Жойбарды мәмлекеттиң "Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан" темир жол магистралынан кейинги "екинши ири стратегиялық жойбары" сыпатында сыпатлады.

Оның сөзлерине бола, техникалық-экономикалық тийкарлаўды (ТЭТ) ислеп шығыў бойынша шегаралық келисимге қол қойылыўы тәреплер әдеўир ўақыт даўамында таярлық көрип атырған "биринши ҳәм оғада әҳмийетли қәдем" болды. Тәреплер өз инвестициясы менен кирип, деталласқан тийкарды ислеп шығыўға келисти.

"Шегаралық келисимге қол қойыў барлық тәреплерге әмелий қәдемлерге өтиў имканиятын береди. Бул - ТЭТды толық ислеп шығыў, жер ҳәм геологияны үйрениў, трассировкалаў, экономикалық ҳәм финанслық таллаў. Бул, сондай-ақ, [жойбарды] тек ғана өзимиз емес, ал пүткил дүнья жәмийетшилиги ушын да көрсетиў ҳәм тийкарлаў имканиятын береди", - деди Жасурбек Чориев.

Оның атап өтиўинше, Иран ҳәм Қара теңиз портларына шығыў имканияты бар болыўына қарамастан, Өзбекстан ушын теңизге ең қысқа жол Трансаўған коридоры болып есапланады, ол Пакистандағы Карачи портларына алып барады.

"Ҳәзир Қубла Азиядан киятырған коридорлар Транссибирь магистралы, "Арқа ағым" ямаса Сувайш каналы арқалы Қара теңизге, ол жерден болса орта коридор арқалы бизге қайтпақта. Жақындағы келиспеўшилик нәтийжесинде Бандар-Аббос (Ирандағы) порты жабылғаны логистика шынжыры қаншелли әззи екенин және бир мәрте көрсетти. Президентимиз бул бағдарда қандай дурыс жол тутып атырғанымызды анық көрсетип берди", - деди транспорт министриниң орынбасары.

Транспорт министрлигиниң болжаўларына бола, темир жол қурылысының биринши басқышында жылына 3 млн тоннаға шекем жүк тасыў мүмкин болады. 2035−2040-жылларға барып бул көрсеткиш 15−20 млн тоннаға жетиўи мүмкин. Министр орынбасары бул көрсеткишлер Өзбекстанның сыртқы базарларға шығыў имканиятларының кеңейиўи себепли артыўы мүмкин екенлигин бийкарламады.

"Келисимге қол қойылғаннан соң биз әллеқашан пикирлер, түсиниклер ҳәм телефон қоңыраўларын алып атырмыз. Жойбардың өзине ғана емес, ал оны биргеликте раўажландырыўға да қызығыўшылық артқаны көринип тур", - деди ол.

"Биз арзан ҳәм тезирек жол ҳаққында айтып атырмыз. Трансаўған темир жолы арқалы Өзбекстан ушын үлкен базар ашылады. Сондай-ақ, бул транзит жүклерди тасыўда қосымша жеңилликлер береди. Егер Орайлық Азияның басқа мәмлекетлери де бул жойбардан пайдаланса, олар да үлкен имканиятларға ийе болады. Бул теңиз портларына ең қысқа жол. Коридордың потенциалы үлкен ҳәм биз ушын стратегиялық әҳмийетке ийе". - деп қосымша етти министрдиң орынбасары.

Бүгинги күнде Өзбекстаннан Карачи портларына шекем мультимодал коридор арқалы автомобиль транспортында жүк жеткерип бериў 35−40 күн ўақыт алады.

"Бул Аўғанстан, Өзбекстан ҳәм Пакистаннан тасыўшылар қатнасып атырған тәбийғый процесс. Таллаўларға бола, жыл даўамында шама менен 300 мың тонна жүк тасылған, ҳәзирги ўақытта болса бул көрсеткиш 1 миллионнан артып кеткен. Яғный өсиў жүдә кескин. Егер темир жол менен байланыстырсақ, арзан жүклер алыў имканияты пайда болады", - деди министр орынбасары.

Өзбекстан - Аўғанстан - Пакистан темир жолын Термиз - Найбабад - Майданшаҳр - Логар - Харлачи жөнелиси бойынша өткериў режелестирилген.

"Найбабад станциясы Ҳайратон ҳәм Мазори-Шариф ортасында жайласқан. Найбабадтан жөнелис шығысқа бурылады, Логар ҳәм Харлачиден өтип, Пакистан темир жол тармағына жалғанады. Пакистан тәрепинде Харлачини Коҳот пенен байланыстырыўшы 143 км ли участка бар. Ҳәзир Пакистан бул участкада қурылысты баслаған. Ол жуўмақланғаннан соң Пешовар, Лахор, Исламабадқа жақын боламыз. Кейин жол Мултон қаласына - ири орта орайға, ол жерден болса Карачиға алып барады. Пакистан ҳәзир усы жөнелислерде өзиниң темир жол инфраструктурасын модернизацияламақта", - деди Чориев.

Өзбекстан темир жол қурылысын алты ай ишинде баслаўы мүмкин, жойбарды әмелге асырыў мүддети болса бес жылды қураўы мүмкин.

"Темир жол қурылысын баслаўдан алдын биз тәреплер арасында белгили мүддетлерди белгиледик. Мениңше, бул мүддетлер жүдә қысқа, бирақ үлкен режелерди өз ишине алады - биз алты айды белгиледик. Әдетте бундай жойбарларды ислеп шығыўға бир-еки жыл керек болады. Бирақ тәреплердиң тезирек әмелге асырыўға болған исенимин есапқа алған ҳалда процессти жеделлестирмекшибиз. Усы процесстен соң ТЭТ ты басқа мәмлекетлерге усынып, анық прогноз ҳәм потенциалды көрсетип, қызығыўшылық тартып, жойбарды биргеликте әмелге асырыў мүмкин болады", - деди ол.