Климаттың өзгериўи, музлықлардың тез ериўи, халық санының өсиўи ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўдың кеңейиўи фонында суў ресурсларына жүклеме сезилерли дәрежеде артпақта, бул болса суўдан пайдаланыўдың дәстүрий системаларының нәтийжелилигин төменлетпекте. Регионда ири дәрялар ағысының азайыўы, қурғақшылықтың көбейиўи, жерлердиң деградациясы ҳәм экономиканың түрли тармақлары арасында суў ушын бәсекиниң күшейиўи бақланбақта. Қазақстан, Өзбекстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан халықаралық басламаларға барған сайын жедел кирип бармақта ҳәм өзлериниң турақлы раўажланыў стратегияларын ислеп шықпақта.
Суў мәселеси тийкарғы машқалалардан бири болып қалмақта. Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья он жыллар даўамында миллионлаған адамлардың турмысын, регионның аўыл хожалығы ҳәм энергетикасын тәмийинлеп келген. Бирақ климат өзгериўи, музлықлардың қысқарыўы ҳәм суўдан пайдаланыўдың артыўы трансшегаралық бирге ислесиў темасын айрықша әҳмийетке ийе етпекте. Бүгинги күнде Орайлық Азия мәмлекетлери суў ресурсларын биргеликте басқарыў, заманагөй суўғарыў системаларын ҳәм санлы мониторингти енгизиў зәрүр екенлиги ҳаққында тез-тез айтып атыр.
Және бир әҳмийетли бағдар - энергетика. Аймақта қуяш ҳәм самал энергиясының потенциалы үлкен. Қазақстанның кең далалары, Өзбекстан ҳәм Түркменстанның қуяшлы аймақлары, Қырғызстан ҳәм Тәжикстанның суў ресурслары жаңа энергетика моделиниң тийкары болыўы мүмкин. Ҳәзирден-ақ қуяш ҳәм самал электр станцияларын қурыў жойбарлары әмелге асырылмақта, халықаралық инвесторлар тартылып, "жасыл экономика" ушын шараят жаратылмақта.
Экологиялық күн тәртибинде Арал теңизи айрықша орын ийелейди. Бүгинги күнде Аралбойы регионының экосистемаларын тиклеў халықаралық әҳмийетке ийе. Қурыған жерлерди көклемзарластырыў бағдарламалары әмелге асырылмақта, қорғаў тоғайлары егилип, жергиликли халық ушын социаллық жойбарлар ислеп шығылмақта. Бул мийнет сиясий ерк-ықрар ҳәм бирге ислесиў бар болған жағдайда ең аўыр ақыбетлерди де жумсартыў мүмкин екенлигин көрсетеди.
Орайлық Азия да әсте-ақырын экологиялық дипломатия майданына айланып бармақта. Мәмлекет басшылары, экспертлер ҳәм бизнес ўәкиллериниң қатнасыўында халықаралық форумлар, климат коньференциялары ҳәм регионаллық саммитлер барған сайын көбирек өткерилмекте. Экология тараўы қәнигелердиң тар темасы болмай, экономикалық стратегияның әҳмийетли бөлегине айланбақта.
Жәмиетлик сананың өзгерип атырғаны да әҳмийетли. Ўәлаят жаслары волонтёрлық басламалары, шығындыларды бөлек-бөлек жыйнаў, қалаларды көклемзарластырыў ҳәм ағартыўшылық жойбарларында белсене қатнаспақта. Бизнес ESG принциплерин есапқа ала баслайды, мәмлекетлер болса энергия нәтийжелилиги ҳәм экологиялық қадағалаў бағдарламаларын енгизеди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен тек ғана Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы қатнасықлар жедел раўажланып атырғаны емес, ал "Орайлық Азия плюс" форматында сырт мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиў кеңейип бармақта. Буны "Орайлық Азия - Қытай", "Орайлық Азия - Россия", "Орайлық Азия - Европа Аўқамы", "Орайлық Азия - Италия" сыяқлы сөйлесиў майданлары анық тастыйықлайды.
Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўлары регионды бирден-бир екосистема комплекси сыпатында көриў имканиятын береди ҳәм глобал климат қәўип-қәтерлери күшейип атырған шараятта екологиялық турақлылықты беккемлеўге жәрдемлеседи. Бул форматқа 2018-жылы Астана қаласында болып өткен ушырасыўда тийкар салынған еди, бул ушырасыў тарийхый ўақыя болды: он жыл ишинде биринши мәрте регион мәмлекетлериниң жетекшилери бирден-бир майданға жыйналды. Бул саммит регионаллық бирге ислесиўдиң қайта тиклениўин белгилеп берди ҳәм өз-ара байланыслардың жаңа басқышын баслап берди.
