Саммит жумысында Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов, сондай-ақ, БМШтың Орайлық Азия ушын превентив дипломатия бойынша регионаллық орайының басшысы Каха Имнадзе қатнасады.
Илаж күн тәртибинен Орайлық Азияда регионаллық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў, тийкарғы тараўларда қоспа жойбар ҳәм басламаларды әмелге асырыў мәселелери орын алған. Регионаллық ҳәм халықаралық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысылады.
Мәсләҳәт ушырасыўының жуўмақлары бойынша көп тәреплеме ҳүжжетлердиң салмақлы топламын қабыл етиў нәзерде тутылған.
Регион мәмлекетлери басшыларының турақлы мәсләҳәт ушырасыўларын өткериў басламасы Өзбекстан жетекшиси тәрепинен 2017-жыл сентябрь айында БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында алға қойылған еди.
Өзбекстанның бул форматтағы басшылығы дәўиринде бирге ислесиўдиң ҳәр қыйлы бағдарларын қамтып алған 20 дан аслам ири илажлар өткерилди.