның дүнья жәмийетшилиги алдындағы руўхый-илимий миссиясын көрсетеди. Өзбекстан уллы илимпазларымыздың илимий-ағартыўшылық мийрасын үйрениў ҳәм оны мусылман дүньясы және дүнья илимий жәмийетшилиги арасында үгит-нәсиятлаў бағдарында мүнәсип орын ийеледи. Атап айтқанда, бул бағдарда Имам Термизий, Имам Бухарий, Имам Мотуридий, Баҳауддин Нақшбанд илимий-изертлеў орайлары және Ислам цивилизациясы орайы тарийхый мийрасты системалы ҳәм терең илимий таллаў, руўхый-ағартыўшылық әҳмийетин ашып бериў, халықаралық илимий бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм цивилизациялараралық қарым-қатнасты күшейтиўде стратегиялық әҳмийетке ийе майдан ўазыйпасын атқармақта. Себеби, бул ойшыллардың шығармаларында ислам ағартыўшылығына тән кеңпейиллик, әдиллик, адамгершилик ҳәм тынышлық идеялары жәмленген. Дүньяда ҳәр қыйлы қарама-қарсылықлар, радикал көзқараслар ҳәм экстремистлик қәўип-қәтерлер күшейип баратырған бүгинги шараятта мине усы идеяларды кеңнен үгит-нәсиятлаў дүнья жәмийетшилиги ушын оғада үлкен әҳмийетке ийе.
Сондай-ақ, БМШ минберинде турып ойшыллардың мийрасын усыныў тек ғана Өзбекстанның руўхый мийрасын дүньяға танытыў емес, ал цивилизациялар арасындағы қарым-қатнас ҳәм аўызбиршиликти беккемлеўге қаратылған ҳәрекет болып есапланады. Бул баслама арқалы Өзбекстан ислам цивилизациясының байлықларын пүткил адамзаттың улыўма мийрасының ажыралмас бөлеги сыпатында көрсетпекте.
Ислам ағартыўшылығы ҳәм цивилизациясы тарийхында Имам Бухарий, Имам Термизий ҳәм Имам Мотуридий айрықша орын ийелейди. Олар өз шығармалары ҳәм илимий мийрасы арқалы инсаниятты кеңпейиллик, әдиллик, адамгершилик ҳәм тынышлық идеяларына шақырған.
Имам Бухарийдиң "Саҳиҳи Бухарий" шығармасы ислам дининиң ең исенимли дереклеринен бири. Онда инсан қәдири ҳәм абырайы, әдиллик ҳәм тынышлықты қорғаў, мүтәжлерге жәрдем бериў сыяқлы адамгершилик идеялары кеңнен үгит-нәсиятланған.
Имам Термизийдиң "Аш шамойил ан-набавия" (Пайғамбарға тән сийрат ҳәм пазыйлетлер) шығармасы пайғамбарымыздың уллы минез-қулқын сәўлелендирип, инсан қәлбинде мийрим-шәпәәт, кишипейиллик ҳәм кеңпейиллик сезимлерин беккемлейди. Бул идеялар түрли миллет ҳәм дин ўәкиллери арасында тынышлық ҳәм өз-ара исенимди беккемлейди.
Имам Мотуридий болса "Тәўилат ахлас сунна" ("Суннийлик дәстүрлериниң шолыўы") шығармасында дин ҳәм ақылдың үйлесимлилиги, инсанның ерки ҳәм жуўапкершилиги, әдалатлы жәмийет қуриў идеяларын алға сүрген. Оның тәлийматына көре, ақыл ҳәм ағартыўшылық арқалы турақлылық ҳәм аўызбиршиликке ерисиў мүмкин.
Бул уллы ойшыллардың мийрасы тек ғана ислам дүньясы емес, ал пүткил инсаният ушын пайдалы руўхый ғәзийне болып есапланады. Сонлықтан олардың бай илимий ҳәм руўхый мийрасын дүнья жәмийетшилигине жеткериў, тынышлық ҳәм ағартыўшылыққа шақырық сыпатында үгит-нәсиятлаў үлкен әҳмийетке ийе.
Сондай-ақ, жоқары минберде Орайлық Азияда Глобал антитеррор стратегиясын орынлаў бойынша нәтийжели жумыслар исленип атырғаны атап өтилип, БМШтың Терроризмге қарсы гүресиў басқармасы менен биргеликте Реабилитациялаў ҳәм реинтеграция мәселелери бойынша регионаллық кеңести Халықаралық компетенциялар орайына айландырыў усыныс етилди.