Өткен жылы ноябрь айында Ташкент қаласында болып өткен Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўы шеңберинде Әзербайжан Республикасының платформаға толық ҳуқықлы қатнасыўшы статусында қосылғаны бул форматтың халықаралық әҳмиети артып баратырғанының дәлили болды. Усы мүнәсибет пенен "Орайлық Азия - Әзербайжан" форматындағы гезектеги ушырасыўларды өткериўге келисип алынды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўында шығып сөйлеген сөзинде экология, климат ҳәм күшейип баратырған суў ресурсларының жетиспеўшилиги мәселелерин тийкарғы бағдарлар қатарында сақлап қалыў әҳмийетли екенин айрықша атап өтти. Бул темалар пүткил регионның келешеги ушын айрықша әҳмиетке ие, себеби орайлық Азия мәмлекетлериниң социаллық абаданлығы, азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм буннан былай да раўажланыўы қоршаған орталықтың жағдайы, суў системаларының турақлылығы ҳәм климат өзгерислерине бейимлесиў қәбилетине байланыслы. Мәмлекетимиз басшысы атап өткен мәселелер биргеликте ҳәм избе-из шешим табыўды талап ететуғын әҳмиетли күн тәртибин сәўлелендиреди.
Президентимиз өзиниң шығып сөйлеген сөзинде регионды социаллық-экономикалық раўажландырыў, экология ҳәм климат өзгериўиниң әҳмийетли мәселелерине айрықша итибар қаратып, екологиялық турақлылықты беккемлеўге қаратылған бир қатар басламаларды алға қойды. Соның ишинде, экология, климат ҳәм суў ресурсларының жетиспеўшилиги мәселелери регион мәмлекетлери ушын оғада әҳмийетли болып атырған бир шараятта Орайлық Азияның Жасыл раўажланыў концепциясын жедел қабыл етиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Буннан тысқары, суў ресурсларының жетиспеўшилиги күшейип баратырғанын есапқа алып, 2026-2036-жылларды Орайлық Азияда суўдан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша әмелий ҳәрекетлер он жыллығы, деп жәриялаў басламасы алға қойылды ҳәм регион мәмлекетлери тәрепинен толық қоллап-қуўатланды. Бул усыныс мәмлекетимиз басшысы тәрепинен бар қәўип-қәтерлердиң көлемин терең түсинип, анық ҳәм нәтийжели илажларға өтиў зәрүр екенлигинен дәрек береди. Бул баслама регионның суў ресурсларына артып баратырған жүклеме, климат ҳәм социаллық-экономикалық қәўип-қәтерлердиң күшейиўине өз ўақтында берилген жуўап болды. Көп жыллар даўамында биринши мәрте Орайлық Азия мәмлекетлерин додалаўлар ҳәм декларациялық билдириўлерден тысқары әмелий ҳәрекетлер бағдарламасы әтирапында бирлестириў имканияты ашылмақта.
Орайлық Азия мәмлекетлери тарийхый жақтан улыўма суў артериялары арқалы байланысқан болып, бул өз-ара байланыслылық бүгинги күнде әмелий бирге ислесиўде өз көринисин таппақта. Өзбекстанда заманагөй суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў арқалы жылына дерлик жети миллиард куб метр суўды үнемлеўге ерисилмекте. Топланған тәжирийбе регионның басқа да мәмлекетлеринде де енгизилмекте.
2023-жылдың жуўмақларына бола, БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) Орайлық Азия мәмлекетлерин суў ресурсларынан ең нәтийжели пайдаланыў бойынша дүньяның он регионына киргизди, бул болса Орайлық Азияның екологиялық турақлы раўажланыў тараўында үлкен потенциалға ие екенинен дәрек береди.
Тараўдың раўажланыўы тек ғана нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистириўге емес, ал маман қәнигелер таярлаўға да байланыслы. Суў ресурсларын нәтийжели басқарыў инсан капиталына системалы инвестиция киргизиўди талап ететуғыны атап өтилди. Әмелий қәдем сыпатында Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты негизинде Суў хожалығы тараўындағы регионаллық компетенциялар орайын шөлкемлестириў усыныс етилди.
Аўыл хожалығы суўдың тийкарғы тутыныўшысы болып қалмақта, ресурстың үлкен бөлеги әлле қашан модернизациялаўды талап етип атырған ески каналларда жоғалтылмақта. Айырым жағдайларда жоғалтыўлар көлеми барлық берилетуғын суўдың ярымын қурайды. Бундай шараятта кескин ҳәм өз ўақтында илажлар көрмей турып, турақлылықты сақлап қалыў мүмкин емес.
Соның ушын да Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Әмелий ҳәрекетлер он жыллығын жәриялаў ҳаққындағы басламасы регионның барлық мәмлекетлери ушын айрықша әҳмийетке ийе болып, Орайлық Азия ушын кризисли жағдайларға жуўап бериўден суў ресурсларын стратегиялық басқарыўға өтиў имканиятын ашпақта. Бул дәўирде ирригация инфраструктурасын модернизациялаў, суўды үнемлейтуғын заманагөй технологияларды енгизиў, суў ағысын мониторинг етиўдиң бирден-бир аймақлық системасын жаратыў, суўдан ақылға уғрас пайдаланыў мәдениятын қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылады. Бул жерде регион мәмлекетлериниң өз-ара бирге ислесиўи үлкен әҳмиетке ие, себеби Әмиўдәрья ҳәм Сырдәря бир неше мәмлекетлердиң аймағынан өтеди. Улыўма суў ресурслары өз-ара муўапықластырылған қатнасларды талап етеди. Өз-ара исеним ҳәм избе-из бирге ислесиўди беккемлемей турып, турақлы раўажланыўды тәмийинлеў мүмкин емес.
Он жыллық регион республикалары ҳәр жылғы суў режимлерин муўапықластырыў, биргеликтеги жойбарларды белгилеў, узақ мүддетли режелерди ислеп шығыў ҳәм халықаралық тәжирийбени тартыў мүмкин болған дәўир болыўы мүмкин. Аўғанстанды трансшегаралық дәрьяларды басқарыў процесслерине тартыў да әҳмиетли бағдар болып, бул қәўипсизликти беккемлеў ҳәм суў мәселелери менен байланыслы қәўип-қәтерлерди азайтыўға хызмет етеди.
Суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў тек ғана технологиялық жаңаланыўды емес, ал жерлерди тиклеў, дәрьялардың жағдайын жақсылаў, екосистемаларды сақлаў ҳәм суўдан пайдаланыўға жаңаша қатнасты қәлиплестириўди де өз ишине алады. Буннан тысқары, бул инвестицияларды тартыў ушын қосымша имканиятлар болып есапланады, себеби заманагөй суў технологиялары экономикалық турақлылықтың тийкарғы факторына айланбақта. Оларды раўажландырыў жумыс орынларын жаратыў, турмыс сапасын арттырыў ҳәм социаллық турақлылықты беккемлеўге хызмет етеди.
Соның менен бирге, бар қәўип-қәтерлерди де есапқа алыў керек. Мәселен, модернизациялаў ушын үлкен қаржы талап етиледи. Суўдан пайдаланыў мәселелери шекленген ресурслардың бөлистирилиўи менен байланыслы болғаны ушын сезгир болып қалмақта. Суў хожалығы ҳәм климат қәўип-қәтерлерин баҳалаў тараўында қәнигелердиң жетиспеўшилиги де әҳмийетли фактор болып есапланады.
Климат моделлери ҳәр қашан да суў ағысының динамикасын жоқары анықлықта прогнозлаў имканиятын бермейди, бул болса режелестириўге бейимлескен қатнасларды талап етеди. Бул жағдайлардың барлығы Өзбекстан Президенти басламасының әҳмийетли екенлигин атап өтеди, себеби узақ мүддетли стратегия ҳәм бирлестириўши мақсет бар екенлиги избе-из ҳәм исенимли алға илгерилеў имканиятын береди.
Он жыллық дәўирге мөлшерленген ўазыйпалар толық әмелге асырылса, Орайлық Азия суў шығынларын сезилерли дәрежеде қысқартыў, аўыл хожалығының турақлылығын арттырыў, экологиялық жағдайды жақсылаў, суў келиспеўшиликлери итималлығын азайтыў ҳәм келешекте көп жыллар даўамында турақлы раўажланыў ушын беккем тийкар жаратыў имканиятына ийе болады.