Бул структура машқалалы аймақлардан қайтарылған шахсларды тыныш турмысқа бейимлестириў бойынша тәжирийбе алмасыў ушын әҳмийетли платформа болып хызмет ететуғыны, буннан тысқары, мәмлекетимиз Терроризмге қарсы гүресиў басқармасының регионаллық офисин Өзбекстанда ашыў ушын зәрүр шараят жаратыўға таяр екени билдирилди.
Сессияда глобал қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў, шөлкем системасын ҳәм халықаралық финанс архитектурасын реформалаў, климат өзгериўи ақыбетлери ҳәм басқа да заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Жаңа Өзбекстан тәжирийбесинде терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў тараўында инсаныйлық қатнасық тийкарғы әҳмийетке ийе. Бул сиясий ҳәм социаллық-ҳуқықый бағдар тек ғана күш ислетиў, жаза илажларын көриў ямаса ҳуқықый тәртип-қағыйдалар менен шекленип қалмайды. Керисинше, ол кең көлемли, системалы ҳәм комплексли илажлар тийкарында әмелге асырылады.
Биринши гезекте, руўхый-ағартыўшылық тәрбия арқалы радикал идеяларға қарсы идеологиялық иммунитетти қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылмақта. Бул процесте диний таза тәлийматты бузып көрсетиўши ҳәм зорлықты ақлаўшы көзқарасларға қарсы ислам ағартыўшылығы, кеңпейиллик, адамгершилик ҳәм тынышлық идеялары үстин қойылады.
Екиншиден, социаллық қоллап-қуўатлаў илажлары инсаныйлық қатнастың тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады. Машқалалы аймақлардан қайтып келген ямаса радикал идеялар тәсирине түсип қалған шахсларды жәмийетке қайта бейимлестириў процесинде олардың шаңарақлық қатнасықлары, социаллық байланыслары ҳәм психологиялық жағдайына айрықша итибар бериледи. Бундай шахсларды реабилитациялаўда жәмийетшилик, мәҳәлле системасы ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының қатнасыўы нәтийжелиликти және де арттырмақта.
Үшиншиден, экономикалық имканиятлар жаратыўға да радикализмниң алдын алыўда шешиўши факторлардан бири сыпатында қаралмақта. Соның ишинде, адамларды жумыс пенен тәмийинлеў, кәсип-өнерге оқытыў, киши бизнес ҳәм исбилерменлик жумысына кеңнен тартыў радикал орталық тәсиринен шығып келген шахслар ушын жаңа имканият есиклерин ашпақта. Бул тек ғана олардың экономикалық турақлылығын тәмийинлеп қоймастан, ал социаллық әдиллик ҳәм исеним сезимин де беккемлейди.
Әмелий нәтийжелерге бола, жаңа Өзбекстандағы инсаныйлық қатнасық радикал идеялар тәсирине түскен шахслардың қайта тәрбияланыўы ҳәм саламат турмыс тәризине қайтыўында жоқары нәтийже бермекте. Бул тәжирийбе ҳәзир халықаралық көлемде де қызығыўшылық оятып, БМШ ҳәм бир қатар абырайлы шөлкемлер тәрепинен үйренилмекте ҳәм қоллап-қуўатланбақта.
Өзбекстанның БМШ пенен бирге ислесиўи кейинги жылларда пүткиллей жаңа дәрежеге көтерилди. Мәмлекетимиз басшысы БМШ Бас Ассамблеясы сессияларында турақлы шығып сөйлейди. Атап айтқанда, кейинги жылларда өткерилген бир қатар сессиялардағы шығып сөйлеген сөзи регионаллық қәўипсизлик, климат өзгериўине қарсы гүресиў, инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәм цивилизациялараралық қарым-қатнасты раўажландырыўға қаратылған әҳмийетли сиясий билдириўлерге айланды.
Мәмлекетимиздеги диний-ағартыўшылық реформалар инсан мәплерин гөзлейди. Бул мәмлекетимиз басшысының усы жыл 21-апрельдеги "Пуқаралардың ҳүждан еркинлиги ҳуқықының кепилликлерин буннан былай да беккемлеў және диний-ағартыўшылық тараўдағы реформаларды жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманында да өз көринисин тапқан.