Орайлық Азияның суў ҳәм жер ресурсларына болған басым күшейип атырған, климат қәўип-қәтерлери артып атырған, жер деградациясы ҳәм қурғақшылық сыяқлы кескин қәўип-қәтерлер шараятында регионда жаңа кең көлемли екологиялық баслама әмелге асырылмақта. Глобал экологиялық қор (ГЭФ) тәрепинен қаржыландырылып, ФАО тәрепинен Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм климат өзгериўи бойынша миллий комитети менен биргеликте әмелге асырылып атырған "Орайлық Азияда суў ҳәм жер ресурсларының өз-ара байланысы" (CAWLN) бағдарламасы өткен жылы CITES конвенциясы тәреплериниң 20-конференциясында (СОР-20) рәсмий түрде усыныс етилди.
Бағдарлама шеңберинде Орайлық Азия мәмлекетлеринде 18,4 миллион долларлық жойбарларды әмелге асырыў нәзерде тутылған. CAWLN басламасы Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстанның улыўма экологиялық машқалаларын шешиўге қаратылған. Регион мәмлекетлери антропоген жүк, климат өзгерислери, тәбийғый ресурслар ушын бәсеки ҳәм жерлердиң деградациясының күшейип баратырған тәсирлерин сезип атырған баҳалы экосистемалар - дәрьялар, суўлы-батпақлы жерлер, далалар, ярым шөллер ҳәм таўлы аймақларды бирлестиреди.
Бағдарлама ГЭФ жәрдеминдеги жети ири жойбарды бирлестиреди. Өзбекстан төрт тийкарғы басламаны әмелге асырыўда белсене қатнаспақта.
Бириншиси Әмиўдәрья, Зарафшан ҳәм Панж бассейнлеринде суў ресурсларын интеграцияласқан ҳалда басқарыўды күшейтиўге қаратылған. Оның ушын 5,84 миллион доллар қаржы ажыратылыўы нәзерде тутылған. Жойбар суўдан турақлы пайдаланыў принциплерин енгизиў, мониторинг ҳәм мағлыўматлар алмасыў системаларын модернизациялаў, екологиялық ағысларды сақлаў, сондай-ақ, трансшегаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған.
Екинши жойбар Сырдәрья ҳәм Нарын бассейнлеринде суў ресурсларын басқарыўды жетилистириўге бағышланған болып, оған бес миллион доллар қаржы ажыратылған. Тийкарғы итибар суўды бөлистириў нәтийжелилигин арттырыў, ерте алдын алыў системаларын раўажландырыў, суўдың сапасын қадағалаўды жетилистириў ҳәм мәмлекетлераралық муўапықластырыўды күшейтиўге қаратылған.
Үшинши баслама Өзбекстанда жер ҳәм суў ресурсларын комплексли басқарыў арқалы екосистема хызметлери ҳәм биокөптүрлиликти қоллап-қуўатлаўды нәзерде тутады. Улыўма қаржыландырыў көлеми 5,6 миллион долларды қурайды. Жойбар деградацияға ушыраған жерлерди тиклеў, агроекологиялық қатнасларды алға қойыў, сийрек ушырасатуғын өсимлик түрлери ҳәм агробиоҳәртүрлиликти сақлап қалыў, екосистема хызметлерин күшейтиў ҳәм жергиликли халықтың турмыс дәрежесин арттырыўды өз ишине алады.
Төртинши жойбар Орайлық Азияның қорғаўға мүтәж экосистемаларында жер деградациясын азайтыў бойынша регионаллық басламаны усынады, оның баҳасы еки миллион долларды қурайды. Онда шөллениў қәўпи жоқары болған аймақларда жерлерди тиклеў, жер ресурсларын басқарыўдың турақлы усылларын енгизиў, мониторингти раўажландырыў ҳәм мәҳәллелердиң климатқа шыдамлылығын арттырыў нәзерде тутылған.
СОР-20 шеңберинде қол қойылған стратегиялық ҳүжжетлер Орайлық Азия мәмлекетлериниң глобал экологиялық күн тәртибине, регионаллық бирге ислесиўди беккемлеўге ҳәм улыўма экологиялық қәўип-қәтерлерге биргеликте шешим табыўға садықлығын тастыйықлады. ГЭФтиң жаңа жойбарлары суў қәўипсизлигин беккемлеў, жер деградациясын азайтыў, экосистемалардың турақлылығын арттырыў, регионаллық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм климат өзгериўи ақыбетлерине бейимлесиўге хызмет етеди.
Анастасия Боровикова.
"Правда Востока"