Өзбекстанда пуқаралардың ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў ҳәм диний тараўдағы мәмлекетлик сиясат коньцепциясында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў, диний-ағартыўшылық тараўдағы ийгиликли идея ҳәм басламаларды халық мәплеринен келип шығып избе-из даўам еттириў ҳүжжеттиң мазмун-мәнисин қурайды.
Президентимиздиң ашық ҳәм прагматикалық сыртқы сиясаты, узақ ҳәм жақын мәмлекетлер менен өз-ара қатнасықларды беккемлеў бағдарындағы басламалары себепли кейинги жылларда Өзбекстанның дослары, тилеклеслери халықаралық майданда да барған сайын көбейип бармақта. Қоңсы, жақын ҳәм узақ мәмлекетлер менен экономикалық, сиясий, мәдений байланыслар пүткиллей жаңа - саламат ҳәм тең шериклик тийкарында жолға қойылды. Халықаралық бирге ислесиўдиң жаңа бағдарлары, механизмлери енгизилмекте.
Сондай-ақ, Өзбекстанда пуқаралардың ҳүждан ҳәм диний еркинлиги тараўындағы конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеў, жәмийетте диний кеңпейиллик ҳәм динлераралық дослық, бирге ислесиў идеяларын беккемлеўге айрықша әҳмийет қаратылмақта. Бул жағдайды тек ғана елимиз пуқаралары емес, ал дүньяның түрли мәмлекетлеринен келген мийманлар ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери де тән алмақта.
Жақын тарийхта бабаларымыз Имам Бухарий, Имам Термизий, Ҳәким Термизий, Имам Насафий ҳәм Суфи Оллаяр сыяқлы уллы инсанлардың бай руўхый мийрасы менен еркин танысыў имканиятына ийе болмаған едик. Бүгин болса диний-ағартыўшылық бағдарда ата-бабаларымыз жазған жүзлеген китаплар өзбек тилинде, шолыўлары менен ўатанласларымызға саўға етилмекте. Жасларымыз бул реформаларға бийпәрўа болмай, илимий ҳәм әмелий жумысы менен елимиздиң абаданлығы жолында тынымсыз мийнет етиўи, ағартыўшылық, халықшыллық, ўатансүйиўшилик сыяқлы түсиниклердиң мәнисин аңлап, соған мүнәсип жасаўы ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли болмақта.
Жаңа Өзбекстанның БМШ минберинде жаңлап атырған басламалары, бәринен бурын, халқымыз әсирлер даўамында қәлиплестирген руўхый-ағартыўшылық мийрасқа сүйенеди. Уллы бабаларымыз - Имам Бухарий, Имам Термизий, Имам Мотуридий ҳәм басқа да уллы инсанлардың шығармаларында жәмленген кеңпейиллик, әдиллик, адамгершилик ҳәм тынышлық идеялары бүгин де дүнья жәмийетшилиги ушын үлкен әҳмийетке ийе. Бул мийрасты БМШ сыяқлы абырайлы шөлкем шеңберинде кеңнен үгит-нәсиятлаў Өзбекстанның руўхый дипломатиясы, тынышлық сүйер сиясатының айқын көриниси болып есапланады.
Соның менен бирге, терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиўде инсаныйлық көзқарастың үстинлиги мәмлекетимиз тәжирийбесиниң өзине тән тәрепи болып есапланады. Бул жол социаллық қоллап-қуўатлаў, руўхый-ағартыўшылық тәрбия ҳәм экономикалық имканиятлар жаратыў менен үйлесип, радикал идеялар тәсирине түскен шахсларды саламат турмысқа қайтарыўда жақсы нәтийжелер бермекте. Өзбекстан БМШ майданында алға қойып атырған басламалары менен тек ғана регионаллық турақлылыққа емес, ал глобал қәўипсизлик ҳәм руўхый раўажланыўға да мүнәсип үлес қоспақта. Усы мәниде, жаңа Өзбекстанның бүгинги избе-из сиясаты адамзат тарийхында тынышлық, дослық ҳәм ағартыўшылыққа шақырық сыпатында мүнәсип баҳасын алып атырғанын айрықша атап өтиў керек.
Музаффархан ЖАНИЕВ,
Имам Термизий халықаралық илимий-изертлеў орайы директоры,
тарийх илимлери бойынша философия докторы